XALÍQ USHÍN ⚖️
56.3K subscribers
1.06K photos
198 videos
73 files
3.41K links
Соңғы нызамлар, қарарлар, ҳуқық тараўына байланыслы жаңалықлар

Хабарласыў: @trillion_uzb

Est. 10.04.2020.
Download Telegram
⚡️Тек Қарақалпақстан ушын нызамшылықта белгиленген жеңилликлер ҳаққындағы постлар дайджести

🔸Қарақалпақстанда терек еккенлер ушын жер салығынан жеңиллик енгизиледи Постты көриў

🔸Оқыўшылары ең көп «Coursera» сертификатына ийе болған мектеплердиң информатика пәни оқытыўшылары материаллық хошаметленеди Постты көриў

🔸Қарақалпақстандағы 3 жулдызлы мийманханаларға ҳәр ханасы ушын мәмлекет 20 млн сумнан пул береди Постты көриў

🔸Нызамшылықта тек Қарақалпақстан ушын енгизилген айырым жеңилликлер Постты көриў

🔸Нызамшылықта тек Қарақалпақстан ушын енгизилген айырым жеңилликлер (2-дизим) Постты көриў

🔸Алыс аймақта ислеўши шыпакерлерге 2 млн сумлық үстеме төленеди Постты көриў

🔸Қарақалпақстан Республикасын комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған бир қатар илажлар белгиленди Постты көриў

🔸Қарақалпақстан Республиксы Министрлер Кеңесине айрықша ўәкилликлер берилди Постты көриў

🔸Қарақалпақстандағы исбилерменлер ушын айырым салықлар еки есеге кемейтириледи Постты көриў

🔔 Постты ҳәммеге тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
⚡️Кредитке алынған жайды 3 жылдың ишинде сатқан пуқарадан төлемеген салықлары толық өндирип алынады

Салық кодексиниң 378-статьясына тийкар, субсидия тийкарында кредитке жай сатып алған хәм жас шаңарақ ретинде жеңиллетирилген кредит алған пуқараның кредитти төлеўге қаратылған пулы дәрамат салығынан азат етиледи.

❗️Бирақ, 2023-жыл 1-январдан кейин ипотека кредити есабынан сатып алынған, қурылған яки реконструкция етилген турақ жайларға болған ҳуқықлар мәмлекетлик дизимнен өткерилген сәнеден баслап 36 айдың ишинде басқа шахсқа өткерилген (сатылған, саўға етилген) болса, салық жеңиллигиниң қолланылыўы салық жеңиллиги қолланылған улыўма дәўир ушын салықты төлеў миннетлемеси тикленген ҳалда бийкар етиледи.

☝️Яғный, дәрамат салығы бойынша жеңилликтен пайдаланып атырған пуқара ипотека кредити бойынша сатып алынған яки қурылған жайды 3 жылдың ишинде сатып жиберсе өткен дәўирде төленбеген (төлеўден азат етилген) барлық салықлар өндирип алынады.

💡Мысал ушын, пуқара 2023-жыл 1-август күни ипотека кредити тийкарында сатып алынған жай ушын субсидия алды. Ол сол күннен баслап кредитти жабыў ушын төлеген дәраматынан 12% лик салықты төлеўден азат етилди. Бирақ, пуқара қарызланып кредитти толық жаўып, жайды 2024-жыл 1-март күни сатып жиберди. Бундай жағдайда пуқара 2023-жыл 1-августтан 2024-жқл 1-мартқа шекем кредитти жабыўга жумсап атырган дараматынан төлемей киятырған дәрамат салығын мәмлекетке толық төлеп бериўи керек болады. Сондай-ақ, мәмлекет тәрепинен берилип атырған субсидия да тоқтатылады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
⚡️ 1-сентябрден айдаўшылар “ГАИ”диң штрафы бойынша онлайн шағым етиўи мүмкин болады

1-сентябрьден my.gov.uz порталы арқалы Жол ҳәрекети қағыйдалары бузылыўы бойынша шығарылған қарарлар ҳәм жиберилген хабарнамалар бойынша Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметине электрон тәртипте шағым етиў тәртиби енгизиледи.

📝 Жиберилген шағым арзалары жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети тәрепинен 10 жумыс күни ишинде қарап шығылады.

❗️Мүрәжат қарап шығылып атырған ўақыт даўамында жәрийма ушын белгиленген шегирме мүддети тоқтатып турылмайды.

Егер шағым орынлы деп табылса, жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети тәрепинен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 271-статьясына тийкарланып ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы жумыс жуўмақланды.

☝️Яғный, жәрийма қәте салынған болса, сол онлайн арза тийкарында жәрийма бийкарланады, бунда судқа берип отырыуға қәжет қалмайды. Егер бул жол менен де жәрийма бийкарланбаса, айдаўшы судқа шағым етиўи мүмкин.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
❗️Паспорт яки ID-картаны "залог"қа алған шахсқа 5 млн сумға шекем жәрийма салынады

☝️Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 223-3-статьясына көре, паспортты ямаса ID-картаны нызамға қайшы түрде алып қойыў яки паспорт ямаса ID-картаны гиреўге (залог) алыў лаўазымлы шахсларға БЕМның 10 есесинен (3,4 млн сум) 15 есесине (5,1 млн сум) шекем жәрийма салыўға себеп болады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
❗️Ҳаяллар 54 жаста пенсияға шығыўы мүмкин

«Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы Нызамның 12-1-статьясына бола, кеминде 20 жыллық жумыс стажына ийе болған ҳаяллар 54 жаста пенсия алыў ҳуқықына ийе.

Бунда жумыс стажы усы Нызамның 37-статьясының “а”-“г”-киши бәнтлеринде көрсетилген стаждан ибарат болыўы керек.

💡Мағлыўмат ушын. Улыўма қағыйдаға муўапық, еркеклер 60 жаста 25 жыллық жумыс стажы менен, ҳаяллар 55 жаста 20 жыллық жумыс стажы менен пенсияға шығыўы мүмкин.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
⚡️Балалар напақасын төлеўди тоқтатыў ҳәм тайынлаўды бийкарлаў тийкарлары көбейди

🔰Министрлер Кабинетиниң 10.11.2023-жылдағы қарарына көре, материаллық жәрдем яки балалар напақасын алып атырған шаңарақтың материаллық жағдайы жақсыланса, оған төленип атырған напақа кейинги айдан баслап тоқтатылады.

🖥 Бунда шаңарақтың материаллық жағдайы жақсыланыўы «Бирден бир реестр арқалы» автомат түрде тексерип барылады.

Егер тексериў нәтийжесинде төмендегилер анықланса, шаңарақтың материаллық жағдайы жақсыланған есапланады хәм напақа яки материаллық жәрдем тоқтатылады:

🔸дәраматы белгиленген суммадан (648 мың сум) асып кетсе;

🔸екинши турақ жай яки жер участкасын (сатып) алса;

🔸турақ емес жай (сатып) алса;

🔸ислеп шығарылғанына 12 жылдан көп болмаған жеңил автотранспорт, 15 жылдан аспаган жүк машинасы, автобус, микроавтобус, экскаватор, трактор, комбайн, тиркемелер, автокран хәм басқа қурылыс техникасын, сондай-ак, барлығы болып еки ҳәм оннан артық усындай транспорт қураллары хәм техникаларын (сатып) алған яки "доверенность" тийкарында пайдаланып атырған болса;

🔸банклердеги есап бетлеринде МҲТЕКМның бес есеси (5,2 млн сум) ҳәм оннан артық муғдардағы пулы болса;

🔸базар баҳасы МҲТЕКМның бес есеси (5,2 млн сум) ҳәм оннан артық сумманы қурайтуғын қымбат баҳалы қағазлар болса;

🔸шаңарақта жумыссызлық напақасын алатуғын адамлар болса.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
❗️Егер жәрийма салыў ҳаққындағы қарар үш айдың ишинде қағыйданы бузған пуқараға тапсырылмаса, пуқара жәрийманы төлемейди

🔰Жол ҳәрекети қағыйдаларының бузылыўы менен байланыслы ҳәкимшилик ислерди қарап шығыў тәртиби ҳаққындағы көрсетпениң 69-бәнтине көре, егер ҳәкимшилик жазаны қолланыў ҳаққындағы қарар шығарылған күннен баслап үш айдың ишинде орынлаўға қаратылмаған болса (қарар нусқасы ҳуқықбузарға тапсырылмаған, ҳуқықбузардың жумыс, жасаў орнына ямаса мәмлекетлик орынлаўшыға жиберилмеген болса ҳ.т.б.), бул қарар орынланбайды.

⚠️ Бул жағдай бойынша хызмет тексериўи өткериледи ҳәм айыплы лаўазымлы шахсқа интизамлық жаза қолланылады.

☝️Демек, жәрийма салыў ҳаққындағы қарар үш айдың ишинде қағыйданы бузған пуқараға тапсырылмаған болса, пуқара ол жәрийманы төлемейди.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
Мектеплерде_сабақ_бөлистириу_тәртиби_@xaliq_ushin_каналын_бақлап.pdf
5.3 MB
❗️Мектеплер ушын қолланба!

☝️Мектеплерде оқытыўшыларға сабақларды бөлистириўдиң тәртиби.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Олимпиада ойынларының жеңимпазлары нелер менен сыйлықланатуғынлығы мәлим болды

🥇Д.Келдиёрова ─ $200.000 ─ Tahoe
🥇У.Рашитов ─ $200.000 ─ Tahoe
🥇Ҳ.Дўсматов ─ $200.000 ─ Tahoe
🥇А.Мўйдинхўжаев ─ $200.000 ─ Tahoe
🥇Л.Муллажонов ─ $200.000 ─ Tahoe
🥇Р.Жамалов ─ $200.000 ─ Tahoe
🥇А.Ҳалаков ─ $200.000 ─ Tahoe
🥇Б.Жалолов ─ $200.000 ─ Tahoe
🥈А.Жўраев ─ $100.000 ─ BYD Champion
🥈С.Осипова ─ $100.000 ─ BYD Champion
🥉М.Тўрабоев ─ $50.000 ─ BYD Champion
🥉А.Юсупов ─ $50.000 ─ BYD Champion
🥉Ғ.Абдуллаев ─ $50.000 ─ BYD Champion

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
⚡️Қуяш панелин орнатқанларға жер ҳәм мал-мүлк салығы бойынша жеңиллик қосымша шәртлерсиз берилиўи мүмкин

❗️Президент селектор жыйналысында Салық комитетине қуяш панелин орнатқаны ушын жер ҳәм мал-мүлк салығы бойынша жеңилликти қолланыўдағы шеклеўлерди алып таслаў ўазыйпасын жүкледи.

Ҳәзирги күнде Салық кодексине тийкар энергия ресурсларынан толық үзилген ҳалда қуяш панеллеринен пайдаланып атырған турақ жай ийелери қуяш панеллери орнатылған күннен баслап 3 жыл мүддетке жер ҳәм мал-мүлк салығын төлеўден азат етилген.

☝️Президентимиз тәрепинен усы жеңилликлерди қолланыўдағы шеклеўлер дегенде энергия ресурсларынан толық үзилген ҳалда пайдаланыў ҳәм жеңилликтиң мүддети нәзерде тутылған болыўы мүмкин.

⚠️ Бул маселеде Салық кодексине тийисли өзгерислер киргизилгенде каналымызда толық мағлыўмат бериледи.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
⚡️Айлық, пенсия хәм напақалар көтериледи

❗️Президенттиң Пәрманына тийкар, 2024-жыл 1-сентябрьден баслап пенсиялар ҳәм напақалардың муғдары 15% ке көбейеди. Бунда:

пенсияны есаплаўдың базалық муғдары – айына 428 000 сум;

жасқа байланыслы ең кем пенсия муғдары – айына 834 000 сум;

майыплық пенсияларының ең аз муғдары – айына 920 000 сум етип белгиленди.

❗️1-октябрьден баслап:

бюджет шөлкемлеринде ислейтуғын медицина хызметкерлери, сондай-ақ, мектепке шекемги, улыўма билимлендириў, орта арнаўлы, профессионал ҳәм мектептен тысқары билимлендириў мәкемелери ҳәм шөлкемлери, "Мүриўбет" интернат үйлери, балалар ҳәм меҳрийбанлық үйлери, балалар санаторийларында ислейтуғын педагог хызметкерлердиң мийнет ҳақысы муғдары - 15% ке арттырылды;

бюджет шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақы муғдары - 10% ке көбейеди, усы бәнттиң екинши абзацында нәзерде тутылған хызметкерлер буған кирмейди;

мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары - айына 1 155 000 сум;

базалық есаплаў муғдары - 375 000 сум етип белгиленди.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
⚡️1-октябрден баслап жәриймалар муғдарлары да көтериледи

❗️2024-жыл 1-октябрден баслап жол ҳәрекети қәўипсизлиги менен байланыслы айырым “нарушение”лер ушын жәриймалар муғдарлары төмендеги муғдарларда қолланылады:

Ремень” тақпаў - 187500 сум;
Тех осмотр”, “аптечка” жоқ - 187500 сум;
Без документ” басқарыў - 375000 сум;
Без страховки” басқарыў - 375000 сум;
Красный”дан өтиў - 750000 сум;
“Х” знакқа парковка - 750000 сум;
Без номер” басқарыў- 1,8 млн сум;
Тезлик (+20 км/саат) - 375000 сум;
Тезлик (+20-40 км/саат) - 1,8 млн сум;
Тезлик (+40+ км/саат) - 3,3 млн сум;
Встречный”дан басқарыў - 3,7 млн сум;
Мәс халда басқарыў - 9,3 млн ҳәм 3 жылға шекем “лишён”;
Руқсатсыз бояў - 9,3 млн сум.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Октябрь айынан баслап педагоглардың көбейген айлығы қанша болады?

Кеше Президенттиң Пәрманы менен 1-октябрден баслап билимлендириў мәкемелериниң хызметкерлериниң айлығы 15% ке көтерилди.

💰Оған көре, октябрь айынан баслап педагоглар 1 ставка сабақ ушын категориялар бойынша төмендеги муғдарларда айлық алады:

▪️Жоқары категория - 4 674 594 сум (⬆️ 609 729 сум);

▪️Биринши категория 4 230 138 сум (⬆️ 551 757 сум);

▪️Екинши категория3 796 213 сум (⬆️ 495 158 сум);

▪️Қәниге3 390 824 сум (⬆️ 442 281 сум);

▪️Орта арнаўлы қәниге3 169 623 сум (⬆️ 413 429 сум).

☝️ Бул сумма тек “начисление” болып, оннан 12% дәрамат салығы хәм 1% кәсиплик аўқамға төленетуғын пулды (егер кәсиплик ауқамға ағза болса) алып тасланса қолына тийетуғыны шығады. Сондай-ақ, бул суммаға түрли үстемелер, класс басшылығы, дәптер тексериў ҳәм басқа қосымша төлемлер қосылмаған.

🔔 Постты педагогларға тарқатың.


📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
⚡️Балаларымыздың «Президент саўғалары» барлық районларға жетип барды!

Жақында мектепке биринши қәдемин қойып атырған оқыўшылар мәмлекетимиз басшысынан саўғаларын қабыл еткен ҳалда дәслепки сабақларын баслайды.

☝️Қарақалпақстан Республикасында жаңа 2024/2025-оқыў жылында 723 улыўма орта билим бериў мектебине 37 мың 975 оқыўшы қабыл етилиўи күтилмекте.

Бүгин Республикамыздың барлық аймақларына 12 атамадан ибарат «Президент саўғасы» жиберилди.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
❗️Ташкенттеги «Северный Вокзал» 16-августтан ислеп баслайды

Техникалық жумыслар әмелге асырылыўы себепли Ташкенттеги Орайлық темир жол вокзалы (Северный вокзал) ўақытша жабылып, барлық жолаўшы тасыўшы поездлар Қубла темир жол вокзалынан (Южный вокзал) жүрип атыр еди.

☝️Енди 16-августтан баслап:

🚆«Северный вокзал» арқалы – Afrosiyob, Sharq ҳәм Nasaf, барлық жергиликли жөнелистеги ҳәм Ташкент-Волгоград-Ташкент поездлары;

🚆 «Южный вокзал» арқалы – Ходжикент, Гүлистан, Ангрен, Хаваст, Бекабад жөнелсилери бойынша поездлар жүреди.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
⚡️10 мыңнан артық ағзасы бар блогерлер өзлери ҳаққындағы мағлыўматты мәмлекетлик органға бермесе, блокланады

❗️В.Путин тәрепинен қол қойылған Россия Федерациясының жаңа Нызамына тийкар, 2024-жыл 1-ноябрден баслап мессенджерлердеги (Фейсбук, Телеграм, Инстаграм ҳ.т.б.) ағзалары (подписчиклери) саны 10 мыңнан зыят каналлар ийелери өзлери ҳаққындағы барлық мағлыўматты Роскомнадзорға бериўи керек.

☝️Бул талаплар орынланбаған жағдайда:

сол каналлар реклама яки коммерциялық усынысларды жайластыра алмайды;
бундай каналлардың постларын репост етиў қадаған етиледи;
социаллық тармақлар ийелери бундай каналларды блоклап қояды.

🚫Сондай-ақ, мессенджерлер ийелери оның пайдаланыўшыларына таныс емес адамлар жазыўын шеклеўи шәрт. Және олар мәмлекетлик уйымларға пайдаланыўшылар ҳаққындағы мағлыўматты бериўи керек.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
⚡️1-сентябрден баслап ғаррылық напақасы, бағыўшысын жоғалтқанларға берилетуғын ҳәм басқа түрдеги напақалар хәм пенсиялар да көтериледи

❗️Президенттиң 12.08.2024-жылдағы ПП-108-санлы Пәрманына тийкар:

▫️Жумыс стажы толық болмаған жағдайда майыплық пенсиясының ең кем муғдары – 920000 сум

▫️Мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын майыплық напақасы ҳәм балалықтан майыплығы болған шахсларға берилетуғын напақа муғдары – 920000 сум

▫️1941-1945-жыллардағы урыс қатнасыўшысы, концлагерлердиң ер жетпеген бурынғы тутқынлары, Ленинград қамалы ўақтында ислеген шахслардың ең кем пенсия муғдары үстемелерди қосқан ҳалда – 4056000 сум

▫️Белгиленген жасқа байланыслы ең кем пенсия муғдарынан (834 мың сумнан) 920000 сумға шекем пенсия алыўшылардың жасқа байланыслы пенсиясы муғдары – 920000 сум

▫️Зәрүр жумыс стажына ийе болмаған кексе жастағы пуқараларға берилетуғын напақа муғдары – айына 7450000 сум;

▫️Жумыс стажы толық болмағанда жасқа байланыслы пенсияның ең аз муғдары қосымша төлемди есапқа алған ҳалда – айына 745000 сум;

▫️Өзгелер күтимине мүтәж майыплығы болған 18 жасқа шекемги балаларға қараў менен бәнт болған баланың ата-анасына (нызамлы ўәкилине) берилетуғын напақа муғдары – айына 745000 сум;

▫️Бағыўшысын жоғалтқаны ушын берилетуғын напақаны алыўшылардың бир мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын напақа муғдары – айына 745000 сум етип белгиленеди ҳәм кейинги ҳәр бир мийнетке жарамсыз ағзасы ушын 244000 сум қосылады;

▫️Бағыўшысын жоғалтқаны ушын берилетуғын пенсия алыўшылардың бир мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын пенсияның ең кем муғдары — айына 745000 сум етип белгиленди.

💡Бул напақа ҳәм пенсиялардың алдынғы муғдарлары ҳаққында мына силтеме арқалы мағлыўмат алыўыңыз мүмкин.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
⚡️ Мектептиң директорлары ҳәм басқа хызметкерлери октябрден баслап қанша айлық алады?

Президенттиң Пәрманына көре мектеп директорлары ҳәм хызметкерлери октябрден баслап төмендеги муғдарларда айлық алады:

🔸Мектеп директоры:
• 4 млн 696 мың 805 сум (400 оқыўшыға шекем);
• 5 млн 015 мың 054 сум (401-880 оқыўшы);
• 5 млн 317 мың 901 сум (881-1600 оқыўшы);
• 5 млн 625 мың 394 сум (1600дан артық);

🔸Директор орынбасарлары: (хожалық ислеринен басқа)
• 4 млн 386 мың 677 сум (400 оқыўшыға шекем);
• 4 млн 696 мың 805 сум (401-880 оқыўшы);
• 5 млн 015 мың 054 сум (881 -1600 оқыўшы);
• 5 млн 317 мың 901 сум (1600дан артық);

🔸Директордың хожалық ислери бойынша орынбасары:
• 1 млн 779 мың 871 сум (400 оқыўшыға шекем);
• 2 млн 030 мың 275 сум (401-880 оқыўшы);
• 2 млн 111 мың 025 сум (881 -1600 оқыўшы);
• 2 млн 286 мың 447 сум (1600дан артық);

🔹ЖШШТ баслығы:
• Қәниге – 3 млн 390 мың 824 сум;
• Екинши категориялы – 3 млн 796 мың 213 сум;
• Биринши категориялы – 4 млн 230 мың 138 сум;
• Жоқары категориялы – 4 млн 674 мың 594 сум;

🔹Психологлар:
• Жоқары мағлыўматлы – 3 млн 051 мың 742 сум;
• Екинши категориялы – 3 млн 268 мың 047 сум;
• Биринши категориялы – 3 млн 489 мың 865 сум;
• Жоқары категориялы – 3 млн 702 мың 280 сум;

🔹Мектеп лаборанты: 1 млн 604 мың 647 сум;

🔹Кадрлар бойынша менеджер: 1 млн 598 мың 520 сум;

🔹Китапхана баслығы:
• Орта арнаўлы мағлыўматлы – 2 млн 135 мың 861 сум;
• Жоқары мағлыўматлы – 2 млн 330 мың 402 сум;

🔹Китапханашы:
• Орта арнаўлы мағлыўматлы – 1 млн 852 мың 107 сум;
• Жоқары мағлыўматлы – 1 млн 949 мың 589 сум.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар