Үлкемизде Наўрыз нәпеси
Бүгин 2024-жыл 20-март күни Хожели районы Медицина бирлеспесинде Наўрыз улыўмахалықлық байрамға бағышланған «Әлем нурға толсын, сениң менен Наўрыз!» атамасында тараўға қараслы барлық бөлим хызмекткерлердиң аўызбиршилиги тийкарында салтанатлы кеше болып өтти. Иләжда район сектор басшылары мийманда болды. Район ҳәкими Ж.Ермашев өз сөзинде Наўрыз халқымыздың миллий үрп-әдет дәстүрлерин, инсаныйлық ҳәм адамгершилик сезимлерин өзинде жәмлеген байрам екенлигин айрықша атап, бәршени шын кеўилден қутлықлады. Салтанатлы кешеде миллий тағамлар, миллий кийимлер ҳәм түрли буйымлар көргизбелери шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, медицина жәмәәти тәрепинен номинация бойынша ҳәр түрли миллий қосықлар ҳәм саҳналық көринислер өткерилип, жеңимпазлар естелик саўғалар менен сыйлықланды. Жоқары шөлкемлескенлик пенен өткерилген тамашалар жыйналғанларға байрам кейпиятын бағышлады.
Каналға ағза болыў
👉@xodjeyli_rk👈