April 12, 2023
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Жаслар ушын жаңа имканиятлар белгиленди

Ёшлар учун янги имкониятлар белгиланди

Для молодежи будут созданы новые возможности


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
April 12, 2023
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
April 12, 2023
April 12, 2023
April 12, 2023
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Алыс Қарақалпақстан посёлкасында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының жеке қабыллаўы болып өтти

Мәмлекетимиз басшысының тапсырмасы тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев пайтахттан дерлик 450 км қашықлықта жайласқан шегара аймақ, Қоңырат районы “Қарақалпақстан” посёлка пуқаралар жыйынында болып, пуқаралар менен ушырасты.

Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы спикериниң орынбасары З.Ибрагимова қатнасты.

Атап ѳтиў орынлы ѳткен 2022-жылдың октябрь айында да Жоқарғы Кеңес Баслығының аймақ турғынлары ушын жеке қабыллаўы болып ѳткен еди.

Дәслеп, Республикамыз басшысы аймақ турғынларынан алдын ѳткерилген қабыллаўда келип түскен мурәжатлары бойынша жуўапкерлерге берилген тапсырмалардың орынланыў барысын көрди. Жоқарғы Кеңес Баслығы зыянкеслер зыян жеткерген турақ жайлардың тѳбесин ашып қайта оңлап бериў бойынша тапсырма берген еди. Бүгинги күнде тапсырма бойынша қурылыс материаллары алып келинип, оңлаў жумыслары баслап жиберилген.

Соның менен бирге, аймақ турғынлары ушын медициналық хызмет кѳрсетиў сапасын еледе жақсылаў мақсетинде посёлка пуқаралар жыйыны аймағында жаңадан Социаллық орай қурылыўы режелестирилип, Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен орайдың қурылатуғын орны белгилеп алынды.

Социаллық орайда жоқары сападағы медициналық хызметлер кѳрсетиў белгиленген.

Буннан соң, аймақтағы Мәденият сарайы имаратында Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаевтың жеке қабыллаўы болып өтти. Онда посёлка пуқаралары өзлериниң социаллық, электр энергия, тәбийғый газ, ишимлик суўы, сондай-ақ, коммуналлық хызмет кѳрсетиў бағдарындағы айырым мәселелерин айтып мүрәжат етти. “Ҳәр бир мүрәжат артында бир инсанның тәғдири бар” усы принцип тийкарында өткерилген қабыллаўда келип түскен ҳәр бир мүрәжат дыққат пенен тыңланып, унамлы шешимин табыў бойынша бар имканиятлар иске салынды.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
April 12, 2023
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
April 12, 2023