Mámleketlik xızmetin rawajlandırıw agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası filialı
3.04K subscribers
1.72K photos
218 videos
3 files
1.05K links
Download Telegram
#Маманлық_асырыў_курслары_даўам_етпекте

⚡️Бүгин, 2-февраль күни Нөкис қаласы ҳәм районлар ҳәкимлериниң орынбасарлары - Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда баслығына бириктирилген қәнигелер ушын
18 саатлық маманлық асырыў курслары басланды.

Оқыў курсының биринши күнинде тыңлаўшыларға мәмлекетлик пуқаралық хызмет, мүрәжатлар менен ислеў, инвестиция ҳәм сыртқы саўда мәселелери бойынша нызамшылық ҳүжжетлери, аймақлардың инвестициялық потенциалын асырыў, инвестициялық орталықты жақсылаў ҳәмде өсиў ноқатларын анықлаў, инвестиция жойбарлары усынысларын қәлиплестириў мәселелери бойынша әмелиятшылар тәрепинен билимлер берилди.

Каналға жалғаныў👇👇👇
@ARGOS_QR
#Маманлық_асырыў_курслары_даўам_етпекте

⚡️Район (қала ) ҳәкимлериниң Экология ҳәм Аралбойы аймақларын раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары ҳәмде Аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасарларына бириктирилген қәнигелер ушын қысқа мүддетли маманлық асырыў курслары басланды.

Бүгин тыңлаўшыларға мәмлекетлик пуқаралық хызмет, мүрәжатлар менен ислеў ҳәм атқарыў тәртиби, аўыл ҳәм суў хожалығы тараўында қабыл етилген нызамшылық ҳүжжетлери, аўыл хожалығы тараўында субсидиялар бериў тәртиби бойынша темалар түсиндирилди.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@ARGOS_QR
#Маманлық_асырыў_курслары_даўам_етпекте

⚡️Бүгин Нөкис қаласы ҳәм район ҳәкимлериниң орынбасарлары - Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда баслығына бириктирилген қәнигелер ушын маманлық асырыў курслары басланды.

Оқыўлар үш күн даўам етип, профессор-оқытыўшылар ҳәм тараў қәнигелери тәрепинен тыңлаўшыларға олардың нәтийжели жумыс ислеўи ушын зәрүр болған билим ҳәм көнликпелер берилиўи нәзерде тутылған.

@ARGOS_QR