Хожелиде 18 пуқараға субсидия тийкарында әсбап-үскенелер тапсырылды

Бүгин 2024-жыл 6-июль күни Хожели районы қәнигелестирилген мектебинде пуқаралардың машқалаларын тыңлаў мақсетинде ушырасыў өткерилди. Оған, район ҳәкими Ж.Ермашев, сектор басшылары ҳәм тийисли тараў жуўапкерлер қатнасты. Пуқаралар өзлериниң бәнтлигин тәмийинлеў ушын субсидия тийкарында керекли әсбап-үскенелер сорап мүрәжәт еткен еди. Билдирилген сораўлар тийисли тәртипте үйренилди ҳәм унамлы тәрепке шешилди. Яғный, Президентимиздиң арнаўлы қарары менен енгизилген механизм тийкарында "Ҳаяллар ҳәм жаслар дәптери"нде турыўшы 18 пуқараға керекли болған әсбап-үскенелер бийпул тапсырылды.

Каналға ағза болыў
👉@xodjeyli_rk👈
⚡️⚡️⚡️Айрықша жағдайлар басқармасы ескертеди

Ҳүрметли пуқаралар, самал тезлигиниң кескин дәрежеде күшейиўине байланыслы пуқараларымыздан сергекликти асырыўын, перзентлериңизди кеўилсиз жағдайларди келтирип шығарыўшы ўақиялардан сақлаў мақсетинде итибарсиз (қараўсыз) қалдырмаўын, автомобиллерди тереклер яки ушып кетиўи итимал болған бастырмалардың астына ҳәм басқада қәўипли орынларға  ( электр линиялары, тереклер, там бастырмалары астына) коймаўын сорап қаламыз.

https://t.iss.one/QR_AJB
Күшли самал ўақтындағы қәўипсизлик илажлары

- Жасаў орынларында қапы-айналар ҳәм ҳаўа айланыў системаларын беккем бастырыў;
- Электр ҳәм газ қуралларын өшириў;
- көшелерде терек ҳәм электр үстинлери жанында турмаў;
- көп қабатлы имаратлар балконларында, әйнек алды ҳәм сырттағы буйымларды мүмкиншилиги барынша қәўипсиз жерге алып қойыў ямаса беккемлигин тексериў;
- самал күшейген ўақытта, беккем қурылған имаратлар, жер асты өтиў жоллары ҳәм басқа жасырыныў мүмкин болған орынларда қорғаныў;
- ашық майданда жүрген жағдайларда қәўипсиз жерлерде қорғаныў;
- бузылған имаратларға кириў, қәўипли үстинлер, реклама үстинлери ҳәм тереклер артына жасырыныў қадаған етиледи;
- күшли самалдан кейин электр ҳәм газ үскенелеринен олар тексерилгеннен кейин пайдаланыў талап етиледи.

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы Мәлимлеме хызмети

https://t.iss.one/QR_AJB
Forwarded from Joqarǵı keńes.uz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Бүгин Қазақстан Республикасының Ақтаў қаласында «Made in Uzbekistan. Industrial potential of Karakalpakstan» атамасындағы көргизбе-ярмаркасы өз жумысын баслады.

Дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев ҳәм Манғыстаў областы ҳәкими Қилыбай Нурдәулет Игилик улы басшылығында еки ел жуўапкерлери ҳәм исбилерменлери қатнасыўында ушырасыў өткерилди.

Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, мәмлекетлеримиз арасындағы тарийхый тийкарға ийе қатнасықлар өз ара бирге ислесиўдиң жаңа басқышқа көтерилиўи еки мәмлекет басшыларының келешек ушын тийкар жаратыў жолында алып барып атырған әдил сиясаты себепли әмелге асып атырғанын атап өтти.

Ушырасыўда қатнасыўшылардың итибары Өзбекстанда, соның ишинде Қарақалпақстанда инвестиция орталығын жақсылаў, жаңа жойбарларды әмелге асырыў ушын ҳәр тәреплеме қолайлы шараят жаратыў бағдарында алып барылып атырған реформаларға, сондай-ақ, Қарақалпақстан менен саўда байланысларын беккемлеў ҳәм кеңейтиўге каратылды.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Joqarǵı keńes.uz
Бүгин Қазақстан Республикасының Манғыстаў областы Ақтаў қаласында «Made in Uzbekistan. Industrial potential of Karakalpakstan» атамасындағы көргизбе-ярмаркасы өз жумысына баслады.

Бул жерде дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев ҳәм Манғыстаў областы ҳәкими Қилыбай Нурдәулет Игилик улы басшылығында еки ел жуўапкерлери ҳәм исбилерменлери қатнасыўында ушырасыў өткерилди.

Толық оқыў

Бугун Қозоғистон Республикасининг Манғистау вилояти Ақтау шаҳрида «Made in Uzbekistan. Industrial potential of Karakalpakstan» атамасида кўргазма-ярмаркаси ўз ишини бошлади.

Мазкур ярмаркада дастлаб Жўқорғи Кенгес Раиси Аманбай Орынбаев ва Манғыстау вилояти ҳокими Қилыбай Нурдәулет Игилик улы раҳбарлигида икки ел масъуллари ва тадбиркорлари иштирокида учрашув ўтказилди.

Тўлиқ ўқиш


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
РӘСМИЙ МҮНӘСИБЕТ

Бүгин 2024-жыл 7-июль күни "@Kar24Uz" телеграм каналында Хожели районына тийисли болған көп қабатлы жайлардың шиферлери ушып кеткенлиги ҳаққында мағлыўмат берилген. Ҳаўа райының кескен өзгериўи себепли күшли самал ўақтында "Абат" мәҳәллесинде жайласқан көп қабатлы жайдың бастырмасының бир бөлеги ушып кетти ҳәм тез арада бүлинген жағдай сапластырылды. Ҳәдийсе ақыбетинде жарақат алған яки қайтыс болған ҳалатлар болмады.

Хожели районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў
👉@xodjeyli_rk👈
Мәҳәлле жетилигиниң бири: «Жаңа жап» жасларының табыслары артпақта

👉 Толық оқыў – https://kknews.uz/kk/202425.html

📲 Telegram| Instagram | Live | Sport|