#Хош_хабар

Бүгин 5.09.2024-жылы Хожели районы қәнигелестирилген мектеби ҳәм Бухара ўәлаяты Қаракөл районы қәнигелестирилген мектеби арасында бирге ислесиў бойынша меморандумға қол қойылды. Сөйлесиўлер тиккелей эфир арқалы өткерилип, келешекте әмелге асырылыўы тийис болған ўазыйпалар белгиленип алынды. Атап айтқанда, "STEM" пәнлери (математика, физика, химия, биология ҳәм шет тили) нен Қаракөл қәнигелестирилген мектебиниң тәжирийбесин үйрениў, мүғәмлимлер ҳәм оқыўшыларды ҳалықаралық олимпиадаларға шығарыў ҳәм бир нешше әҳмийетли жойбарлар жолға койыў мақсет етип алынды.

Каналға ағза болыў
👉@xodjeyli_rk👈
РӘСМИЙ МҮНӘСИБЕТ

Усы жылдың 5-сентябрь күни социал тармақлардың биринде Хожели районы "Бағман" мәҳәллесинде жасаўшы пуқарадан газ тармағына байланыслы видеокөринис жәрияланған еди. Сол күни (5.09.2024-жыл) Хожели районы "Бағман" мәҳәллесинде тәбийи газ бенен тәмийинлеўши жоқары басымлы газ тармағында оңлаў жумыслары алып барылып атырғанлығы себепли газ басымы ўақытша пәсейгенлиги анықланды. "Хожелитумангаз" ГТБ хызметкерлери тәрепинен оңлаў жумыслары сол күнниң өзинде жуўмақланып, газ басымы көтерилип берилди.

Хожели районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
«Nazlımxan sulıw» ma yamasa «Mazlumxan sulıw» ma?

Xojeli rayonı aymaǵında jaylasqan tariyxıy esteliktiń ataması boyınsha kópshilikte sorawlar tuwılmaqta. Bul sorawǵa Xojeli rayonı hákimliginiń qánigesi Rústem Tórenov juwap berdi.

Bizdi sociallıq tarmaqlarda baqlap barıń:
Telegram | Instagram | YouTube | Facebook
📍Xojeli rayonında “Ǵamxorlıq” toparı óz jumısın basladı

👫 Xojeli rayonındaǵı 3-sanlı arnawlı mektep-internatında ayrıqsha bilimlendiriw mútájlikleri bolǵan awır dárejedegi densawlıǵında nuqsanı bolǵan balalar ushın qısqa múddetli “Ǵamxorlıq” toparınıń jumısı jolǵa qoyıldı.

👩‍👩‍👧‍👦 Bul toparǵa 3 jastan 7 jasqa shekemgi qánigelestirilgen arnawlı bilimlendiriw mákemelerine qamtıp alınbaǵan balalar qabıl etiledi. Olar tájiriybeli qánigeler tárepinen tárbiyalanadı hám balalardıń jámiyetke beyimlesiwine kómeklesiledi.

Bunday toparlardıń ashılıwı birinshi gezekte ata-analarǵa birneshe qolaylıqlar jaratadı, sebebi olar mayıplıǵı bolǵan perzentlerin shólkemlestirilgen toparlarǵa alıp kelip, jumıs islep shańaraǵına dáramat kirgiziwine sharayat jaratatuǵın bolsa, ekinshi tárepten perzentleri isenimli qolllarda boladı.

🔘 “Ǵamxorlıq” toparı basqa da orınlarda ashılıwı rejelestirilgen.
Хожели районы «Тутзар» мәҳелледе «Ҳаяллар дәптери»не киритилген 25 "тигиўшилик" жөнелиси бойынша қысқа мүддетли оқыў курсын табыслы жуўмақлаған ҳаял-қызларға Қарақалпақстан Республикасы ҳаял-қызлар исбилерменлик орайы тәрепинен таярланған сертификатларды салтанатлы түрде тапсырыў иләжы өткерилди. Оған, район ҳәкиминиң орынбасары, Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Ф.Мадаминова қатнасып, ҳаял-қызларымыздың баслап атырған жумысларында тасқын табыслар тилеп қалды. Буннан гөзленген мақсет - жумыс ислеў нийетин билдирген ҳаял-қызларды кәсип-өнерге оқытыў, исбилерменликке кеӊнен тартыў, келешекте өз бизнесин жолға қойыўына көмеклесиў ҳәм турақлы түрде бәнтлигин тәмийинлеўден ибәрат болып есапланады.

Каналға ағза болыў
👉@xodjeyli_rk👈
"Kingsman International School" мектеби өз жумысын баслады

Президентимиз тәрепинен жаратылған бир қанша жеңилликлер тийкарында 5.09.2024-жылы Хожели районы "Пәрўаз" мәҳәллесинде биринши мәмлекетлик емес жеке "Kingsman International School" мектебиниң ашылыў мәресими болып өтти. Оған, район ҳәкиминиң орынбасары Х.Халмуратов, тийисли тараў жуўапкерлери ҳәм кең жәмийетшилик қатнасты. Исбилерменимиз тәрепинен шөлкемлестирилген 300 орынлық мектепте балалар ушын барлық заманогөй қолайлылықлар жаратылған. Атап айтқанда, оқыўшылар мәмлекет оқыў бағдарламасынан тысқары IT технологиялар, робототехника, дәстүрлеў, инглиз ҳәм қытай тиллерин үйрениў имкәниятына ийе болады. Қатнасыўшылар жаратылған барлық шәраятлар менен жақыннан танысып, өзлериниң жыллы тилеклерин билдирди.
Соныда атап өтиў орынлы, мектепте халықаралық (International baccalaureate, IB) оқыў бағдарламасы еңгизилиўи жолға қойылыўы режелестирилип, келешекте питкериўшилер дүнья жүзиндеги ең абырайлы жоқары оқыўларға имтихансыз кириў имкәниятына ийе болады.