Forwarded from QARAQALPAQSTAN JASLARÍ
⚡️⚡️⚡️ #Хош_хабар ТИТУ Нөкис филиалы студенти "Масофавий математика — 2020!" Республикалық онлайн олимпиадасының жеңимпазы
Математика бойынша билимли жасларды табыў, олардың интеллектуал имканиятын асырыў ҳәмде математика пәнине болған қызығыўын жәнеде күшейтиў мақсетинде Өзбекстан Жаслар аўқамы, Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Информациялық технологиялары мектеби ҳәмде Өзбекстан Математиклери ҳәм Информатика Ассоциациясы менен биргеликте карантин ўақтында усы жылдың 28-апрель куни Жоқары оқыў орынлары студентлери арасында "Масофавий математика — 2020!" Республикалық онлайн олимпиадасын жәриялаған еди. Бүгин усы таӊлаўдыӊ жуўмағы жәрияланды.
🥇 Таӊлаў жуўмағына бола, Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы ТИТУ Нөкис филиалы "Программалық инжинириги" бағдары 3-курс студенти Арман Нурниязов 1-орынды жеӊип алды.
📢Мағлыўмат ушын "Масофавий математика — 2020!" онлайн олимпиадасында Республика Жоқары оқыў орынларынан жәми 1005 студент-жаслар қатнасқан.
👉 https://t.iss.one/titunfjaslarawqami

Forwarded from Karakalpakstan.uz
#Хош_Хабар
Президент Өзбекстан чемпионы, Бозатаўлы Гүлсəнем Уразбаеваны Зульфия атындағы Мəмлекетлик сыйлық пенен сыйлықлаў бойынша қарар қабыл етти
Əйне мəўритлерде Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң Өзбекстан жаслары менен Жаслар форумы шеңберинде ушырасыўы болып өтпекте. Онда Ел басшымыз тəрепинен жасларымыздың пикир-усыныслары тыңланып, қоллап-қуўатланбақта. Жаслар атасы ушырасыўда Өзбекстан тарийхында алдын болмаған тарийхый қарарды қабыл етти. Яғный, Өзбекстан чемпионы, Бозатаўлы Гүлсəнем Уразбаеваны Зульфия атындағы Мəмлекетлик сыйлық пенен сыйлықлаў бойынша қарар қабыл етти. Президент сыйлықты Г.Уразбаебаға келеси жылда Қарақалпақстанға шөлкемлестирилетуғын сапары даўамында тапсыратуғынын атап өтти.
Əжайып ҳəм күтилмеген жаңалық пенен Бозатаў халқын ҳəм сыйлық ийесин шын жүректен қутлықлаймыз.
Район ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @QresMinistrlerKenesi

#Хош_хабар
«АҚМАҢҒЫТ»ТЫҢ «ПАРЛАМЕНТ ОЙЫНЛАРЫ»НДАҒЫ ТАБЫСЛАРЫ
Бүгин Ташкент қаласында «Парламент ойынлары» спорт жарысларының жуўмақлаўшы басқышы болып өтпекте.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кеңесиниң қарарына муўапық, сенаторлар ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслери депутатлары, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзаларының спорт пенен турақлы түрде шуғылланыўын тәмийинлеў, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў мақсетинде шөлкемлестирилген «Парламент ойынлары»ның ерлер арасында спорттың волейбол түри бойынша жуўмақлаўшы басқышында Қарақалпақстан Республикасы Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң "Ақмаңғыт" командасы қатнасты.
Жарыста Ташкент ўәлаяты командасын 3:0, Наўайы ўәлаяты командасын 3:2 ҳәм Сурхандәрья ўәлаяты командасын 3:0 есабында жеңип шыққан "Ақмаңғыт" командасы сыйлы үшинши орынды ийелеўге миясар болды.
Командамызды қолға киргизген табыслары менен Нөкис районы ҳәкимлиги атынан қутлықлаймыз.
Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz

#Хош_хабар!
❇️Елимизде спорт тараўына үлкен итибар қаратылып, спортшы жасларымыз жақсы жетискенликлерге ериспекте.
❇️Усы жыл 5-9-ноябрь күнлери Бухара ўәлаятында жас өспирилер ҳәм қызлар арасында спорттыӊ белбеўли гүрес түри бойынша Өзбекстан чемпионаты болып өтти.
❇️Онда Нөкис районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы 22-санлы улыўма билим бериў мектебиниӊ оқыўшылары Донгесов Бағдаўлет сыйлы 1-орынды, Шынбатиров Жанарыс сыйлы 2-орынды ҳәм қызлар арасында Алимбаева Элдора сыйлы 1-орынды ийелеўге еристи.
❇️Жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Каналымызға қосылыӊ 👉

This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Хош_хабар
Қарақалпақстан телеканалын UZTV платформасында тамашалаў имкәнияты жаратылды.
Соның менен бирге Өзбекстанның барлық орынларында көриўге болады.
UZTV платформасындағы силтеме төменде👇
Я смотрю QARAQALPAQSTAN в UZTV https://uztv.tv/channels/qaraqalpaqstan
Каналға ағза болыў:https://t.iss.one/QResMinistrlerKenesi

👍7
#Хош_хабар!!
Нөкис районы медицина бирлеспесине көп функциялы УЗИ аппараты алып келинди
Өткен жылы 20-октябрь күни Япония мәмлекетиниӊ грант тийкарында Нөкис районы медицина бирлеспеси ушын 90,6 мың доллар ажыратылған еди.
Бүгин, Нөкис районы медицина бирлеспесине Россия мәмлекетинен Японияныӊ Canon кәрханасында ислеп шығылған Medical sistem көп функциялы УЗИ аппараты алып келинди. Әлбетте бул районымыздыӊ пуқаралары ушын жүдә үлкен жаӊалық болып есапланады. Себеби кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм оныӊ алдын алыўда көп жәрдем береди.
Бул аппарат абзаллықлары адам организминдеги мушелериниӊ анық ҳәм толық диагнозтикалық мағлыўматларын береди.
- Жүрек, баўыр, талақ, көкрек безлери, генекология ҳәм тағы басқа диагнозтикалық тексериўлер еӊ қыйын жағдайлар тез анықлаўында жәрдем береди.
- Элостография организмдеги тоқымалардыӊ қаттылығы, тығызлығын анықлаў;
-Визуализация майда қан тамырларыныӊ ишиндеги қан айланысларын анықлаў;
- Кейросонография жас балалардағы бас мийиниӊ өзгерислерин анықлаў;
Бул грантты жеӊип алыўда үлкен жәрдем берген П.Ембергенова районлық медецина бирлеспеси бас шыпакери, Ж.Абатбаева ҳәм Япония компаниясыныӊ менеджери Ж.Абатбаевалар есапланады.

👍26👏3
#ХОШ_ХАБАР
#ЖЕТИСКЕНЛИК
"ҮЛГИЛИ ҮГИТ-НӘСИЯТШЫ" ТАҢЛАЎЫНЫҢ РЕСПУБЛИКАЛЫҚ БАСҚЫШЫНДА ҚАРАҚАЛПАҚСТАНЛЫ ҮГИТ-НӘСИЯТШЫЛАР ЖЕҢИСКЕ ЕРИСТИ
🔰Усы жылдың 16-май күни таңлаўдың Өзбекстан Республикалық басқышы болып өтти. Бунда Хожели ҳәм Нөкис районларының Дөретиўши-мәдений мәселелери бойынша үгит-нәсиятшылары қатнасты.
🔰Таңлаў жуўмағына көре, сыйлы 2-орынды Нөкис районы үгит-нәсиятшысы Улбоған Юсупова ийеледи. Соның менен бир қатарда, таңлаўда айрықша белсендилик көрсеткенлиги ушын Хожели районы үгит-нәсиятшысы Мийўагул Баймурзаева номинация менен сыйлықланды.
🔰Өз гезегинде үгит-нәсиятшыларымызды бүгинги жетискенлиги менен қызғын қутлықлап, олардың машақатлы жумысларында тасқын-табыслар тилеймиз.

👍34👏4
🔊#ХОШ_ХАБАР!
🏛#Нөкис_районы
Нөкис районы қәнигелестирилген мектеби анық пәнлер бағдарының 10-класс оқыўшысы Зарина Алланазарова инглис тилин билиў дәрежесин анықлаўшы B2 сертификатын қолға киритти.
Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
🏛#Нөкис_районы
Нөкис районы қәнигелестирилген мектеби анық пәнлер бағдарының 10-класс оқыўшысы Зарина Алланазарова инглис тилин билиў дәрежесин анықлаўшы B2 сертификатын қолға киритти.
Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
👍42👏4
🇺🇸 Нөкис районы қәнигелестирилген мектебиниң 11-класс оқыўшысы Айбек Парахатов үшинши университеттен де гранд утып алыў имканиятына ийе болды.
Ол университеттиң 20.000 АҚШ доллары муғдарындағы грантын жеңип алды.
Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍48👏8
#Хош_хабар
#ДХХ_кубогы
Мәмлекетлик қәўипсизлик кубогы киши футбол жарысының Қарақалпақстан Республикасы финал басқышында "Қырантаў" мәҳәллеси жаслары 1-орынды жеңип алып Өзбекстан Республикасы басқышына жолламаны қолға киритти.
Нөкис районы 5:3 Нөкис қаласы
🌐 https://t.iss.one/Aqmangituz
🌐Website🌐 Instagram ✅ Facebook 📹 youtube

🌐Website
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍74👏10
#Хош_хабар
30-июнь - Жаслар күни мүнәсибети менен Жаслар ислери агентлиги Нөкис районы бөлими баслығы Моятдинов Алишер Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен "Үмит ушқыны" көкирек белгиси менен сыйлықланды.

👍30👏5
#Хош_хабар
#Нөкис_районы
Өзбекстан Республикасы көлеминдеги
Бес баслама олимпиядасы Бозатаў фестивалында бақсышылық жөнелиси бойынша Саманбайлы жасымыз Елиўбаева Зулқумар 3-орынды ийеледи ҳәм 20 миллион пул сыйлығын жеңип алды.
✅ https://t.iss.one/Aqmangituz
🌐 Website 🌐 Instagram✅ Facebook 📹 youtube

👍20👏11
▪️▪️▪️▪️▪️
#Хош_хабар
#ДХХ_кубогы
Мәмлекетлик қәўипсизлик кубогы футбол жарысының Қарақалпақстан Республикасы 1/4 финал басқышында Нөкис районы Ақманғыт мәҳәллеси жаслары Әмиўдарья районы жаслары устинен жеңиске ерисип 1/2 финал басқышына жолламаны қолға киритти.
Ойын жумағы
Нөкис районы 1:1 Әмиўдарья районы
Пенальти...
Нөкис районы 4:2 Әмиўдарья районы

👏15👍5
#Хош_хабар
#ДХХ_кубогы
Мәмлекетлик қәўипсизлик кубогы футбол жарысының Қарақалпақстан Республикасы 1/2 финал басқышында Нөкис районы Ақманғыт мәҳәллеси жаслары Қоңырат районы жаслары устинен жеңиске ерисип финал басқышына жолламаны қолға киритти.
Ойын жумағы
Нөкис районы 2:0 Қоңырат районы
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👏26👍8