XALÍQ USHÍN ⚖️
63.9K subscribers
1.11K photos
198 videos
73 files
3.43K links
Соңғы нызамлар, қарарлар, ҳуқық тараўына байланыслы жаңалықлар

Хабарласыў: @trillion_uzb

Est. 10.04.2020.
Download Telegram
⛔️ Ертең Нөкис қаласының айырым көшелери ўақытша жабылады

❗️23-июнь күни төмендеги көшелерге ўақытша 3.1 «Кириў қадаған» жол белгилери орнатылады:

✔️саат 06:00 ден 09:00 ге шекем веломарафон өткерилиўине байланыслы Өзбекстан гүзарының Беруний ҳәм Амир Темур көшелериниң аралығы ҳәм И.Каримов көшесиниң А.Темур ҳәм Ата жолы көшелери аралығы;

✔️саат 17:00 ден 23:00 ге шекем “Pepsi Titan Regions Fest 2024” фестивалы өткерилиўине байланыслы И.Каримов көшесиниң Т.Қайыпбергенов ҳәм Н.Сараев көшелери аралығына.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

Қарекеңше ҳуқықый канал
👉 @xaliq_ushin
❗️«Мәҳәлле жетилиги»ниң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм оларды әмелге асырыў механизмлери

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉
@Xaliq_ushin👈🏻
❗️Сенсациялық қарар!

⚡️Хожелиде бир дегенде өзбасымша қурылған 7466 турақ жайға мүлк ҳуқықын бериў бойынша қарар қабыл етилген.

Президенттиң ПП-119-санлы Пәрманы менен Қарақаплақстан ушын берилген айрықша жеңиллик, яғный пуқаралардың өзбасымша қурған жайларына ҳүжжет алыў ҳуқықын берилген еди. Бул Пәраман бойынша жумыслар дым асте кетип атырғанлығын сынға алып едик.

📑 Соның нәтийжесиме, Хожели районы хәкими Ж.Ермашев бир қарар менен “сразу” 7466 турақ жайға мүлк ҳуқықын бериў мәселесин шешип таслапты!

☝🏻Бундай қарар еле ҳеш бир районда болмаған!

П/с: Бул цифралар ырас болса, ҳәкимге тек барекелла деймиз!

Әйтеўир “233” санының алдына
“7” алжасып түсип кеткен болмасын және 🧐

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.


Қарекеңше ҳуқықый канал
👉 @xaliq_ushin
МКҚ_334_санлы_@xaliq_ushin_–_Сизиң_ҳуқықларыңызды_түсиндириўши_канал.pdf
1.6 MB
❗️Буннан былай «Мәҳәлле жетилиги» ағзалары ҳәр шеректе сол аймақ пуқараларының алдында ислеген жумыслары бойынша «отчет» тапсырады

Ҳүкиметтиң 13.06.2024-жылдағы 334-санлы қарары менен «Мәҳәлле жетилиги» ағзалары тәрепинен әмелге асырылған жумыслар бойынша мәкан пуқаралар жыйыны алдында есап бериў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланған.

🗓 Режеге тийкар, мәҳәлле баслығы, ҳәким жәрдемшиси, жаслар жетекшиси, ҳаял-қызлар белсендиси, профилактика инспекторы, социаллық хызметкер ҳәм салық инспекторы ҳәр шеректе кейинги айдың 10-сәнесине шекем сол аймақ пуқараларының алдында ислеген жумыслары бойынша есап береди.

🗂 Есап пенен бир қатарда «Мәҳәлле жетилиги» ағзалары өзлериниң кейинги шеректе әмелге асыратуғын жумыслары ҳаққында да мағлыўмат береди.

☝️Режениң толық тексти бириктирилген файлда.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉
@Xaliq_ushin👈🏻
Мал-мүлк салығын кимлер төлемейди?

🔰 Мал-мүлк салығы бойынша жеңиллик толық ямаса мүлктиң бир бөлегине қолланылады.

Салық кодексине муўапық, төмендеги пуқаралар мал-мүлк салығын төлемейди:

1️⃣ «Өзбекстан Қаҳарманы», Совет Аўқамы Қаҳарманы, Мийнет Қаҳарманы атақларына ийе болған, үш дәрежедеги Шухрат ордени менен сыйлықланған пуқаралар (салық жеңиллиги атақлардың гүўалығы, дәптершеси ямаса қорғаныў бөлиминиң мағлыўматнамасы тийкарында бериледи);

2️⃣ урыс майыплары ҳәм қатнасыўшылары, сондай-ақ оларға теңлестирилген шахслар (салық жеңиллиги урыс қатнасыўшысының (майыбының) гүўалығы ямаса қорғаныў бөлиминиң яки басқа ўәкилликли уымның мағлыўматнамасы тийкарында бериледи);

3️⃣ бурынғы СССРды, Өзбекстан Республикасын қорғаў ямаса әскерий хызметтиң яки ишки ислер уйымларындағы ҳәм Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясындағы хызметтиң басқа миннетлемелерин орынлаў ўақтында жараланғанлығы, контузия ямаса майып болғанлығы ақыбетинде яки фронтта болғанлығы менен байланыслы кеселлиги себепли қайтыс болған әскерий хызметшилердиң ҳәм ишки ислер уйымлары және Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы хызметкерлериниң ата-аналары ҳәм өмирлик жолдаслары (жеңиллик тийисли штамп қойылған ямаса пенсия гүўалығын берген мәкеме баслығының қолы ҳәм мөри менен тастыйықланған пенсия гүўалығы).

4️⃣ энергия ресурсларынан толық үзилген ҳалда қуяш панеллеринен пайдаланып атырған турақ жай ийелери қуяш панеллери орнатылған күннен баслап 3 жыл мүддетке (бул жеңиллик энергия жеткерип бериўши кәрхананың мағлыўматнамасы тийкарында бериледи);

5️⃣ жетим балалар ҳым ата-ана қарамағынан айырылған балалар. Бул жеңиллик усы балаларға мәмлекет тәрепинен берилген турақ жайлар ушын олар 23 жасқа толғанға шекем бериледи.

❗️Төмендеги пуқаралардың бир дана мал-мүлкиниң тек 60 кв.м. бөлегине мал-мүлк салығын төлемейди, яғный олардың мал-мүлкиниң 60 кв.м.ден артық бөлегине салық салынады:

🔸 10 ҳәм оннан артық балалары бар ата-аналарың бириниң мүлкине (бул жеңиллик пуқаралар жыйынының (мәканкомның) балалары барлығын тастыйықлаўшы мағлыўматнамасы тийкарында бериледи);

🔸 пенсионерлердиң (бул жеңиллик пенсия гүўалығы тийкарында бериледи);

🔸 I ҳәм II топар майыплығы болған шахслардың (бул жеңиллик пенсия гүўалығы ямаса медициналық-мийнет эксепрт комиссиясының (ВТЭК) мағлыўматнамасы тийкарында бериледи);

🗂 Усы статьяда көрсетилген шахслар салық жеңиллигинен пайдаланыўы ушын жеңилликке болған ҳуқықты тастыйықлаўшы ҳүжжетти мал-мүлк жайласқан жердеги салық уйымына тапсырыўы лазым.

☝️ Усы статьяда белгиленген салық жеңиллиги пуқараның сайлаўына қарап тек ғана бир дана мүлкине қолланылады. Бул шеклеў энергия ресурсларынан толық үзилип қуяш панеллеринен пайдаланып атырған турақ жайларға тәсир етпейди, яғный пуқара неше жайға қуяш панелин орнатқан болса да барлығына салық жеңиллиги қолланылады.

🗓 Салық жылына тең муғдарда екиге бөлип 15-апрелге ҳәм 15-октябрге шекем төлениўи керек.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉
@Xaliq_ushin👈🏻
❗️Пуқараның пластигине бир айда 170 млн сумнан зыят пул түскенде банк бул хаққында Прокуратура департаментине хабар береди

🔰Нызамшылыққа көре, пуқараның банк картасына бир ўақытта ямаса көп мәрте 30 күннен артық болмаған ўақыт даўамында БЕМның 500 есесине (170 млн сум) тең ямаса оннан артық пул бир яки бир неше банк карталарынан ямаса электрон кошелёктан келип түскенде бул гүманлы операциялар деп есапланады.

📑 Хүкиметтиң 29.06.2021-жылдағы 402-санлы қарарына тийкар, бундай операциялар хаққындағы мағлыўмат банктың Ишки қадағалаў хызмети тәрепинен Прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментине бериледи.

🔔 Жақынларыңызға тарқатың.

📨
Юристке сораў бериў

Қарекеңше ҳуқықый канал
👉 @xaliq_ushin
❗️Көше бийлерин ҳәм “домком”ларды сайлаў тәртиби тастыйықланды

🔰Министрлер Кабинетиниң қарары менен Көше бийлери хәм үй бийлериниң жумысын шөлкемлестириў тәртиби ҳаққындағы үлги реже тастыйықланды.

🙋🏻‍♂️ Бул режеге тийкар, бийлер сол аймақта турақлы ямаса ўақытша жасаўшы пуқаралардың пуқаралар жыйыны баслығы басшылығындағы жыйналыста ашық даўыс бериў жолы менен сайланады.

📣 Сайлаўға талабанлар ҳәм сайлаў ўақты ҳаққында сол аймақтың пуқараларына сайлаў күнине кеминде 5 күн қалғанда хабар бериледи.

Сайлаўда қатнасыўшылардың ярымнан көбиниң даўысын топлаған талабан бий етип сайланған есапланады.

Бийлер 5 жыллық мүддетке сайланады.

💰Бийлердиң жумысын хошаметлеў төмендеги формаларда әмелге асырылады:

Министрлер Кабинетиниң 23.02.2021-жылдағы қарарға тийкар коммунал төлемлер бойынша компенсациялар бериў;

ҳәкимликлер ҳәм мәкан пуқаралар жыйыны баслықлары белсенди бийлерге пул сыйлықлары ҳәм естелик саўғаларын бериўи, мәмлекетлик сыйлықларға усыныўы мүмкин.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉
@Xaliq_ushin👈🏻
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
⚡️1-июлдан баслап онкологиялық, гематологиялық ҳәм иммунологиялық кеселликлерге шатылған айырым жаслар бийпул емленеди

Президенттиң 21.05.2024-жылдағы ПҚ-183-санлы қарарына тийкар, Онкологиялық ҳәм гематологиялық кеселликлерге шатылған балаларды саламатластырыўға көмеклесиў қоры шөлкемлестирилди.

❗️Қарарға бола, 2024-жылдың 1-июлынан баслап онкологиялық, гематологиялық ҳәм иммунологиялық кеселликлерге шатылған 18 жастан 21 жасқа шекемги (21 жас та киреди) наўқаслар белгиленген медицина орайларының балалар гематологиясы ҳәм онкологиясы бөлимлеринде, сондай-ақ, олар ер жеткенше усы кеселлик бойынша медициналық жәрдем көрсеткен басқа шөлкемлерде бийпул емлениўин даўам еттиреди.

🔔 Жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉
@Xaliq_ushin
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Ертең ЖООна ҳүжжет тапсырыўдың соңғы күни

⚠️ 25-июнь - жоқары ҳәм профессионал оқыў орынларына абитуриентлерди дизимге алыўдың соңғы күни болып, сол күни саат 23:59 да дизимнен өтиў толық жуўмақланады.

❗️Соңғы күнди күтпең! Тест сынағы ушын төлемди ўақтында әмелге асырың! Дизимнен өтиўде пәнлер комплекси (пәнлер избе-излигин есапқа алған ҳалда), тәлим тили ҳәм тест тапсырыў аймағын таңлаўда итибарлы болың.

☝️25-июнь күни саат 23:59 ға шекем барлық мағлыўматларыңызды өзгертиўиңиз мүмкин (төлем етилген болса да). Бирақ қабыллаў жуўмақланғаннан кейин мағлыўматларыңызды өзгерте алмайсыз.

🖥 Дизимнен өтиў ушын сайт: https://my.uzbmb.uz

▶️ Дизимнен өтиў бойынша видеоқолланба: https://t.iss.one/uztdi/8484

🔔 Абитуриентлерге тарқатың.

Каналға ағза болың
👉
@Xaliq_ushin
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❗️Бажыхана комитети баслығы өзгерди

Бажыхана хызмети полковниги Турдалиев Зафаржон Тохиржонович – Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы Бажыхана комитетиниң Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы баслығы лаўазымына тайынланды.

З.Турдалиев мийнет жолы даўамында бажыхана тараўындағы бир қатар жуўапкершиликли лаўазымларда, тайынлаўға шекем Қашқадәрья ўәлаяты Бажыхана басқармасы баслығы лаўазымында жумыс алып барған.

Алдын бул лаўазымда 2022-жылдан бери Казаков Илхомбек Базарбаевич ислеп киятыр еди.

Каналға ағза болың
👉
@Xaliq_ushin
Кимлер пенсияға еки жыл алдын шыға алады?

“Мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында”ғы Нызамның 14-статьясына бола, технологиядағы, ислеп шығарыў ҳәм мийнетти шөлкемлестириўдеги өзгерислер, хызметкерлер санының (штатының) өзгериўине ямаса жумыс қәсийетиниң өзгериўине алып келген жумыс көлеминиң қысқарғанлығы ямаса кәрхананың сапластырылғанлығы себепли жумыстан босатылған ҳәм жумыссыз деп тән алынған пуқаралар:

🔸еркеклер
58 жасқа толғанда ҳәм жумыс стажы кеминде 25 жыл болғанда;
🔸ҳаяллар53 жасқа толғанда ҳәм жумыс стажы кеминде 20 жыл болғанда.

❗️Яғный, пенсия жасынан еки жыл бурын пенсияға шығыў ушын кәрханада штатлар қысқарса ямаса кәрхана улыўма жабылса, мийнет стажы кеминде еркеклер ушын 25 жыл ҳаяллар ушын 20 жыл болыўы керек.

🔰 Бундай жағдайда ертерек пенсияға шығыў ушын не ислеў керек?

1. Хызметкер “сокращение”ге түскен күннен баслап 30 күнниң ишинде бәнтликке көмеклесиў орайына (биржа труда) барып жумыс излеўши ретинде дизимнен өтеди.

2. Бәнтликке көмеклесиў орайы бул пуқараға 3 айдың ишинде еки мәрте туўры келетуғын жумысты усыныс етеди. Туўры келетуғын жумыс - бул хызметкердиң қәнигелигине, ден саўлығына туўры келетуғын, жасаў жерине узақ болмаған жумыс.

3. Туўры келетуғын жумыс табылмаса, бул пуқара жумыссыз деп дизимге алынады ҳәм тийисли формадағы усынысты 5 күнниң ишинде Пенсия қорына жибереди.

4. Пенсия қоры усы усыныс тийкарында пуқараға ўақтынан бурын пенсия тайынлайды.

☝️Егер пуқара жумыс ислеп атырған болса, ўақтынан бурын тайынланған пенсия пуқара улыўма пенсия жасына (еркеклер 60 жасқа, ҳаяллар 55 жасқа) толғанға шекем төленбейди.

🔔 Постты ҳәммеге тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉
@Xaliq_ushin👈🏻
⚠️ Хожелиниң «сенсациялық қарары»нда қәте бар екен

Кеше жәриялаған постымызда Халық депутатлар Хожели районы кеңесиниң 20.06.2024-жылдағы VI-86-105-13-191-K/24-санлы қарары менен бир дегенде 7466 дана өзбасымша қурылған турақ жайға ҳүжжетлестириў ҳуқықы берилиўи ҳаққында үлкен қуўаныш пенен жазып едик.

Бирақ, тилекке қарсы қарардағы техникалық қәте себепли «7233» саны негизи «233» екен, алдына «7» түсип кетипти.

Министрлер Кеңеси баспа сөз хызмети баслығының (Б.Хожанов) билдириўинше, бул қарарды дүзетиў бойынша илажлар көрилип атыр. Оператив реакция ҳәм мәселеге айдынлық киргзени ушын оған миннетдаршылығымызды билдиремиз.

Лекин, қарарды «жасырып» таслағаны ушын оның дүзетилгенин биле алмайтуғын қусаймыз. Қарар e-qaror.uz системасында «жасырын» формаға өткерилипти (қарардың санларына итибар бериң).

Қарардың жасырын формаға түсирилгени бир тәрептен дурыс, себеби пуқаралардың мағлыўматлары көрсетилген қарар жабық болыўы керек, бирақ екинши тәрептен Хожели районы ҳәкимлиги тәрепинен бул қәте бойынша ҳеш қандай реакция билдирилмегенлиги олардың мәселеге бийпәрўалығының бир белгиси.

☝️Халықтың мәпине байланыслы ҳәр қандай мәселеге оператив мүнәсибет билдириў – дәўир талабы!

Қарекеңше ҳуқықый канал
👉 @xaliq_ushin
⚡️2024-жыл 1-июлдан баслап юридикалық шахслар свет ҳәм газ ушын төлемлерди 100% алдын ала төлейди

❗️Министрлер Кабинетиниң қарарына тийкар, 2024-жыл 1-июлдан баслап юридикалық шахсларға (мәкеме, кәрхана, фирма, шөлкемлерге) жеткерип берилетуғын электр энергиясы ҳәм тәбийий газ ушын төлемлер 100% алдын ала әмелге асырылады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

Қарекеңше ҳуқықый канал
👉 @xaliq_ushin
💰Пенсияға шыққаннан кейин ислеген дәўир ушын пенсияға пул қосыла ма?

Нызамшылыққа көре, жасқа байланыслы пенсия тайынланғаннан кейин исленген ўақыт пенсияны есаплап шығарыў ушын стажға қосып есапланбайды.

❗️Яғный, пуқара жасқа байланыслы пенсияға шыққаннан кейин жумыс ислеген жағдайда ол дәўир ушын оның пенсиясына пул қосылмайды.

💡Мағлыўмат ушын. Майыплық пенсиясын алыўшылардың пенсиясына жумыс стажына қарап қосымша пул қосылады - Толық оқыў.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

Қарекеңше ҳуқықый канал
👉 @xaliq_ushin