KRuz.uz |Рәсмий канал
53.7K subscribers
5.91K photos
1.94K videos
61 files
5.2K links
KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot

Реклама ушын: @Rabochiy_akkauunt
Download Telegram
Forwarded from texnomart
KUNNING SUPER TANLOVI — siz uchun tanlangan zoʻr texnikalar!

Muddati: 04.04–06.04 🗓️



СУПЕР ПОДБОРКА ДНЯ — техника, которую вы точно захотите!

Срок: 04.04–06.04 🗓️

📞 Batafsil: 71-209-99-44
🌐 texnomart.uz
👇 Obuna boʻling: @texnomart
⚽️ Пролига. «Арал» «Жайхун» үстинен ири жеңиске еристи

Өзбекстан Пролигасында жаңа мәўсим басланды. Қарақалпақстан дербисында «Арал» «Жайҳун»ға жуўапсыз 3 гол урды.

Пролига. 1-тур. 3-апрель
Арал - Жайхун 4:0

Голлар: Саламат Қутыбаев (34), Аъзам Алиев (54), Бобур Фарҳодов (57), Иззатилло Абдулҳақов (86).

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
⚽️ Қарақалпақстанлы футболшы Азия Кубогинде гол урды

Саудия Арабстанында өспиримлер арасында Азия Кубоги старт алды. Өзбекстан жарысты Таиландқа қарсы ойын менен баслап, ири есапта утты.

Садриддин Ҳасанов ҳәм Нурбек Сарсенбаев оператив гол урған болса, беллесиў жуўмағында Асилбек Алиев ҳәм Абубакр Шукуруллаев та қарсы дәрўазаға топ урды.

Азия Кубоги U-17. 1-тур
Өзбекстан - Таиланд 4:1

3-апрель. Тоиф

Голлар:Садриддин Ҳасанов (2), Нурбек Сарсенбаев (13), Асилбек Алиев (80), Абубакр Шукурллаев (85) - Силва Мексес (40 ).

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
⚡️Даўыткөлде суў көлеми көбейип атырғаны айтылмақта

Исламбек Арепбаев
өз каналында Даўыткөлдеги өзгеше қус түрлери ҳаққында фоторепортаж жәриялады.

Буннан тысқары, көл суўы өз қаддин тиклеп атырғаны мәлим етилген. Көл бурынлары 5000 га майданға ийе болып, бир-неше жыл суў режими өзгерип көл суўсыз қалғаг. Соңғы жыллары (2023,2024.2025) көлге суў тусиўи даўам етти. Мине бугинги кунге келип көлдиң 1000 га ға шамалас майданында суў бар.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Жәҳән кубоги: Қарақалпақстанлы Мәдияр Дәнияров қола медалын қолға киргизди

Хабарыңыз бар, Бразилияда бокс бойынша Жәҳән кубоги жарысы болып өтпекте. Ярым финал басқышына жетип келген қарақалпақстанлы Мәдияр Дәнияров бразилиялы Луиз Оливейраға қарсы рингке шықты ҳәм жеңилип қалды. Соның менен ол жарысты қола медалы менен жуўмақлады.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Қайсы сәнеде қайсы пәнлерден аттестация өткериледи?

Сынақлар пәнлер бойынша түрли күнлерге белгиленген:

15-16-апрель – рус тили, география;
17-апрель – тәрбия, ҳуқық тийкарлары, психологлар;
18-21-апрель – шет тиллери (инглиз, француз, немец ҳәм басқалар);
22-24-апрель – өзбек тили ҳәм әдебияты;
25-26-апрель – дене тәрбиясы, музыка, көркем өнер, технология;
28-29-апрель – математика;
30-апрель - 1-май – биология, химия, физика;
2-7-май – баслаўыш билимлендириў;
8-май – тарийх;
10-май – қосымша пәнлер ҳәм арнаўлы педагоглар;
12-май – информатика;
13-14-май – мектепке шекемги билимлендириў хызметкерлери;
15-16-май – қарақалпақ тили;
15-май күни – кәсиплик сертификат сынағы да өткериледи.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар