Бүгин 2024-жыл 22-ноябрь күни Хожели районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында район ҳәкими Ж.Ермашев ҳәм район прокуроры А.Халимов басшылығында энергия ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў мәселесинде мәжилис өткерилди. Оған район сектор басшылары, барлық мәкеме, кәрхана ҳәм 28 мәҳәлле белсендилери қатнасты. Сөзге шыққанлар ноябрь айы – «Энергетика қәўипсизлиги айлығы» деп жәрияланыў мүнәсибети менен энергия ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, газ, суў ҳәм электр энергиясын үнемлеў, бул бойынша басқада ис иләжлар келисип алынды. Буннан соң, тараў басшыларына алдағы ислениўи лазым болған ўазыйпалар белгилеп берилди.

Каналға ағза болыў
👉@xodjeyli_rk👈
#Jasıl_mákan

🌿Xójeli rayonı Mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw bólimine qaraslı 35-sanlı ulıwma orta bilim beriw mektebiniń oqıwshıları “Jasıl mákan” akciyasına belsene qatnaspaqta.
_______
#Yashil_makon

🌿 Xo‘jayli tumani Maktabgacha va maktab ta’limi bo‘limiga qarashli 35-umumta’lim maktabi o‘quvchilari "Yashil makon" aksiyasida faol ishtirok etmoqda.
#Жасыл_мәкан

Ҳүрметли Президентимиздиң "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде белгилеп берилген бир қатар ўазыйпалардың орынланыўын тәмийнлеў мақсетинде бүгин 22.11.2024-жыл Хожели районы "Жайхун" ППЖ аймағында гүзги нәл егиў жумыслары алып барылды. Оған район ҳәкими Ж.Ермашев, сектор басшылары, республикадан бириктирилген ўәкил А.Абурахманов, барлық кәрхана, мәкеме, шөлкем ҳәм 28 мәҳәлле белсендилери қатнасты. Иләжда акция шеңберинде гүзги терек егиў жумысларын ҳәр бир объектте дүрыс шөлкемлестириў, егислик жерлерди өз ўақтында суўғарыў, әтирап-аймақта абаданластырыў жумысларын жуўапкершилик пенен орынлаў ҳәм әҳмийетли ўазыйпалар берилди. Буннан соң, қатнасыўшылар жақсы нийетлер менен ҳәр қыйлы декоратив нәллерин екти. Сондай-ақ, мәмлекетимиз бойлап өткерилип атырған акцияға белсендилик пенен қатнасыў ҳаққында атап өтилди.

Каналға ағза болыў
👉@xodjeyli_rk👈
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ЖАСЫЛ_МӘКАН

Бүгин 2024-жыл 23-ноябрь күни Хожели районы «Жайхун» ППЖ аймағында өткерилген «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары алып барылды. Оған район ҳәкими Ж.Ермашев, сектор басшылары, мәкеме, шөлкем ҳәм 28 мәҳәлле белсендилери қатнасты. Акция қатнасыўшылары айлана-аймақта тазалық жумысларын әмелге асырып, ҳәр қыйлы терек нәллерин екти.

Каналға ағза болыў
👉@xodjeyli_rk👈