Aqmańǵıt News Rásmiy kanal
8.35K subscribers
30.6K photos
2.72K videos
26 files
10.8K links
Нөкис районы ҳәкимлигиниң рәсмий телеграм каналы Телеграм боты:@aqmangitt_bot
сайт:https://gov.uz/oz/nokisrk

instagram:https://www.instagram.com/press_nokis/
facebook: https://www.facebook.com/press.nokis?mib
Download Telegram
#Сайлаў_ҳаққында_сораў_жуўап

3. Президент сөзиниң мәниси не?

Президент атамасы латынша (“prae” – алдын ҳәм “sedere” – отырыў) сөзинен алынған болып, “алдында отырыўшы” деген мәнисти аңлатады. Президент – мәмлекет баслығы есапланады ҳәм ол мәмлекет ҳәкимияты уйымларының келисилген ҳалда жумыс алып барыўын ҳәм бирге ислесиўин тәмийинлейди.

4. Өзбекстан Республикасында сайлаўлар қайсы принциплер тийкарында өткериледи?

Өзбекстан Республикасында сайлаўлар улыўма, тең, туўрыдан-туўры сайлаў ҳуқықы тийкарында жасырын ҳаўаз бериў принциплеринде ашық ҳәм айдын өткериледи.

5. Жасырын ҳаўаз бериў нени аңлатады?

Сайлаўда еркин ҳәм жасырын ҳаўаз бериледи. Сайлаў бюллетениндеги талабанлардан қайсы бирин таңлаўды тек сайлаўшының өзи шешеди.
Сайлаўшылар мүддетинен алдын яки
сайлаў күни участка сайлаў комиссиясы имаратында ямаса турған жеринде жасырын даўыс бериў ҳуқықынан пайдаланады.
Сайлаўшылардың қайсы талабанға даўыс бергенлигин бақлаў ҳәм тексериўге жол қойылмайды.Участка
сайлаў комиссиялары сайлаўшылардың жасырын даўыс бериў ҳуқықын тәмийинлеў ушын жуўапкер.