Hoja.uz️
11.8K subscribers
8.64K photos
3.09K videos
23 files
3.75K links
Интервьюлар
Қарақалпақстанда N1 проектлер
Ең машқалалы тараўлар хаққында жеке пикирлер

YouTube: https://youtube.com/channel/UCRifr0rHrO8kMJ-sG3dC6Ww

Instagram:https://www.instagram.com/hoja.uz?r=nametag

Байланыс: t.iss.one/Hojauz_bot
Download Telegram
Hoja.uz️
Ҳәр тараўлардағы Өзбекстан бойлап хабарлар менен бөлисемиз ҳәм салыстырмалы жеке пикирлер билдиремиз: 👇👇👇
2025-жылдың ақырына шекем Өзбекстанда 18 турмыслық шығынды полигонлары жабылады: 2027-жылға шекем мәмлекетлик ҳәкимият күнине 14 мың тонна шығындыны қайта ислеў заводларын иске қосыўды режелестирмекте.
Улыўма етип айтқанда, 2019-2024-жыллар даўамында мәмлекетимизде 48 шығынды полигоны қайта исленди ҳәм жабылды: Экология министрлиги басшысы Азиз Абдуҳакимов 2027-жылға шекем Өзбекстанда суткасына 14 мың тонна шығындыны қайта ислеў қуўатлылығына ийе шығындыны қайта ислеў заводлары иске қосылатуғыны ҳаққында айтып өтти.

--------

Бул статистикалық мағлыўмат Қарақалпақстандыда өз ишине алыўы сөзсиз.
Мениң билиўимше республикамызда төрт шығынды полигоны бар, бирақ олар жанында шығындыны қайта ислеўши завод болмасада, ҳеш болмаса цех барма екен?
Бул жағдайды үйренип шығыўды ҚР Экология министри Л. Сейитоваға усыныс еткенимде, қарсы емеслигин билдирди, рахмет! Жақын күнлерде шығынды полигонлар репортажларын көресиз.

Каналға ағза болыў:@hoja_uz
19👍6
Hoja.uz️
Photo
Республикамызда,Ашшы көлде миграция болатуғын мына Қызыл китапқа кирген қуслар адам қатнасы менен набыт болажақпа?

Каналға ағза болыў:@hoja_uz
😢322😁2
Бүгинги күн мен ушын, мениң ойымша еситсе халқымыз ушында хош хабарлар менен толы күн деп ойлайман.

Азан менен "Ашшы көл" самолёт пенен емес, қайықларда сүйир шыбынға қарсы дәриленетуғын болғаны еситкеним ! Қайық пенен дәрилеў бул сол жердеги Өзбекстан ҳәм халық-аралық Қызыл китапларына кирген, "Ашшы көл"де ҳәзир палапан шығарып, қурық басып атырған қусларға зыянсыз болып табылады. Ал, самолёт усылында дәрилеген барлық жанлықларды қырып кетиў итималы болыўы мүмкин. Расын айтсам мен палапанларға жаным ашыған еди, келтирилетуғын зыянның қаржылый баҳасын айтпағанда ("Қызыл китап"қа киритилген бир дана қус жәриймасы 100млн сўмға шекем барыўы мүмкин екен).Кешеги кеш болыўына қарамастан, тийисли тараў басшылары менен телефон арқалы сөйлесип "SOS" сигналын көтердик. Түн болыўына қарамастан бул жағдайға өз реакциядаоын билдирген мәмлекетлик тараў басшыларына миннетдаршылығымды билдиремен, әсиресе, самолёт пенен дәрилеў ақыбетин түсинген көл бойында жасап атырған турғынларға, тек өзлерин емес, қоршаған тәбияттыда ойлағанына шексиз миннетдарман.

Бул биринши Хош хабар !

Каналға ағза болыў:@hoja_uz
👏5912👍4🥰2😁2🤗1
Түнниң бир ўақтында, азан менен келген мына видеолар расын айтсам, әўели мениде қаўетирге салып еди. Бирақ таң атса изленермен дедим. Тийисли тараў қәнийгеси менен байланысып мына ХОШ ХАБАРДЫ еситтип, жүдә қуўанып кеттим:

Мойнақтан күтилмеген ХОШ ХАБАР!

Жоқары басымлы газ зәҳийрасы ашылды!
Мойнақ районы, "Үшсай" АПЖ аймағындағы "Мойнақ" кәнинде бурғылаў жумыслары даўамында әжайып ашылыўға дус келинди! 2025-жыл 26-июль күни, 5000 метрге мөлшерленген биринши қудықта, 4707 метр тереңликтен күтилгенинен әдеўир жоқары басымлы тәбийғый газ ағып шығыўы бақланды. Бул кәнниң үлкен потенциалының дәрек белгиси!
Бул табылма тек ғана геологлар ҳәм нефть-газ тараўы қәнигелери ушын емес, ал пүткил республикамыз ушын қуўанышлы ўақыя. Себеби, соңғы жыллары бундай жоқары басымлы газ кәнлери кемнен-кем табылып атырған еди.
Ең әҳмийетлиси, бул газ таза метан болып, қурамында күкирт жоқ. Үстирт аймағындағы барлық тәбийғый газ кәнлерине тән болғанындай, Мойнақтан табылған газ де таза ҳәм экологиялық қәўипсиз.
Қәўетер, қорқынышқа орын жоқ! Газ ағып шыққан орын елатлы пунктлерден узақта жайласқан ҳәм жағдай "Өзбекнефтгаз" АЖ, Айрықша жағдайлар министрлиги ҳәм жергиликли ҳәкимият ўәкиллери тәрепинен толық қадағалаўға алынған.

Жаңа метан газ табылмасы қутлы болсын Қарақалпақстан!
Бул елимизге келген дәўлет, ырысқы - несийбе !!! Несийбең мол,дәўлетиң бийик болабергей әдиўли, Аллахтың нәзери түскен Қарақалпақстан !🙏

Еслетпе ретинде: Ҳәр бир газ бурғылаў - бул қурамалы, аўыр технологиялық процесс, ҳәр бир қубырға қосыў процесси ҳәр қыйлы болады. Бирақ барлық бурғылаў жумыслары тийисли қанийгелердиң қатаң қадағалаўы астында алып барылады.

Сол ушын ҳешқандай қәўетерге орын жоқ !

Бул екинши, жүдә әҳмийетли хош хабар.

Каналға ағза болыў:@hoja_uz
👏39👍18🤔1110😢9🤨2😐2🐳1
Айтпақшы турақ жайларға газге "тех.условие" берилиў - берилмеўи бойынша тез арада қәнийге сәўбетин аламан.

Каналға ағза болыў:@hoja_uz
👍41🤔3