Ўзбекистон ўқитувчи ва мураббийларига табрик

Поздравление учителям и наставникам Узбекистана

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Ҳафтанинг энг муҳим воқеалари шарҳи: Минтақада биринчи марта ОИИБ Бошқарувчилар кенгаши йиғилиши Самарқанд шаҳрида бўлиб ўтди. Президент Хитой, Ҳиндистон ва Қатар молия вазирлари билан учрашувлар ўтказди, ХХР ва БАА делегацияларини қабул қилди

Ҳәптениң ең әҳмийетли ўақыяларына шолыў: Регионда биринши рет АИИБ Басқарыўшылар кеңесиниң мәжилиси Самарқандта болып өтти. Президент Қытай, Ҳиндистан қаржы министрлери менен ушырасыўлар өткерди, ҚХР ҳәм БАА делегацияларын қабыллады.

Обзор важнейших событий за неделю: Впервые в регионе заседание Совета управляющих АБИИ прошло в Самарканде. Президент провел встречи с министрами финансов КНР, Индии и Катара, принял делегации Китая и ОАЭ

Facebook|Instagram|X
Ассалаўма алейкум Ҳүрметли мүғәллимлер ҳәм устазлар!

Сизлерди бүгинги 1-октябрь – «Мүғәллимлер ҳәм устазлар күни» байрамы менен шын кеўилден қутлықлайман.

Әзиз Устазлар, дуньядағы еӊ бийбаха байлық ҳәм өмирбақый мийрасты жаратыў, оны халқымызға, өнип-өсип киятырған бәркамал әўладымызға жеткериў жолында шын кеўилден пидайылық көрсетип атырған мийнетлериңиз ҳәр дайым қәдирленеди.

Сизлерге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық, перзент тәрбиясындай машақатлы, жуўапкерли, әдиўли ҳәм ийгиликли ислериңизде талмас күш-жигер, тасқын табыслар тилеймен!

Ҳүрмет пенен,
Хожели районы ҳәкими Ж.М.Ермашев
#ХОШ_ХАБАР

1-октябрь- "Мүғәллимлер ҳәм устазлар күни" мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министириниң буйрығы тийкарында Хожели районы 3-санлы мектеп оқытыўшысы Курбанова Нилюфар Юлдашевна "Өзбекстан Республикасы халық билимлендириў ағласы" көкирек нышаны менен сыйлықланады.

Хожели районы ҳәкимлиги ҳәм халқы атынан Н.Курбанованы шын қәлбимизден қутлықлап, алдағы жумысларында тасқын табыслар тилеп қаламыз!

Каналға ағза болыў
👉
@xodjeyli_rk👈
#Хош_хабар

Ҳүрметли Президентимиздиң
«Мүғәллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен тәлим-тәрбия системасында айрықша өрнек көрсеткен хызметкерлерден бир топарын сыйлықлаў ҳаққында»ғы Пәрманы тийкарында:

Хожели районы 26-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң математика пәни оқытыўшысы Алламбергенова Гулшийра Атамуратовна "Шуҳрат" медалы менен сыйлықланды.

Хожели районы ҳәкимлиги ҳәм халқы атынан Г.Алламбергенованы шын қәлбимизден қутлықлап, алдағы жумысларында тасқын табыслар тилеп қаламыз!

Каналға ағза болыў
👉
@xodjeyli_rk👈
1-октябрь - "Мүғәллимлер ҳәм устазлар күни" кең түрде белгиленди

Каналға ағза болыў
👉
@xodjeyli_rk👈
Xojelirk.uz/Рәсмий каналы
1-октябрь - "Мүғәллимлер ҳәм устазлар күни" кең түрде белгиленди Каналға ағза болыў 👉@xodjeyli_rk👈
1-октябрь - "Мүғәллимлер ҳәм устазлар күни" кең түрде белгиленди

Бүгин 2024-жыл 1-октябрь күни Хожели районындағы пайызлы орынлардың биринде "Мүғәллимлер ҳәм устазлар күни" мүнәсибети менен салтанатлы байрам кешеси өткерилди. Иләжға район сектор басшылары, Ққ.Р. Спорт министри А.Алланазаров, Ққ.Р. МШҳМБ министрлигиниң бөлим баслығы И.Қунназаровлар ҳәм көп жыллар мийнет еткен ветеран устазлар менен тараў пидайылары қатнасты. Район ҳәкими Ж.Ермашев өз сөзинде байрам ийелерин шын жүректен қутлықлап, жас әўладқа тәлим-тәрбия бериўде, кәсип-өнер сырларын үйретиўде, устаз-шәкирт дәстүри тийкарында жас кадрларды таярлаў сыяқлы жуўапкершиликли ҳәм мақтанышлы жумысларында күш-ғайрат ҳәм тасқын табыслар тилеп қалды. Буннан соң, билимлендириў тараўында пидәйы мийнет етип атырған ҳәм өз хызметлери менен жәмийетимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосып киятырған бир қатар педагоглар Өзбекстан Халық билимлендириў ағласы көкирек нышанлары, ҳүрмет жарлықлары ҳәм баҳалы сау‌ғалар менен сыйлықланды. Салтанатлы кеше районлық Мәденият бөлими атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Каналға ағза болыў
👉@xodjeyli_rk👈
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Қарақалпақстан_телеканалы

Хожели районы ҳәкими Ж.Ермашевтың басламасы менен аймақларда "Энергия тежеўши кәрўаны" өз жумысын даўам етпекте

Каналға ағза болыў
👉@xodjeyli_rk👈
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Қарақалпақстан_телеканалы

Президентиниӊ 25.12.2023-жылғы «2024-2026-жылларда Өзбекстан Республикасыныӊ социаллық ҳәм ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў ис-иләжлары ҳаққында»ғы ПҚ-404-санлы қарары қабыл етилген еди. Қарар тийкарында Хожели районы "Мәденият" мәҳәллесинде жайласқан 41-санлы мектепте қосымша 3 қабатлы 500 орынлық имәраттың қурылыс жумыслары қызғын пәтте даўам етпекте.

Каналға ағза болыў
👉@xodjeyli_rk👈
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Қарақалпақстан_телеканалы
#Хожели_районы

Мыңлаған жасларды қамтыған иләж: "Әдиллик-жасларға көмекши"

Каналға ағза болыў
👉@xodjeyli_rk👈