Ҳафтанинг энг муҳим воқеалари шарҳи: янги чақириқ парламент ўз ишини бошлади, Ўзбекистон Бош вазири тасдиқланди. Президентимиз "Яшил макон" умуммиллий лойиҳасини амалга оширишда яна бир бор шахсий намуна кўрсатди. Янгиҳаёт туманининг драйвери бўладиган саноат зонаси ташкил этилмоқда

Ҳәптениң ең әҳмийетли ўақыяларына шолыў: жаңа шақырық парламент өз жумысын баслады, Өзбекстан бас министри тастыйқланды. Президентимиз “Жасыл мәкан” улыўма миллий жобарын әмелге асырыўда және бир рет жеке үлги көрсетти. Янгиҳаёт районының драйвери болатуғын санаат зонасы шөлкемлестирилмекте.

Обзор важнейших событий за неделю: парламент нового созыва начал свою работу, утвержден Премьер-министр Узбекистана. Президент вновь подал личный пример в реализации общенационального проекта «Яшил макон». Создается промышленная зона, которая станет драйвером Янгихаётского района

Facebook|Instagram|X
#ДЫҚҚАТ❗️
#ХАБАРЛАНДЫРЫЎ❗️

Бүгин саат 19:00 дe Қарақалпақстан телеканалының “Ашық микрофон” көрсетиўинде Хожели районының социаллық-экономикалық жақтан раўажланыўында төрт сектор тəрепинен əмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында сөз етиледи.

Көрсетиўге Хожели районы төрт сектор басшылары ҳəм тийисли тараў баслықлары мирəт етилген.

Егер сизде Хожели районында реформалардың орынланыўына байланыслы сораўлар ҳəм усы райондағы төрт сектор жумысларына тийисли мүрəжатыңыз болса көрсетиўдиң телеграм мəнзилине жоллаўыңызға болады.

https://t.iss.one/ashiqmikrofon ямаса 612265314 номерли телефон арқалы қоңыраў етсеңиз болады.

Еслетпе: Сораўды жоллағаныңызда аты, фамилияңыз ҳəмде мəнзилиңиз, телефон номериңизди жазып жибериўди умытпаң.
ХАБАРЛАНДЫРЫЎ

2024-жыл 28-ноябрь күни саат 9:00 де Хожели районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Хожели районлық Кеңесиниң жетинши шақырық екинши сессиясы болып өтеди.

Сессия https://t.iss.one/hokimgamurojaat телеграм группасында тиккелей эфир арқалы жарытылады.
#ЖАСЫЛ_МӘКАН

Бүгин 2024-жыл 27-ноябрь күни Хожели районы «Бағман» МПЖ аймағында өткерилген «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары алып барылды. Оған район ҳәкими Ж.Ермашев, сектор басшылары, мәкеме, шөлкем ҳәм 28 мәҳәлле белсендилери қатнасты. Акция қатнасыўшылары айлана-аймақта тазалық жумысларын әмелге асырып, ҳәр қыйлы терек нәллерин екти.

Каналға ағза болыў
👉@xodjeyli_rk👈
15-ноябрь ҳәм 15-декабрь күнлери аралығында "Өрт қәўипсизлиги айлығы" иләжи өткерилмекте

Бүгин 2024-жыл 27-ноябрь күни айлық шеңберинде Хожели районында жайласқан кәрхана, мәкеме, мәҳәлле ҳәм билимлендириў орынларда пуқаралардың өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша семинар өткерилди. Оған, Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы баслығы орынбасары, полковник Б.Оразбаев, районлық АЖБ баслығы, подполковник О.Норов ҳәм тийисли тараўлар қатнасты. Семинарды өткериўден тийкарғы мақсет, жүз бериўи мүмкин болған өртлердиң алдын алыў, ең баслысы пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм мал-мүлклерин асырап абайлаўды еледе жетилистириў болып есапланады. Буннан соң, қәўипсизлик қағыйдаларына бирме-бир тоқталып, оны әмел етиў бойынша кең түрде түсиниклер берилди.

Каналға ағза болыў
👉@xodjeyli_rk👈
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Қарақалпақстан_телеканалы

Хожели районы сектор басшылары, мәкеме ҳәм шөлкем баслықлары қатнасыўында "Ашық микрофон" көрсетиўи өткерилди.

Каналға ағза болыў
👉@xodjeyli_rk👈
"Судтан алдынғы түн" спектакли

Хожели районы 5-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде Өзбекстан мәмлекетлик көркем-өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы тәрепинен "Рус классиклери қарақалпақ тилинде сөйлейди" жойбары шеңберинде А.П.Чеховтың "Судтан алдынғы түн" спектакли қойып берилди. Спектакль нураный ата-аналар, жаслар ҳәм мектеп оқыўшыларының нәзерине усынылып, өзгеше заўық бағышлады

Каналға ағза болыў
👉@xodjeyli_rk👈