Усы 2024-жыл 6-август күни, сенатор Б.Матмуратов райондағы "Қырқыншы", "Наўрыз" мәҳәллелеринде өз исбилерменликлерин Сайхунабат ҳәм Үйши тәжирийбелери тийкарында жолға қойған исбилерменлер менен ушырасып, олардың машқалаларын тыңлады ҳәм искерлиги менен жақыннан танысты. Ол орынларда бәнтлиги тәмийнленген ҳәм қосымша дәраматқа ийе болған пуқаралар менен сәўбетлесип, шәраятлары менен танысты. Сәўбет даўамында мәмлекетимизде исбилерменлер ушын жаратылып атырған көплеген имкәниятлар ҳаққында сөз етилип, пикир ҳәм усыныслар тыңланды.

Каналға ағза болыў
👉@xodjeyli_rk👈
#Хош_хабар

30-июль - "Халықлар дослығы күни" мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарарына муўапық Хожели районы "Клён" фермер хожалығы баслығы, "Әмиўдарья" сайлаў округи депутаты Клочков Захар Юрьевич "Ўатан пидайысы" көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Биз З.Юрьевичти Хожели районы ҳәкимлиги ҳәм халқы атынан шын қәлбимизден қутлықлаймыз!

Каналға ағза болыў
👉
@xodjeyli_rk👈
#Хош_хабар

Хожели районы МШҳМБ бөлимине қараслы 26-санлы мектеп питкериўшиси Реймов Игилик Туркия мәмлекетиниң ең абырайлы "Muğla Sıtkı Koçman" университетине грант тийкарында оқыўға қабыл етилди.

Биз өз гезегинде район ҳәкимлиги атынан И.Реймовты бул жетискенлиги менен шын қәлбимизден қутлықлап, алдағы оқыўларында табыслар тилеймиз!

Каналға ағза болыў
👉
@xodjeyli_rk👈
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ елиў биринши сессиясы басланды

Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Ҳүкимет ағзалары, Республика сектор ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қатнасып атыр.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып бармақта.

Сессия «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы туўрыдан-туўры эфирде жарытып барылады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Күн тәртибиндеги дәслепки мәселе Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатларын сайлаўды өткериў бойынша бир мандатлы сайлаў округларын дүзиў ҳаққында Жоқарғы Кеңеси тәрепинен усыныс жибериў туўралы болып, бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы З.Реймова баянат жасады.

Сайлаў кодексине киргизилген жаңа нормаларға муўапық, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлары сайлаўын аралас сайлаў системасы, яғный мажоритар ҳәм пропорционал сайлаў системасы тийкарында өткериў белгиленди.

Себеби, бүгинги күнде дүньяның раўажланған мәмлекетлеринде сынаўдан табыслы өткен, сайлаўшылардың ерк-ықрарына толық жуўап беретуғын, сайлаўды халық ушын ең мақул түсетуғын формада шөлкемлестириў ҳәм өткериў тәртиплери ҳәм де сайлаў системалары бар.

Олар, әсиресе, аралас сайлаў системасынан нәтийжели пайдаланып келмекте. Сол себепли Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлары сайлаўын аралас сайлаў системасы тийкарында өткериў тәртиби белгиленген.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Нызамшылық палатасыныӊ 75 депутаты мажоритар сайлаў системасы тийкарында бир мандатлы сайлаў округларынан, қалған 75 депутаты пропорционал сайлаў системасы тийкарында сиясий партияларға берилген даўыслар бойынша бирден-бир сайлаў округинен сайланыў белгиленген.

Бирден-бир сайлаў округында депутатлыққа талабанлар сиясий партиялар тәрепинен талабанлар дизими тийкарында усынылады.

Нызамшылық палатасы депутатлығына сиясий партиялар тәрепинен көрсетилген талабанлар дизими тийкарында Нызамшылық палатасына сайлаў өткериў ушын Өзбекстан Республикасыныӊ пүткил аймағы бирден-бир сайлаў округы есапланады.

Жоқарыдағылардан келип шығып Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатларын сайлаўды өткериў бойынша бир мандатлы сайлаў округларын дүзиў ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясына усыныс жибериледи.

Күн тәртибиндеги дәслепки мәселе бойынша депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе 2024-жылдың биринши шерегинде бюджет дәраматлары режесиниң орынланыўы ҳәм салық қарыздарлықларын кемейтиў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасына парламентлик сораў жибериў туўралы болып, бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Бюджет, экономикалық реформалар, инвестициялар, инновация ҳәм туризм мәселелери комитети баслығының орынбасары О.Бекбергенов баянат жасады.

Күн тәртибиндеги мәселе толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе районларда аўыл хожалығы тараўындағы исбилерменлик субъектлери тәрепинен шәртнама талапларына әмел етилиўи, пайдаланыўда болған аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерден нәтийжели ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў барысы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң есабаты туўралы болып, бул мәселе бойынша Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Д.Кайпов баянат жасады.

Халықтың бүгинги күндеги өсиў пәти тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлерин жетистириўди асырыў, баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў ҳәмде базарларда тийкарғы түрдеги аўыл хожалығы өнимлерин халыққа сапалы жеткериў бойынша тийисли илажлар көриўди талап етпекте.

Бүгинги күнде районларымызда 5185 фермер хожалықлары жумыс алып бармақта. Усы фермер хожалықлары ҳәм аўыл хожалығы кәрханалары тәрепинен халықтыӊ азық-аўқат өнимлерине болған талабын толық қанаатландырыў мақсетинде аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў бойынша илажлар белгилеп алынған.

2024-жыл зүрәәти ушын районларда 314 мың 621 гектар майданға аўыл хожалығы егинлери жайластырылған. Режедеги егинлердиң толық егилиўи бойынша мониторинг жумыслары алып барылып, өним жетистириў бойынша дүзилген шәртнамалардың орынланыўы қадағалаўға алынған.

Соның менен бир қатарда, районларда аўыл хожалығы тараўындағы исбилерменлик субъектлери тәрепинен аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерден нәтийжели ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў барысы тийисли исши топарлар тәрепинен үйренилип шығылды.

Үйрениў нәтийжелерине бола 339 субъектлер тәрепинен 2024-жыл зүрәәти ушын жайластырылған егинлерден тысқары нызамсыз ҳәм өзбасымшалық пенен егинлерди егиў фактлери анықланды ҳәм тийисли шаралар көрилди.

Соның менен бирге, азық-аўқат өнимлерин жетистириўди арттырыў, баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў, кепилленген резервти жаратыў ҳәмде базарларда тийкарғы түрдеги аўыл хожалығы өнимлерин халыққа сапалы жеткериўге айрықша итибар қаратылмақта.

Быйылғы жылы хожалықлар тәрепинен азық-аўқат өнимлерин жетистириў бойынша, айтып өтетуғын болсақ, соннан, тийкарғы майданлардан жәми 632,7 мың тонна азық-аўқат өнимлери, тәкирарий майданлардан жәми 124,1 мың тонна азық-аўқат өнимлери, бағ ҳәмде жүзим қатар-араларынан жәми 13,2 мың тонна азық-аўқат өнимлери жетистириледи.

Күн тәртибиндеги бул мәселе де толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен тийисли қарар қабыл етилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter