Mámleketlik xızmetin rawajlandırıw agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası filialı
3.04K subscribers
1.72K photos
218 videos
3 files
1.05K links
Download Telegram
#Вакант_лаўазымларды_таңлаўға_шығарыу_тәртиби

⚡️Вакант лаўазымға таңлаў жәриялаў тәртиби қандай?

▫️Биринши қәдем — мәмлекетлик уйым ямаса шөлкемде вакант лаўазым пайда болғанда усы вакансия Бирден-бир миллий мийнет системасына, яғный my.mehnat.uz порталына киргизиледи;

▫️Екинши қәдемmy.mehnat.uz порталы vacancy.argos.uz плафтормасына интеграция етилген болып, вакант лаўазым вакансиялар бирден-бир ашық порталында автоматик тәризде көринеди;

▫️Үшинши қәдем — шөлкемниң кадрлар бөлими усы вакант лаўазымның инструкциясы, яғный усы лаўазымға жүклетилген функция ҳәм ўазыйпалардан келип шыққан ҳалда маманлық талапларын киргизеди ҳәмде жәрияланады.

2023-жыл 1-январдан баслап, жаңа тәртипке көре, вакант лаўазымға арзаларды қабыллаў мүддети 5 күн етип белгиленген. Бунда тийисли бос жумыс орынлары күн даўамында жәриялаў ушын таярланады ҳәмде жәрияланғаннан кейин талабанлар тек ғана саат 23.59 дан кейин арза жибериўи мүмкин болады.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@ARGOS_QR