#Қарар_жойбары_додалаўда
⚡️ Перспективалы басқарыў кадрларын таңлап алыў бойынша "100 алдынғы жетекши" бағдарламасы шөлкемлестириледи.
Президенттиң “Перспективалы басқарыў кадрларын таңлап алыў ҳәм таярлаў системасын жетилистириў ҳаққында”ғы қарар жойбары жәмийетлик додалаўға қойылды.
Жойбарды ислеп шығыўшылар – Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги, Мәмлекетлик басқарыў академиясы, Әдиллик министрлиги, Жаслар ислери агентлиги, Саўда-санаат палатасы ҳәмде “Ватандошлар” қоры.
Бағдарлама мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлерде басшы лаўазымларға перспективалы кадрлар резервин қәлиплестириўде талабанларды көп басқышлы таңлаў тийкарында сайлап алыў ҳәм басқарыў көнликпелерин қәлиплестириў ҳәм раўажландырыўға қаратылған ис-илажлар комплекси есапланады.
🟢Оған тийкар, 2023-жылдан баслап:
▫️бағдарлама шеңберинде ҳәр еки жылда бир мәрте 100 перспективалы басқарыў кадрлары таңлаў тийкарынлда сайлап алынады, олар базалық есаплаў муғдарының 100 есеси муғдарында бир мәртелик пул сыйлығы менен хошаметленеди, арнаўлы оқыў бағдарламалары шеңберинде оқытылады, жергиликли ҳәм сырт ел стажировкасына жибериледи;
▫️бағдарламада жоқары мағлыўматқа ийе ҳәм тийисли тараўда кеминде бес жыл ис тәжирийбесине ийе, 25 жастан 40 жасқа шекем болған (40 жаста қосылған ҳалда) Өзбекстан пуқаралары қатнасыўы мүмкин;
▫️бағдарламаны табыслы жуўмақлаған жеңимпазлар миллий кадрлар резервине киргизиледи ҳәмде басшы лаўазымларға усыныс етип барылады.
🟢Жойбар додалаўы усы жылдың 16-декабрь сәнесине шекем даўам етеди.
Каналға жалғаныў 👇👇👇
@ARGOS_QR

regulation.gov.uz
Истиқболли бошқарув кадрларини саралаб олиш ва тайёрлаш тизимини такомиллаштириш тўғрисида