Mámleketlik xızmetin rawajlandırıw agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası filialı
3.04K subscribers
1.72K photos
218 videos
3 files
1.05K links
Download Telegram
#Қарар_жойбары_додалаўға_қойылды

⚡️"Өзбекстан Республикасының Мийнет кодексин әмелге асырыў ушын зәрүр болған норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди тастыйықлаў ҳаққында"ғы Министрлер Кабинети қарары жойбары жәмийетлик додалаўға қойылды.

❗️Ҳүжжет жойбарында төмендегилерди тастыйықлаў нәзерде тутылмақта:

▫️хызметкерлер менен дүзилетуғын мийнет шәртнамасының үлги формасы;

▫️аралықтан турып ислеўши хызметкерлер менен дүзилетуғын жазба мийнет шәртнамасының үлги формасы;

▫️жумыс бериўши болған микрофирма хызметкери менен дүзилетуғын мийнет шәртнамасының үлги формасы;

▫️үй жумысшысы менен дүзилетуғын мийнет шәртнамасының үлги формасы;

▫️ағайин-туўысқанлардың бирге ислеўин шеклеў ҳаққындағы шеклеўлерге жол қойылыўы мүмкин болған мәмлекетлик уйымлардың хызметкерлериниң дизими;

▫️айрықша түске ийе болған жумыслардағы қысқартырылған жумыс күни белгиленетуғын хызметкерлер дизими;

▫️дөретиўшилик дем алыслар бериў тәртиби ҳаққындағы реже;

▫️мийнет шараяты оғада зыянлы ҳәм оғада аўыр жумысларда бәнт болған хызметкерлер ушын жумыс ўақтының шекленген мүддети;

▫️айрықша жағдайлар ушын хызметкерлердиң орташа айлық ис ҳақысын есаплап шығарыўдың өзине тән өзгешеликлери ҳаққындағы реже;

▫️жәмәәтлик келисимлерди хабардар етиў тәртибинде дизимге алыў тәртиби ҳаққындағы реже;

▫️мәўсимлик жумыслардың, соның ишинде алты айдан артық дәўир (мәўсим) ишинде әмелге асырылыўы мүмкин болған айырым мәўсимлик жумыслардың дизими.

🟢Жойбар додалаўы усы жылдың 7-апрель сәнесине шекем даўам етеди.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@ARGOS_QR