Наржан Атабаева
Бул муҳаббат еди...
Повесть
"Бала не болады?" - дедим. "Бала сеннен емес, өзиниң әкеси бар" деди. Ол уялыў дегенди сирә билер емес. "Мен балалығымнан-ақ барлық сулыў, жақсы нәрселерди басқалардан қызғанып, олар тек меники деп ойлар едим. Ойыншық дүканына барсақ, барлық қуўыршақты сатып алатуғын едим. Усы әдетимди таслай алмадым. Еки жылдан берли жүретуғын жигитимди, сени көргеннен умыттым. Бир сен емес, басқада өзиме унаған жигитлерди өзимдики қылғанша тынбас едим. Бирақ, ҳеш қайсысына да турмысқа шығыў нийетим болған жоқ. Сен сол ҳалатқа тап болып қалдың. Мен ҳәмледар едим. Тезирек турмысқа шығыў керек болды" - Минекей, оның толық монологы усы. Ата-анасына бардық. Оларға қызының барлық жөнсизликлери де өте береди. Сонда да, олардың маған сирә жаманлығы болмады. "Бала туўылғанша күтиң, - деди. - Соған шекем Әйсел де және бир ойланып көрер".
Мен аўылға қайтпақшы болғанда, ол да "бараман" деп шатақ салды. "Мен нызамлы ҳаялыңман, ҳақым бар" деп турып алды. Шамасы, ол мени үйленгенин жасырып жүр, ҳәммеге әшкар етейин деген нийетте барды-аў, деймен. "Сүйген қызы да еситсин" деди ме, ол өзин көз-көз етип ҳәммеге көрсетип, бир ҳәптеге шыдамай кетип қалды. Бизлер кейин даў-жәнжелсиз ажырастық. Сол жазда Дурды үйленип еди. Мен бул ўақыяларды үйдиң ишине басқашалаў айттым. Дурдының саған айтқанындай қылып өзимди соншелли илажсыз, бийшара, сүмелек қылып көрсетиўге арланғаным еди.
Назлым, енди бул гәплерге сирә қайтпасаң. Онысыз да аўылда сонша өсек болдым. Маған ең болмаса сен исен, жаным. Сени соншама көргим келеди. Айралық мени тамам қылмай турып бараман. Сен маған адамлардың билмей турып сөйлейтуғын насақ гәплерин қайтып айтпа. Мениң созған қолымды қайтарма. Мен сени дос-душпанларымның алдында жүзим жарық болып алып кетейин. Сегиз жыл күткен ашығыңды сарғайтып күткизе берме. Көрискенше, мениң сүйиклим. Сениң мәңги ашығың Қарабай".
Мени енди бурынғыдан да бетер аўыр ойлар қыйнады. Ендиги жағы не болады. Мейли, Қараға келисим бердим дейин, оған ата-анам разы бола ма? Алдымда үш тосық бар еди. Бириншиси - Қараны үйленип, балалы ҳаялынан ажырасқан деген сөзлер, екиншиси - оның миллети басқалығы, үшиншиси - олар журтына көшип кетсе, ата-анасыз түўе, ўатансыз қаласаң, деп анамның дат салыўлары көзиме елеследи. Ал, мен болсам, ата-анамның ыразылығысыз бахытлы бола алмас едим. Бирден үйге кетким келип қалды. Сәрбиназ апам менен ойласып, Қараға беретуғын жуўабым тайын болыў керек еди. Оларды (ата-анамды) бир көндирсе сол көндириўи мүмкин. Ушырассам Қараға бул нәрселерди жасырмай айтыўым керек. Илажын тапса өзи табар, таппаса мен оның менен үйден қашып кетиўден аўлақпан. Кийинип үйден шықсам көшениң басында Дурды күтип тур. Ол жақын адамлардай ийниме қолын таслап сәлемлести.
- Бул жерде туратуғынымды қалай билдиң?
- Агентлер арқалы.
- Бүгин үйге кетип баратырғанымды да агентлер айтты ма? Өзиңниң аўҳалың қалай, көмпек келин саў жүр ме? Балалар өсип атыр ма?
- Бәри жақсы, аўылға практикаға баратырман, студент болсақ та, шарўаға керек екенбиз. Кеше Ташкентте Қара менен сөйлесип едим, саған сәлем айтты.
- Енди сәлем айтпай-ақ қойсын. Мен оған сумкамнан сүўретлерди алып көрсеттим. Ол сүўретлерге тигилип қарап турып, күлип жиберди.
- Назлым, сен өзи сирә газета-журналларды көрмейсең бе деймен!
Ол еки сүўретти айырып алып, бул Ташкентте Түркмен мәденияты күнлеринен журналда басылған сүўретлер. Мынаўсы, - ол үшинши сүўретти маған қаратты, - бул фотомонтаж, тексертип бериўим мүмкин. Булар сениң қолыңа қалай түсти? Басқа нәрсе ойлаған болсаң, неге оларды сумкаңа салып жүрсең?
Мен сүўреттеги Қараның ийнине қолын салып турған ақ көйлекли қызға қарадым да ҳағымнан жарылдым. Ең болмаса, оның сүўретин көрип турғым келеди. Мен қысынып ернимди тиследим. Ишимдеги дәрт пенен бир тамшы көз жасым да сытылып шықты.
- Гөклен ким? - дедим гәпти басқа жаққа бурып.
- Ол мениң үлкен атам, әкемниң әкеси. Бизлерде ақлыққа атасының аты қойылса, аналары ийбенип қайын атасының атын айтпаў ушын басқа ат пенен шақырады. Анам оны "Қара, Қарабай" деп шақырған, соннан ҳәммеге Қара болып танылып кеткен.
(Даўамы бар)
Канал: t.iss.one/BaxitliSaribaev
21. 07

❤7👍4👏1
Шыңғыс Айтматов
Әжел дастығы
Роман
Ал, енди, семинариядан қуўылыў қәўпи дөнип турған шәкирт усы бир пайыттан пайдаланып қалыўға тырысыўы керек еди-ғо.
Екеўи дәлиз бойлап жүрип баратыр. Алдында бирадар Координатор, ярым адымдай артта бүкшийип Авдий Каллистратов киятыр. Координатордың тип-тик бойына, өзине жарасып, өзгеше салтанат беретуғын уп-узын, кең, мол қара шекпенине, аяғын нық басқан шыйрақ жүрис-турысына қарап, Авдий бул адамның тулғасынан ҳәр бир исте дин қағыйдалары менен қатар, биринши нәўбетте өз басының ғамын көзиниң қарашығындай сақлайтуғынын, әсирлер бойы қәлиплескен үлкен күш ийесин сезгендей болды. Өмирдеги ҳақыйқат жолына түсер гезде Авдийди, мине, усындай күш пенен, мәңги бақый қарсылас күш пенен ушырастырыў пайыты күтип турған еди. Ал, ҳәзирше олар Қудайдың өзине бирге киятыр. Оған екеўи де исенеди, бирақ ҳәр қайсысы өзинше исенеди. Екеўи де усы Қудай атынан адамларға ақыл айтады, әлем туўралы, сол әлемдеги адам баласының орны туўралы ўаз айтады. Қудай шексиз билимдан, шексиз мийримли, сонлықтан да мына екеўи де Қудайдың бир өзине исенеди, оннан екеўи де үмит етеди. Сөйтип, еки бенде Қудайға қарай киятыр...
Бул ўақытта академиялық ширкеўдиң ишинде ҳеш ким жоқ екен. Сонлықтан да, иши оншама тар еместей көринеди. Басқа ширкеўлерден айырмашылығы жоқ, тек гүңгирт төрден узын шашы жүзин жапқан Христостың дийдары көринеди.
Шамның сүттей сәўлеси шағылысып, Христостың көзи қыя бақпай қарағанын жақтыртып, жарқырап тур.
Еки бенде, Қудайдың еки қулының ойы да, нәзери де Христосқа аўды. Еки бенде - бири устаз, бири еле өзинше ойлап-режелестириўден қутыла қоймаған жас шәкирт. Екеўи де оған жеке-жеке тилек айтып, сөйлесиўге келди. Өйткени, ол бир мезгилде, сыйыныўдың қай мәўритинде болмасын, бир мезгилде есап-сансыз бендениң, анығына келгенде, жер бетинде қанша жан бар, барлығының арызын тыңлай алады. Оның қүдирети де сол ҳәммеге теңдей екенлигинде.
Бул рет те барлығы әдеттегидей болды: дуўа оқып турып, ҳәр ким өзиниң қайғы-ҳәсиретин, әрман-тилегин айтты, оған деген исенимнен пайда болатуғын ис-ҳәрекетлерин ақлап, қабыллаўды өтинди; сөйте турып ҳәр ким өзин кеўлиндеги әлем менен салыстырыўға тырысты; сол шексиз әлемде булардың ҳәр қайсысының көзге көринер-көринбес ғана орын алып, ўақыттың шексизлиги менен салыстырғанда қас-қағым ўақыт өмир сүретуғынын уғынды; ҳәр қайсысы өзин крест пенен шоқындырып, жарық дүньяға келтиргениңе тәўбе, деп Жаратқанға садық болып, бул дүньядағы ең соңғы пайыт келип, көз жумарда аўзыма Қудайдың исмин салагөр, деп жалбарынды...
Соннан соң екеўи де қәдимги кабинетке қайтып келип, бетпе-бет отырып, ашық әңгимеге киристи.
- Ал, улым мениң, мен саған нәсият айтып отырмайман, - деп баслады әңгимесин бирадар Координатор креслоға жайласып алып. Қарама-қарсы жайласқан әпиўайы орынлықта шошайған дизесине қолын қойып, мүләйим көринисте Авдий Каллистратов отыр.
Авдий "әңгиме оғыры қатал болар", деп ойлады.

❤1👍1🔥1
Наржан Атабаева
Бул муҳаббат еди...
Повесть
Өзи айтты ма?
- Яқ, концертиниң афишасын көрдим. Сен концертке барған жоқ едиң ғой?
- Бизлердиң де агентлеримиз бар.
- Сүўретлерди қаяқтан алдың?
- Бир жигит Қарадан деп конверт услатып кетти, ишинен усы сүўретлер шықты.
- Қандай жигит, оны таныйсаң ба?
- Танымайман, бизлер жақтыкине усамайды, акцент пенен сөйлейди.
Дурды тунжырап турды да:
- Яқшы онда, мен кешке таман қайтаман. Азғана жумысларым бар еди. Айтпақшы, Қара бир-еки күннен кейин келеди. Ол асығып кетип қалды.
Мен үйге келип шай-пай ишип болған соң, Сәрбиназ апамдикине барайын деп кийинип атыр едим, апам алдымды кести:
- Келе сала қаяққа барасаң? Қалтадағы сүзбе толып жарылайын деп тур, қайнатып қурт қылсаң болар еди. Кепкен соң өзиң де әкетер едиң. Кирлеримиз де үйилип кетти. Қыз өсирип жумсай алмадым. Оқыў деген бәле болды.
- Мен ҳәзир келемен, - деп апамды тыңламастан шығып кеттим.
Сәрбиназ апама барынша түсиндирген болдым.
- Бул қыйын мәселе, - деди ойланып. - Буған мен сирә араласа алмайман. Биз хожаларданбыз, ақсүйеклер сүйегин бузбаса керек, дейди бәрибир жасы үлкенлер.
- Сизлер не сонда, хожаға тийиппедиңиз жүдә?!
- Мениң күйеўимниң шығысы төрелерден, олар жаўшы болып келгенде үйдиң иши қуўанып кетти. Мәликаны болса, анам өзиниң бөлесиниң баласына берди. Ҳешким де гәп қоса алмады.
Бағдагүлди айттырғанларға қарсылық болды да, күйеў алып қашып кетип пәнт берди. Енди аяғына тикен кирсе де, қай бир келиспеген иси болса "бәри ата-анамды наразы қылып кеткенимнен" деп өкинеди. Ата-ананың ыразылығы кеўлиңниң тоқлығы, ақ пәтия алғаның жақсы ғой. Төркиниңниң есигин қатты жаўып кете алмайсаң, келип турар босағаң. Басқа ис түскенде паналар орның.
Исенип барған Сәрбиназ апамнан бул нәсиятларды еситип мийим ғыр болды. Демек, барлық есиклер жабық. Мен кете алмайман. Кирлерди үлкен ләгенге жибитип қойып, сүзбе қайнатыўға киристим. Келгели дуз татпадым. Аш та болмайман.
Ертеңине шәртектиң басына шығып, қурт қысып жайып отырсам, қоңсы қыз Гүлзийба жуўырып келди.
- Көмеклесейин бе, Назлым, бул өнбейтуғын жумыс ғой, - деп жуўабымды күтпестен қолын жуўып шәртекке шықты. Аннан-мыннан сөйлесип болдық.
- Той қашан? - дедим билгим келмесе де гәп болсын деп.
- Жаўшылар келип атыр, дийдимдеги жерден емес.
- Демек, дийдилегениң бар екен-дә?!
- Бар, - деди ол гүрсинип, - жуўапсыз муҳаббат.
- Қой, қапа болма, жуўабы да болып қалар.
- Соның ушын гүресип жүрмен ғой, - деди ол исеним менен. - Айтпақшы, Қара келипти, еситтиң бе? Аллан қапа сақал жоралары менен келип сабап кетипти.
Неге көкирегин селкилдетип жетип келди десем "таза хабары" бар екен-дә! Бул жағымсыз "сүйинши" маған батайын деди.
- Саған ким айтағойды?
- Кеше әжағам контор жақтан усы гәпти таўып келди. Аллан Қараны қаматаман деп арза берипти. Участковый милиция оны излеп жүрген қусайды.
- Шәртектен түс, Гүлзий! - дедим.
Ол аңқайып қарады.
- Мен де түсемен, ҳәзир ағамлар келеди, түслик таярлаўым керек.
Түс қайта инимди ертип, мектепке жақын атызлардың биринде тоқтадым. "Садық кеше аўылға қайтты. Сен барып, кетип қалмаса усы жерге ертип кел" деп жибердим. Өзим туттың астында отырып оларды күттим. Көп узамай иним Садықты ертип жетип келди. Садық кеўилсиз ғана:
- Аўа, Назлым, бул жерде не қылып жүрсең, аманлық па? - деп ҳал сорасқан болды.
- Түрмеханаға бармақшы едим. Ақыры ағаң Қараны қаматпақшы екен ғой, мен жигитимди барып көриўим керек емес пе?
Ол үндемей төмен қарады.
- Ҳәй, берман қара! - дедим оның жағасынан тутып, - айт қәне, сен ҳәммесин билесең, маған келген хатларды сен гүм қылдың ба? Бизлерде не қастыңыз бар. Еле аўылға да келмеген Қараны сабап кетти деўге уялмайсыз ба? Қандай еркексиз, өзи?! Уял-әй! - дедим оны жулқылап, - ағаңды сабағанлар, сизлер бәриңиз азаплап, қуўып жиберген ҳаялының инилери. Қуўғаны менен турмай изинен намысқа тийетуғын сөзлер айтқансыз. Инилери сабаўдан басқа не қылсын енди?
- Ондай емес, - деди Садық силкинип.
- Сондай, - дедим. - Жеңгеңниң апасы мениң дайымның ҳаялы екенин билмейсең бе? Мен бәрин еситип келдим. Қара емес, сениң ағаң қамалады.
(Даўамы бар)
Канал: t.iss.one/BaxitliSaribaev
22. 07

❤10👍5🔥1👏1
Шыңғыс Айтматов
Әжел дастығы
Роман
Енди мына тақсырдың, көзшең ашыў-ызаның, ямаса басқа бир зулымлықтың нышанын көре алмай, қайта бирадар Координатордың сыртқы сабырлы қәлпине таңланғандай болды.
- Қулағым сизде, тақсыр, - деп семинарист бағынышлы сыбырланды.
- Солай, тағы да қайталайман, мен саған урысып, ақыл айтып, нәсият берип отырмайман. Гәптиң бундай турпайы түри саған ылайық емес. Бирақ, жеңилтекликтен, яки қызбалықтың ақыбети десек те, сол бир айтқанларың адамды ойландырмай қоймайды. Өзиң де сезген шығарсаң, солай болса да, мен сениң менен ески танысымдай көрип сөйлесип отырман. Ол - ол ма, сен ақылдан бос қалған жигит емессең. Саған ашығын айтайын: ширкеўдиң абырайы ушын сениң сол ақылың оның илимине қарсы келмей, керисинше Жаратқан Қүдиреттиң ўәсиятына қалыўсыз, толығы менен хызмет етиўи керек. Мен бул ойымды жасыра алмайман. Жаңағы биймәни сөзлериң ушын әкең ретинде қулағыңды жулсам болар еди, өйткени сениң марҳум әкеңди жақсы билетуғын едим, оның үстине екеўимиз биримиздиң ойымызды биримиз табатуғын татыў едик. Ол өзи христиан динине шын берилген пәрмана еди, оның үстине оғыры билимли болды. Енди мине, тәғдир мени марҳум дьякон Иннокентий Каллистратовтың улы менен, яғный сениң менен гезлестирип қойыпты. Сениң әкең, кеңсе тили менен айтқанда, узақ жыллар бойы ширкеўдиң хызметкери болған еди. Енди сонда не болғаны? Жасырмайман, дәслеп сен туўралы тек те унамлы пикир еситип жүретуғын едим, бирақ усы рет мен бул жерге қолайсыз хабарды еситип келдим. Егер сениң, ҳәзирги жағдайыңды инабатқа алсақ - өзиң болса шәкиртсең, сөйтип жүрип динимизди ревизиялаў жолына түскен болып шықтың ғой. Сениң ойланбай, тосаттан айтып жүрген сөзлериңнен мениң уғып қалғаным, сениң қәтелериң, сирә жаслығыңа байланыслы шығар. Илайым, солай болғай дегим келеди. Мәселе мынада: ҳәр түрли себеплер менен адам жас гезинде исенгиш келеди. Ҳәр кимниң минезине, тәрбиясына қарай сол исеним ҳәр кимде ҳәр түрли көриниске ийе болады. Сен өмирдиң машқаласын толық уғынбаған қандай да биреўлердиң ғайры тәсирге берилип, қудайдан безип, яки қудай жолын өзинше ғыйбатлағанын еситкениң бар ма, сирә? Еситкен жоқсаң, өйткени өмирде ондай жағдай гезлеспейди, гезлессе де сөз жоқ, жүдә сийрек болады. Адам жасы улғайған сайын қудай жолының мәнис-мазмунын терең түсине баслайды. Айтпақшы, революция дәўири гезиндеги аўдарыспақларда динге қарсы атеистлик гүрес жүргизген (сол гүрестиң созылғанына мине, үш жүз жылға шамаласты) Европалы барлық философлар, соның ишинде өзлерин француз энциклопедистлери дейтуғынлар, жаслар болған. Солай емес пе?
- Аўа, тақсыр, олар жас болған, - деп қосып қойды Авдий.

❤2👍2👏1
Наржан Атабаева
Бул муҳаббат еди...
Повесть
Совет муғаллими гүнасыз ҳаялды урып қуўғаны, аўылда жоқ адамның үстинен арза жазғаны ушын, сени де иплас ислерге араласқаның ушын деканатқа үстиңнен арыз етемен.
- Қашан қайтасаң? - деди ол ҳеш нәрсе еситпегендей болып.
- Не еди, жолға агентлериңди қояжақсаң ба? Ертең кетемен. Режелериң бар ма?
Ол "яқшы онда, Назлым" деп әсте жылысып кетти. Мен қапа едим. Класымның балалары менен бундай гәп-сөзге барыў уят болды. Илажсыз, ҳәссений Қара, сени ме! Көрсем оны жулмалап таслағым келди.
Мен Нөкиске базарға шығарған малы өтпей қалған жолаўшыдай салбырап қайттым. Квартираға келсем, қызлар Қараның портретин аўызеки сызып, сүйинши сорады. Мениң аўзым қулпланғандай ләм-мим демедим. Институтқа келсем, хатлар тасланатуғын столдың қасында мени Садық күтип тур.
- Назлымхан, мени кешир! Сениң сонша қапа боларыңды билмеппен. Мә ал, - деди ол бир дәсте хатты қолыма услатып.
Айырым жигитлердиң "аўылдың маңлай алды қызын түркменге берип жиберемиз бе, илажын таўып жолын кесейик" дегенине исениппен мен ақмақ. Ағама арзасын қайтып алғыздым.
Мени кешир, ҳәммеси де жақсы болып кетеди. Сен бахытлы болыўға ылайық қызсаң, достым.
Ол тез кетип қалды. Мен лекцияда отырып, және Қараны ойлай басладым. Оның менен қалай ушырасаман, не деймен? Бурын жақынласып, сөйлесип көрмесем. Сегиз жыл күттим дейди. Тап мен оған бир күт дегендей. Ким оған бесинши класстың қызына кеўил қойып, қараўыл болып жүре бер депти. Өзи оның менен гезлестимбекен сирә. Үлкен қызлардан ол ҳаққында еситкен сөзлерим болмаса... Мен еслей басладым.
Қара дәбдебели үлкен қалада оқып атырған ўақыт. Демалысқа келген оны дослары ма, той ийеси ме, тойға сүйреп келе берер еди. Бир тойға Қатша екеўимиз сабақтан шығып келдик. Жыйналған қурда Қара қосық айтып тур еди.
- Пулың бар ма? - деди Қатша, - жүр, қосықшыға Радж Капурдың "Аварагу"ин айтқызамыз...
- Нама алғандай пул қайда, жаңа шимишки, писте алып қойдық ғой.
- Онда өтиниш етемиз. Бәрибир ол бизлерден пул алмайды.
Оның қасына бардық. Бизлерди көрип көзи жарқ етти. Қосық тоқтады. "Сәлем бердик" дедим қысынып. Қатша да үндемеди. Не деўди билмей кетип қалдық. Он қәдем жүрмей, изимизден келип "Назлый, тоқта" деди. Мен тоқтадым.
- Тезирек мектепти питкерсең болар еди, - деди күлип.
- Неге тезирек?
- Сени алып қашып кетемен.
Балалығым ба, "қаяққа" деппен. Соң түсинип уялдым.
Ҳәзиржуўап Қатша үндемей кетпеди.
- О, о түркмен, - деди, - қызларды урлап кетиў қаныңызда бар-дә. Отызыншы жыллардың басында яўмытлар урлап кеткен қыз апасын әкем елеге шекем излеп таба алмайды. Енди Назлымды да қосып излейик пе? Қурдасымнан алыс жүр, жаў! - деди жулқынып.
- Уят болған жоқ па? - дедим Қатшаға.
- Оған сол керек. Сулыўман деп ойлап кериле ме, қалай. Соны аяма, жоқ болсыншы!
Бизлер жетелесип жыйыннан шығып кеттик.
- Ҳе, айтпақшы, оның менен және бир бетпе-бет келдик. Сырттағы ошақта апам екеўимиз қырмыш писирип атыр едик. Мен таяр фаршты жайылған қамырдың ишине салып бүгип турман. Апам майға салып ояқ-буяғын аўдарыстырып, қызарғанларын алып тур. Он адымдай жерге қып-қызыл мотоцикль келип тоқтады. Ол Қара еди.
- Сәлем бердик, апа! - деди бизлерге жақынламастан. - Тойға айтып жүрмен, Шарап ағаның баласының үйлениў тойы.
- Саламат бол, балам, илайым, қудай тойдан көрсеткей, сизлерди де жеткерсин. Қырмыш же, балам. Апар, Назлым, - деди.
Мен табағы менен апарып туттым.
- Қолым таза емес еди, өзиң аўзыма биреўин салып жибереғой, - деди сыбырлап.
Мениң шоқлығым тутып, жаңа ғана қызып турған майдан шыққан қырмыштың биреўин аўзына тықтым. Ол аўзы күйип, қолына алды.
- Басқасын бер, - деди және сыбырлап.
Мен апамнан уялып, тезирек кетсин деп табақтың астынан суўыған қырмышлардың биреўин алып аўзына туттым. Ол еңкейип мениң қолымнан сүйди. Мен апам көрип қалыўдан қорқып, қолымды тартып алдым да, бир қысым қырмышты қолына салып, орныма барып турдым. Ол ўақытлары уялғаным болмаса, көп ойлай бермес едим. Қашан оған буншелли байланып қалдым. Ҳаўазына ма, жоқары мәдениятына ма, сымбатына ма, бир хатын оқыўдан оны ақлап жибердим.
(Даўамы бар)
Канал: t.iss.one/BaxitliSaribaev
23. 07

👍11❤3👏1
Assalawma Áleykum Qaraqalpaqstan 23 07 25
https://youtube.com/watch?v=lXddqtg6ExA&si=yrE0TIyqParpRAJS

YouTube
Assalawma Áleykum Qaraqalpaqstan 23 07 25
❤3👍3👏1
Шыңғыс Айтматов
Әжел дастығы
Роман
- Әне, көрдиң бе, усының өзинен-ақ жаслық шаққа - ҳәзир модаға айланған сөз экстремизм, яғный шектен шығыўшылық тән екени көринип турған жоқ па? Буның өзи ең алды менен, жаслықтың өзгешелиги екенин дәлиллемей ме?
- Аўа, тақсыр. Бирақ, сизиңше, шектен шыққан сол экстремист жаслар, ҳақыйқатын айтсақ, бираз беккем исенимниң ийелери болған ғой, - деп қойды Авдий.
- Гәп жоқ, - деп дәрҳал келисти бирадар Координатор, - бирақ бул әпиўайы әңгиме. Қалай десек те, олар дин хызметкерлери емес еди ғой, олардың динге деген көзқарасы олардың жеке басының машқаласы болған. Сонлықтан, оларға деген талап басқаша еди. Ал, сен болсаң, улым мениң, болажақ диний устаз емессең бе?
- Әңгиме сонда ғой, - деп Авдий оның гәпин бөлип жиберди. - Истиң рети бойынша, маған, мениң билимиме гүмансыз исениўи керек ғой.
- Ҳаплықпа, - деп қабағын шытты бирадар Координатор. - Сениң мен тәрепинен айтылған қәдимги сөзлеримди түсингиң келмейди екен, онда басқаша сөйлесейик. Бириншиден, дин жолында ой-пикирин гүман бийлеп, екилениўшиликке берилип жүргенлердиң соңы сен емес. Ширкеў-ширкеў болғалы сен сыяқлы адасқанлардың талайын көрген. Ал, соннан не шықты? Ҳәр бир уллы исте мүлтик болмай турмайды. Бундай өткинши, тосаттан гезлескен жағдайлар болған, еле де бола береди. Ең маңызлысы, ондай гүман ийелериниң сөзсиз барып тирелетуғын жери биреў ғана: ондай гүманшыл өз туйғысынан тезирек айырылып, гүманланыўдан биротала бас тартады да, ҳақыйқат динди мүлтиксиз мойынлап, оған толық жан-тәни менен берилип хызмет етеди де, жоқары мәртебели дин басшыларының кеширимине ийе болады; ал өз пикиринен қайтпай, қасарысып бара берсе, онда ондай қудайсыз ширкеў қушағынан қуўылып, оған нәлет тамғасы басылады. Саған түсиникли ме, екиниң бири, үшинши жол болмайды. Сениң жаңа Қудай туўралы пикириң қабылланбайды. Түсиникли ме саған?
- Аўа, тақсыр. Бирақ, үшинши жол менен де жүриў ширкеўдиң өзине керек.
- Ол не дегениң? - деп бирадар Координатор басын мысқыллап шайқап қойды. - Бундай да сандырақ болады екен-аў! - деп шаңқ етти де, ашыўланған пишинде: - Ал, реҳим ет, айта ғой, сен қәсийетли ширкеў ушын таярлаған ол не қылған үшинши жол. Қандай да бир революция емес, не ол? Бундайды еле тарийх еситкен де, билген де жоқ ғой...
- Әсирлер бойы қақайып қатып қалған көзқарасты өзгертиў, догматизмниң тутқынынан қутылыў, тиришиликтиң бийик мәниси - Қудайды танып билиўде, адам руўхына азатлық бериўде...

❤4👍1
Наржан Атабаева
Бул муҳаббат еди...
Повесть
Еле сумкамда бир дәсте хатлары бар. Тәғдириме жазылған жигит сол болса налымайман. Лекин, әлленеден сетемсиреп қорқа беремен.
Оның келиўине арнайы кийинбедим, пардоз да қылмадым. Мен шырайында қандай да бир кемиси бар қызлар яки жасы өтиңкиреген ҳаяллар ғана бояныўы керек, деп ойлайман.
Кийимлерим де жағдайым келгенше. Мени сүйетуғын жигит, барлығыма көнип, қалай болсам солайынша сүйсин.
Үлкен тәнеписте қасымда отырған қурдасым, "жүреғойса"лап мени төмендеги асханаға сүйреди. Иштейим болмаса да оған ердим. Бизлер котлет жеп отырсақ, Исмайыл ыржыйып күлип келди.
- Сени Қарабай аға екеўимиз еки күннен берли излеймиз. Квартираңа барсақ аўылға кетти, аўылға барсақ Нөкиске кетти. Қашып жүрген жоқсаң ба, өзи?
- Сонда үш күн бурын излеў керек еди, топар болып Алламды сабап жүргенше?
Исмайыл күлди.
- Айтпақшы, Садық келди ме?
- Келди, сақлаған базарлықлары да бар.
- Ағасы менен оның топлаған жигитлерине ерип Садық қәте қылды. Негизинде жаман жигит емес. Өзиниң де ҳүжданы қыйналды. Зыяны жоқ. Алла кеширимли, биз кимбиз.
Исмайылға ерип институттың ишинен көше тәрепке шықтық, адам көп. Отырғышта отырғанлардың ишинде Қара көринбейди.
- Киоска тәрепке жүр, - деди Исмайыл. - Яқшы, мен сабаққа кеттим.
Қарасам узын бойлы, қара қалың буйра шашлары желкесине түскен жигит арман қарап еди. Мен оны көз ушында турса да таныр едим. Нөкисте жигитлер сийрек еди-дә. Ишки сезим менен болса керек, ол берман қарады. Аппақ тислери жарқ етип күлди. Қатып қалғандай мен орнымнан қозғала алмадым. Ол әсте жүрип келип, бәрқулла усылай көрисетуғындай, мени қушақлап баўырына басты. Мен өткен-кеткеннен уялдым. Бизлер қол усласып парктиң иши менен кеттик. Узақ сөйлесип, көп нәрселерди шешип алыўымыз керек.
Бир шетирек отырдық. Майда-шүйде гәплерден кейин ол мақсетке көшти.
- Бүгин үйиңе жаўшылар барады. Руқсат алса, нан сындырысыўға қалың малы менен барады. Мен сеннен руқсат алсам, августтың ақырында той...
- Бундай деп айтыў аңсат, ата-анам келисим беретуғын адамлардан емес. Оның үстине, биз хожаларданбыз.
- Алламнан жаўшы барғанда хожа екенлигин умытты ма?
Ол мени өкпеледи деп ойлап қолымды қысып қойды. - Сен қорқпа, мениң әкем ҳәммесиниң есабын табады. Хожалардың кәтқудасы, әкең сөзин қайтара алмайтуғын Идирис ақсақалды ертип барады. Ол әкемниң қәдирданы, келисим берген.
- Биреўдиң қызы ушын ҳеш ким келисим бере алмайды.
- Онда не, сен қусап әкеңе парткомыңа бараман деп қорқытсын ба?
Екеўимизде күлип жибердик.
Мен оның дизесине әсте урдым.
- Сен қаяқтан билесең, агентлериң арқалы ма?
- Онда агентлерим жоқ еди. Еситкен хабарымнан ушып түсип, сизиң үйге қарап шаптым. Дәслеп ағаңның аяғына жығылып, жалынып жалбарынбақшы едим. Буннан ҳеш нәрсе шықпайтуғынын билдим. Егер олар пикиринен қайтпаса, сени қалай болмасын урлап кетемен деп ойладым. Сениң бир шығыўыңды аңлып, айнаңыздың алдынан өтетуғын салманың ишинде, үстиме гөне қапшық жаўып жасырынып жаттым. Форточкасы ашық бир қабат айнадан үйде болып атырған жәнжелдиң бәрин еситип жаттым. Анаңды қыз апаларың менен қорқыттың. Мен ең мүлайым ҳәм уялшақ деп жүрген қыздан бундай шығады деп ойлаған жоқ едим. Бирақ, ҳуўшыңнан кеткениңди еситип, ишке кирип кетиўден өзимди зорға тыйдым. Енди Назлым, шешимди үлкенлерге салдық. Өзиң не дейсең?
- Бир аўыз айтпай Ташаўызға кетип қалған жигитке ҳеш нәрсе де айтпайман.
Ол ийнимнен қушақлап кеширим сорады.
- Буны да айтып беремен. Мениң ата-анам да өз билгенин қылғысы келип еди, мен қаштым.
Мениң ядыма Сәрбиназ апамның айтқанлары түсти.
- Назлым, сен өзиңди отқа салып атырғаның жоқ па? Өзге миллетке, өзге үрп-әдетлерге, өзге кийимлерге, мәселен, узын көйлеклер, қалың бас кийимлер, аўзыңды байлап жүресең.
- Аўзымды байламасам да мен оның жақынларына сирә сөйлемеймен. Кийимлер болса ойласып көрермиз, - дей алдым әжапама басқа гәп таппай.
- Жасы үлкенлер келиссе де, мениң де шәртлерим бар.
- Мен узын көйлек, шелектей бас кийим киймеймен. Аўзымды байламайман. Сонда да сөйлемеймен. Қарақалпақ екенимди ҳеш кимнен жасырмайман.
(Даўамы бар)
Канал: t.iss.one/BaxitliSaribaev
24. 07

👍10❤7👏1
Шыңғыс Айтматов
Әжел дастығы
Роман
- Тоқтат, тоқтат! - деп шыр-пыр болды бирадар Координатор. - Сениң бул биймәни ойың күлкили, қымбатлым!
- Ал, сиз ойлаў еркинлигине тыйым салады екенсиз, онда тақсыр, тилекке қарсы, әңгимени арман қарай созыўдың да қәжети жоқ.
- Аўа, солай. Енди әңгимениң мәниси қалмады! - деп ашыўлана баслап, бирадар Координатор орнынан турды, даўысы гүрилдеп:
- Оян, сен бала, тасла тәкаббирлигиңди! - деди. - Тик жар басынан туңғыйыққа қулайын деп турсаң! О сорлы, сен Қудай, мениң ой-қыялымның жемиси, деп сандалайсаң. Сонда адамның өзи Қудайдың үстинен Қудай болды ғой. Ҳаў, сениң ой-санаңның өзин жаратқан Қудай емес пе? Жаңаша ойлаў дегениңе ерк берсе, сен мың жыллық ўәсиятлар менен шәриятларды жоққа шығармақшымысаң?! Ал, ол ўәсиятларды, ол шәриятларды, Қудай жолындағы қағыйдаларды урпақлардан-урпақларға жеткизе бериў ушын адамлар талай-талай азап жолынан өтип, көзи ашылғанша қаншама қыйыншылықларды басынан кеширди. Сениң адамларды догматизмнен - қатып-семип қалған қағыйдадан қутқармақ болғандағы мақсетиң усы ғой. Ал, догматизм қағыйдасы Қудайдың реҳиминен пайда болған ийгилик. Ширкеў жаңаша ойлаўсыз-ақ өмир сүрип киятыр, өмир сүре де береди, ал догмасыз динге исениў мүмкин емес. Ол ол ма, есиңде болсын, догматизм - барлық жағдайлардың, барлық ҳүкиметлердиң ең биринши тиреги. Сен Қудайды жаңаша ойлаў арқалы жақсырақ болыўға шақырып, оны қорлап атырсаң. Сен Қудайдың қүдиретин өзиң атқарыўдан тайынбайсаң! Бирақ, Қудай бизге қайсы көзи менен қарайды - оны өзгертиў сениң де, сен сыяқлылардың да қолынан келмейди. Ал, сениң Қудайға көпир боламан деўиң тек сениң өзиңниң ғана басыңды жейди. Ал, қүдирети күшли Қудай мәңгилик, ол мызғымайды! Әўмийин.
Авдий Каллистратов ернинен қан қашып, бирадар Координатордың алдында қалшылдап қалды: бирадардың буншама ашыўға мингени де жанына қатты батты. Сонда да ол райынан қайтпады.
- Кеширерсиз, тақсыр, бизиң өзимизден шығып атырған бәлени Қудайға аўдара бериўге болмас. Қудай жаратқан адамлардың бойында бир-бирине қарама-қарсы еки күш бар: бири жақсылық, екиншиси зулымлық. Егер Қудайдың қүдирети шексиз күшли болса, адамды сонша неге ҳәлсиз етип жаратқан? Егер Қудайдың қүдирети соншама күшли болса, адамлар неге оның бар яки жоқлығына гүманланады? Неге иблиске, зулымлыққа бейим болып турады?

👍3❤1
Наржан Атабаева
Бул муҳаббат еди...
Повесть
Мен оған қарадым. Ол үнсиз тыңлап отыр, шәртлерим жақпаған болса керек. Қабағы үйилип, қаслары бир көтерилип түсти.
- Мен ҳеш нәрсе демеймен, буны өзиңниң сыйласығың, адамгершилигиң биледи.
- Жақпаса айта бер, және бир шәрт...
Ол сөзимди бөлип, еки қолымды бирден услады:
- Болды, әйтеўир "қосық айтпайсаң" деп жүрмесең болар. Мен барлық шәртлериңе қайылман. Қәлегениңше еки аяғымды бир етикке тыға бер.
- Кейнин тыңла, сабырлы болып, мен еле еки жыл оқыйман.
Қара шоршып кетти.
- Қой, он жыл күтиў деген темирден жасалған ашықты да еритип жиберер. Оқыўды Ташаўыздағы пединститутқа өзгертесең.
- Сен жумысыңды Үргенишке яки Ташкентке өзгертсең не қылар екен?
- Сен не десең сол. Аўылыңа завклуб болып бар десең де бара беремен, тек қасымда сен болсаң болды.
Мениң жүрегим қуўаныш пенен муҳаббаттан толып-тасып, биринши рет оның мойнынан қушақладым. Биз енди аўыр мәселелерди қойып, желкемиздеги жүклерди бираз жеңилеттик. Қараның ыссы қырмышқа аўзын күйдиргенимди айтып күлистик.
- Неге сен мектепти питкерген жигит бола турып, бесинши класс қызға кеўил қойдың?
- Ғарры шағал демекшимисең, мен сеннен бары-жоғы 5-6 жас ғана үлкенмен. Билесең бе, сениң әкең анаңнан неше жас үлкен екенлигин?
- Урыстан он еки мүшеси саў, орден-медаллар тағып келген жигитке аўылдың қызлары талас болған ғой, - дедим апамнан еситкенлеримди айтып.
Бизлер жүдә көп сөйлестик. Кеш түсип, қаланың жасыл-қызыл шырақлары жанған ўақтында қол усласып, бир-биримизге ылайық жуплықлар екенимизди көрсетип атырғандай қуўанышлы қайттық.
III бөлим
Тойды еки жылдан кейин оқыўды питкериўге шамалап бериўге Қараны көндириўиме де болатуғын еди, лекин араны узайта берсем, оннан айырылып қалатуғындай сезиндим.
Ата-аналарымыз келисти. Мәмед бай байлығын ҳәммеге көз-көз етип, сол дәўирдеги қызларға берилетуғын қалың малды үш есе етип әкелипти. "Елдиң нырқын бузып, қалың малды өйтип көтере берсең, буны таба алмайтуғын басқалар не қылады?" деўшилер де болыпты. "Мениң балам таңлаған қыз соған арзыйды. Мен олар ушын ҳеш нәрсемди аямайман" депти.
Әкем: "Қызымның оқыўын не қыламыз, ерли-зайып болған соң бирге болыўы керек. Оқыўын сыртқы бөлимге өзгертип, күйеўдиң қолына бара ма, я Ташаўыздағы институтқа өзгерте ме?" деген екен, қәйин атам: "Келин оқыўын ҳеш қаяққа да өзгертпейди. Балам да бәрқулла Ташаўызда ислей бермейди. Келин көбинесе усы жерде, үйде болады. Пахта терим, пахта отақ дегенлерден өзим сорап алып қаламан. Балам да үйге ҳәптеде болмаса да еки ҳәптеде сирә бир келип турады. Қалған жағын көре берермиз, аман болсақ" депти. Және ол: "Маған қызыңызды берсеңиз болды, басқа нәрсең керек емес. Көрпе-төсек, мебель деп ҳәлекленбең" деген екен.
Қудасының бул гәпи апама жағып түссе де мәсләҳәтте әжапаларым, басқа да жақын ағайынлер "Ҳәр кимниң шыққан таўы бийик болсын, сизлер де қыздың жасаўын жақсылап бериң" депти. Үйде баса-бас таярлық, көрпе-төсек сырыў, шымылдыққа қурақ қураў, алынған ыдысларды ящиклерге орналастырыў...
Қудасы және тележкада бир сыйыр, бир баспақ жиберипти. Сыйыр сүт ҳақыға, баспағы ел қәдеге. Дүньяпаразлаў болса да анам қысынды. "Биз сүт ҳақы дегенди айтқан жоқ едик. Ана сүти сатылмайды ғой. Тек ел қәдесиниң өзи болатуғын еди. Мейли, ақлықлы болсам, еншиге бир сыйыр берермен" деди тап сыйырды биреў қайтып алып баратырғандай.
Еле хызметимди көрмей атырып соншама сыйлаған қәйин атамды, оның жақынларын ҳүрмет етким келди. Нөкиске барып, ең шебер деген тигиўшилерге түркменше нағыслы жаға салынған еки түрли қызыл ҳәм жасыл реңдеги қалың помбархатлардан келиншеклер кийетуғын көйлек ҳәм нағыслы, пөпекли тақыяға буйыртпа бердим. Үстинен таслайтуғын шашақлы қызыл реңдеги үлкен жипек орамал да алдым. Тойдан бир күн бурын өзим барып көйлеклерди алып келдим. Олар сондай сулыў тигилген! Денеме қуйып қойғандай, тар, узын, көркем нағыслары қәлеген қыздың шырайын ашып жиберер еди. Кейин айтыўынша, Қараның өзи де мени түркменше кийимлерде көрип ҳайран қалған екен.
Той болып өтти. Басқа әўселелерин айтпағанда, тойда жоқары жақлардан шақырылмаған атақлы қосықшы қалмаған.
(Даўамы бар)
Канал: t.iss.one/BaxitliSaribaev
25. 07

👍9❤4👏2🔥1
Арзыўлы жоллар
Бирге Нөкис жолларынан пияда,
Баратырмыз аппақ арзыўлар менен.
Бахыт берди күткеннен де зияда,
Шынында да, жаратқаным кең екен.
Иншалла, мийримли перзентлер сүйип,
Жетеклеп өтемиз усы жоллардан.
Шадлықтан төбемиз көклерге тийип,
Миннетдар боламыз сырлас жылларға.
Баламызға қос байрақты көрсетип,
Толып-тасып тәрийплеймиз Ўатанды.
Бой жеткенде табысларын гүзетип,
Жасаймыз бахытлы жанлар атанып.
Жолымыз жалғасар. Жалғасар өмир,
Нурлы соқпақларда изимиз қалар.
Бахыт бәҳәримиз гүлленди, шүкир,
Перзент өмиринде мәңги қулпырар.
Туңғышымыз тутқыш бермей шапқылап,
Қылықлары менен қалдырар ҳайран.
Изде жүрип келешегин талқылап,
Алға қарай барамыз биз масайрап.
Шаңарақтың арзыў-ҳәўеси менен,
Жуўырып-жортамыз пайтахт жолында.
Узақ сырласамыз адымлап теңнен,
Ертеңимиз - даўамшымыз қолымда.
Қанатлы үмитлер кеўилге орнап,
Нөкис көшелерин сейил етемиз.
Тәғдир үлкен сыйын қойыпты арнап,
Биз, әлбетте, пәк нийетке жетемиз.
25-июль, 2025
Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev
Бирге Нөкис жолларынан пияда,
Баратырмыз аппақ арзыўлар менен.
Бахыт берди күткеннен де зияда,
Шынында да, жаратқаным кең екен.
Иншалла, мийримли перзентлер сүйип,
Жетеклеп өтемиз усы жоллардан.
Шадлықтан төбемиз көклерге тийип,
Миннетдар боламыз сырлас жылларға.
Баламызға қос байрақты көрсетип,
Толып-тасып тәрийплеймиз Ўатанды.
Бой жеткенде табысларын гүзетип,
Жасаймыз бахытлы жанлар атанып.
Жолымыз жалғасар. Жалғасар өмир,
Нурлы соқпақларда изимиз қалар.
Бахыт бәҳәримиз гүлленди, шүкир,
Перзент өмиринде мәңги қулпырар.
Туңғышымыз тутқыш бермей шапқылап,
Қылықлары менен қалдырар ҳайран.
Изде жүрип келешегин талқылап,
Алға қарай барамыз биз масайрап.
Шаңарақтың арзыў-ҳәўеси менен,
Жуўырып-жортамыз пайтахт жолында.
Узақ сырласамыз адымлап теңнен,
Ертеңимиз - даўамшымыз қолымда.
Қанатлы үмитлер кеўилге орнап,
Нөкис көшелерин сейил етемиз.
Тәғдир үлкен сыйын қойыпты арнап,
Биз, әлбетте, пәк нийетке жетемиз.
25-июль, 2025
Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev
👍12❤4🥰1👏1
Шыңғыс Айтматов
Әжел дастығы
Роман
Қудай қүдиретли болса, адамларды усы нуқсанлардан неге тазартпайды? Сиз ғой дин илимине шық жуўыртпайсыз, дүнья-әлемниң, соның ишинде адамның жаратылысы Қудайдың қүдирети басқаша болыўы мүмкин емес дейсиз. Ҳаў, сонда логика қайда? Христиан дини жаратылғалы еки мың жыл болыпты, ал енди сол бир Инжилден бурын айтылған диний қағыйдаларға сол еки мың жылдың ишинде дым болмағанда бир сөз қосыўға болмағаны ма? Сиз толайым ҳақыйқаттың ийеси болғыңыз келеди, бирақ бул өзиңизди өзиңиз алдаў ғой. Өйткени, тап Қудайдың өзи жаратқан илим болса да, Ҳақыйқатты ақырына дейин бир дегенде таўысып айтыў мүмкин емес. Ондай илим - жансыз илим.
Ол үнсиз қалды. Усы бир тынышлықта терезениң сыртынан қала қоңыраўының үни қулаққа келди. Адам менен Қудайдың арасын дәнекерлеп турған символдай усы бир қоңыраў үни оның жанына жақын, оғада таныс екенлиги сонша, Авдий сол қоңыраў сыңғырлысындай кем-кем алыслап барып, шексиз кеңисликке сиңип кеткиси келди.
- Ҳей, шатақ бала, сен әбден жүўенсиз кеттиң, - деди бирадар Координатор үни ызғарлы, қатты шығып. - Сениң менен дин туўралы айтысып қалғаным әнтек болған екен. Өйткени, сениң бул тараўдағы билимиң әбден шийки, оның үстине гүманлы. Сен усының бәрин адам баласының ата душпаны әзәзүлдиң тәсиринде айтып турғаның жоқ па? Бирақ, хошласар алдында саған бир нәрсе айтайын: Бундай ҳәрекетиң менен сен өз басыңды өзиң жутасаң. Өйткени, Қудай жолындағы қүдиретти илимге гүман келтиргенлерди диндарлар ғана емес, әпиўайы адамлар да жек көреди. Қандай бир идеология болмасын, ҳақыйқаттың ақырына жетиўге дәмеленеди. Сөз жоқ, бул қыңырлық сениң алдыңнан шықпай қоймайды. Бирақ, қәдимги өмир сениң ойлағанларыңнан пүткиллей басқаша, ал сен болсаң, өзиңниң жеңилтек ойларың ушын азап шегесең, сонда еле мениң усы сөзимди ядыңа аласаң. Болды, жеткиликли, семинариядан кетиўге таярлан. Сен Қудайдың үйи - ширкеўден биротала шетлетилесең.
- Мениң өз ширкеўим өзимде, - деп қасарысты Авдий Каллистратов. - Мениң ширкеўим - мен өзим. Мен диний имаратларды мойынламайман, дин хызметкерлерин, әсиресе бүгинги ширкеўшилерди пүткиллей мойынламайман.
- Мейли, жигит. Қудай алдыңнан жарылқасын, бирақ есиңде болсын: ширкеўден сыртта сени өмир жуп-жумсақ етеди еле, өйткени ол өмирде бир тислем нанды мийнет пенен таўып жеўге мәжбүр боласаң. Сол мәжбүрлик сен сыяқлы миллионларды еле бийлеп-төслеп киятыр...
Бирадардың бул ескертиўлери - Авдий Каллистратовтың алдынан, шынында да, бир емес, еки емес, талай рет шықты. Бирақ, ҳәрдайым Авдий Каллистратов әрманлаған ең ҳасыл мақсет мудамы алдынан қол былғап турғандай болып көринеди. Сол мақсетке жетер жолдағы қарсылықлар менен ҳикметлер тек ўақытша иркинишлер сыяқлы түйиледи.

👍2❤1
Наржан Атабаева
Бул муҳаббат еди...
Повесть
Бәри сол жерде тойда хызметте болды. Енем қонып қалған жеңгелериме азанда "сүйиншиси" деп бир-бир жақсы көйлектен, қәйин атам болса бир қойдан жетелетип, қуўанышлы шығарып салыпты.
Жеңгелерим кеткен соң бурын үйрениспеген үлкен үйде жабырқайын дедим. Бирақ жүдә кеўилли едим. Ҳәмме жерди жыйнастырып жүрген Дурдының ҳаялына жәрдем бермекши болдым. "Яқ, болмайды, - деди ол қолымдағы шайнек-кесени тартып алып, - сизге еле "жумыс берилген жоқ". Енем "демин алыңқырасын" деди. Ертеңге кемпирлерге айтып қойыпты, Абысынжан", - деди күлип. "Жумыс бериў" дәстүриниң бизиң аўылда да елеге шекем қалмай киятырғанын билемен. Қанша келиншеклердиң уршық ийиргенин қызық көрип тамашалап қарағанбыз. Апалар ушын арнайы дәстурхан жайылып, майсөк қойылады, палаў асылады. Кемпирлердиң кейўанысы келиншекке бир қысым жүн менен уршық береди.
Келин олардың алдында дизерлеп отырып, жүнди ушынан тартып, шыйратып уршықтың сабына илип, уршықты айландырып жибереди. Еле сабына аўырлық түспеген уршық тасы жеңил ғана ғырлап айналады. Келиншектиң бир қолы төменде, бир қолы жоқарыда жип ийире баслайды. Мениң уршық ийириўден кеўлим тоқ еди-дә, бирақ негедур қобалжыйын дедим.
- Сизди шақырып атыр, - деди кишкене бала етегимнен услап.
Сыртқа шықпақшы едим, "буяқта" деди бала қоңсы бөлмени көрсетип. Кирсем, бир шетке қойылған столда Қара отыр екен.
- Келиң, - деди сизлеп, қарсы алдындағы орынлықты көрсетип. - Отырың!
Қарсы алдымдағы жыйынлық кийиминде отырған күйеў жигиттиң маған көп тәреплери таныс еместей. Биз Қара менен көп ушыраспаған, көп сырласпаған, басқа ашықлардай ҳәр күни көриспегенбиз. Ол мени "қалыңлығым" деп, мен "сүйген жигитим" деп жүре берген екенбиз.
- Назлый! - деди ол сырлы күлимсиреп. - Биз турмыс қурдық, ЗАГСтен өттик. Солай болса да, екеўимиздиң арамызда бир-биримиз ушын шәртнамалар болыўы керек. Бул, әсиресе, мениң ушын. Ол алдына қойған блокнотын ашып, ручкасын услады. Ҳәзирден баслап билиўим ҳәм соған қарап ис қылыўым керек. Бурын буларды сораўға ўақыт та болмады.
1. Сен қандай аўқатларды жақсы көресең? Сары майға қуўырылған? Салған? Қаным, гүртик, азмаз қатығы да болады.
Мен ҳайран қалсам да жуўап бердим.
- Суўы тартылған дузлы, кепкен гөш салынған палаў, гүртик, сорпа, көбинесе қуўырылған тағамлар, балық қуўырдақ, картошка қуўырдақ.
2. Саған жақпайтуғын аўқатлар ше?
- Мәш, лобия, горох, ноқат, жүўери салынған аўқатларды жей алмайман және мазалы тағамларды, дрожлы, исип турған булочкаларды, торт жемеймен.
- Неге, мазалы нәрселер семиртип жибериўинен қорқасаң ба?
- Билмедим, тәбиятым тартпайды.
3. Ишимликлерден ше?
- "Қаратаў", ҳәр қыйлы винолар, коньяк...
Қара ҳайран қалмады, ручкасын айландырып отыр. Мен қатты күлип жибердим.
- Неге исенгиң келмейди, ишетуғын қызлар аз ба? Қой, ҳәзиллестим. Ашшы, муздай айранды жақсы көремен. Қыста қойыў аўқатлардан кейин бир шай кесе менен қатық ишкенди қәлеймен.
4. Үй ҳайўанларынан қайсыларын жақсы көресең?
- Олардан үйде бағыў ушын: кишкене бузаўы бар сыйырды, сүти балалар ушын пайдалы, таза ҳәм он-он бес таўық, таза мәйеклери...
- Балалар ушын, - деди Қара күлип, - сеннен меҳрийбан ана шығатуғын түри бар. Неше баламыз болғанды қәлейсең?
- Биринши ул, кейин қыз. Қыздың әжағасы болғаны жақсы, сөйлесип сырласатуғын сиңлиси де керек. Бала да жалғыз емес, иниси болса бир-бирине сүйенеди. Қулласы, еки ул, еки қызымыз болыўын қәлеймен.
Қара мыйығынан күлди:
- Иштейиң жаман емес...
- Сен ше? - дедим оған қарап.
- Еле маған гезек келген жоқ. Сонда да айтсам, бириншиси қыз болыўын қәлеймен. Бизиң шаңарақта елиў жылдан берли қыз туўылмаған. Аразбийби де, Дурдының ҳаялы да анасына қусамайды. Изли-изинен үш ул туўды.
- Үйге қонақтың көп келгенин қалай көресең?
- Онша емес. "Шақырылмаған қонақ татардан да жаман" деген. Арнаўлы шақырсаң басқа гәп.
- Мениң жақынларымды, досларымды ше?
- Әкеңди ҳүрмет етемен, жипек минезли анаңды қатты жақсы көремен, Дурды ҳәм Аразбийбини туўысқанларымдай. Досларыңды болса танымайман.
Қара ручкасын қойып, блокнотын жапты.
(Даўамы бар)
Канал: t.iss.one/BaxitliSaribaev
26. 07

Күнлердиң күнинде көплеген адамлар оның жолына түсетуғын пайыты дус келетуғындай болады да турады. Оның өмир сүрип жүргендеги мақсетиниң өзи усы емес пе?
Нәше ушын сапар шеккен шабарманлар менен бирге кендир өсетуғын саҳраға киятырып, азаннан кешке шекем поезддың терезесинен шексиз далаға қадалып қарап, Авдий өзинен-өзи ойланады: "Мине, сен енди, тек редакцияның тапсырмасы болмаса, пүткиллей азатсаң, не ислеймен десең де өз ықтыярың өзиңде. Ал, сонда не болды? Еркинлик жолына шыққанда не көрдиң? Ал, көргиң келсе көр, өмир шыңлары алдыңда көсилип жатыр. Усыннан жүз жыл бурынғыдай: бир қыйырдан бир қыйырға кетип баратырған жолаўшылар. Сен солардың бирисең. Нәше шабарманлары да жолаўшылар менен бирге киятыр. Бирақ, олардың басқа жолаўшылардан айырмашылығы - олар жүрек жутқан бенделер. Адам баласының бойындағы ең сорлы дәртлердиң бири - нәшебентлик. Булар сол дәрттиң үстинен пайда таўып жүрген сүлик қуртлар. Қәдимги ашшы түтин әпиўайы көрингени менен мазалы ләззет әкелетуғын қусайды. Бирақ, адамды адам болыўдан қалдырып, жегидей жеп қояды. Ал, енди олар қурбанлыққа өз ерки менен шалынып жүргенлер, оларды қалай қорғай аласаң? Бул ҳәсирет неликтен екенин билмейсең сен? Себеби неде буның? Үндемейсең, демек қай тәрептен келиўдиң әмелин билмейсең ғой. Нәшениң зыян екенин қалай түсиндиресең, не әмел қолланыў кереклигинен хабарың жоқ? Өмирдиң машақатлары арасынан мүмкин болса дүзетпекке талпынып, семинариядан билек сыбанып, жулқынып шыққан өзиң емес пе едиң? Семинарияда бирге оқыған жолдасларың саған идеалист деген ат қойды. Сирә, сол тегин емес. Ал, енди мына шабарманларға мениң жәрдемим керек пе екен, усылардың ис-ҳәрекетине мениң араласыўым шәрт пе, деп басың қатып отыр. Шынында да, сен буларға не қыла аласаң? Ҳәй, қойыңлар мына тиришиликти, басқаша өмир сүриңлер, деп көндирип, исендире аласаң ба? Сен буны ойлап, басыңды қатырып отырғанда, олар нақ мақсетке бел байлап, я қудай, жолымыз сәтли болғай, деп киятыр. Исиниң сәти түссе өзлерин бахытлымыз, деп есаплайды. Ал, енди усылардың көзин ашып, ҳақыйқатқа қалай жеткизерсең? Қәўетерли жолдан қалай қайтарарсаң? Ал, егер бул иске кириспесек, бәледен сақлап, қол ушын бермесек, булар ерте ме, кеш пе, түбинде судланады, колонияға айдалады. Бирақ, буны олар өз гүнамыз демей, сорымыз деп түсинеди. Ал, енди олардың бетин усы зулымлықтан қайтара алсаң, жаңылыстым, деген тәўбеге келтире алсаң, қылмыслы ҳәрекеттен өз ерки менен бас тартқыза алсаң, бахыттың көзи басқа да екенине исендире алсаң - әне, сонда басқа гәп.

👍2
Наржан Атабаева
Бул муҳаббат еди...
Повест
- Жазып ал, - деди маған, - енди мени еситесең!
- Жазбайман, - дедим, - мен ҳеш қашан шпаргалкадан пайдаланған емеспен. Ядымда қалады.
- Аўқат мәселеси бойынша екеўимиз бир дәстурханнанбыз. Мен де сен айтқандай палаўды, сен айтқан сары майға қуўырылған, пияз салынған қандай гүртик еди, еле жеп көрмедим.
- Қайыс гүртик, - деп толықтырдым мен, - шетине бир-еки қасық майлы қатық та салынады.
- Соны, - деди Қара. - Ҳәзирден иштейимди ашып жибердиң. Өзиң писирип берерсең, Назлый жаным, сен не писирсең соны жей беремен.
- Алтын тағыншақларды жақсы көресең бе?
- Әлбетте! Қайсы қыз жақсы көрмейди дейсең? Әсиресе, феруза тастан көз қойылған жүзик-сырғаны. Көк тас - бахыт келтиреди деген де гәп бар, биреўлер пул дейди.
Ол мениң бармағымдағы "топаз" (ақ реңли тас қойылған) жүзигимди сыйпалады.
- Бурын билмеген екенмен. Мейли, еле де көплик етпейди, буны туўрылаймыз, - деди. - Енди Назлый, гәп мынандай, сеннен үлкен өтинишим - маған исен! Мен халықтың көзинде жүрген адамман. Мен туўралы ҳәр қыйлы өсеклер, анекдотлар шыға береди. Сен тек маған исен. Саған исенгенимдей болып исен. Егер гүманлы ой пайда болса, өзиңше ис қылмай, биринши меннен сора. Биз бир-биримизди қатты сүйемиз, соған ылайық исеним де болсын. Дурыс, екеўимизде де қызғаныш болыўы мүмкин, лекин гүман болмасын! Биз бәрин сөйлестик пе екен, ертең сен үй жумысларына кирисесең, арғы күни мен Ташаўызға кетемен. Бүгинги пайыттан пайдалан, маған не дейсең?
Ол қыстастыра берди.
- Бундай қарай берсең айта алмайман, - дедим, - қулағыңды әкел! Мени көп сағындыра берме!
Оның "кетемен" деген сөзи жүрегимди сызлатып жиберди.
Аразбийби
Ол кетсе мына үлкен имаратта бир күн де жасай алмаспан, деп ойлап едим. Еримди шығарып салып, қолым иске бармай созылып жатырсам, Аразбийби келди.
- Турың абысын, соншама күйеўиң бир урысқа кетип пе, өзиниң қәдимги жумысына кетти. Бир ҳәптеден сен де оқыўыңа кетесең. Көп болса бир айдан көрисесиз. Бизлер алты айда көрисип жүрип-ақ үш балалы болдық. Сизлердикиндей муҳаббат болмаса да бир дастыққа бас қойғанбыз. Бир-биримизге үйренискенбиз. Сағыныўды да билемиз.
Мен орнымнан турып оған қарадым. Ол сөйлеп жүрип те дүньяның жумысын тындырар еди. Қолынан келмейтуғын аўқаттың өзи жоқ. Оннан бир нәрселер үйренип қалайын деп ойладым да және оған кино көргендей ықлас пенен қарай басладым. Ол тынбай сегбир тартып, шаўып баратырған тулпар атқа мегзер еди. Нанға қамыр ийлеген, қазанға аўқат салып, қайнатып қойып, тандырға отын қалайды. Тандырды қыздырып жүрип, падаға кеткен сыйырлардың баспақларына от-жем де салып жүреди. Таўықларды да умытпайды. Үлкен ләгенде балаларының кир кийимлери жибитиўли. Түсликти беремен дегенше кийимлердиң жипте асыўлы турғанын көресең. Оны усындай аўқатқа шебер, тыным билмес мийнеткешлиги ушын қәйин атам бурыннан-ақ Дурдыға айттырып барған. Тәғдир екен, бәрибир усы үйге келин болып түскен. Мен оған ерип, айтқанын ислеп жүрип көп нәрсе үйрендим.
Үйде бес саўын сыйыр бар, кеште екеўимиз шелеклерди алып шығамыз. Мен бир сыйырды саўып болғанша ол төртеўин саўып болады. Қарап турсаң оның бармақлары машина шығар деп ойлайсаң. Ҳәзиллесиўди де қатырады. Пахта терим мапазында фермадағылардың ҳаял-қызларын да гезеклестирип он күннен пахта териўге апарған екен. Аразбийби ең тергиш деген төрт-бес қыздың терген пахтасын терип таслай берипти. Баслық оны келин қылмақшы болып айттырыпты.
- Мақтаўымды жеткерген соң баласы қайыл болған екен. Мени көрип қорқып кетти, ири ҳәм семиз едим, - дейди Аразбийби күлип. - Кейин ол мени жақтырып қалды. Мениң менен пахта териўге жарысқа түсип те, гүресип те, қосық айтысып та көрди. Үйге жаўшы жиберди. "Қыздың басы байлы" деди үйдегилер. Мен де ҳайран қалдым. Олар әллеқашан Нәзиктиң орнына мени келисип қойған екен. Мениң болса хабарым жоқ. Баслықтың баласы бармағын тислеп қала берди. Мен болсам артыма қарай-қарай узатылып кеттим. Ҳәмме нәрсени умытыў ушын өзимди отқа-суўға урып, үй жумысларын тындыра бердим. Бир жағы Дурды да жаман жигит емес. Тил табыстық.
(Даўамы бар)
Канал: t.iss.one/BaxitliSaribaev
27. 07

👍9❤7🔥1👏1
Шыңғыс Айтматов
Әжел дастығы
Роман
Бирақ, сонда олар бахтын неден көреди? Биз уран етип, жәриялап жүрген көпирме сөзлерден бе? Бирақ, сол сөзлердиң қуны түсип, пүткиллей өзгерип болды ғой. Сонда бахытты Қудайдан излей ме? Ҳаў, Қудай дегенди бабалары менен әжелериниң турмысында ушыратпағанын олар балалық шағынан көрип-билип жүр ғой. Қудай деген олар ушын ертектегидей ғана бир нәрсе емес пе? Олар ушын гәптиң анығына келгенде сениң қызыл тилиң қымбат па, я болмаса ақша табыўдың жолы қымбат па? Бул күнде журттың бәри: "Рахмет тон болмас, ақша деген жан жолдас" деген нақыл шығарып алған. Ал, енди мына шабарманлар табатуғын ақша тек бизиң ақшамыз ғана емес-аў, сирә, шет елли ақшасы болыўы да итимал. Әне, қарай ғой, қаншама портлы қалалардан - Мурмансктен, Одессадан, Прибалтикадан киятырған шабарманлар, ишинде Узақ Шығыстан киятырғанлары да бар деседи. Сонда усы шабарманлар тасыған нәшениң барлығы қайда кетип атыр? Ал, мәселе нәшениң қайда кетип атырғанында ма, шынында? Ҳаў, бизиң өмиримизде, бизиң жәмийетимизде бундай сумлық неге болады? Бизиң системамызға нәшебентлик сиясаты пүткиллей жат, ондай болыўы мүмкин емес, деп биз пүткил әлемге жар салған жоқпыз ба? Енди усы қырсық иллет туўралы бир өткир мақала жәриялатса, сонда оған талай-талай адамлар өзлериниң жан жарасы аўырғандай, өз үйлери өртенип атырғандай, өзлериниң балалары бәлеге шатылғандай, ҳәмме жабырласып, сол мақалаға үн қосса, сонда көпшилик болып қалыс үн қосқан, жанашыр сөз ғана ақша менен мерез шөпти жеңе алады! Илайым, солай болғай-дә! Айтылған сөз бийкарға кетпей, "өнердиң басы - қызыл тил" екени ырас болса, сол сөз өз қүдиретинде қалса екен... Көпшилик усы мақсет пенен өмир сүрсе екен...
О, Қүдирет, тағы да ҳүрметиңе қуллық етейин: Сөз дегениң сыңғырлаған тилла алдында не өзи? Қупыя мерез турғанда қурғақ нәсияттан не пайда? Сөз қүдирети менен зулымлықты қалай қуртыўға болады? О, Жаратқан күш-қуўат берегөр, мен усы бир гүрес жолына жападан-жалғыз шығып едим, пана болагөр! Ал, ана аңсат олжа табыўға қунығып кеткенлер қара-қурым..."
* * *
Саратов әтирапын артта қалдырып, Москва-Алма-Ата поезды Қазақстан үлкеси менен зымырап киятырғанына да, мине, екинши сутка. Азияның Туран аймағын туңғыш рет көрген Авдий Каллистратов бир заманда Россия ийелеген мына үлкениң шексиз кеңлигине таң қалды. Көз алды көлбеп жатқан шексиз кеңислик: Авдий Сибирьди усы Қазақстанға қыялында қосып, көз алдына елеслетип көрип еди - пүткил қурғақлықтың тең ярымына жетеғаба екен... Ал, усыншама кеңисликте ел бар, мәканлар шенде-шен көринеди... Қалалар менен аўыллар, станциялар, разъездлер, қандай да бир мал қоралар менен жалғыз жайласқан жайлар - бәри де темир жолға тығылып жайласқан. Бир белгисиз сүўретши ушы-қыйыры жоқ далаға бир реңдеги бояў жағып, жумысын аяқламай, сүўретти сол қәлпинде қалдырып кеткен сыяқлы...
Бул үлкеде қай жағына қарама, маңқыйып жатқан шексиз дала, сол далада бул мәўсимде бәрше өсимликлер бой тиклеп, шешек атып қулпырып, мына сурғылт даланың қушағын азғана күнге өзгертип турған мәҳәл еди.

❤1👍1
Наржан Атабаева
Бул муҳаббат еди...
Повесть
- Аразбийби, сен үйиңдегилерге оқыйман деп айтпадың ба, сен оқыўды да қырып салар едиң?
- Үйде сиңлим Нәзик наўқаслаў, жеңил жумысларды ғана ислер еди. Жақын жерге түскен әжапам да үш баласын үйге таслап, күйеўи менен малдың кейнинен кетеди. Сол жақта ылашықта түсленип, кеште ҳарып-шаршап зорға келеди. Келип тайын аўқат болса жеп, балаларын алып кетип, үйине тек уйқылаўға барады. Ерте таңда турып түслигин таярлап, түйиншикке алып түйип және кетеди. Оларды аяғанымнан барлығының хызметин ислеймен. Және кишкене еки сиңлим бар. Оларды да тындырмайман. Апам да әкем менен теңдей жумыс ислейди. Оқыў туўралы ҳәтте ойлап та көрмегенмен.
- Аразбийби, сениң аспазлығың бойынша бир китап шығарыўға болады, "Аразбийби тағамлары" деген. Өмириңиз узақ болсын, билгенлериңди келинлериңе үйретерсең. Басқалар да билсин, таярлап көрсин, деймен ол ҳәзил деп түсинсе де шынтым менен. Қайсы ҳаял жети түрли етип қуймақ писириўди, жети түрли шәўле таярлаўды биледи дейсең. Сен бир бастан айта бересең, мен жазып қоя беремен. Қырқтан аслам аўқат түри, ҳәтте, ресторанларда да кем ушырасатуғын шығар...
Ол ҳәзилге алып және күлди.
- Сөйтип, сен жазыўшы, мен ресторанның бас аспазы болып кетсек байларымызға ким қарайды?
Байларымыз дегендей, Қарадан хабар жоқ. Оқыў да басланды. Бир ҳәптеден үйге, Түркмен аўылға қайттым, тым-тырыс. Енем бийшара мени түсинип әтирапымда айланып-үйириледи. Үйде еки қонып және оқыўға кеттим. Екинши ҳәптеден кейин оқыў пахта мапазы ушын жабылды. Қәйин атам ўәдесинде турып мени пахтадан алып қалды. Аразбийбиниң айтыўынша, деканның үйине бир қой апарып таслаған.
Қараның кеткенине үш ҳәптеден асты. Енди мениң сағынып емес, арым, ғәзебим келейин деди. Қандай адам үш күнлик келиншегин таслап кетип, жумысы сондай-ақ оған қәдирли ме екен?! Мен енди шыртылдап сиркем суў көтермейтуғын болып қалдым. Аразбийбиниң ҳәзиллери де, енемниң жақсы гәплери де жақпай қалды. Ўақытты өткериў ушын сырттағы үлкен қазанға суў ысытып, үйдеги кирлерди жыйнап жуўыўға түстим. Түске шамаласқан ўақыт еди, Аразбийби келип "Сүйинши, абысын, қайнағам келди" деди. Мен үндемедим. Қараның қәдем таслаўын сезип турдым да қарамадым.
- Назлый! - деди. - Қалайсаң, саў-саламат жүрсең бе?
Мен бийтаныс адамға қарағандай қарап қойдым да:
- Рахмет, жақсы, - дедим.
Ол сумкасын қойып, маған умтылып еди, кейин шегинип кирди шашыратып жуўа бердим.
- Назлый, - деди жалынышлы даўыс пенен, - өкпелеўге ҳақылысаң, қәне үйге жүр, ҳәммесин түсиндиремен.
Мен еситпегенге алып, кирдиң суўы толы шелекти теўип жибердим. Дөгерек көбикли суўға толды. Бүлдиретуғын және не бар екен, деп әтирапыма қарадым. Енем келди, баласын қушақлап сүйди.
- Неге үйге кирмей турсаң, балам, жүре ғой, қәне, - деп баласының сумкасын көтерип, оны қолтықлап үйге баслады.
- Назлый, жүр қызым, қалғанын Аразбийби жуўып таслар.
- Ене, мен өзимниң исимди басқаға бергенди жаман көремен, - дедим тисленип, - сизлер бара бериң, мен ҳәзир жуўып болып бараман, - дедим сәл жумсап. Енемниң айыбы жоқ ғой.
Олар ишке қарап кетти. Мен қалған кирлерди жуўып болып, жипке жайдым. Үйге кириў нийетим жоқ. Және қандай кирлер бар екен, деп ойлап турсам, қора беттен баспақтың созып мөңирегени еситилди. Болды, деп ойладым, баспақларға суў беремен. Суў толы шелекти алып қораға кирип кеттим. Баспақлар суў ишип болды. Енди не қыламан? Қапталда дийўалға сүйеўли гүрек тур еди, қолыма алдым да баспақлардың тезегин алып ылақтыра бердим. Сондай тез ислеп, ҳәтте терлеп кеттим. Бурын ислеп көрмеген соң билмей, тезеклерди тазалап сыпырып қойылған қораның төрине қарай ылақтыра бериппен. Гүрек пенен жыйнастырып атырсам, артымнан биреў келип қолларымды қатты қысып услады. Әтириниң ийисин бурқытып келген Қара! Ол жалынғаны маған кәр етпейтуғынын түсинген қусайды. Үндеместен көтерип алды. Оның күшли қоллары мени тырп еткизбей үйге алып кирди.
(Даўамы бар)
Канал: t.iss.one/BaxitliSaribaev
28. 07

❤7👍6