XALÍQ USHÍN ⚖️
91.2K subscribers
1.17K photos
214 videos
74 files
3.56K links
Соңғы нызамлар, қарарлар, ҳуқық тараўына байланыслы жаңалықлар

Хабарласыў: @trillion_uzb

Est. 10.04.2020.
Download Telegram
❗️Студентке квартирасын ижараға берген пуқара дәрамат салығынан азат етиледи

Салық кодексиниң 378-статьясына муўапық, салық төлеўшиниң турақ жайын студентлерге ижараға бериўден алған дәраматы (ижара пулы) салыққа тартылмайды.

☝️Яғный, пуқара өзиниң жайын (квартирасын) студентке бериўден түсетиуғын дәраматына (квартплата) салық салынбайды.

💡Мағлыўмат ушын. Алдын 2022-жылға шекем пуқаралардың квартираны ижараға бериўден алған дәраматынан 12% дәрамат салығы өндирилетуғын еди.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨
Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉 @Xaliq_ushin
⚡️2025-жыл сентябрден мектептиң жоқары ҳәм 1-категориялы оқытыўшыларының айлығы көбейиўи мүмкин

Бул усыныс Президент Ш.Мирзиёевқа мектеп билимлендириўи сапасы ҳәм педагоглардың маманлығын арттырыў бойынша презентация барысында берилди.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

Каналға ағза болың
👉 @Xaliq_ushin
❗️Нөкисте «участковой» жалғыз жасаўшы руўхый кесел адамды «псих больница»ға жатқарып, оның жайын өзиниң атына өткерген ҳәм банктеги аманат пулларына ажапасына Lacetti сатып алып берген

Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасының берген мағлыўматына қарағанда, Нөкис қаласында профилактика инспекторы кексе жастағы пуқараның жақын туўысқанлары жоқлығы ҳәм еси жоқлығынан пайдаланып, оның мал-мүлкин қолға киргизиў мақсетинде оны жәмийетлик орынларда жүрис-турыс қағыйдаларын бузып жүрген деп 1-санлы руўхый-нерв кеселликлери емлеўханасына билдириў хатын жазып, мәжбүрий түрде оны емлеўханаға жайластырады.

Кейин ол пуқараның турақ жайын фальсификат ҳүжжетлер менен өзиниң атына өткерип алады. Оның пластигиндеги ҳәм банкке аманатқа қойылған пулларын да өзлестирип, өзиниң ажапасына Lacetti маркалы автомобиль сатып алып береди.

Бул жағдай бойынша Республика прокуратурасы тергеў ислерин алып барып исти судқа асырады. Судта «участковой»ға Жынаят кодексиниң 206, 228, 169, 243-статьялары бойынша айып қойлыған болса да, судья тийкарсыз бул статьялар санын қысқартырып, тек ғана 206-статья бойынша айыплы деп таўып, профилактика инспекторына 2 жыл арнаўлы ҳуқықтан айырыў (лаўазым ийелей алмайды – ред.) ҳәм 2 жыл еркинлигин шеклеў жазасы тайынлаған.

Ҳәзирги күнде Республика прокуратурасы тәрепинен суд ҳүкими үстинен апелляция тәртибинде протест келтирилген.

Каналға ағза болың
👉 @Xaliq_ushin
МКҚ_313_санлы_@xaliq_ushin_–_Сизиң_ҳуқықларыңызды_түсиндириўши_канал.pdf
2 MB
⚡️Енди «Сақаўат ҳәм көмек» қорынан жәрдем тек ғана «Инсан» орайының усынысы тийкарында бериледи

💰Ҳүкиметтиң 31.05.2024-жылдағы 313-санлы қарарына тийкар, 2024-жыл 25-июнға шекем «Мәҳәлле» қайырқомлық қорының «Сақаўат ҳәм көмек» қоры район (қала) ҳәкимликлерине өткериледи.

«Сақаўат ҳәм көмек» қоры қаржылары есабынан жәрдем көрсетиў мәселеси тек ғана «Инсан» социаллық хызметлер орайының хызметкери тәрепинен кейс-менеджмент тийкарында өткерилген үйрениўи жуўмағы бойынша дүзилген усынысы болған жағдайда қарап шығылады.

❗️Зәрүр жағдайларда «Сақаўат ҳәм көмек» қорынан мәкан пуқаралары жыйынлары ушын ажыратылған қаржылар есабынан 1 күн ишинде социаллық қорғаўға мүтәж шахсларға белгиленген тәртипте жәрдем көрсетилиўи тәмийинленеди.

📑 Сондай-ақ, усы қарар менен Социаллық «Сақаўат ҳәм көмек» қорынан пуқараларға жәрдем бериўдиң тәртиби тастыйықланған.

📎 Қарардың толық тексти бириктирилген файлда.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨
Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉 @Xaliq_ushin
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️ Notcoin сатқан Нөкисли жигитке 1,7 млн сум жәрийма салынып, телефоны алып қойылған

Жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы суды тәрепинен Notcoin саудасы менен шуғылланған шахсқа хәкимшилик жаза қолланылды ҳәм пайдаланып жүрген мобил телефоны мәмлекет пайдасына конфискация етилди.

👉🏻 @xaliq_ushin
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Қарақалпақстанға инвестиция киргизген исбилерменлер ушын қосымша жеңилликлер бериледи

Президенттиң Пәрманына муўапық:

👉 исбилерменлик субъектлериниң жойбарларына Исбилерменлик искерлигин қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик фонды тәрепинен 5 млрд сумға шекемги кредит ушын кепиллик шәртнамасын бир тәреплеме бийкар етпеў шәрти менен кепиллик бериледи. Бунда кредит инвестиция жойбарларын қаржыландырыў ҳәм айланба қаржыларды қәлиплестириў ушын алынған болыўы керек.

👉 киши ҳәм жаслар санаат және исбилерменлик зоналарында инвестиция миннетлемелерин орынлаған исбилерменлерге жер участкасын, имарат ҳәм қурылысларды меншиклестириўге русхат бериледи;

👉 ғалабалық саўдаларда 3 ай даўамында сатылмаған мәмлекетлик объектлерди электрон таңлаў тийкарында ең жақсы усыныс берген талабанға инвестиция киргизиў миннетлемеси менен бериледи.

👉 саўда, улыўма аўқатланыў бағдарындағы ҳәм автомобиллерге жанылғы қуйыў және электр қуўатландырыў станцияларын шөлкемлестирген киши исбилерменлик субъектлерине қуяш панеллерин сатып алыў ҳәм орнатыў ушын ажыратылатуғын кредитлердиң бир бөлеги Исбилерменлик искерлигин қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик фонды есабынан қаплап бериледи.

🔔 Постты исбилерменлерге жибериң.

📨
Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉 @XALIQ_USHIN
Magistr Sertifikat.pdf
15.9 MB
⚡️Магистратура ҳәм докторантура ушын талап етилетуғын сертификатлар дизими тастыйықланды

Жоқары билимлендириў, пән ҳәм инновациялар министриниң 14.06.2024-жылдағы буйрығы менен тастыйықланған бул Дизимде қайсы бағдарға қандай дәрежедеги (В1, В2, С1) сертификат талап етилиўи бирме бир көрсетилген.

☝🏻Толық дизим бириктирилген файлда.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨
Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉 @Xaliq_ushin
Баланы сырт елге алып шығыў тәртиби қандай?

🪪 Бала 18 жасқа толғанға шекем мәмлекеттен сыртқа алып шығыў ушын оған сырт елге шығыў биометрикалық паспортын алыў керек.

❗️Бала басқа мәмлекетке турақлы жасаў ушын шығып баратырғанда ата-анасының екеўиниң де разылығы талап етиледи. Бунда егер ата-ананың биреўи разылық бермесе ямаса баланы алып шығыўға қадаған қойылған болса, балаға паспортты берилмеўи ушын тийкар болады.

☑️ Баланы сырт елге алып шығыўға қойылған қадаған үстинен судқа шағым етиў мүмкин.

🛃 Сырт елге шығыўға биометрикалық паспортты алыў ушын төмендеги ҳүжжетлерди тийисли Ишки ислер уйымының Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бөлимине (паспорт стол) тапсырыў керек:

· белгиленген формадағы арза-анкета;
· биометрикалық паспорт ямаса ID-карта яки 16 жасқа толмаған пуқаралар ушын туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалық;
· алдын берилген шет елге шығыў паспорты (егер бар болса);
· ўәкилликли уйымның қарары (шет елге шығыў паспорты дәлил ретинде алып қойылғанда);
· мәмлекетлик бажы төленгенлиги ҳаққындағы квитанция;
· ата-ананың (қәўендер (қайырқомның) баланың сырт елге шығыўына нотариал тастыйықланған разылығы;
· бала менен бирге шет елге шығыўшы пуқараның нотариал тастыйықланған миннетлемеси.

💰 Биометрикалық паспорт ушын мәмлекетлик бажы муғдары базалық есаплаў муғдарының 1 есеси (340 мың сум), ал 16 жасқа толмағанлар ушын БЕМның 80% (272 мың сум) қурайды.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨
Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉 @Xaliq_ushin
❗️Ертең Өзбекстан Ресбуликасының Бас прокуроры менен Бәсекини раўажландырыў комитети баслығы сайланады

Ертең 21-июнь күни Сенаттың 53-жалпы мәжилисинде Өзбекстан Республикасының Бас прокурорына талабан қарап шығылады ҳәм Өзбекстан Ресбуликасы Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылар хуқықларын қорғаў комитети баслығы сайланады, сондай-ақ Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңеси қурамына өзгерислер киргизиледи.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

Каналға ағза болың
👉 @Xaliq_ushin
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🚫 Ҳәзирги күнде Өзбекстанда Notcoin менен нызамлы түрде саўда ислеўдиң илажы жоқ

❗️Перспективалы жойбарлар миллий агентлиги Өзбекстанда бүгинги күнде Notcoin криптоактиви менен нызамлы түрде саўда ислеў (алыў, сатыў, алмастырыў ҳ.т.б.) имканы жоқ екенлигин билдирди. Агентлик лицензияға ийе хызмет провайдерлерине өзиниң саўда себетлерине жаңадан шыққан, ғалабаласып атырған криптоактивлерди (сол қатарда Notcoin’ды да) қосыў бойынша усыныс берген.

☝️Яғный, нызамға муўапық Notcoin’ды тек ғана лицензиясы бар хызмет провайдерлери арқалы алды-сатты етиўге болады, бирақ Өзбекстанда ҳәзирше бул криптоактив пенен шуғылланыўшы лицензиялы провайдер жоқ. Соның ушын, қашан лицензиялы провайдерлердиң "корзинасы"нда Notcoin көринсе, сол ўақытта оның менен саўда ислеўге болады.

💡Мағлыўмат ушын, 2024-жылдың 14-май күнинен 13-июнь күнине шекем Өзбекстанда криптоактивлер саўдасы менен нызамға қайшы түрде шуғылланған 12 пуқара жуўапкершиликке тартылған.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

Каналға ағза болың
👉 @Xaliq_ushin
⚡️Балаларды 1-класқа қабыллаў бүгиннен басланды

🔰Бүгиннен баслап 2024-2025-оқыў жылы ушын балаларды 1-класқа қабыллаў басланды.

Қабыллаў еки басқышта әмелге асырылады:
🔸1-басқыш: микро-аймақ шеңберинде (20-июнь – 31-июль)
🔸2-басқыш: микро-аймақтан тысқары мектеплерге (1-15-август)

🖥 Нөкис қаласында 1-класқа қабыллаў тек электрон формада мәмлекетлик хызметлери орайы арқалы өткериледи. Бунда, ата-аналар my.maktab.uz электрон платформасы арқалы дизимнен өтип, арза тапсырыўы мүмкин.

📝 Қалған районларда дәстүрий формада, яғный тиккелей мектептиң өзине арза менен барыў керек.

☎️ Электрон қабыллаў процесси бойынша Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң Call-орайының 71-203-07-04 номери ямаса Телеграмдағы @mymaktab_uz рәсмий каналы арқалы мағлыўмат алыўыңыз мүмкин.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

Каналға ағза болың
👉 @Xaliq_ushin
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
📹 Мектепке 1-класқа my.maktab.uz платформасы арқалы онлайн арза бериў бойынша видео қолланба.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

Каналға ағза болың
👉 @XALIQ_USHIN
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Бүгин Сенат өзбасымша ийеленген жерлерге қурылған турақ жай ҳәм имаратларға мүлк хуқықын бериў бойынша нызам жойбарын қарап шығады

💡Бул нызам жойбары ҳаққында алдын да хабар берген едик.

Нызам қабылланса, төмендеги турақ жай және имаратларға мүлк хуқықын ҳәм де сол жер участкасына ижара ҳуқықын алыў имканы жаратылады:

пуқаралардың ҳәм пуқаралығы болмаған шахслардың 2018-жыл 1-майға шекем өзбасымша ийелеген жерге қурған турақ жайларына ҳәм сол жер участкасына;

пуқаралар, исбилерменлик субъектлери тәрепинен өзлерине ажыратылған жер участкасы майданынан 2018-жыл 1-майға шекем артықша өзбасымша ийелеген жерлерге қурылған имарат хәм қурылысларға;

2018-жылғы бир мәртелик акция шеңберинде мүлк хуқықын бериу мәселеси толық шешилмей қалған турақ жайларға;

2021-жыл 8-июнға шекем район (қала) ҳәкиминиң қарары менен пуқара ҳәм исбилерменлерге ажыратылып, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси тәрепинен тастыйықлаў мәселеси өз мүддетинде қарап шығылмаған жер участкасы (егер усы жерге еки жылдың ишинде имарат қурылған яки қурылысы басланған болса);

пуқаралардың бағдаршылық хәм жүзимшилик ширкетлери аймағындағы қурылған турақ жайларына ҳәм сол жер участкасына;

2020-жыл 9-мартқа шекем киши санаат зоналары аймағына жайластырылған исбилерменлердиң жасаўға мөлшерленбеген имарат ҳәм қурылыслары яки олардың бир бөлеги жайласқан жер участкасына;

меншиклестирилген имарат ҳәм қурылыслар жайласқан жер участкаларына;

пуқара ҳәм исбилерменлердиң мүлк хуқықы берилген имарат хәм қурылыслары ийелеген жер участкаларына.

☝🏻Нызам Сенатта мақулланса, Президентке қол қойыў ушын жибериледи.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

Каналға ағза болың
👉 @XALIQ_USHIN
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Баланы 1-класқа қабыллаў тәртиби бойынша айырым сораўларға жуўаплар

1️⃣Баланы мектепке қабыллаў қандай тәртипте болады?

✔️Б
алаларды мәмлекетлик мектеплерге қабыллаў еки усылда болады:

мектептиң өзинде дизимге алыў;

онлайн арза бериў арқалы. Онлайн ҳүжжет қабылланатуғын аймақлар дизими my.maktab.uz порталында берилген.

☝🏻Еки усылда да ҳүжжетлер бийпул қабыл етиледи.

🗓️Арза 3 күн
ишинде қарап шығылады.

2️⃣Бала неше жастан 1-класқа қабылланады?

7️⃣ 1-класқа балалар 7 жасқа толатуғын жылы қабылланады. Яғный, быйыл 1-класқа 2017-жыл 1-январдан 31-декабрге шекем туўылған балалар қабылланады.

3️⃣Онлайн ҳүжжет қалай тапсырылады?

Ҳүжжетлер 20-июннан 31-июлға шекем my.gov.uz порталы ямаса my.maktab.uz (арза бериў бойынша видео) арқалы қабыл етиледи. Арза толтырылғанда бала оқыйтуғын тил сайланады.

☝🏻Егер сайланған мектепте бала оқыйтуғын тил бойынша класс болмаса, бала жақынрақ аймақтағы мектепке бириктириледи.

📝 Баланың басқа тил бойынша билимин үйрениў бойынша сораўнама мына жерде.

4️⃣Арза қабыл етилмеўи де мүмкин бе?

Аўа, мектептеги қабыллаў комиссиясы төмендеги жағдайларда баланы мектепке қабыл етпеўи мүмкин:

- медициналық мағлыўматнамада мектепте оқыў усыныс етилмеген болса;

- сайланған тилде баланың сөйлеў ҳәм жазыў бойынша басланғыш көнликпеси болмаса;

- тапсырылған ҳүжжетлерде надурыс мағлыўматлар анықланса.

☝🏻Буннан басқа жағдайларда мектепке қабылламаў қадаған етиледи.

📩
Ҳүжжетлердеги кемшиликлер сапластырылса, арзаны қайта тапсырыўға болады.

5️⃣Арза қабыл етилгеннен кейин не қылыў керек?

Онлайн арза
қабыл етилгеннен кейин электрон порталлар арқалы баланы мектепке алып барыў бойынша электрон нәўбет бериледи. Баланы сол нәўбетте көрсетилген ўақытта мектепке апарыў керек. Бунда баланың ден саўлығы ҳаққындағы мағлыўматнама да апарып бериледи.

6️⃣Қабыллаў онлайн болмайтуғын аймақларда ҳүжжетлер қалай тапсырылады?

Бундай аймақтағы мектепке төмендеги ҳүжжетлер апарып тапсырылады:

🔹
директор атына арза;
🔹баланың ден саулығы ҳаққындағы медициналық мағлыўматнама;
🔹баланың 3,5 х 4,5 см өлшемдеги 4 дана реңли фотосүўрети.

7️⃣1-класқа қабыллаўда имтихан бола ма?

Яқ, мектеплерге қабыллаўда таңлаў өткерилмейди. Аймақтағы барлық балалар мектептиң сыйымлылығынан келип шығып қабыл етиледи.

☝🏻Айырым жағдайларда, мәселен, музыка ҳәм көркем-өнер мектеплерине қабыллаўда баланың сол тараўлар бойынша уқыбы сынақтан өткериледи.

8️⃣Баланы бириктирилген мектептен басқа мектепке өткериў мүмкин бе?

Аўа, мүмкин. Мектеплер өзлериниң имканиятларынан келип шығып, микроаймақтан тысқары қосымша балаларды қабыллаўы мүмкин.

🗓️ Микроаймақтан тысқары балалар 1-класқа 1-15-август күнлери қабылланады.

☝🏻Баласын микроаймақтан тысқары мектепке бериўши ата-аналар усы мүддеттиң ишинде бос орын бар мектепти my.gov.uz ямаса my.maktab.uz порталлары арқалы сайлап арза тапсырыўы керек. Бул арза 1 күн ишинде қарап шығылады.

Қарекеңше ҳуқықый канал
👉 @xaliq_ushin
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
⚡️”Азарт ақыбети” киносын енди үйде отырып көриўге болады

Қарақалпақ кино дөретиўшилерниң ең жақсы киноларынан бири “Азарт ақыбети” киносын енди Телеграм арқалы көриўге болады.

👉🏻 Киноны көриў ушын мына Ботқа кирип 5000 сум төлесеңиз жеткиликли!

✔️Кино қарақалпақ ҳәм өзбек тиллеринде берилген.

📲 Бот: https://t.iss.one/kino1_test_bot

Қарекеңше ҳуқықый канал
👉 @xaliq_ushin
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❗️Оқыўды "перевод етиў" бойынша арзалар 15-июлдан қабылланып басланады

📑 Министрлер Кабинетиниң 20.06.2017-жылдағы 393-санлы қарарына муўапық, 15-июлдан баслап жоқары оқыў орынларында (ЖОО) оқыўды көшириў процесслери басланады.

☑️ Оқыўды көшириў ушын арзалар Билимди баҳалаў агентлигиниң my.uzbmb.uz сайты арқалы 5-августқа шекем қабыл етиледи.

💡 Өзбекстан аймағындағы сырт ел ҳәм жеке жоқары оқыў (ЖОО) орынлары студентлери мәмлекетлик ЖООға өтиў ушын 5-30-август күнлери имтихан тапсырады.

💰 Өтиў балын топлай алмағанлар «супер-контракт» пенен қабыл етилиўи мүмкин.

🪧 Абитуриентлерге оқыўға кириўде берилетуғын жеңилликлер оқыўын көширип атырғанлар ушын əмел етпейди.

Студенттиң оқыўын көшириў ушын арза бериў тәртиби қандай? – Толық
Қандай жағдайларда студенттиң оқыўы көширилмейди? – Толық

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

Қарекеңше ҳуқықый канал
👉 @xaliq_ushin
⚡️Енди «жөргек пулы» екинши ҳәм оннан кейинги балалар ушын берилмейди

❗️Министрлер Кабинетиниң 04.03.2024-жылдағы 110-санлы қарарына көре, 2024-жыл 1-апрелден баслап бала туўылғанда берилетуғын бир мәртелик напақа пулы («жөргек пулы»):

1️⃣ биринши бала ушынбарлық ҳаялларға;

2️⃣ екинши бала ушынтек ғана кем тәмийинленген шаңарақ ағзасы болған («Социаллық қорғаў бирден бир реестрине» кириўши) ҳаялларға бериледи.

Қалған барлық жағдайларда «жөргек пулы» берилмейди.

☝️Демек, 1-апрелден кейин «жөргек пулы» шаңарақ кем тәмийинленген болмаса оның тек биринши баласына, ал кем тәмийинленген болса екинши баласына да бериледи. Үшинши ҳәм оннын кейинги баларға «жөргек пулы» берилмейди.

💡Алдын, яғный 1-апрелге дейин «жөргек пулы» ҳәр бир туўылған балаға берилип келген.

💰«Жөргек пулы» муғдары мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 70,3%, яғный 738 мың 150 сум.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉
@Xaliq_ushin👈🏻
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
↗️↗️↗️↗️↗️
⚠️ Машина жанып кетпеўи ушын усы затларды ыссы күнлерде машинада қалдырмаң

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

Каналға ағза болың
👉
@Xaliq_ushin👈🏻
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❗️Балалардың креатив пикирлеў дәрежеси бойынша Өзбекстан ең соңғы орынларда екен

Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеми (Organisation for Economic Co-operation and Development) тәрепинен 15 жасар ер жетпегенлер арасында олардың креатив (дөретиўшилик) пикирлеў қәбилети дәрежесин үйрениў бойынша изертлеў өткерилген.

Изертлеў нәтийжелерине қарағанда дөретиўшилик қәбилети ең жоқары жаслар Сингапур, Корея, Канада, Австралия, Жаңа Зеландия, Эстония ҳәм Финляндияда жасайды екен. Олардың топлаған баллары орташа 36 баллды қураған. Сингапурда орташа 41 балл.

Ал ең төмен дөретиўшилик қәбилети Марокко (15 балл), Доминика Республикасы (15 балл), Филиппин (14 балл), Өзбекстан (14 балл), Албанияда (13 балл) екенлиги анықланған.

Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеми балалардың креатив пикирлеўи дегенде балалардың оригинал ҳәм түрли идеяларды генерация етиў (топлаў), баҳалаў ҳәм жетилистириў (раўажландырыў) қәбилетин нәзерде тутады.

П/С: Бул мәмлекетимизде мектеп билимлендириўи системасы балаларды тек "стандарт пикирлеўге" үйретип атырғанлығын билдиреди. Сонлықтан-да, Президент Ш.Мирзиёев сырт ел тәжирийбесин үйренген ҳалда бул тараўды еледе раўажландырыўға үлкен итибар қаратпақта.

💡Мағлыўмат ушын. Мына каналда балаларда креатив пикирлеўди раўажландырыў бойынша айырым жақсы кеңеслер берилипти – Толық

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

Қарекеңше ҳуқықый канал
👉 @xaliq_ushin
⛔️ Ертең Нөкис қаласының айырым көшелери ўақытша жабылады

❗️23-июнь күни төмендеги көшелерге ўақытша 3.1 «Кириў қадаған» жол белгилери орнатылады:

✔️саат 06:00 ден 09:00 ге шекем веломарафон өткерилиўине байланыслы Өзбекстан гүзарының Беруний ҳәм Амир Темур көшелериниң аралығы ҳәм И.Каримов көшесиниң А.Темур ҳәм Ата жолы көшелери аралығы;

✔️саат 17:00 ден 23:00 ге шекем “Pepsi Titan Regions Fest 2024” фестивалы өткерилиўине байланыслы И.Каримов көшесиниң Т.Қайыпбергенов ҳәм Н.Сараев көшелери аралығына.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

Қарекеңше ҳуқықый канал
👉 @xaliq_ushin