Aqmańǵıt News Rásmiy kanal
9.27K subscribers
27.7K photos
2.37K videos
22 files
9.79K links
Нөкис районы ҳәкимлигиниң рәсмий телеграм каналы Телеграмм боты: @aqmangitt_bot
Веб-сайт: nukusrk.uz

instagram:https://www.instagram.com/press_nokis/
facebook: https://www.facebook.com/press.nokis?mib
Download Telegram
#Билесизбе

Банклер тәрепинен жоқары оқыў орынларының күндизги бөлимлерине төлем-контракт тийкарында қабыл етилген Өзбекстан Республикасы пуқарасы болған студентлердиң оқыўы ушын олардың өзлерине, ата-аналары ямаса қәўендерлерине тәлим кредитлери берилиўи мүмкин.(https://lex.uz/docs/351698?query=%D1%82%D0%B0%D1%8A%D0%BB%D0%B8%D0%BC%20%D0%BA%D1%80%D0%B5%D0%B4%D0%B8%D1%82%D0%B8&exact=1)
Билимлендириў кредитлери студентлер ушын бакалавриатқа оқыўга қабыл етилгенде 10 жылға шекем ҳәм магистратураға оқыўға қабыл етилгенде 5 жылға шекем болған мүддетке бериледи.

Банклер тәрепинен берилген тәлим кредитлери бойынша:
👉 шын жетимлер, «Меҳрийбанлық үйлери»нде тәрбияланған ҳәмде балалықтан I ҳәм II топар майыплығы болғанларға – ноль процент ставкасы (процентсиз кредит);
👉 студентлердиң қалған тайпаларына – 2020-жыл 1-январдан баслап процент қәрежетлериниң бир бөлегин "Yoshlar — kelajagimiz" қоры қаржылары есабынан компенсация қылыў механизминен пайдаланыў имкәнияты менен базар ставкалары белгиленеди.

Тәлим кредити ушын банке төмендеги ҳүжжетлер усынылады:
• арза;
• төлем-контракт шәртнамасы (контракт);
• кредитти қайтарыўдың тәмийинлениўи ҳаққында ҳүжжет;
• жеңилликли тәлим кредитлери алыў ҳуқықына ийе болған шын жетимлер «Меҳрибонлик уйлари»де тәрбияланғанлар, балалықтан I ҳәм II топар майыплығы болғанлар, кем тәмийинленген шаңарақлардан шықканлар тийисли тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди усынады.
Қарыз алыўшы жоқарыдағы ҳүжжетлерди банкке усыныў менен бир ўақытта паспортын жеке өзи көрсетеди. Банк паспорттан ҳәм усынылған басқа ҳүжжетлерден зәрүр көширмелер ҳәм нусқалар алыўға ҳақлы.

Дерек: @KRAdillikMinistrligi
#Билесизбе

Үй ҳайўаны тәрепинен жеткерилген зыян ушын ҳайўанға ийелик етиўши ҳәм оннан пайдаланыўшы шахс жуўапкер (https://www.lex.uz/docs/180552) болады.

Дерек:huquqiyaxborot
Каналымызға ағза болың: https://t.iss.one/Aqmangituz
#Билесизбе

📷 Жол ҳәрекети қатнасыўшылары жол-патруль хызмети хызметкери менен өз-ара мүнәсибетлери ўақтында өзине тийисли аудио, фото ҳәм видео қурылмадан пайдаланыў ҳуқықына ийе.

❗️Жол-паструль хызмети хызметкериниң фото ҳәм видео сүўретке алыў қадаған етилген белги бар болған аймақларда хызмет алып барыў жағдайлары буннан тысқары.

Каналға жалғаныў👇👇👇
@huqiqiymalimleme
#БИЛЕСИЗБЕ?

“PIRLS 2021” халықаралық баҳалаўға
қайсы мектеп таңлап алынды?

Нөкис районы халық билимлендириў бөлимге қараслы 31-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде “PIRLS-2021” халықаралық иззертлеўлер шеңберинде 4-класс оқыўшыларынан оқыў саўатханлығы бойынша тийкарғы баҳалаўлар менен бир қатарда, оқыўшылардың ата-аналары арасында да сораўнамалар өткерилмекте.


Нөкис районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
#Билесизбе?

7-апрель қандай күн?

Дүньяжүзилик саламатлық күни деп Жәҳән Денсаўлықты сақлаў шөлкеми 1948 жыл 7 апрель күни деп жариялаған. Усы сәне Дүньяжүзилик саламатлық күни сыпатында ҳәр жылы кең түрде өткериледи.


Нөкис районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz