Mámleketlik xızmetin rawajlandırıw agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası filialı
3.04K subscribers
1.72K photos
218 videos
3 files
1.05K links
Download Telegram
#Мәмлекетлик_хызметкерлерге_еслетпе

Усы ҳәптеде шемби күни рәсмий жумыс күни етип белгиленген.

Президент Пәрманына тийкар, Наўрыз байрамы қарсаңында бес күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғын хызметкерлердиң дем алыс күнлери төмендегише көширилген:

11-март — шемби күнинен 20-март — дүйшемби күнине;
25-март — шемби күнинен 22-март — сәршемби күнине.

Усыған бола, усы ҳәптениң шемби күни жумыс күни есапланады.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@ARGOS_QR
#Мәмлекетлик_хызметкерлерге_еслетпе

Ертең рәсмий жумыс күни етип белгиленген.

Президент Пәрманына тийкар, Наўрыз байрамы қарсаңында бес күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғын хызметкерлердиң дем алыс күнлери төмендегише көширилген:

11-март — шемби күнинен 20-март — дүйшемби күнине;
25-март — шемби күнинен 22-март — сәршемби күнине.

Усыған бола, усы ҳәптениң шемби күни жумыс күни есапланады.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@ARGOS_QR
#Мәмлекетлик_хызметкерлерге_еслетпе

⚡️ 28-июнь Қурбан ҳайыты байрамы етип белгиленди

"Қурбан ҳайытын белгилеў ҳаққында"ғы Президент қарары қабыл етилди.

Қарарға бола, 2023-жылда Қурбан ҳайытының биринши күни 28-июнь – сәршемби күнине дурыс келиўи мүнәсибети менен Қурбан ҳайыты байрамы сыпатында белгиленеди.

🔰 Усыған бола, Қурбан ҳайыты қарсаңында төмендеги күнлер дем алыс болады:

🔹 28-июнь (сәршемби) – Қурбан ҳайыты байрамы;

🔹 29-июнь (пийшемби) – бәрше хызметкерлер ушын қосымша дем алыс күни;

🔹 30-июнь (жума) – бәрше хызметкерлер ушын қосымша дем алыс күни;

🔹 1-июль (шемби) – дем алыс күни, соның ишинде, 6 күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғын хызметкерлер ушын қосымша дем алыс күни;

🔹 2-июль (екшемби) – дем алыс күни.

@ARGOS_QR
#Мәмлекетлик_хызметкерлерге_еслетпе

1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни исленбейтуғын байрам күни есапланады.

Усы жылы 1-октябрь екшембиге (улыўмалық дем алыс күни) туўры келмекте.

Мийнет кодексине бола, дем алыс күни исленбейтуғын байрам күнине туўры келгенде, дем алыс күни байрамнан кейинги жумыс күнине көшириледи.

Усыған бола, 2023-жыл 2-октябрь, дүйшемби күни 5 күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғынлар ушын да, 6 күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғын хызметкерлер ушын да дем алыс күни болады.

Еслетип өтемиз, байрам (исленбейтуғын) күнлери жумыс ислеў қадаған етиледи.

Дем алыс күнлери ҳәм байрам күнлериндеги жумыслар ушын кеминде еки есе муғдарда айлық төленеди.

@ARGOS_QR