Mámleketlik xızmetin rawajlandırıw agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası filialı
2.91K subscribers
1.48K photos
163 videos
3 files
829 links
Download Telegram
⚡️1-декабрь — Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн!

Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы жәмәәти
гүллән халқымызды Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенлигиниң 33 жыллық байрамы менен қутлықлайды.

Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы ҳәмде “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы Нызамға тийкар қарақалпақ ҳәм өзбек тиллери Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик тили болып табылады.

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларында жумыс мәмлекетлик тилде алып барылады ҳәм зәрүрлигине қарай басқа айырым тиллерге аўдарыў тәмийинленеди.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@ARGOS_QR
#Қарақалпақстан_Республикасындағы_вакант_лаўазымлар_ушын_жәрияланған_ашық_таңлаўлар

🔸 Тахтакөпир районы Халық бәнтлигине көмеклесиў орайы:

Мәмлекетлик мийнет ҳуқық инспекторы;

🔸 Мәмлекетлик салық басқармасы:

Ишки аудит бөлими баслығы;

🔸 Қанлыкөл районы Мәденият бөлими:

Бас қәниге;

🔸 Қурылыс министрлиги:

Мойнақ районы Қурылыс бөлими баслығы – район бас архитекторы;

Төрткүл районы Қурылыс бөлими баслығы – район бас архитекторы;

🔸 Педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайы:

АКТ ҳәм техникалық тәмийнат бөлими баслығы.

❗️Ҳүжжетлер 2022-жыл 10-декабрге шекем (сол күни де) қабыл етиледи.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@ARGOS_QR
#Тест_сораўларынан_үлгилер

“Ҳәр бир миллеттиң дүньяда бар екенлигин көрсететуғын айнасы тил ҳәм әдебияты болып табылады. Миллий тилди жойтыў миллеттиң руўхын жойтыўды аңлатады”. Усы сөзлер кимге тийисли?
Anonymous Quiz
39%
Алишер Наўайы
22%
Абдурауф Фитрат
27%
Абдулла Авлоний
12%
Шолпан
#Тест_сораўларынан_үлгилер

Ислеп шығарыў, бәнтлик ҳәм инфляция дәрежесиниң дәўирлик тербелислери не деп аталады?
Anonymous Quiz
16%
Финанслық өзгерислер
37%
Экономикалық цикллер
35%
Экономикалық өзгерислер
12%
Экономикалық өсиўлер
#Тест_сораўларынан_үлгилер

“Бизиң жаслар әлбетте басқа тилди билиў ушын ҳәрекет етсин, бирақ алды менен өз ана тилин көзлерине сүртип, ҳүрмет көрсетсин. Себеби, өз тилине садықлық – бул ўатан сүйиўшилик ис”. Усы ҳикметли сөзлер кимге тийисли?
Anonymous Quiz
44%
Абдулла Авлоний
12%
Исҳоқхон Ибрат
31%
Абдулла Қодирий
12%
Мунавварқори Абдурашидхонов
#Билесиз_бе?

✔️МӘМЛЕКЕТЛИК ПУҚАРАЛЫҚ ХЫЗМЕТШИЛЕРИНИҢ КӘСИПЛИК МӘДЕНИЯТЫНА БАЙЛАНЫСЛЫ ӘДЕП-ИКРАМЛЫҚ ҚАҒЫЙДАЛАРЫ:

🔹пуқаралардың жынысы, миллети, расасы, тили, дини, социаллық келип шығыўы, жеке ҳәм социаллық статусы кемситилиўине алып келиўши тәсир шаралары ҳәм ҳәрекетлер (ҳәрекетсизлик)ге жол қоймаў;

🔹ҳадал, әдил ҳәм кишпейил болыў, пуқаралар менен сөйлескен ўақытта әлпайым, салдамлы ҳәм жақсы мүнәсибетте болыў;

🔹физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерине байланыслы қарарларды қабыл етиўде нызамлылық, әдиллик ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў;

🔹мәмлекет ҳәм жәмийет мәплерине зыян жеткериўши, мәмлекетлик уйымның жумыс нәтийжелилигин төменлететуғын ҳәрекетлер (ҳәрекетсизлик)ден тыйылыў;

🔹өзиниң ҳәрекети ҳәм минез-қулқы себепли жәмийетшиликтиң cын көз қарасына түспеў илажларын көриў, сын ушын қуўдалаўға жол қоймаў, тийкарлы ҳәм конструктив сыннан өз искерлигиндеги кемшиликлер ҳәмде нуқсанларды сапластырыў жолында пайдаланыў;

🔹өз хызмет ўазыйпаларын физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мәплерин гөзлеп орынлаў ямаса орынламаў есесине олардан сыйлық, пайда ямаса саўға алмаў;

🔹хызмет интизамына қатаң әмел етиў, жумыс ўақтынан ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыў;

🔹турақлы түрде жумыс сапасын асырып барыў илажларын көриў;

🔹интизамий, ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершиликти нәзерде тутыўшы ҳәрекетлерге жол қоймаў керек.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@ARGOS_QR
#Бул_әҳмийетли

⚡️ Ертең мәмлекетлик пуқаралық хызметшилери ушын нәўбеттеги "Сиясий-ағартыўшылық сааты" өткериледи.

Оқыў сааты даўамында:

🔹Конституция-халық пәраўанлығы ҳәм ел тынышлығының тийкары;

🔹Мәмлекетлик хызметинде басқарыў мәденияты ҳәм этика қағыйдалары;

🔹 “Мутолаа вақти” рубрикасы (Ҳанс Рослинг: Factfulness).

🌐Соның менен бир қатарда, ҳәпте даўамында Өзбекстан ҳәм сырт еллерде жүз берген әҳмийетли ўақыялар ҳаққында мағлыўмат бериледи.

❗️Еслетип өтемиз, оқыў 2-декабрь күни саат 9:00де Агентликтиң ilm.argos.uz платформасы ҳәмде YouTube тағы рәсмий бети арқалы бериледи.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@ARGOS_QR
#Бул_әҳмийетли

⚡️Мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлер, бәрше район (қала) ҳәкимликлери басшы ҳәм жуўаплы хызметкерлери дыққатына!

Бүгинги күнниң ең әҳмийетли темалары ҳаққында мағлыўмат берип барыўшы "Сиясий-ағартыўшылық сааты" басланбақта.

Сиясий-ағартыўшылық саатын Президент жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлигиниң ilm.argos.uz платформасы ҳәмде Youtube тағы бетинде усы силтеме арқалы көриўиңиз мүмкин.

Басланған жумыс күниңиз мазмунлы ҳәм табыслы болсын!

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@ARGOS_QR
#Жаңа_күн_ҳикмети

Ассалаўма алейкум!

🗓Бүгин 2022-жыл 5-декабрь, ҳәптениң дүйшемби күни.

😊 Басланып атырған жумыс ҳәптеси ҳәм бүгинги күниңизди жақсы кейпият пенен баслаўыңызға тилеклеспиз.

📚 Ўақыт оннан пайдаланып ақыллырақ, жақсырақ ҳәм қурамалырақ болыўымыз ушын берилген қымбат баҳалы саўға есапланады. Томан Манн

Ҳәпте даўамында әмелге асырыў ушын режелестирген бәрше жумысларыңызға табыслар тилеймиз.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@ARGOS_QR
#Қарақалпақстан_Республикасындағы_вакант_лаўазымлар_ушын_жәрияланған_ашық_таңлаўлар

🔸 Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы:

Беруний районы бөлим баслық орынбасары;

Тахтакөпир районы бөлим баслық орынбасары;

Әмиўдәрья районы бөлими Техника жағдайы ҳәм агротехникалық илажларды қадағалаў секторы инспекторы;

🔸 Экономикалық раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги:

Шымбай районы Экономикалық раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бөлими бас қәнигеси;

Мойнақ районы Экономикалық раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бөлими бас қәнигеси;

🔸 Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги:

Мәлимлеме коммуникация технологияларын раўажландырыў бөлими жетекши қәнигеси.

❗️Ҳүжжетлер 2022-жыл 12-декабрге шекем (сол күни де) қабыл етиледи.

🔷 Ҳүжжетлерди электрон жибериў тәртиби бойынша қолланба


Каналға жалғаныў 👇👇👇
@ARGOS_QR
#Қарар_жойбары_додалаўда

⚡️ Перспективалы басқарыў кадрларын таңлап алыў бойынша "100 алдынғы жетекши" бағдарламасы шөлкемлестириледи.

Президенттиң “Перспективалы басқарыў кадрларын таңлап алыў ҳәм таярлаў системасын жетилистириў ҳаққында”ғы қарар жойбары жәмийетлик додалаўға қойылды.

Жойбарды ислеп шығыўшылар – Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги, Мәмлекетлик басқарыў академиясы, Әдиллик министрлиги, Жаслар ислери агентлиги, Саўда-санаат палатасы ҳәмде “Ватандошлар” қоры.

Бағдарлама мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлерде басшы лаўазымларға перспективалы кадрлар резервин қәлиплестириўде талабанларды көп басқышлы таңлаў тийкарында сайлап алыў ҳәм басқарыў көнликпелерин қәлиплестириў ҳәм раўажландырыўға қаратылған ис-илажлар комплекси есапланады.

🟢Оған тийкар, 2023-жылдан баслап:

▫️бағдарлама шеңберинде ҳәр еки жылда бир мәрте 100 перспективалы басқарыў кадрлары таңлаў тийкарынлда сайлап алынады, олар базалық есаплаў муғдарының 100 есеси муғдарында бир мәртелик пул сыйлығы менен хошаметленеди, арнаўлы оқыў бағдарламалары шеңберинде оқытылады, жергиликли ҳәм сырт ел стажировкасына жибериледи;

▫️бағдарламада жоқары мағлыўматқа ийе ҳәм тийисли тараўда кеминде бес жыл ис тәжирийбесине ийе, 25 жастан 40 жасқа шекем болған (40 жаста қосылған ҳалда) Өзбекстан пуқаралары қатнасыўы мүмкин;

▫️бағдарламаны табыслы жуўмақлаған жеңимпазлар миллий кадрлар резервине киргизиледи ҳәмде басшы лаўазымларға усыныс етип барылады.

🟢Жойбар додалаўы усы жылдың 16-декабрь сәнесине шекем даўам етеди.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@ARGOS_QR
#Қарақалпақстан_Республикасындағы_вакант_лаўазымлар_ушын_жәрияланған_ашық_таңлаўлар

🔷 Бюджеттен тысқары пенсия қоры Шоманай районы бөлими:

Пенсия,напақа ҳәм басқа төлемлерди тайынлаў (қайта есаплаў) ҳәм төлемлерди шөлкемлестириў секторы аға инспекторы;


🔷 Бюджеттен тысқары пенсия қоры Кегейли районы бөлими:

"Социаллық қорғаў бирден-бир реестри" арқалы мәмлекетлик социаллық хызметлер ҳәм жәрдемин усыныў секторы жетекши инспекторы;

🔷 Бюджеттен тысқары пенсия қоры Қоңырат районы бөлими:

Пенсия,напақа ҳәм басқа төлемлерди тайынлаў (қайта есаплаў) ҳәм төлемлерди шөлкемлестириў секторы жетекши инспекторы;


🔷 Қурылыс министрлиги:

Халық пунктлериниң қаласазлық ҳүжжетлерин ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў бөлими жетекши қәнигеси;

🔷 Ҳайўанлар кеселликлери диагностикасы ҳәм азық-аўқат өнимлери қәўипсизлиги мәмлекетлик орайы:

Қоңырат районы Ҳайўанлар кеселликлери диагностикасы ҳәм азық-аўқат өнимлери қәўипсизлиги мәмлекетлик орайы директори;


🔷 Ден саўлықты сақлаў министрлиги:

Емлеў профилактика ҳәм медициналық статистиканы шөлкемлестириў бөлими жетекши қәнигеси;


❗️Арзалар 2022-жыл 15-декабрь саат 23:59 ге шекем қабыл етиледи.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@ARGOS_QR
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Видеоинфографика

⚡️Миллий кадрлар резервин қәлипестириў ҳәм жүргизиў тәртиби менен видео арқалы танысың.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@ARGOS_QR
#Билесиз_бе?

Мийнет кодексиниң 121-статьясына тийкар, байрам (исленбейтуғын) күнлери қарсаңында күнделикли жумыс (смена) мүддети барлық хызметкерлер ушын кеминде бир саатқа қысқартылады.

Ертең 8-декабрь — Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн, яғный исемейтуғын байрам күни. Демек, бүгин барлық хызметкерлер 1 саат алдын жумыстан қайтыўға нызамлы ҳақысы бар.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@ARGOS_QR
#Қарар_жойбары

«Исбилерменлик искерлиги менен шуғылланып киятырған шахс мәмлекетлик пуқаралық хызметине қабыл етилгеннен кейин исбилерменлик искерлигин тоқтатып турыўтәртиби бойынша Режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы Министрлер Кабинетиниң қарары додалаўға қойылды.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@ARGOS_QR
#Байрамыңыз_мүбәрек_болсын

Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы жәмәәти гүллән халқымызды Бас нызамымыз есапланған – θзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң
30 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлайды.

Kanalǵa jalǵanıw 👇👇👇
@ARGOS_QR
#Бул_әҳмийетли

⚡️Мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлер, бәрше район (қала) ҳәкимликлери басшы ҳәм жуўаплы хызметкерлери дыққатына!

Бүгинги күнниң ең әҳмийетли темалары ҳаққында мағлыўмат берип барыўшы "Сиясий-ағартыўшылық сааты" басланбақта.

Сиясий-ағартыўшылық саатын Президент жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлигиниң ilm.argos.uz платформасы ҳәмде Youtube тағы бетинде усы силтеме https://www.youtube.com/watch?v=mVB6vo9N5TE арқалы көриўиңиз мүмкин.

Басланған жумыс күниңиз мазмунлы ҳәм табыслы болсын!

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@ARGOS_QR
#Қарақалпақстан_Республикасындағы_вакант_лаўазымлар_ушын_жәрияланған_ашық_таңлаўлар

🔷 Беруний районы «Тўқимачи» МПЖда исбилерменликти раўажландырыў, халық бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша хәким жәрдемшиси;

🔷 Нөкис районы ҳәкимлиги Финанс бөлими баслығы;

🔷 Үй-жай коммунал хызмет көрсетиў министрлиги:

Қараөзек районы Үй-жай коммунал хызмет көрсетиў бөлими бас қәнигеси;


Нөкис районы Үй-жай коммунал хызмет көрсетиў бөлими бас қәнигеси;


🔷 Статистика басқармасы:

Мойнақ районы Статистика бөлими бас қәнигеси;

🔷 Суў хожалығы министрлиги жанындағы мелиоратив экспедиция басқармасы:

Геодезия ҳәм карталар менен ислеў секторы 1-дәрежели инженер картограф;


🔷 Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги:

Өсимликлер клиникалары ҳәм биолабораториялар жумыслары мониторинги бойынша бас қәниге;

🔷 Хожели районы Халық бәнтлигине көмеклесиў орайы:

Директор.

🔷 Ҳүжжетлерди электрон жибериў тәртиби бойынша қолланба


Каналға жалғаныў 👇👇👇
@ARGOS_QR