Aqmańǵıt News Rásmiy kanal
9.4K subscribers
27.5K photos
2.35K videos
22 files
9.73K links
Нөкис районы ҳәкимлигиниң рәсмий телеграм каналы Телеграмм боты: @aqmangitt_bot
Веб-сайт: nukusrk.uz

instagram:https://www.instagram.com/press_nokis/
facebook: https://www.facebook.com/press.nokis?mib
Download Telegram
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Ҳүрметли пуқаралар ҳәм мәкеме, кәрхана шөлкем басшылары!

⚡️Ҳаўа райының кескин дәрежеде суўытыўы алдынан жылытыў қазанлары ҳәм печь морыларын тазалатың.

⚡️Морылардың тығылып қалыўы инсәнларды зәҳәрли газден зыянланыўына яки жыллылық тармақларында насазлықларды келтирип шығарыўына себепши болыўы мүмкин.

⚡️Жылытыў қазанлары ҳәм печьлерден ҳәр еки сааттан хабар алып турың.

⚡️Өзиңизди ҳәм жақынларыңызды қәўипке қоймаң!

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы

https://t.iss.one/QR_AJB
Нөкис районы ҳәкими З.Зайтов район аймағындағы жәмлеспеген ҳәм пробация есабында турыўшы жаслар менен сәўбетлесиў өткерди.

Ашық сәўбетлесиў барысында сөзге шығыўшылар тәрепинен бүгинги күнде мәмлекетимизде жаслар сиясаты бағдарында әмелге асырылып атырған реформалар, атап айтқанда, олардың оқыўы, билим алыўы, илимий-изертлеў жумыслары, исбилерменлик пенен шуғылланыўы, кәсип-өнер үйренип, елимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлеслерин қосыўы ушын барлық шараятлар жаратылып, жаслардың прогрессив басламалары әмелий жақтан қоллап-қуўатланып атырғаны ҳаққында турмыслық мысаллар менен мағлыўматлар берилди.

Ушырасыў даўамында жаслар тәрепинен өзлеринин қызықтырған сораўлары, усыныс-пикирлери тыңланды.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңесиниң Руўхый-ағартыўшылық жумыслар нәтийжелилигин асырыўға бағдарланған 9-санлы баянламасында белгиленген ўазыйпалар тийкарында райондағы «Ақмаңғыт» ППЖ аймағындағы Нөкис районы кәсип-өнер мектебинде илаж өткерилди.

♻️Илажға Қарақалпақстан Республикасы Нураный фонды директоры Т.Абдижаббаров, Қарақалпақ мәмлекетлик университети жаслар жетекшиси Д.Абаданов, Дин ислери бойынша комитеттиың районлық қәнигеси Д.Таўекелов, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы районлық бөлими қәнигеси А.Кеңесбаевлар қатнасты.

♻️Илаж даўамында жәмийетте социаллық руўхый орталық турақлылығын тәмийинлеў, миллетлер аралық татыўлықты беккемлеў ҳәм елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың барысы, социаллық-економикалық жақтан раўажландырыў бойынша қабыл етилип атырған Пәрман ҳәм қарарлардың мазмун –әҳмийетлери ҳәм елимизде жасларға берилип атырған имканиятлар ҳаққында түсиниклер берилип өтилди.

каналға ағза болың
https://t.iss.one/Aqmangituz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Басламалы бюджет процессиниң 2024-жылдың 1-мәўсими усыныс киргизиў 20-февраль сәнесинде жуўмақланады.


1️⃣-басқыш – пуқаралар тәрепинен жойбарларды қәлиплестириў процесслери 01.02.2024 – 20.02.2024 даўамында;

2️⃣-басқыш – жойбарларди модерациядан откериў процесслери 21.02.2024 – 11.03.2024 даўамында;

3️⃣-басқыш – жойбарларға даўыс бериў процесслери 12.03.2024 – 01.04.2024 даўамында өткериледи.

Порталға кириў

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
⚡️⚡️Күшли самал ўақтындағы қәўипсизлик илажлары

- Жасаў орынларында қапы-айналар ҳәм ҳаўа айланыў системаларын беккем бастырыў;

- Электр ҳәм газ қуралларын өшириў;
- көшелерде терек ҳәм электр үстинлери жанында турмаў;
- көп қабатлы имаратлар балконларында, әйнек алды ҳәм сырттағы буйымларды мүмкиншилиги барынша қәўипсиз жерге алып қойыў ямаса беккемлигин тексериў;

- самал күшейген ўақытта, беккем қурылған имаратлар, жер асты өтиў жоллары ҳәм басқа жасырыныў мүмкин болған орынларда қорғаныў;

- ашық майданда жүрген жағдайларда қәўипсиз жерлерде қорғаныў;

- бузылған имаратларға кириў, қәўипли үстинлер, реклама үстинлери ҳәм тереклер артына жасырыныў қадаған етиледи;
- күшли самалдан кейин электр ҳәм газ үскенелеринен олар тексерилгеннен кейин пайдаланыў талап етиледи.
Усы жыл 9-февраль күнги “Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳǝм халықтың бǝнтлигин тǝмийинлеўдиң қосымша ис-илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-66-санлы қарары тийкарында бир қатар жеңилликлер берилмекте.

❗️Усы қарар тийкарында:

🔹 2024-жылда пахта жетистириў ушын жеңилликли кредит муғдарының асырылыўы (топырақтыӊ бир бонитет баллына салыстырғанда норматив өнимдарлықты (центнер/гектар) 1,25 коэффицентке арттырыў арқалы);

🔹Шарўашылықта азықлық егинлерди жетистириў ушын 6 ай мүддетке қайтарыў шǝрти менен 150 млн. сумға шекем Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан аспаған ҳалда жеңиллетилген кредит ажыратыў;

🔹2024-2025-жылларда 112 мың гектар суўғарылатуғын жер майданларын лазерли тегислеў арқалы аўыл хожалығы өнимлери өнимдарлығын 5-10 процентке көтериў режелестирилген.

🔹Лазерли тегислеў жумысларына жумсалған барлық ГСМ (жанылғы май материаллы) қәрежетлери ушын 1 млн. сўмнан субсидия ажыратыў белгилениўи (Республика бюджетинен);

🔹Беруний, Əмиўдǝрья, Шымбай ҳǝм Қанлыкөл районларында аўыл хожалығы техникалары менен комплекс хызмет көрсетиўши техника-сервис орайларын мǝмлекетлик-жеке шериклик тийкарында шөлкемлестириў;

Бунда, «Өзагролизинг» жǝмийети тǝрепинен 160 дана аўыл хожалығы техникасы 10 жыл мүддетке 14 процент ставкада техника-сервис орайларына лизинг тийкарында берилиўи жолға қойылады;

🔹Аўыл хожалығы техникалары лизинг мүддетлери трактор ҳәм комбайнлар ушын 10 жылға шекем, агрегатларға 5 жылға шекем узайтылады;

🔹Аўыл хожалығы кǝрханалары ҳǝм исбилерменлик субъектлери тǝрепинен өз мүтǝжликлери ушын сырт елден алып келинетуғын сүрим тракторлары ҳǝм пахта териў машиналары бажыхана бажы төлемлеринен ҳǝм утилизация жыйымынан азат етилип, қосылған қун салығын 270 күнге шекем кешиктирип төлеўге рухсат берилмекте.

🔹Балықшылық хожалықлары жумысын еледе раўажландырыў мақсетинде «Қарақалпақбалық» бирлеспеси шөлкемлестирилиўи, барлық көллер усы бирлеспе балансына өткериў нǝзерде тутылған.

🔹Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳǝм агротехнологиялар институтына 2024-2025-оқыў жылынан баслап суў хожалығы ҳǝм мелиорация тǝлим бағдарына 100 қабыллаў квотасы ажыратылады.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Президентимиздиң усы жыл 9-февраль күни қабыл етилген ПҚ-66-санлы қарары тийкарында:

🔹Өзбекстан Республикасының Қытай Халық Республикасындағы елшиханасында Қарақалпақстан Республикасының айрықша ўәкили лаўазымы енгизиледи;

🔹Усы жыл 1-апрельден баслап Қарақалпақстанға туристлер ағымын көбейтиў ҳәм оларға қолайлы шараят жаратыў мақсетинде Стамбул-Нөкис-Ташкент ҳǝм Самарқанд-Нөкис-Стамбул жөнелислери бойынша авиа-қатнаўлар жолға қойылады.

Сондай-ақ, жаңадан сатып алынып атырған Л-410 маркалы самолёты ишки рейслер ушын бериледи.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter