⚡️Поездлардың ўақытларына өзгерис киргизилди
❗️2024-жылдың 15-декабрь күнинен баслап жоқарыдағы жергиликли ҳәм халықаралық бағдарда ҳәрекетленетуғын жолаўшы поездлар кестесине өзгерислер киргизилди.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

⚡️Исбилерменликти баслаўды қәлеўши пуқараларға шәртсиз 300 миллион сумлық кредит бериледи
Президент басшылығында өткерилип атырған жыйналыста айтылыўынша, өткен 6 жылда шаңарақлық исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде 750 мың адам кредитин ўақтында қайтарып, дәраматлы бизнеске ийе болды. Олардың 58 мың адамы жаңа кәрхана да ашты.
Банклер сынақтан өткен клиентлерин қоллап-қуўатлап, оларды киши ҳәм орта бизнес дәрежесине алып шығыўы кереклиги айтылды.
Оларға “Киши бизнести қоллап-қуўатлаў ” бағдарламасы шеңберинде шәртсиз 300 миллион сум кредит бериледи.
Бул арқалы кейинги жылларда 1,5 миллион халықты жумыслы етиў мүмкинлиги айтылды.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
Президент басшылығында өткерилип атырған жыйналыста айтылыўынша, өткен 6 жылда шаңарақлық исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде 750 мың адам кредитин ўақтында қайтарып, дәраматлы бизнеске ийе болды. Олардың 58 мың адамы жаңа кәрхана да ашты.
Банклер сынақтан өткен клиентлерин қоллап-қуўатлап, оларды киши ҳәм орта бизнес дәрежесине алып шығыўы кереклиги айтылды.
Оларға “Киши бизнести қоллап-қуўатлаў ” бағдарламасы шеңберинде шәртсиз 300 миллион сум кредит бериледи.
Бул арқалы кейинги жылларда 1,5 миллион халықты жумыслы етиў мүмкинлиги айтылды.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Исбилерменлик пенен шуғылланбақшы болған пуқараларға "кредит тарийхы"н жақсылаўға жәрдем бериледи
☝️Мағлыўмат орнында, банк яки кредит шөлкеми Сизге «черный список»та екенсиз деп кредит ажыратпаса, демек сизиң «кредит тарийхы»ңыз жақсы емес.
Кредит шөлкемлери "кредит тарийхы"ндағы мағлыўматлар тийкарында пуқараның кредитти төлеўге уқыплылығын баҳалайды, яғный қарыз алыўшы алып атырған кредитин келешекте өз ўақтында ҳәм толық қайтара алыў имканияты, алдын алған кредитлерин өз ўақтында төлегенлиги, басқа кредит шөлкемлеринен (яки банклерден) ҳәзирги күндеги қарыздарлығы муғдары сыяқлы мағлыўматларды үйренип шығып, пуқараның кредит төлемлерин төлеў бойынша қай дәрежеде интизамлы ҳәм жуўапкершиликли екенлиги ҳаққында жуўмақ шығарады.
Соған қарап, егер пуқара алған кредитлерин кешиктирип төлеп жүрген яки толық қайтармай жүрген болса, оған кредит ажыратылмайды. Ал керисинше кредитин ўақтында төлеп, барлығын толық қайтарған болса, онда оның «кредит тарийхы» жақсы деп тән алынып, оған және кредит ажыратылады.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
📨 Юристке сораў бериў

⚡️Өзбекстанда “әкелик дем алысы” белгилениўи жобаластырылмақта
Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутутлары Мийнет кодексине өзгерис ҳәм қосымша киргизиў ҳаққындағы нызам жойбарын қарап шықпақта.
Нызам жойбарында жумыс ислейтуғын еркеклерге перзентли болғанда, өмирлик жолдасына жәрдем бериў ҳәм перзентлерине қарап турыўы ушын 5 календарь күнлик қысқа мүддетли дем алыс берилиўи нәзерде тутылмақта.
Бунда дем алыс дәўиринде хызметкердиң жумыс орны ҳәм орташа айлық ис ҳақы сақланады.
Депутатлар бул жойбарды үйренип шығып, “әкелик дем алысын” қатаң түрде “5 календарь күн” деп емес, ал “5 календарь күннен кем болмаған муғдарда ” деп белгилениўин усыныс етти.

⚡️Нөкис қаласында ертең саат 09:00 ден 21:00 ге шекем ишимлик суўын жеткерип бериў тоқтатылады
«Нөкис» суў тазалаў қурылмасында бүгинги күнде реконструкция жумыслары шеңберинде насос станциясын ҳәм жаңадан қурылған фильтрлеў системасын иске түсириў мақсетинде усы жылдың 18-декабрь күни саат 09:00 ден 21:00 ге шекем пайтахтымыз турғынлары, исбилерменлик субъектлери ҳәм ислеп шығарыўшы кәрханаларға ишимлик суў жеткерип бериў ўақытша тоқтатылады.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
«Нөкис» суў тазалаў қурылмасында бүгинги күнде реконструкция жумыслары шеңберинде насос станциясын ҳәм жаңадан қурылған фильтрлеў системасын иске түсириў мақсетинде усы жылдың 18-декабрь күни саат 09:00 ден 21:00 ге шекем пайтахтымыз турғынлары, исбилерменлик субъектлери ҳәм ислеп шығарыўшы кәрханаларға ишимлик суў жеткерип бериў ўақытша тоқтатылады.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
❓Пенсия тайынлаўда ҳаяллардың бала күтиминдеги дәўири толық стажға есапланама?
✅«Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы Нызамның 37-статьясына бола, бала 3 жасқа толғанша бала күтими дем алысында болған дәўир пенсияны есаплаўда жумыс стажына киреди.
☝️Бирақ, бунда бала күтиминде болған жыллардың тек ғана 6 жылы жумыс стажына қосып есапланады.
🗓 Егер баланың майыплығы болса, онда усы балаға 18 жасқа толғанға шекем қарап турылған ўақыт толығы менен жумыс стажына қосып есапланады.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
📨 Юристке сораў бериў
👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
✅«Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы Нызамның 37-статьясына бола, бала 3 жасқа толғанша бала күтими дем алысында болған дәўир пенсияны есаплаўда жумыс стажына киреди.
☝️Бирақ, бунда бала күтиминде болған жыллардың тек ғана 6 жылы жумыс стажына қосып есапланады.
🗓 Егер баланың майыплығы болса, онда усы балаға 18 жасқа толғанға шекем қарап турылған ўақыт толығы менен жумыс стажына қосып есапланады.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
📨 Юристке сораў бериў
👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
Ген план Нөкис қаласы.pdf
2 MB
⚡️Нөкис қаласының Бас жобасы тастыйықланды
📄 Министрлер Кабинетиниң 13.12.2024-жылдағы 837-санлы қарары менен Нөкис қаласының бас жобасы жойбарының тийкарғы шешимлери тастыйықланған.
❗️Қарарға көре, 2040-жылға келип Нөкис қаласының Нөкис районы аймағына (876 гектар) кеңейиўи есапқа алынған.
✅ Сондай-ақ, Нөкис қаласының бас жобасы жойбарының тийкарғы шешимлерине көре, 2040-жылға келип:
– қаланың халқы 312 мыңнан 400 мыңға өседи;
– қаланың жер майданы 12507 гектардан 13383 гектарға кеңейеди;
– үй-жай фондының улыўма майданы 5645,3 мың кв метрден 9200 мың кв метрге өседи.
☝️Қосымша параметрлер менен бириктирилген файлдағы қарар тексти арқалы танысып алыўыңыз мүмкин.

⚡️Енди оқыўшылар өзлериниң мектеби ушын керекли үскенени алыў яки мектепти оңлатыўға 50 млн сум утып алыўы мүмкин
📄 «Ашық бюджет» порталында «Мениң мектебим» жойбары иске түсириледи. «Өзбекстан-2030» стратегиясының «Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаға муўапық усы жылы таңлап алынған 14 райондағы 612 мектепте сынақ тәризинде «Мениң мектебим» жойбары өткериледи.
✅ Бунда жойбар төмендеги басқышларда өткериледи:
◽️2024-жыл 18-27-декабрь күнлери – жойбарларды қәлиплестириў (10 күн);
◽️2025-жыл 2-11-январь күнлери – жойбарларды таңлап алыў (10 күн);
◽️2025-жыл 13-17-январь күнлери – даўыс бериў (5 күн).
❗️Бул жойбарда мектеплердиң 5-11-класс оқыўшылары қатнасыў имканиятына ийе болады.
💰«Мениң мектебим» жойбары шеңберинде оқыўшылар тәрепинен өзлери билим алып атырган мектепти үскенелеў ҳәм қурылыс-оңлаў жумыслары бойынша жойбарлар қәлиплестириледи ҳәм де оқыўшылар таңлаган (даўыс берген) жойбарлар қаржыландырылады. Жеңимпаз жойбарларды қаржыландырыў ушын ҳәр бир мектепке 50 миллион сумнан қаржы ажыратылады.
☝️Өз мектебиңиз ушын даўыс бериўде белсенди қатнасың!
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың

⚡️2025-жылдан баслап шаңарақлық бағшаларға баратуғын кәмбағал шаңарақлардың балалары ушын төлемнен жеңиллик бериледи
✅ Президент Ш.Мирзиёев басшылығында өткерилген жыйналыста Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрине 2025-жылы кәмбағаллық дәрежеси жоқары болған 1000 мәканда биреўден шаңарақлық бағшаларды шөлкемлестириў ўазыйпасы жүкленди.
☝️Сондай-ақ, кейинги жылдан баслап шаңарақлық бағшалардағы орынлардың 15 процентине кәмбағал шаңарақлардың балалары қабылланады ҳәм оларға бағша төлеминиң бир бөлеги қаплап бериледи.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
✅ Президент Ш.Мирзиёев басшылығында өткерилген жыйналыста Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрине 2025-жылы кәмбағаллық дәрежеси жоқары болған 1000 мәканда биреўден шаңарақлық бағшаларды шөлкемлестириў ўазыйпасы жүкленди.
☝️Сондай-ақ, кейинги жылдан баслап шаңарақлық бағшалардағы орынлардың 15 процентине кәмбағал шаңарақлардың балалары қабылланады ҳәм оларға бағша төлеминиң бир бөлеги қаплап бериледи.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️34 млрд сумлық криптоактивлер саўдасы менен шуғылланған 17 жасар жигит қолға алыныпты
Бухара ўәлаяты ишки ислер басқармасы хызметкерлери лицензия алмастан 2,6 млн долларлық криптоактивлердиң алды-саттысы менен шуғылланған жас өспиримди қолға алған.
Оған қарата Жынаят кодексиниң 278-8-статьясының 3-бөлими менен жынаят иси қозғатылып, дәслепки тергеў ҳәрекетлери басланған. Бул статьялар менен оған 3 жылдан 5 жылға шекем еркинен айырыў жазасы тайынланыўы мүмкин.
👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
Бухара ўәлаяты ишки ислер басқармасы хызметкерлери лицензия алмастан 2,6 млн долларлық криптоактивлердиң алды-саттысы менен шуғылланған жас өспиримди қолға алған.
Оған қарата Жынаят кодексиниң 278-8-статьясының 3-бөлими менен жынаят иси қозғатылып, дәслепки тергеў ҳәрекетлери басланған. Бул статьялар менен оған 3 жылдан 5 жылға шекем еркинен айырыў жазасы тайынланыўы мүмкин.
👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
❗️Ҳаял-қызлар 54 жаста пенсияға шығыўы мүмкин
✅ «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы Нызамның 12-1-статьясына бола, кеминде 20 жыллық жумыс стажына ийе болған ҳаял-қызлар 54 жаста пенсия алыў ҳуқықына ийе.
⏳Бунда жумыс стажы усы Нызамның 37-статьясының “а”-“г”-киши бәнтлеринде көрсетилген стаждан ибарат болыўы керек.
💡Мағлыўмат ушын. Улыўма қағыйдаға муўапық, еркеклер 60 жаста 25 жыллық жумыс стажы менен, ҳаял-қызлар 55 жаста 20 жыллық жумыс стажы менен пенсияға шығыўы мүмкин.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
📨 Юристке сораў бериў
👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
✅ «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы Нызамның 12-1-статьясына бола, кеминде 20 жыллық жумыс стажына ийе болған ҳаял-қызлар 54 жаста пенсия алыў ҳуқықына ийе.
⏳Бунда жумыс стажы усы Нызамның 37-статьясының “а”-“г”-киши бәнтлеринде көрсетилген стаждан ибарат болыўы керек.
💡Мағлыўмат ушын. Улыўма қағыйдаға муўапық, еркеклер 60 жаста 25 жыллық жумыс стажы менен, ҳаял-қызлар 55 жаста 20 жыллық жумыс стажы менен пенсияға шығыўы мүмкин.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
📨 Юристке сораў бериў
👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️2025-жыл 1-апрелден электр энергиясы ҳәм газ тарифлери және көтериледи - Ж.Қучкаров
☝️Бирақ бул халыққа субсидия бериўди тоқтатыў ушын жетерли емес.
💰Демек, “свет” ҳәм газ тарифлери 2028-жылға шекем ҳәр жылы қымбатлап барады.
❗️2028-жылдан баслап тутыныўшыларға бул энергоресурслар өз баҳасында сатылып баслайды, яғный бир бөлегин мәмлекет тәрепинен қаплаў тоқтатылады.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың
👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
☝️Бирақ бул халыққа субсидия бериўди тоқтатыў ушын жетерли емес.
💰Демек, “свет” ҳәм газ тарифлери 2028-жылға шекем ҳәр жылы қымбатлап барады.
❗️2028-жылдан баслап тутыныўшыларға бул энергоресурслар өз баҳасында сатылып баслайды, яғный бир бөлегин мәмлекет тәрепинен қаплаў тоқтатылады.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың
👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
⚡️Метан заправкаларға газ жеткерип бериў тоқтатылмайтуғын болыпты
Қарақалпақстандағы бир неше каналларда, сол қатарда Халық ушын каналында “Метан заправкаларға бүгин саат 15:00 ден баслап газ жеткерип бериў тоқтатылған” деген хабарлар жайластырылды.
Бул хабардың тийкарғы дереги “Ҳудудгаз Қарақалпақстан” ГТФ мәлимлеме хызметиниң рәсмий Телеграм каналы (https://t.iss.one/hududgaz_Pressa) еди.
Бул хабар рәсмий каналдан өширилгенлиги себепли барлық каналлардан алып тасланды.
Рәсмий каналдың хабар бериўинше, республика тутыныўшыларын тәбийий газ бенен тәмийнлеўши магистрал газ тармағында жүз берген авариялық жағдай сапластырылған.
Сонлықтан, Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы барлық автомобиллерге газ қуйыў компрессор шақапшаларына (метан заправкалар) газ жеткерип бериў бурынғысындай даўам еттириледи. Автомобиллерге газ қуйыў шақапшаларының жумысы тоқтатылмайды.
☝️Демек, рәсмий каналдан хабардың өширилгенлиги себеби усы екен.
⚠️ Ҳүрметли “Ҳудудгаз Қарақалпақстан” ГТФ басшылары, илтимас, қарар қабыл етиў ҳәм оны жәмийетшиликке жәриялаўдан алдын “7 рет өлшеп бир кесиң”. Кейин сиз де сизге исенип хабарды тарқатқан жеке каналлар да “өтирикши” атын алып жүрмейик. Газ мәселеси халық ушын ең биринши дәрежедеги актуал мәселе екенин де ядтан шығармайық!

❗️Қатарда жол ҳәрекети қағыйдасын бузған пуқараның машинасы жоқ қылып жиберилди
Қатар полициясы тәрепинен жолда “дрифт” қылған транспорт қуралы ҳәм оның басқарыўшысы қолға алынған.
Судтың қарары менен пуқараның қымбат баҳалы транспорт қуралы конфискация етилген (мәмлекет пайдасына алып қойылған) ҳәм арнаўлы техника арқалы жоқ қылынған.
Мағлыўмат ушын, Toyota Supra A90 машинасының (5-әўлад) базар баҳасы орташа 90-100 мың доллар турады.
👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
Қатар полициясы тәрепинен жолда “дрифт” қылған транспорт қуралы ҳәм оның басқарыўшысы қолға алынған.
Судтың қарары менен пуқараның қымбат баҳалы транспорт қуралы конфискация етилген (мәмлекет пайдасына алып қойылған) ҳәм арнаўлы техника арқалы жоқ қылынған.
Мағлыўмат ушын, Toyota Supra A90 машинасының (5-әўлад) базар баҳасы орташа 90-100 мың доллар турады.
👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
⚡️Мектеп ҳәм бағшаларда Жаңа жыл байрамын өткериге байланыслы көрсетпе хат
🔔 Постты мектеп ҳәм бағшаларға тарқатың
👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
🔔 Постты мектеп ҳәм бағшаларға тарқатың
👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
❗️Балалар напақасы ямаса материаллық жәрдем тайынлаўда кимлерден «биржа труд»та дизимнен өтиў яки өзин өзи бәнт етиў талап етилмейди?
🚫 Нызамшылық бойынша, бәнтликке көмеклесиў орайында («биржа труд») дизимнен өтпеген яки өзин өзи бәнт етпеген ағзасы болған шаңараққа балалар напақасы ямаса материаллық жәрдем тайынланбайды.
⚠️ Бирақ, бул талап жоқарыдағы дизимде көрсетилген пуқараларға тийисли емес, яғный бул дизимдеги пуқаралар балалар напақасын яки материаллық жәрдемди алыуы ушын бәнтликке көмеклесиў орайында дизимнен өтиўи, өзин өзи бәнт етиўи яки ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларда қатнасыўы шәрт емес.
☝️Мәселен, "Инсан" орайлары арза бериўшиниң шаңарағында усы дизимдеги шахслар болса, оларға "жумыссыз ретинде дизимнен өтпеген, өзин өзи бәнт етпеген, ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларда қатнаспаған" деген себеп пенен напақа яки материаллық жәрдем тайынлаўдан бас тартыўға хақылы емес.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
📨 Юристке сораў бериў
👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
🚫 Нызамшылық бойынша, бәнтликке көмеклесиў орайында («биржа труд») дизимнен өтпеген яки өзин өзи бәнт етпеген ағзасы болған шаңараққа балалар напақасы ямаса материаллық жәрдем тайынланбайды.
⚠️ Бирақ, бул талап жоқарыдағы дизимде көрсетилген пуқараларға тийисли емес, яғный бул дизимдеги пуқаралар балалар напақасын яки материаллық жәрдемди алыуы ушын бәнтликке көмеклесиў орайында дизимнен өтиўи, өзин өзи бәнт етиўи яки ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларда қатнасыўы шәрт емес.
☝️Мәселен, "Инсан" орайлары арза бериўшиниң шаңарағында усы дизимдеги шахслар болса, оларға "жумыссыз ретинде дизимнен өтпеген, өзин өзи бәнт етпеген, ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларда қатнаспаған" деген себеп пенен напақа яки материаллық жәрдем тайынлаўдан бас тартыўға хақылы емес.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
📨 Юристке сораў бериў
👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
⚡️«Uzbekistan Airways» Ташкент-Нөкис-Ташкент жөнелиси бойынша 23-декабрден 7-январға шекем қосымша рейслер қойыпты
✅ 2024-жыл 23-декабрден баслап 2025-жыл 7-январға шекем Uzbekistan Airways авиакомпаниясы Ташкент-Нөкис-Ташкент жөнелиси бойынша қосымша 14 авиақатнаўды әмелге асырады. Соның менен бул рейстеги ушыў ўақытлары төмендегидей етип белгиленди:
➡️ Ташкент-Нөкис ҳәр күни саат 07:15, 13:00 ҳәм 20:00;
⬅️ Нөкис-Ташкент ҳәр күни саат 09:45, 15:30 ҳәм 22:30.
☝️Қосымша рейслер қосылғанның өзинде ҳәзирги ўақытта Ташкент-Нөкис жөнелисинде 23-29-декабрь аралығында тек 23,24,27,29-декабрь күнлери орын қалған болып, ең арзан билет 1 млн 754 мың сум екен. Ал Нөкис-Ташкент жөнелесинде усы аралықта ең арзан билет 674 833 сум.