XALÍQ USHÍN ⚖️
52K subscribers
1.02K photos
192 videos
70 files
3.35K links
Соңғы нызамлар, қарарлар, ҳуқық тараўына байланыслы жаңалықлар

Хабарласыў: @trillion_uzb

Est. 10.04.2020.
Download Telegram
⚡️Енди оқыўшылар өзлериниң мектеби ушын керекли үскенени алыў яки мектепти оңлатыўға 50 млн сум утып алыўы мүмкин

📄 «Ашық бюджет» порталында «Мениң мектебим» жойбары иске түсириледи. «Өзбекстан-2030» стратегиясының «Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаға муўапық усы жылы таңлап алынған 14 райондағы 612 мектепте сынақ тәризинде «Мениң мектебим» жойбары өткериледи.

Бунда жойбар төмендеги басқышларда өткериледи:
◽️2024-жыл 18-27-декабрь күнлери – жойбарларды қәлиплестириў (10 күн);
◽️2025-жыл 2-11-январь күнлери – жойбарларды таңлап алыў (10 күн);
◽️2025-жыл 13-17-январь күнлери – даўыс бериў (5 күн).

❗️Бул жойбарда мектеплердиң 5-11-класс оқыўшылары қатнасыў имканиятына ийе болады.

💰«Мениң мектебим» жойбары шеңберинде оқыўшылар тәрепинен өзлери билим алып атырган мектепти үскенелеў ҳәм қурылыс-оңлаў жумыслары бойынша жойбарлар қәлиплестириледи ҳәм де оқыўшылар таңлаган (даўыс берген) жойбарлар қаржыландырылады. Жеңимпаз жойбарларды қаржыландырыў ушын ҳәр бир мектепке 50 миллион сумнан қаржы ажыратылады.

☝️Өз мектебиңиз ушын даўыс бериўде белсенди қатнасың!

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
⚡️2025-жылдан баслап шаңарақлық бағшаларға баратуғын кәмбағал шаңарақлардың балалары ушын төлемнен жеңиллик бериледи

Президент Ш.Мирзиёев басшылығында өткерилген жыйналыста Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрине 2025-жылы кәмбағаллық дәрежеси жоқары болған 1000 мәканда биреўден шаңарақлық бағшаларды шөлкемлестириў ўазыйпасы жүкленди.

☝️Сондай-ақ, кейинги жылдан баслап шаңарақлық бағшалардағы орынлардың 15 процентине кәмбағал шаңарақлардың балалары қабылланады ҳәм оларға бағша төлеминиң бир бөлеги қаплап бериледи.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️34 млрд сумлық криптоактивлер саўдасы менен шуғылланған 17 жасар жигит қолға алыныпты

Бухара ўәлаяты ишки ислер басқармасы хызметкерлери лицензия алмастан 2,6 млн долларлық криптоактивлердиң алды-саттысы менен шуғылланған жас өспиримди қолға алған.

Оған қарата Жынаят кодексиниң 278-8-статьясының 3-бөлими менен жынаят иси қозғатылып, дәслепки тергеў ҳәрекетлери басланған. Бул статьялар менен оған 3 жылдан 5 жылға шекем еркинен айырыў жазасы тайынланыўы мүмкин.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
❗️Ҳаял-қызлар 54 жаста пенсияға шығыўы мүмкин

«Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы Нызамның 12-1-статьясына бола, кеминде 20 жыллық жумыс стажына ийе болған ҳаял-қызлар 54 жаста пенсия алыў ҳуқықына ийе.

Бунда жумыс стажы усы Нызамның 37-статьясының “а”-“г”-киши бәнтлеринде көрсетилген стаждан ибарат болыўы керек.

💡Мағлыўмат ушын. Улыўма қағыйдаға муўапық, еркеклер 60 жаста 25 жыллық жумыс стажы менен, ҳаял-қызлар 55 жаста 20 жыллық жумыс стажы менен пенсияға шығыўы мүмкин.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️2025-жыл 1-апрелден электр энергиясы ҳәм газ тарифлери және көтериледи - Ж.Қучкаров

☝️Бирақ бул халыққа субсидия бериўди тоқтатыў ушын жетерли емес.

💰Демек, “свет” ҳәм газ тарифлери 2028-жылға шекем ҳәр жылы қымбатлап барады.

❗️2028-жылдан баслап тутыныўшыларға бул энергоресурслар өз баҳасында сатылып баслайды, яғный бир бөлегин мәмлекет тәрепинен қаплаў тоқтатылады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
⚡️Метан заправкаларға газ жеткерип бериў тоқтатылмайтуғын болыпты

Қарақалпақстандағы бир неше каналларда, сол қатарда Халық ушын каналында “Метан заправкаларға бүгин саат 15:00 ден баслап газ жеткерип бериў тоқтатылған” деген хабарлар жайластырылды.

Бул хабардың тийкарғы дереги “Ҳудудгаз Қарақалпақстан” ГТФ мәлимлеме хызметиниң рәсмий Телеграм каналы (https://t.iss.one/hududgaz_Pressa) еди.

Бул хабар рәсмий каналдан өширилгенлиги себепли барлық каналлардан алып тасланды.

Рәсмий каналдың хабар бериўинше, республика тутыныўшыларын тәбийий газ бенен тәмийнлеўши магистрал газ тармағында жүз берген авариялық жағдай сапластырылған.

Сонлықтан, Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы барлық автомобиллерге газ қуйыў компрессор шақапшаларына (метан заправкалар) газ жеткерип бериў бурынғысындай даўам еттириледи. Автомобиллерге газ қуйыў шақапшаларының жумысы тоқтатылмайды.

☝️Демек, рәсмий каналдан хабардың өширилгенлиги себеби усы екен
.

⚠️ Ҳүрметли “Ҳудудгаз Қарақалпақстан” ГТФ басшылары, илтимас, қарар қабыл етиў ҳәм оны жәмийетшиликке жәриялаўдан алдын “7 рет өлшеп бир кесиң”. Кейин сиз де сизге исенип хабарды тарқатқан жеке каналлар да өтирикши” атын алып жүрмейик. Газ мәселеси халық ушын ең биринши дәрежедеги актуал мәселе екенин де ядтан шығармайық!

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
❗️Қатарда жол ҳәрекети қағыйдасын бузған пуқараның машинасы жоқ қылып жиберилди

Қатар полициясы тәрепинен жолда “дрифт” қылған транспорт қуралы ҳәм оның басқарыўшысы қолға алынған.

Судтың қарары менен пуқараның қымбат баҳалы транспорт қуралы конфискация етилген (мәмлекет пайдасына алып қойылған) ҳәм арнаўлы техника арқалы жоқ қылынған.

Мағлыўмат ушын, Toyota Supra A90 машинасының (5-әўлад) базар баҳасы орташа 90-100 мың доллар турады.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
⚡️Мектеп ҳәм бағшаларда Жаңа жыл байрамын өткериге байланыслы көрсетпе хат

🔔 Постты мектеп ҳәм бағшаларға тарқатың

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
❗️Балалар напақасы ямаса материаллық жәрдем тайынлаўда кимлерден «биржа труд»та дизимнен өтиў яки өзин өзи бәнт етиў талап етилмейди?

🚫 Нызамшылық бойынша, бәнтликке көмеклесиў орайында («биржа труд») дизимнен өтпеген яки өзин өзи бәнт етпеген ағзасы болған шаңараққа балалар напақасы ямаса материаллық жәрдем тайынланбайды.

⚠️ Бирақ, бул талап жоқарыдағы дизимде көрсетилген пуқараларға тийисли емес, яғный бул дизимдеги пуқаралар балалар напақасын яки материаллық жәрдемди алыуы ушын бәнтликке көмеклесиў орайында дизимнен өтиўи, өзин өзи бәнт етиўи яки ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларда қатнасыўы шәрт емес.

☝️Мәселен, "Инсан" орайлары арза бериўшиниң шаңарағында усы дизимдеги шахслар болса, оларға "жумыссыз ретинде дизимнен өтпеген, өзин өзи бәнт етпеген, ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларда қатнаспаған" деген себеп пенен напақа яки материаллық жәрдем тайынлаўдан бас тартыўға хақылы емес.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
⚡️Tek 1 kún! 20-dekabr idea'da MEGA SHEGIRMELER:

❗️70% ARTEL 32" TV 159 000 47 700 sumnan
❗️70% Realme C30S (2/32) 179 000 53 700 sumnan
❗️70% TECNO Spark Go1 (3/64) 229 000 68 700 sumnan
❗️70% ARTEL Holodilnik (HD-276) 329 000 98 700 sumnan
❗️70% SAMSUNG 43" TV 389 000 116 700 sumnan
❗️70% HUAWEI Nova Y72 (8/256) 399 000
119 700 sumnan
❗️ 60% Redmi Note 13 (6/128) 299 000 119 600 sumnan
❗️ 60% LG Stiralka (6Kg) 495 667 198 267 sumnan
❗️— 50% ACER noutbuk 399 000 199 500 sumnan ayina*

*Asıǵıń, aksiya modelleriniń sanı sheklengen!

Maģlıwmat ushın:
71 230 77 99 

📍Mánzil: Nókis q, Mega Nukus, Ernazar Alakóz kóshesi, 60
📍Mánzil: Qońırat q, Mega Park, Tólegen Aybergenov kóshesi 1/A
📍Mánzil: Beruniy q,Shox Abbos Vali kóshesi (Beruniy Sawda orayi qarama-qarsı tárepi)

-70% SHEGIRMELER | Instagram | Do'konlarimiz
⚡️«Uzbekistan Airways» Ташкент-Нөкис-Ташкент жөнелиси бойынша 23-декабрден 7-январға шекем қосымша рейслер қойыпты

2024-жыл 23-декабрден баслап 2025-жыл 7-январға шекем Uzbekistan Airways авиакомпаниясы Ташкент-Нөкис-Ташкент жөнелиси бойынша қосымша 14 авиақатнаўды әмелге асырады. Соның менен бул рейстеги ушыў ўақытлары төмендегидей етип белгиленди:

➡️ Ташкент-Нөкис ҳәр күни саат 07:15, 13:00 ҳәм 20:00;
⬅️ Нөкис-Ташкент ҳәр күни саат 09:45, 15:30 ҳәм 22:30.

☝️Қосымша рейслер қосылғанның өзинде ҳәзирги ўақытта Ташкент-Нөкис жөнелисинде 23-29-декабрь аралығында тек 23,24,27,29-декабрь күнлери орын қалған болып, ең арзан билет 1 млн 754 мың сум екен. Ал Нөкис-Ташкент жөнелесинде усы аралықта ең арзан билет 674 833 сум.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM