Aqmańǵıt News Rásmiy kanal
9.62K subscribers
27.3K photos
2.32K videos
21 files
9.65K links
Нөкис районы ҳәкимлигиниң рәсмий телеграм каналы Телеграмм боты: @aqmangitt_bot
Веб-сайт: nukusrk.uz

instagram:https://www.instagram.com/press_nokis/
facebook: https://www.facebook.com/press.nokis?mib
Download Telegram
Нөкис районы Айрықша жағдайлар бөлими тәрепинен жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў бойынша ҳәр қыйлы мәдений илажлар өткерилмекте.

Нөкис районы «Дарсан» МПЖ аймағындағы Нөкис районы Айрықша жағдайлар бөлимине бириктирилген жасларды Нөкис қаласындағы Арқа-Батыс әскерий гарнизоныныӊ музейине алып барылды.

Күн даўамында қутқарыўшылардыӊ техникалары көргизбеси менен таныстырылды. Буннан соӊ "Азарт ақыбети" кинофильми қойып берилди.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
Хабарландырыў

Нөкис районы «Дарсан» мәкан пуқаралар жыйынындағы Мамықшы, Үшағаш ҳәм Шүйт аўылына алып барыўшы ишки жолларды районлық Абаданластырыў басқармасы тәрепинен оӊлаў жумыслары алып барылыўына байланыслы Сийтек аўылыныӊ жолынан пайдаланып турыўыӊызды сорайды.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев Андижон вилоятига ташриф буюрди. Ташриф дастурининг биринчи манзили “Асака текстиль” кластерининг тўқимачилик корхонаси бўлди.

Президент Республики Узбекистан Шавкат Мирзиёев прибыл в Андижанскую область. Первым пунктом в программе поездки стало предприятие текстильного кластера "Асака текстиль".

#Mirziyoyev #safar #Andijon #tuqimachilik

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
«Дийқан арна» мәкан пуқаралар жыйынында

Нөкис районы «Дийқан арна» мәкан пуқаралар жыйынында Президентимиздиң тапсырмасы менен ҳәр бир мәҳәлле ушын ажыратылған 500 млн сўм қаржы есабынан, аймақтың атама белгиси жазылған стела орнатылды.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
Бүгин, Нөкис районындағы Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ Халық қабыллаўханасы имаратында район ҳәкими З.Зайтов ҳәм секторлар басшылары менен биргеликте тәкрарий мүрәжат етиўши пуқаралардыӊ машқалаларын тыӊлады.

Қабыллаў даўамында турақ жайды оңлаў ҳәм үй-жай менен тәмийинлеў, исбилерменликти раўажландырыў, бәнтлик ҳәм басқа да мәселелерге байланыслы мүрәжатларды дыққат пенен тыңлап, оларды сол орынның өзинде, қосымша талап етилетуғын мәселелерди унамлы шешиў илажлары көрилди.

Сондай-ақ, жумыс сорап мүрәжат еткен пуқараларға бос жумыс орынлары усыныс етилди.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz