Наўрыз нәпеси халықты қуўанышқа бөледи

Каналға ағза болыў
👉
@xodjeyli_rk👈
#Жасыл_мәкан

Бүгин 2024-жыл 19-март күни Хожели районында «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары алып барылды. Оған район сектор басшылары, ҳәм тийисли тараў ўәкиллерлери қатнасты. Район ҳәкими Ж.Ермашев сөзге шығып, республика бойлап өткерилип атырған ғалабалық акцияға белсене қатнасып, ҳәр бир мәкеме, шөлкемлерге бириктирилген жер майданларға белгиленген реже тийкарында мийўе ҳәм декоратив терек нәллерин егиў бойынша тапсырмалар берилип, ўазыйпалар белгилеп алынды. Буннан соң, қатнасыўшылар жақсы нийетлер менен ҳәр қыйлы декоратив ҳәм мийўели терек нәллерин екти.

Каналға ағза болыў
👉@xodjeyli_rk👈
Бухара ўәлаятында келген делегация ағзалары Хожели районында болды

Өзбекстан Республикасы Олий Мажилис Сенаты Аппараты аймақлық ўәкиллик уйымлары жумысын үйрениў орайының арнаўлы ис-режесине тийкар бүгин 20.03.2024-жылы Халық депутатлары Бухара ўәлаяты Қеңесиниң секретариат баслығы М.Мухаммедов басшылығындағы делегация ағзалары Хожели районында болып өз ара тәжирийбе аўмасты. Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисов, район ҳәкими Ж.Ермашев ҳәм Бухара ўәлаятынан келген мийманларымыз қатнасты. Дәслеп қатнасыўшыларға район аймағында жайласқан "Миздақхан" тарийхый комплексине саяхат шөлкемлестирилди. Буннан соң, мийманларымыз өз ара тәжирийбе аўмасыў мақсетинде
үлги сыпатында Халық депутатлары Хожели районлық Кеңесиниң турақлы комиссиясының жумысы, яғный мәжилис барысы телеграмм топарында тиккелей эфир арқалы әмелий семинар тәризинде өткерилди.

Каналға ағза болыў
👉@xodjeyli_rk👈