#Жасыл_мәкан

Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы С.Турманов Хожели районында болып, аймақта “Жасыл мәкан” улыўмамиллий жойбары шеңберинде әмелге асырылып атырған гүзги терек нәллерин егиў жумыслары менен танысты.


Мәҳәлле баслықлары менен ушырасыўда нәл егиў жумысларын еле де шөлкемлескенлик пенен алып барыў, бунда  дәслеп мәҳәлле жетилиги ҳәммеге өрнек болыўы керек екенин атап өтти.

Буннан соң басқарма баслығы район мәҳәлле баслықлары менен бирге “Бағман” мәҳәллесиндеги бос жерге ҳәр қыйлы мийўе ҳәм декоратив терек нәллерин отырғызды.
📌"Eń úlgili máhálle jaslar jetekshisi"

Aldın xabar bergenimzidey, rayonımızdaǵı máhálle jaslar jetekshileri arasında "Eń úlgili máhálle jaslar jetekshisi" tańlawı bolıp ótken edi.

⚡️Tańlawda jetekshiler 10 jónelis boyınsha bellesip, eń jaqsı nátiyje kórsetken jeńimpazlar anıqlandı hám Qaraqalpaqstan Respublikası basqıshına jollanbalardı qolǵa kiritti.

Kanalǵa aǵza bolıń:
@jaslar_xojeli
#Кеңпейиллик_ҳәптелиги

Хожели районында 16-ноябрь «Халықаралық кеңпейиллик күни» мүнəсибети менен 11-16-ноябрь күнлери аралығында «Кеңпейлик ҳәптелиги» өткерилиўи белгиленди. Иләж шеңберинде жаслар арасында ҳәр қыйлы таңлаўлар, көргизбелер ҳәм руўхый-ағартыўшылық кешелер шөлкемлестирилди. Сол тийкарында районлық 5-санлы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде концерт бағдарламасы инәм етилип, мектеп оқыўшылары тәрепинен ҳәр түрли миллеттиң үрп-әдетлери ҳәм миллий ойынлары атқарылды. Буннан соң, байрам шеңберинде өз белсендилигин көрсеткен жасларға ҳүрмет жарлықлары ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

Каналға ағза болыў
👉@xodjeyli_rk👈
#ЖАСЫЛ_МӘКАН

Бүгин 2024-жыл 16-ноябрь күни Хожели районы «Саманкөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынада «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде «Мәҳәлле абат-ел абат» ураны астында абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары алып барылды. Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңес депутаты Қ.Садыков, районлық мәкеме, шөлкем ҳәм 28 мәҳәлле баслықлары қатнасты. Сөзге  шыққанлар ҳәр бир объектте декоратив ҳәм мийўе нәллерин егиў, егислик жерлерди өз ўақтында суўғарыў, көгерип шыққан нәллерге тәрбия бериў ҳәм әтирап-аймақта абаданластырыў жумысларын жуўапкершилик пенен орынлаў бойынша бир қатар тапсырмалар берди. Буннан соң, қатнасыўшылар жақсы тилеклер менен нәллерди отырғызды.

Каналға ағза болыў
👉@xodjeyli_rk👈
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM