Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Қарақалпақстан_телеканалы

Хожели районы сектор басшылары, мәкеме ҳәм шөлкем баслықлары қатнасыўында "Ашық микрофон" көрсетиўи өткерилди.

Каналға ағза болыў
👉@xodjeyli_rk👈
"Судтан алдынғы түн" спектакли

Хожели районы 5-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде Өзбекстан мәмлекетлик көркем-өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы тәрепинен "Рус классиклери қарақалпақ тилинде сөйлейди" жойбары шеңберинде А.П.Чеховтың "Судтан алдынғы түн" спектакли қойып берилди. Спектакль нураный ата-аналар, жаслар ҳәм мектеп оқыўшыларының нәзерине усынылып, өзгеше заўық бағышлады

Каналға ағза болыў
👉@xodjeyli_rk👈
#Сессия

Бүгин 2024-жыл 28-ноябрь күни Хожели районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Хожели районлық Кеңесиниң жетинши шақырық екинши сессиясы болып өтти. Сессияға депутатлар, сектор басшылары, мәкеме ҳәм шөлкем баслықлары қатнасты. Күн тәртибинде Халық депутатлары районлық Кеңеси баслығын ҳәм Кеңестиң турақлы комиссияларының жеке қурамын тастыйықлаў, Кеңес секретариаты баслығын тайынлаў ҳаққында көрилип шығылды. Бул мәселелер депутатлар тәрепинен бир аўыздан мақулланып, тийисли шешимлер қабыл етилди.

Каналға ағза болыў
👉@xodjeyli_rk👈
«Жергиликли мәмлекет ҳәкимияты ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына ҳәм Халық депутатлары Хожели районлық Кеңеси Регламентиниң 4-статьясына муўапық Хожели районы ҳәкими Ермашев Жеңис Маратович Халық депутатлары районлық Кеңеси баслығы лаўазымына тастыйықланды.

Каналға ағза болыў
👉@xodjeyli_rk👈