Күн тәртибиндеги кейинги мәселе районларда аўыл хожалығы тараўындағы исбилерменлик субъектлери тәрепинен шәртнама талапларына әмел етилиўи, пайдаланыўда болған аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерден нәтийжели ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў барысы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң есабаты туўралы болып, бул мәселе бойынша Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Д.Кайпов баянат жасады.

Халықтың бүгинги күндеги өсиў пәти тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлерин жетистириўди асырыў, баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў ҳәмде базарларда тийкарғы түрдеги аўыл хожалығы өнимлерин халыққа сапалы жеткериў бойынша тийисли илажлар көриўди талап етпекте.

Бүгинги күнде районларымызда 5185 фермер хожалықлары жумыс алып бармақта. Усы фермер хожалықлары ҳәм аўыл хожалығы кәрханалары тәрепинен халықтыӊ азық-аўқат өнимлерине болған талабын толық қанаатландырыў мақсетинде аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў бойынша илажлар белгилеп алынған.

2024-жыл зүрәәти ушын районларда 314 мың 621 гектар майданға аўыл хожалығы егинлери жайластырылған. Режедеги егинлердиң толық егилиўи бойынша мониторинг жумыслары алып барылып, өним жетистириў бойынша дүзилген шәртнамалардың орынланыўы қадағалаўға алынған.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Соның менен бир қатарда, районларда аўыл хожалығы тараўындағы исбилерменлик субъектлери тәрепинен аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерден нәтийжели ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў барысы тийисли исши топарлар тәрепинен үйренилип шығылды.

Үйрениў нәтийжелерине бола 339 субъектлер тәрепинен 2024-жыл зүрәәти ушын жайластырылған егинлерден тысқары нызамсыз ҳәм өзбасымшалық пенен егинлерди егиў фактлери анықланды ҳәм тийисли шаралар көрилди.

Соның менен бирге, азық-аўқат өнимлерин жетистириўди арттырыў, баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў, кепилленген резервти жаратыў ҳәмде базарларда тийкарғы түрдеги аўыл хожалығы өнимлерин халыққа сапалы жеткериўге айрықша итибар қаратылмақта.

Быйылғы жылы хожалықлар тәрепинен азық-аўқат өнимлерин жетистириў бойынша, айтып өтетуғын болсақ, соннан, тийкарғы майданлардан жәми 632,7 мың тонна азық-аўқат өнимлери, тәкирарий майданлардан жәми 124,1 мың тонна азық-аўқат өнимлери, бағ ҳәмде жүзим қатар-араларынан жәми 13,2 мың тонна азық-аўқат өнимлери жетистириледи.

Күн тәртибиндеги бул мәселе де толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен тийисли қарар қабыл етилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Сессияның қүн тәртибиндеги кейинги мәселе Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитети баслығының орынбасарын сайлаў ҳаққында болды. Конституциялық бақлаў комитети баслығының орынбасары лаўазымына Ибрагимов Шерзод Махсудовичтиң кандидатурасы усыныс етилди.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша депутатлар тәрепинен тийисли қарар қабыл етилди ҳәм Ш.Ибрагимов Конституциялық бақлаў комитети баслығының орынбасары болып сайланды.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.

Депутатлар бул мәселе бойыншада тийисли қарар қабыл етти.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң елиў биринши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Районда исбилерменлердиң машқалалары үйренилмекте

Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Хожели районы бөлими тәрепинен орынларға шыққан ҳалда исбилерменлик субъектлериниң жумыслары үйренилмекте. Сондай-ақ, исбилерменлердиң машқала ҳәм усыныслары тийкарында бир қанша әмелий жәрдемлер көрсетилмекте.

Каналға ағза болыў
👉@xodjeyli_rk👈
💻 Ózbekstan Respublikası Prezidenti janındaǵı Sociallıq qorǵaw milliy agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarması hám Ózbekstan máhálleleri awqamı Qaraqalpaqstan Respublikası basqarması menen birgelikte islep shıǵılǵan “Máhálle jetiligi” aǵzalarınıń máhálledegi iskerligin nátiyjeli shólkemlestiriwge baylanıslı ushırasıwlar ótkeriw reje-grafigine tiykar búgin Xojeli rayonı hákimligi májilisler zalında máhálle jetiligi hám kóshe biyleri menen ushırasıw ótkerildi.

Ushırasıwda “Temir dápter” arqalı sociallıq xızmet hám járdem kórsetiw hámde “Saqawat hám kómek” fondı esabınan qarjılar qáliplestiriw hám olardan paydalanıw tártibin jetilistiriw haqqında”ǵı Ózbekstan Respublikası Ministrler Kabinetiniń 2024-jıl 31-maydaǵı 313-sanlı qararınıń mazmun áhmiyeti;

Ministrler Kabinetiniń 596-sanlı qararı tiykarında kiritilgen ózgeris hám qosımshalar hámde “máhalle jetiligine”ne júkletilgen wazıypalar;

Kem támiyinlengen shańaraqlarǵa balalar napaqası hám materiallıq járdem tayarlaw múddetleri;

Balalar napaqası hám materiallıq járdemler ushın múrájat etiw hám qabıl etilgen arzalardı kórip shıǵıw tártibi;

Mútajligi bar shańaraqlarǵa ısıtıw máwsiminde (noyabr-mart aylarında ) kompensaciya tólep beriw tártipleri haqqında keń túsinikler berildi.

🖋 Ushırasıw reje-grafik tiykarında Respublikamızdıń barlıq rayon (qala)larında ótkeriliwi rejelestirilgen.

📝 Telegram | 💻 Instagram  | 📝 Facebook | 🎖 ihma.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев давлат ташрифи билан Қозоғистонга келди. Остона халқаро аэропортида давлатимиз раҳбарини Қозоғистон Республикаси Президенти Қасим-Жомарт Тоқаев кутиб олди.

Президент Республики Узбекистан Шавкат Мирзиёев прибыл с государственным визитом в Казахстан. В международном аэропорту города Астаны главу нашего государства встретил Президент Республики Казахстан Касым-Жомарт Токаев.

#Mirziyoyev #tashrif #Qozogiston

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X