#Социаллық_қорғаў
⚡️ 400 ге жақын мәмлекетлик хызметкерлер медициналық көриктен өткерилди.
Кеселликлерди ерте басқышта анықлаў ҳәм олардың алдын алыў денсаўлық ушын оғада әҳмийетли есапланады.
Филиалымыз тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте Министрлер Кеңеси, Нөкис қаласы ҳәм район ҳәкимликлеринде ислеп атырған 379 мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлер 10 нан артық түрдеги бирлемши медициналық көриктен өткерилди.
Медицина хызметкерлериниң жуўмағына көре, хызметкерлерде жүрек қан тамыр (артериал гипертония), көз, дем алыў органлары, эндокрин, аўқат сиңириў органлары, нерв системасы кеселликлери анықланды.
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қала ҳәкимликлери менен биргеликте республика бойлап кеселлик анықланған хызметкерлердиң емлениўи ушын барлық зәрүр шараятларды жаратыў илажлары көрилмекте.
@ARGOS_QR