#Ашық_сәўбет
Бүгин Нөкис районы “Тақыркөл” АПЖ аймағында район ҳәкими О.Уснатдинов ҳǝм тийисли тараў басшыларыныӊ халық пенен ушырасыўы болып өтти.
Онда район ҳǝкими О.Уснатдинов аймақ турғынларына Елимиз басшысы тǝрепинен кабыл етилип атырған карар ҳǝм пǝрманлардыӊ мазмун-мǝнисин кеӊ түрде түсиндирип, олар тийкарында алып барылып атырған ǝмелий жумысларға тоқталып өтти.
Сондай-ақ, ушырасыў даўамында пуқаралардыӊ жумыс пенен тәмийинлеў, тәбийғый газ, электр энергиясы, ишимлик суў, жеӊиллетилген кредит ҳәм басқа да машқалалары бойынша мүрәжатлары тыңланды ҳǝм тийисли тǝртипте жуўаплар берилди.
Нөкис районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz

#ашық сәўбет
Нөкис районы ҳәкимлигиниӊ үлкен мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Финанс министрлиги ҳәм Нөкис районы ҳәкимлигиниӊ көшпелли қабыллаўы болып өтти. Қабыллаўға Өзбекстан Республикасы Финанс министри бөлими баслығы Ш.Хамраев, Өзбекстан Республикасы Олий Мажилис Нызамшылық палатасы депутаты Л.Сейтова, Финанс министрлиги жанындағы Пенсия қоры бөлими баслығы Д. Мирасидов, Қарақалпақстан Республикасы Пенсия қоры басқармасы баслығы орынбасары Т.Сатыбалдиев ҳәм район ҳәкиминиӊ биринши орынбасары А.Зарикеевлар қатнасты. Онда пуқаралардың напақа, пенсия тайынлаў, социаллық жағдайын жақсылаў бағдарындағында алып барылып атырған жумыслар бойынша түсиндирилип өтилди.Сондай-ақ, пуқаралардыӊ қыйнап жүрген машқалалары тыӊланып, келип түскен мәселелердиӊ унамлы шешим табыўы ушын тийисли мәкеме, кәрхана басшыларына тапсырмалар берилди.
Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Бүгин Нөкис районы «Кердер» АПЖ аймағында сектор баслықлары, район ҳәкимлиги ҳәм де тийисли мәкеме, шөлкемлер қатнасында аймақ турғынларының машқалаларын үйрениў, пуқаралар менен ашықтан-ашық сөйлесиў мақсетинде қабыллаў болып өтти. Онда пуқаралардың ишимлик суўы, газ, жол, бәнтлик х.т.б ҳаққындағы мәселелери тыңланды. Аймақта болып өткен қабыллаўда жәми 18 мүрәжат келип түскен болса, олардың 7 сол жердиӊ өзинде унамлы шешим тапты ҳәм 11 мүрәжат ҳуқуқый түсиниклер берилди.

#ашық_сәўбет
Нөкис районы: 2-сектор аймағындағы пуқаралардың мүрәжатлары қабыл етилди
Нөкис районы «Бақаншақлы» аўыл пуқаралар жыйынында сектор басшылылары қатнасында пуқаралардың мүрәжатлары тыңланды. Онда бәнтлик, кадастр хызметлери, үй-жай мәселеси, жеңиллетилген кредитлерди ажыратыўда жүзеге келип атырған машқалаларға байланыслы мүрәжатлары қабыл етилди.
Қабыллаўда келип түскен 16 мүрәжаттың 4 мүрәжати орнында унамлы шешилген болса, 10 мүрәжат ийесине тийисли тәртипте ҳуқықый түсиниклер берилди ҳәм 2 мүрәжат тез арада унамлы шешимин табыў ушын тийисли басшыларға тапсырмалар берилди.
Нөкис районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

#онлайн
#ашық сәўбет
Усы жылдың 23-июль күни Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтың басшылығында халық мүрәжатлары менен ислесиў системасын жаңаша шөлкемлестириў илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилген еди.
Онда халық мүрәжатлары менен ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы министрликлер ҳәм ҳәкимликлер кесиминде додаланып, мәмлекетимиз басшысы адамларды мүрәжат етиўге мәжбүр етип атырған машқалаларды мәҳәллениң өзинде сапластырыў керек екенлигин атап өтти.
Усы мақсетте, Нөкис районы 1-секторға қараслы «Қырантаӯ» аўыл пуқаралар жыйыны аймағы пуқаралары ушын 4 сектор басшылары тәрепинен қабыллаӯ шѳлкемлестирилди.
Қабыллаӯда келип түскен 15 мүрәжаттың 10 мүрәжат орынның ѳзинде унамлы шешилип, 5 қадағалаӯға алынды.

Бүгин, 2021-жыл 19-ноябрь күни Нөкис районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети тәрепинен район ҳәкимлигиниӊ үлкен мәжилислер залында Исбилерменликти раўажландырыў, туўрыдан-туўры шет ел инвестицияларды алып келиў бойынша ашық сәўбетлесиў өткерилди.
Оған район ҳәкиминиӊ орынбасарлары, исбилерменлер ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Нөкис районы ҳәкими Өзбекстан Жаслар аўқамы сәрдарлар Кеӊеси ҳәм мектеп сәрдарлары менен сәўбетлести
Бүгин Нөкис районы ҳәкими О.А.Уснатдинов Өзбекстан Жаслар аўқамы сәрдарлар Кеӊеси ҳәм мектеп сәрдарлары менен ашық сәўбет өткерди. Сәўбетлесиў барысында район ҳәкими 2021-жылы район аймағында әмелге асырылған жумыслары ҳаққында айтып өтилди.
Соныӊ менен бирге район ҳәкими тәрепинен жаслардыӊ мүрәжатлары бойынша ислеў ҳәм оларды унамлы шешиўде алып барылып атырған жумыслар менен таныстырды.
Сондай-ақ, жас сәрдарлар менен еркин сәўбетлесип, олардыӊ пикир усыныслары тыӊланды.

Бүгин, Нөкис районы ҳәкимлиги мәжилислер залында Қарақалпақстан Республикасы аймақлық Инновацион раўажланыў басқармасы тәрепинен шарўа фермер хожалықларын раўажландырыў бойынша ашық сәўбет
болып өтти.
Оған Қарақалпақстан Республикасы аймақлық Инновацион раўажланыў басқармасы баслығы жәрдемшиси И.Аймурадов, районлық аўыл хожалығы бөлими баслығы И.Узаков ҳәм де тийисли тараў ўәкиллери қатнасты. Онда Өзбекстан Республикасы Инновацион раўажланыў министрлиги тәрепинен өткерилген таӊлаўда шарўа малларды жасалма усылында көбейтиў бойынша Дәстанбек Таджимуратов грант тийкарында 303 млн сўм муғдарында қаржы жеӊип алып, Нөкис районы шарўа маллар менен шуғылланыўшы жаслар ҳәм фермер хожалықларына шарўа малларды жасалма усылында көбейтиў мақсетинде 30 дана әспаб-үскенлер тапсырылды.

Бүгин, Нөкис районы "Қутанкөл" ҳәм "Саманбай" аўыл пуқаралар жыйыны аймағында 2022-жылдыӊ зүрәәти ушын фермер хожалықлары тәрепинен алып барылыўы тийис болған мәселелер бойынша ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўға Нөкис районы ҳәкими О.Уснатдинов ҳәм сектор басшылары, кластерлер, аймақтағы фермерлер қатнасты.
Онда фермер хожалықлары тәрепинен қысқы мәўсимде пахта ҳәм басқа егилиўи белгиленген жерлерди шор жуўыў жумысларына жер таярлаў, ирригация-мелиорация илажларының орынланыўы ҳәм де гүзлик бийдай майданларына төгинлер шығарыў, мәмлекетимиз тәрепинен аўыл хожалығына жаратылып атырған имканиятлар бойынша айтып өтилди.

Бүгин, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Д.Утамбетов Нөкис районы «Қырантаӯ» аӯыл пуқаралар жыйынында өз сайлаӯшылары менен ушырасты.
Ушырасыӯға усы аймақтағы Халық депутатлары районлық Кеңеси депутатлары, район ҳәкиминиӊ биринши орынбасары А.Зарикеев ҳәм тийисли тараӯ басшылары қатнасты.
Депутат Д.Утамбетов пуқаралар менен сәўбетлесип, олардың мүрәжатлерын тыңлады. Пуқаралар тәрепинен ишимлик суў, жеӊиллетилген кредит, электр энергиясы ҳәм тағы басқа машқалалар билдирилди. Мүрәжатлердың көпшилиги сол жердиң өзинде унамлы шешимин тапты, ал қалған мүрәжатлер «Депутат сораӯы» жибериӯ арқалы уйренилип шығылатуғын болды.

✅ Нөкис районы 21-санлы мектепте район ҳәкими З.Зайтов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлигиниң қәнигелери тәрепинен
ашық сәўбет шөлкемлестирилди.
📌 Ашық сәўбетке райондағы барлық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими баслықлары, мектепке шекемги ҳәм улыўма орта билим бериў мектеп директорлары қатнасты.
Илажда министрлик қәнигелери Өзбекстан Республикасының 2024-жылы 1-февраль күнги «Педагогтың статусы ҳаққында»ғы ӨРН-901-санлы Нызамының мәниси ҳәм мазмуны сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 2024-жылдың 5-февраль сәнесинде өткерилген видеоселектор мәжилисиндеги тапсырмалар, орынланыўы керек болған ўазыйпалар бойынша өз пикир ҳәм усынысларын билдирди.
каналға ағза болың