Mámleketlik xızmetin rawajlandırıw agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası filialı
3.02K subscribers
1.72K photos
216 videos
3 files
1.04K links
Download Telegram
#Билесиз_бе?

❗️Хызметкердиң айлық ис ҳақысынан услап қалыў мүмкин емес. Бул қағыйда әмел етпейтуғын 6 жағдай

Айлық хызметкердиң жеке пулы ҳәм оны хызметкер өз қәлеўине көре жумсаўға ҳақлы. Хызметкердиң айлығынан услап қалыў оның жазба разылығы менен ямаса суд қарарына бола әмелге асырылыўы мүмкин. Басқа жағдайларда (мәселен, жазылыў, коммунал төлемлер ҳәм басқа) хызметкердиң жазба разылығысыз оның айлығынан услап қалыў нызамсыз есапланады.

Толық мағлыўмат

@ARGOS_QR
#Билесиз_бе?

🔰 Жумысты оқыў менен бирге алып барып атырған хызметкерлерге оқыў дем алыслары бериледи.

Жоқары ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў шөлкемлеринде кешки ямаса сыртқы тәлимде оқып атырған хызметкерлерге лаборатория-имтихан сессияларында қатнасқан дәўир ушын оқыў дем алыслары:

➡️ЖООларында кешки тәлим формасында оқып атырған биринши ҳәм екинши курс студентлерине — кеминде жигирма календарь күн, орта арнаўлы, кәсип-өнер тәлим шөлкемлеринде — кеминде он календарь күн, жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў шөлкемлеринде сыртқы тәлим формасында оқып атырғанларға — кеминде отыз күн;

➡️ЖООларында кешки тәлим формасында үшинши ҳәм оннан жоқары курсларда оқып атырғанларға — кеминде отыз календарь күн, орта арнаўлы, кәсип-өнер тәлим шөлкемлеринде — кеминде жигирма календарь күн, жоқары ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў шөлкемлеринде сыртқы тәлим формасында оқып атырғанларға кеминде қырқ календарь күн муддетке орташа ис ҳақы сақланған ҳалда ҳәр жылы бериледи.

❗️Бул хызметкерлерге нәўбеттеги мийнет дем алыслары олар оқыў дем алысларынан пайдаланғанлығына қарамастан бериледи.

@ARGOS_QR
#Билесиз_бе?

Жумыс бериўши жоқары оқыў орынларында сыртқы тәлим формасында оқып атырған хызметкерлерге лаборатория-имтихан сессиясында қатнасыўға билимлендириў шөлкеми жайласқан жерге барыўы ҳәм ол жерден қайтып келиўи ушын жылына бир мәрте жол ҳақының 50%тен кем болмаған муғдарын төлейди.

❇️Мәмлекетлик аттестациядан өтиў ушын да усындай муғдарда жол ҳақы төленеди.

@ARGOS_QR
#Билесиз_бе?

Ҳәмиледар ҳаяллар, он төрт жасқа толмаған баланың (он алты жасқа толмаған майыплығы болған баланың) ата-анасынан бири (ата-анасының орнын басыўшы шахс) тек ғана өзлериниң жазба разылығы менен түнги жумысларға, жумыс ўақтынан тысқары жумысларға, дем алыс күнлериндеги ҳәм исленбейтуғын байрам күнлериндеги жумысларға шақырыў, сондай-ақ хызмет сапарына жиберилиўи мүмкин.

❗️Бунда жумыс бериўши усы хызметкерлерди түнги жумыслардан, жумыс ўақтынан тысқары жумыслардан, дем алыс күнлериндеги ҳәм исленбейтуғын байрам күнлериндеги жумыслардан ямаса хызмет сапарынан бас тартыў ҳуқықы бар екенлигинен хабардар етиўи шәрт.

📝Ҳәмиледар ҳаялларды ҳәм үш жасқа толмаған баласы бар ҳаялларды түнги жумысларға шақырыўға бундай жумыс ҳәмиледар ҳаялдың ҳәм де баланың өмирине ҳәм денсаўлығына қәўип келтирмеўин тастыйықлаўшы медициналық жуўмақ болған жағдайда ғана жол қойылады.

@ARGOS_QR
#Билесиз_бе?

Президенттиң 2020-жыл 30-октябрь күнги ПП-6099-санлы Пәрманына бола, мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлердиң кәсиплик аўқамлары ҳәм жумыс бериўшилер ортасындағы жәмәәтлик шәртнамаларында:

▫️жумыс күни даўамында ислеп шығарыў гимнастика шынығыўлары;

▫️технология, ислеп шығарыў ҳәм жумыс шараятларынан келип шығып, хызметкерлерге ислеп шығарыў гимнастикасы шынығыўларын орынлаўы ушын жумыс ўақтына киргизилетуғын арнаўлы тәнепислер белгилениўи көрсетилген.

@ARGOS_QR
#Билесиз_бе?

Кимлер ис ҳақы сақланбайтуғын дем алыс алыў ҳуқықына ийе ?

🏖 Мийнет кодексиниң 242-статьясына тийкар, хызметкердиң қәлеўине бола ис ҳақы сақланбайтуғын дем алыс төмендеги хызметкерлерге мәжбүрий тәртипте бериледи:

1941—1945-жыллардағы урыс қатнасыўшыларына ҳәм жеңилликлери бойынша оларға теңлестирилген шахсларға — ҳәр жылы 14 календарь күнге шекем;

I ҳәм II топар майыплығы болған шахсларға — ҳәр жылы
14 календарь күнге шекем;

еки жастан үш жасқа шекем болған баланы ҳақыйқатында қарап атырған баланың ата-анасынан бирине (қәўендерине), кемпир атасына, кемпир апасына ямаса басқа ағайинине;

он еки жасқа толмаған еки ямаса оннан артық баланы ямаса он алты жасқа толмаған майыплығы болған баланы тәрбиялап атырған ата-анасының бирине (ата-ананың орнын басыўшы шахсқа) — ҳәр жылы 14 календарь күнге шекем;

нызамшылықта ҳәм мийнет ҳаққындағы басқа ҳуқықый ҳүжжетлерде, сондай-ақ мийнет шәртнамасы шәртлеринде нәзерде тутылған жағдайларда басқа хызметкерлерге.

Мийнет кодексиниң 384-статьясына бола, кириў имтиханларында қатнасыўға руқсат берилген хызметкерлерге жоқары оқыў орынларына тапсырыў ушын кеминде
15 календарь күн мүддетке ис ҳақы сақланбаған ҳалда дем алыс бериледи, билимлендириў шөлкемлери жайласқан орынға барыў ҳәм қайтып келиў ўақты бул есапқа кирмейди.

Мийнет кодексиниң 405-статьясы 2-бөлимине тийкар, ҳаялға оның қәлеўине бола, баласы 3 жасқа толғанға шекем оған қараў ушын ис ҳақы сақланбаған ҳалда қосымша дем алыс та бериледи.

@ARGOS_QR
#Билесиз_бе?

✔️МӘМЛЕКЕТЛИК ПУҚАРАЛЫҚ ХЫЗМЕТШИЛЕРИНИҢ КӘСИПЛИК МӘДЕНИЯТЫНА БАЙЛАНЫСЛЫ ӘДЕП-ИКРАМЛЫҚ ҚАҒЫЙДАЛАРЫ:

🔹пуқаралардың жынысы, миллети, расасы, тили, дини, социаллық келип шығыўы, жеке ҳәм социаллық статусы кемситилиўине алып келиўши тәсир шаралары ҳәм ҳәрекетлер (ҳәрекетсизлик) ге жол қоймаў;

🔹ҳадал, әдил ҳәм кишпейил болыў, пуқаралар менен сөйлескен ўақытта әлпайым, салдамлы ҳәм жақсы мүнәсибетте болыў;

🔹физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерине байланыслы қарарларды қабыл етиўде нызамлылық, әдиллик ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў; 

🔹мәмлекет ҳәм жәмийет мәплерине зыян жеткериўши, мәмлекетлик уйымның жумыс нәтийжелилигин төменлететуғын ҳәрекетлер (ҳәрекетсизлик) ден тыйылыў;  

🔹өзиниң ҳәрекети ҳәм минез-қулқы себепли жәмийетшиликтиң cын көз қарасына түспеў илажларын көриў, сын ушын қуўдалаўға жол қоймаў, тийкарлы ҳәм конструктив сыннан өз искерлигиндеги кемшиликлер ҳәм де нуқсанларды сапластырыў жолында пайдаланыў;

🔹өз хызмет ўазыйпаларын физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мәплерин гөзлеп орынлаў ямаса орынламаў есесине олардан сыйлық, пайда ямаса саўға алмаў;

🔹хызмет интизамына қатаң әмел етиў, жумыс ўақтынан ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыў;

🔹турақлы түрде жумыс сапасын асырып барыў илажларын көриў;

🔹интизамий, ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершиликти нәзерде тутыўшы ҳәрекетлерге жол қоймаў керек.

@ARGOS_QR
#Билесиз_бе?

Жумыс бериўши хызметкердиң арзасына бола төмендеги ҳүжжетлерди 3 жумыс күнинен кешиктирместен бериўи шәрт:

🔸жумысқа қабыллаў ҳаққындағы, басқа жумысқа өткериў ҳаққындағы буйрықлардың көширме нусқалары;

🔸мийнет дәптершесинен ямаса электрон мийнет дәптершесинен көширмелерди;

🔸ис ҳақы ҳаққындағы, есапланған ҳәм де хызметкер тәрепинен ҳақыйқатында төленген салықлар ҳәм жыйымлар ҳаққындағы, усы жумыс бериўшиде ислеў дәўири ҳаққындағы мағлыўматларды ҳәм басқаларды.

📝 Усы ҳүжжет нусқалары шөлкем басшысының ямаса басқа ўәкилликли шахстың қолтаңбасы, сондай-ақ мөри менен тастыйықланған болыўы керек.

Жумыс пенен байланыслы ҳүжжетлер ҳәм олардың көширме нусқалары хызметкерге бийпул бериледи.

@ARGOS_QR
#Билесиз_бе?

❗️Штат қысқарыўы нәтийжесинде жумыстан босатылған хызметкерлер шөлкемде жаңа жумыс орны болыўы
менен-ақ жумысқа қабыл етилиўи шәрт.

Мийнет кодексиниң 102-статьясында
жумыс бериўши айрықша тийкарлар бойынша мийнет шәртнамасын бийкар еткен хызметкерлерди қайта жумысқа қабыл етиў тәртиби көрсетилген.

Мәмлекетлик уйымлар яки хызметкерлердиң ўәкиллик уйымларындағы сайлап қойылатуғын лаўазымларға сайланғанлығы себепли жумыстан босатылған шахсларға ўәкилликлери тамамланғаннан кейин алдынғы жумысы (лаўазымы) бериледи, бундай жумыс (лаўазым) болмағанда басқа тең жумыс (лаўазым) бериледи.

Әскерий хызметке шақырылған хызметкер әскерий хызметтен резервке босатылғанынан яки отставкаға шығарылғанынан кейин, алдыңғы жумыс орнына босатылғанынан баслап 3 айдан кешикпей мүрәжат етсе, жумысқа орналасыўда үстинлик ҳуқыққа ийе болады.

➡️ Шөлкем қайта шөлкемлестирилгенде әскерий хызметтен босатылған шахсларды жумысқа жайластырыўды шөлкемниң ҳуқықый мийрасхоры, шөлкем сапластырылған жағдайда жергиликли мийнет уйымы әмелге асырады.

📌 Жоқарыдағы кепилликлерди бериў имканияты болмаған жағдайда жергиликли мийнет уйымы оларды жумысқа жайластырыўды, зәрүр болғанда оларды бийпул кәсипке таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын асырыўды тәмийинлейди.

⚠️Шөлкемде штат қысқарғаннан кейин 6 ай ишинде бос жумыс орны ашылса, штатлар қысқарыўы нәтийжесинде жумыстан босатылған хызметкерлер мийнет шәртнамасы бийкар етилген күннен баслап жаңадан пайда болған жумыс орнына жумысқа қабыл етилиўи шәрт.

@ARGOS_QR
#Билесиз_бе?

Президенттиң 2020-жыл 30-октябрь күнги ПП-6099-санлы Пәрманына бола, мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлердиң кәсиплик аўқамлары ҳәм жумыс бериўшилер ортасындағы жәмәәтлик шәртнамаларында:

▫️жумыс күни даўамында ислеп шығарыў гимнастика шынығыўлары;

▫️технология, ислеп шығарыў ҳәм жумыс шараятларынан келип шығып, хызметкерлерге ислеп шығарыў гимнастикасы шынығыўларын орынлаўы ушын жумыс ўақтына киргизилетуғын арнаўлы тәнепислер белгилениўи көрсетилген.

@ARGOS_QR
#Билесиз_бе?

Мәмлекетлик пуқаралық хызметшисиниң ротациясы— оның жеке ҳәм кәсипке байланыслы сыпатларын раўажландырыў, жумыс нәтийжелилигин асырыў, басшы кадрлар резервин қәлиплестириў ҳәм де коррупциялық қәўип-қәтерлердиң алдын алыў мақсетинде әмелге асырылады.

Мәмлекетлик пуқаралық хызметшисиниң ротациясы оны ийелеп турған мәмлекетлик пуқаралық хызмети лаўазымына тең болған басқа лаўазымға өз разылығы менен өткериў арқалы әмелге асырылады.

Мәмлекетлик пуқаралық хызметинде коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў мақсетинде мәжбүрий тәртипте ротация етилиўи лазым болған лаўазымлардың дизими белгиленеди.

Усы лаўазымларды ийелеп турған хызметкерлердиң ротациясы олардың разылығысыз әмелге асырылады.

Төмендеги мәмлекетлик пуқаралық хызметшилери ротация етилмейди:

◽️таярлаў, қайта таярлаўдан ҳәм өз маманлығын асырып атырғанлар;

◽️ҳәмиледар ҳаяллар, сондай-ақ үш жасқа толмаған балалары бар ҳаяллар;

◽️медициналық жуўмаққа бола, өзлериниң ямаса олар менен бирге жасаўшы шаңарақ ағзаларының денсаўлығының жағдайы ротация арқалы өткерилип атырған лаўазым бойынша хызмет миннетлемелерин әмелге асырыў имканиятын бермейтуғынлар.

Мәмлекетлик пуқаралық хызметшисиниң ротациясы шәртлери мийнет шәртнамасында нәзерде тутылады.

@ARGOS_QR
#Билесиз_бе?

Жумыс бериўши төмендеги хызметкерлердиң илтимасына бола толықсыз жумыс күнин белгилеўге мәжбүр:

▫️ҳәмиледар ҳаяллар;

▫️он төрт жасқа шекем болған бала (он алты жасқа шекем болған майыплығы болған бала)ның ата-анасынан бириниң (ата-ананың орнын басыўшы шахстың);

▫️шаңарақтың наўкас ағзасын қарап атырған шахстың илтимасына бола медициналық жуўмаққа тийкар;

▫️майыплығы болған шахстың илтимасына бола (медицианлық-социаллық эксперт комиссиясының майыплығы болған шахслардың толықсыз жумыс ўақты режими ҳаққындағы, жүклемени кемейтириў ҳаққындағы ҳәм мийнеттиң басқа шараятлары ҳаққындағы усынысларында нәзерде тутылған жағдайларда).

❗️Толықсыз жумыс ўақты шәртлеринде жумыс ислегенде хызметкердиң мийнетине ҳақы төлеў ол жумыс ислеп берген ўақытқа сәйкес түрде ямаса ол орынлаған жумыстың көлемине қарай әмелге асырылады.

❗️Толықсыз жумыс ўақты шәртлеринде жумыс ислеў хызметкерлер ушын ҳәр жылғы тийкарғы мийнет дем алысы даўамлығының, мийнет стажын есаплап шығарыўдың ҳәм басқа мийнет ҳуқықларының шеклениўине себеп болмайды.

@ARGOS_QR
#Билесиз_бе

Президенттиң 28.02.2023-жылдағы ПП–27-санлы Пәрманына тийкар, ўақтынша мийнетке жарамсызлық бетин ҳәм басқа медициналық мағлыўматнамаларды бериў басқышпа-басқыш электрон формаға өткериледи.

2024-жылдың 1-январь сәнесинен баслап ўақтынша мийнетке жарамсызлық бетин қағаз формада талап етиў қадаған етиледи.

@ARGOS_QR
#Билесиз_бе?

⚡️Мәмлекетлик пуқаралық хызметшиси мәмлекетлик уйым басшысының нызамсыз тапсырма ҳәм талапларын орынлаўдан бас тартыў ҳуқықына ийе.

◽️ Мәмлекетлик пуқаралық хызметшисиниң басқа да ҳуқықлары ҳаққында усы силтеме арқалы танысыўыңыз мүмкин.

@ARGOS_QR
#Билесиз_бе?

⚡️ Жумысты оқыў менен бирге алып барып атырған хызметкерлерге оқыў дем алыслары бериледи.

◻️Жоқары ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў шөлкемлеринде кешки ямаса сыртқы тәлимде оқып атырған хызметкерлерге лаборатория-имтихан сессияларында қатнасқан дәўир ушын оқыў дем алыслары:

◽️ЖООларында кешки тәлим формасында оқып атырған биринши ҳәм екинши курс студентлерине — кеминде жигирма календарь күн, орта арнаўлы, кәсип-өнер тәлим шөлкемлеринде — кеминде он календарь күн, жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў шөлкемлеринде сыртқы тәлим формасында оқып атырғанларға — кеминде отыз күн;

◽️ЖООларында кешки тәлим формасында үшинши ҳәм оннан жоқары курсларда оқып атырғанларға — кеминде отыз календарь күн, орта арнаўлы, кәсип-өнер тәлим шөлкемлеринде — кеминде жигирма календарь күн, жоқары ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў шөлкемлеринде сыртқы тәлим формасында оқып атырғанларға кеминде қырқ календарь күн муддетке орташа ис ҳақы сақланған ҳалда ҳәр жылы бериледи.

❗️Бул хызметкерлерге нәўбеттеги мийнет дем алыслары олар оқыў дем алысларынан пайдаланғанлығына қарамастан бериледи.

@ARGOS_QR
#Билесиз_бе?

Президенттиң 2020-жыл 30-октябрь күнги ПП-6099-санлы Пәрманына бола, мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлердиң кәсиплик аўқамлары ҳәм жумыс бериўшилер ортасындағы жәмәәтлик шәртнамаларында:

▫️жумыс күни даўамында ислеп шығарыў гимнастика шынығыўлары;

▫️технология, ислеп шығарыў ҳәм жумыс шараятларынан келип шығып, хызметкерлерге ислеп шығарыў гимнастикасы шынығыўларын орынлаўы ушын жумыс ўақтына киргизилетуғын арнаўлы тәнепислер белгилениўи көрсетилген.

@ARGOS_QR
#Билесиз_бе?

Президенттиң 2020-жыл 30-октябрь күнги ПП-6099-санлы Пәрманына бола, мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлердиң кәсиплик аўқамлары ҳәм жумыс бериўшилер ортасындағы жәмәәтлик шәртнамаларында:

▫️жумыс күни даўамында ислеп шығарыў гимнастика шынығыўлары;

▫️технология, ислеп шығарыў ҳәм жумыс шараятларынан келип шығып, хызметкерлерге ислеп шығарыў гимнастикасы шынығыўларын орынлаўы ушын жумыс ўақтына киргизилетуғын арнаўлы тәнепислер белгилениўи көрсетилген.

@ARGOS_QR
#Билесиз_бе?

Президенттиң 2020-жыл 30-октябрь күнги ПП-6099-санлы Пәрманына бола, мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлердиң кәсиплик аўқамлары ҳәм жумыс бериўшилер ортасындағы жәмәәтлик шәртнамаларында:

▫️жумыс күни даўамында ислеп шығарыў гимнастика шынығыўлары;

▫️технология, ислеп шығарыў ҳәм жумыс шараятларынан келип шығып, хызметкерлерге ислеп шығарыў гимнастикасы шынығыўларын орынлаўы ушын жумыс ўақтына киргизилетуғын арнаўлы тәнепислер белгилениўи көрсетилген.

@ARGOS_QR
#Билесиз_бе?

Өзбекстан Республикасының пуқаралары, сондай-ақ Өзбекстанда турған басқа шахслар мәмлекетлик байрақты ҳүрметлеўи шәрт.

Мәмлекетлик байрақтан ҳәм оның көриниси түсирилген белгилерден пүтин (жыртылмаған, тесилмеген), таза (патасланбаған), реңи өшпеген жағдайда ҳәм мақул тәризде пайдаланыў ушын жуўапкершилик Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик байрағынан ҳәм оның көриниси түсирилген белгилерден пайдаланатуғын физикалық ҳәм юридикалық шахсларға, соның ишинде мәмлекетлик уйымларға жүклетиледи.

@ARGOS_QR
#Билесиз_бе?

Бүгин барлық хызметкерлер 1 саат алдын жумыстан қайтыўға нызамлы ҳақысы бар

Ертең, 9-май — Еслеў ҳәм қәдирлеў күни, яғный исленбейтуғын байрам күни.

Мийнет кодексиниң 187-статьясына
тийкар, байрам (исленбейтуғын) күнлери қарсаңында күнделикли жумыс (смена) мүддети барлық хызметкерлер ушын кеминде бир саатқа қысқартылады.

Байрамнан алдынғы күни жумыстың (сменаның) даўамлылығын қысқартырыў имканияты болмаған үзликсиз ислейтуғын шөлкемлерде ҳәм айырым түрдеги жумысларда артықша ислеў хызметкерге қосымша дем алыс ўақтын бериў ямаса хызметкердиң разылығы менен жумыс ўақтынан тысқары жумыс ушын белгиленген нормалар бойынша ҳақы төлеў арқалы компенсация етиледи.


@ARGOS_QR