O'zbekstan Respublikası Prezidentinin' Qaraqalpaqstan Respublikasındag'ı Xalıq qabıllawxanası
599 subscribers
7.67K photos
819 videos
5 files
2.56K links
O'zbekstan Respublikası Prezidentinin' Qaraqalpaqstan Respublikasındag'ı Xalıq qabıllawxanasının' ra'smiy telegram kanalı

Mu'ra'jat ushın @Xaliq_qabillawxanasi_bot
Download Telegram
#Бир_мүрәжат_шешими

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Шоманай районындағы Халық қабыллаўханасына Ақ-жап АПЖ турғыны Г.С мүрәжат етти.
Пуқара мүрәжатинде үйи жанындағы 2 дана электр бағанасы пайдаланыўға жарамсыз болғанлығы себепли өзгертип бериўге әмелий жәрдем сорады.
Пуқара Г.С ның мүрәжати Президент Халық қабыллаўханасы тәрепинен қадағалаўға алынып, пайдаланыўға жарамсыз электр бағаналары жаңасына өзгертип берилди.

@KrXaliqqabillawxana
#Бир_мүрәжат_шешими
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Беруний районындағы Халық қабыллаўханасына «Бунёдкор” МПЖ Айдосбий көшеси турғынлары мүрәжат етти.
Пуқаралар мүражатинде Айдосбий көшеси аўыр жағдайда екенлигин сонлықтан көшеде оңлаў жумысларын алып барыўда әмелий жәрдем сорады.
Мүрәжат Президент Халық қабыллаўханасы қадағалаўында 4-сектор менен орнына барып үйренилип, нәтийжеде көшеге ШПС төселип,оңлап берилди.

@KrXaliqqabillawxana
#Бир_мүрәжат_шешими
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Бозатаў районындағы Халық кабыллаўханасына «Бозатаў» ППЖ турғыны Х.Б мүрәжат етти.
Пуқара мүрәжатинде Н.Даўқараев көшесинде жасайтуғынлығын,турақ жайына 2 дана электр бағанасын қойыўда қыйналып атырғанын социаллық имканияты жетпегенликтен мүтәж екенлигин билдирип машқаласын шешиўде әмелий жәрдем сорады.
Мүрәжат Президент Халық қабыллаўханасы тәрепинен қадағалаўға алынып нызам шеңберинде үйренилди, нәтийжеде пуқара турақ жайына, электр бағаналары қойып берилип, бүгинги күнде электр энергия тармағы сымлары тартылмақта.

@KrXaliqqabillawxana
#Бир_мүрәжат_шешими

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық кабыллаўханасы тәрепинен үйме-үй жүриў арқалы үйрениў жумыслары алып барылды. Үйрениўлер даўамында Нөкис қаласы «Теле орай» МПЖ турғыны Д.С мүрәжат етти.
«Темир дәптер» де дизимде турыўшы пуқара мүрәжатинде өзи ӽәм өмирлик жолдасының физикалық имканияты шекленгенин, перзенти жумыссыз екенлигин мәлим етип, перзентиниң бәнтлигин тәмийинлеўде әмелий жардем сорады.
Мүрәжат Президент Халық кабыллаўханасы тәрепинен қадағалаўға алынып, тийисли шөлкемлер менен нызам тийкарында үйренилип, пуқара Д.С ның перзенти өз қәнигелиги бойынша яғный медицина тараўына жумысқа жайғастырылды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасы Баспасөз хызмети
@KrXaliqqabillawxana
#бир_мүрәжат_шешими

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасына «Жүзим-бағ» АПЖ Айтеке аўылы турғыны А.У. мүрәжат етти.
Пуқара мүрәжатинде турақ жайы алдында турған 2 дана электр бағанасының жарамсыз жағдайда екенлигин, бул инсан өмири ушын қәўип туўдырып турғанлығын сонлықтан электр бағанасының орнын өзгертип, жаңасына алмастырыўда әмелий жәрдем сорады.
Мүрәжат Президент Халық қабыллаўханасы тәрепинен қадағалаўға алынып, Кегейли районы электр тармақлары кәрханасы менен үйпенилип, пуқара А.У. үйи алдында турған электр бағанасы жаңасына алмастырылып ҳәм орны өзгертилип берилди. Пуқара мүрәжаты толық қанаатландырылды.

@KrXaliqqabillawxana
#Бир_мүрәжат_шешими

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Шоманай районындағы Халық қабыллаўханасына «Моншақлы» МПЖ да жасаўшы пуқара Ж.С. мүрәжат етти.
«Жаслар дәптери»нде дизимде турыўшы пуқара мүрәжатинде жумыссыз екенлигин мәлим етип, өз бәнтлигин тәмийинлеўде әмелий жардем сорады.
Мүрәжат Президент Халық қабыллаўханасы тәрепинен қадағалаўға алынып, үйренилди нәтийжеде районлық ирригация бөлимине жумысқа жайғастырылды.

@KrXaliqqabillawxana
#бир_мүрәжат_шешими

Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң Шымбай районындағы Халық қабыллаўханасына пуқара М.А. мүрәжат етти.
Пуқара мүрәжатинде социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж екенлигин, хожалығында жалғыз жасайтыўғынлығын билдирип, турақ жайына ишимлик суў тармағын тартыўда әмелий жәрдем сорады.
Мүрәжат Президент Халық кабыллаўханасы тәрепинен қадағалаўға алынып, ўйренилди нәтийжеде пуқараның турақ жайына ишимлик суў тармағы тартып берилди.

@KrXaliqqabillawxana
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#бир_мүрәжат_шешими

#UZ Президент Халқ қабулхонасига қурилиш соӽаси бўйича билдирилган мурожаат ижобий ечим топди

#KR Президент Халық қабыллаўханасына қурылыс тараўы бойынша билдирилген мүрәжат өз унамлы шешимин тапты

#RU Обрщение в Народную приемную Президента в сфере строительства нашло положительное решение

@KrXaliqqabillawxana
#бир_мүрәжат_шешими

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы шөлкемлестириўинде өткерилген көшпели кабыллаўда “Куяшлы” МПЖ (4-сектор) турғыны М.М мүрәжат етти.
Пуқара мүрәжатинде 2018-жыл К.Нагимов көшесине ишимлик суў ӽәм асфалът жол тартылыўы белгиленгенин ӽамде ишимлик суўы тартылып бергенин деген менен, асфалът мәселеси питпегенин мәлим етип наразылығын билдирип, машқаланы шешиўде әмелий жәрдем сорады.
Мүрәжат Президент Халық қабыллаўханасы тәрепинен қадағалаўға алынып, үйренилди нәтийжеде К.Нагимов көшесине ШПС төселип берилип, пуқара мүрәжати унамлы шешилди.

@KrXaliqqabillawxana
#Бир_мүрәжат_шешими

Нөкис қаласы «Шайырлар аўылы» 7-санлы МПЖ Бердақ көшеси турғынларынан келип түскен мүрәжат үйренилди.
Мүрәжатте Бердақ көшеси аўыр жағдайда екенлигин мәлим етип, машқаланы шешиўде әмелий жәрдем соралған.
Мүрәжат Президент Халық кабыллаўханасы тарепинен қадағалаўға алынып үйренилди, нәтийжеде көше оңланды.

@KrXaliqqabillawxana