XALÍQ USHÍN ⚖️
69.2K subscribers
1.47K photos
313 videos
76 files
4.02K links
Соңғы нызамлар, қарарлар, ҳуқық тараўына байланыслы жаңалықлар
Хабарласыў: @advocatesbusiness

Est. 10.04.2020.
Download Telegram
⚡️Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер сыртқы дереклерден 33 млн сумнан артық пулды әдиллик уйымы менен келискен ҳалда алыўы шәрт

Министрлер Кабинетиниң 04.10.2023-жылдағы 527-санлы қарары менен тастыйықланған режеге тийкар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер сыртқы дереклерден улыўма суммасы бир календарь жылда БЕМның 100 есесинен (33 млн сумнан) артық болған қаржыны ҳәм мал-мүлкти алыўды дизимнен өткериўши уйым (әдиллик уйымлары) менен келиседи.

🗓 Бунда бир календарь жылда алынатуғын пул қаржылары ҳәм мал-мүлктиң улыўма суммасына қойылатуғын талап, қағыйда ретинде, ҳәр бир сыртқы дерек бойынша айрықша қолланылады.

📌 Сыртқы дерек – сырт ел мәмлекетлери, халықаралық ҳәм сырт ел шөлкемлери, сырт ел пуқаралары ямаса олардың тапсырмасына муўапық басқа шахслар есапланады.

⚠️ Сыртқы деректен пул қаржыларын ямаса мал-мүлкти әдиллик уйымлары менен келиспестен алыў мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң лаўазымлы шахсына 4,9 млн сумнан 9,9 млн сумға шекем жәрийма салыўға себеп болады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

Каналға ағза болың
👉 @Xaliq_ushin
Енди бақшаға жолламаны алыў ушын "бир айнаға" барыў шәрт емес.

✔️ Усы ўақытқа шекем бақшаға жоллама алыў ушын бир айна (Мәмлекетлик хызметлери орайы) арқалы арза берген болсаңыз, жолламаны да сол жерден барып алыўыңыз керек еди.

📩 Енди бақшаға нәўбет келгенде пуқараға СМС хабар арқалы арза номери ҳәм жасырын код жибериледи. Бул жасырын код пенен туўрыдан-туўры бақшаға барып бақша баслығына кодты айтсаңыз, балаңыз бақшаға қабыл етиледи.

⚠️ Жолламаны тастыйықлаўшы жасырын код бақша баслығына айтылмағанынша ол жолламаны қолға киргизе алмайды ҳәм бул коррупция жағдайларының алдын алады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

Каналға ағза болың
👉 @Xaliq_ushin
🔰 “Өзбекстан – 2030” стратегиясы менен енгизилиўи белгиленген жаңалықлар (87-мақсет)

Стратегия менен төмендеги жаңалықлар нызамшылыққа киргизилиўи нәзерде тутылған:

📸 Фото ҳәм видео бағдарламалар арқалы анықланған ҳуқықбузыўшылық бойынша қарар белгили бир мүддет ишинде қабыл етилмесе, бул қарар ҳуқықый ақыбетке ийе болмайды, яғный ҳуқықбузыўшыға жаза қолланылмайды.

🚘 Транспорт ийеси болмаған шахс тәрепинен транспортты басқарыў ўақтында исленген ҳуқықбузыўшылық ушын протоколды транспорттың ийесине емес ал транспортты сол ўақытта басқарған адамға қарата рәсмийлестириў тәртибин белгилеў.

📝 Бунда транспорттың ийеси ҳәм транспортты сол ўақытта басқарған адамның биргеликтеги арзасы тийкар болады.

💡Мысалы, әмелдеги тәртип бойынша фоторадар арқалы тезликти асырғанлығы ушын жәрийма салыў ҳаққындағы қарар транспортты сол ўақытта басқарып баратырған адамға емес, ал транспорттың ийесиниң мәнзилине жибериледи.

⚠️ Бул жаңалықлар еле нызамшылыққа киргизилмеген. Олар бойынша нызамшылық ҳүжжетлери жойбарлары усы жылдың ноябрь айында Ҳүкиметке киргизилиўи белгиленген.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

Каналға ағза болың
👉 @Xaliq_ushin
❗️Пуқаралық ислери бойынша судтың қарары үстинен шағым етиў тәртиби

📝 Апелляция шағымы (протести) апелляция инстанциясы суды атына жазылып, қарарды шығарған судқа тапсырылады.

📑 Апелляция шағымы (протести) судқа исте қатнасыўшы шахслардың санына қарап көширме нусқалары менен бирге усынылады (бул талап электрон шағым бериўге қолланылмайды).

📌 Зәрүр жағдайларда, судья апелляция шағымын берген шахсқа яки протест келтирген прокурорға шағымға (протестке) қосымша етилген жазба материаллардың көширме нусқаларын исте қатнасыўшы шахслардың санына қарап усыныў миннетлемесин жүклеўи мүмкин.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

Каналға ағза болың
👉 @Xaliq_ushin
Пуқаралар неше жастан пенсияға шығады?

Пуқаралар жасқа байланыслы пенсия алыў ҳуқықына:

✔️ер адамлар — 60 жасқа
толғанда ҳәм жумыс стажлары кеминде 25 жыл болғанда;

✔️ҳаяллар — 55 жасқа
толғанда ҳәм жумыс стажлары кеминде 20 жыл болғанда ийе болады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

Каналға ағза болың
👉 @Xaliq_ushin
⚡️Енди мобил номериңизди сақлаған ҳалда бир компаниядан басқа компанияға өтиўиңиз мүмкин

Кеше Өзбекстан Республикасы мобил байланыс тармақларында абонент номерин көшириў хызмети иске түсирилди.

🔄 Енди абонентлер мобил байланыс операторларының хызмет көрсетиў сапасына қарап қәлеген компанияны сайлаўы мүмкин.

❗️Усы процесте абонентлерге олар басқа операторға көшкенде өзиниң номери сақлап қалыў имканы бериледи.

☝️Мысал ушын, сиз егер Юселл абоненти болып турып Билайнға өтпекши болсаңыз сол Юселлдеги номердиң өзин өзгертпестен Билайнға көширип алсаңыз болады. Ямаса керисинше, Билайн номерди Юселлге көширсеңиз болады.

📲 Дәслепки басқышта пуқаралар өзи өтиўди қәлеген мобил оператордың офисине барып мүражат етеди ҳәм өзиниң номери көширилген таза сим картаны алып кетеди.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

Каналға ағза болың
👉 @Xaliq_ushin
Социаллық қорғаўға мүтәж шаңараққа қандай шаңарақлар киреди?

🔰Министрлер Кабинетиниң 28.03.2019-жылдағы 257-санлы қарарына муўапық, социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақ дегенде төмендегилер түсиниледи:

✔️кем тәмийинленген, соның ишинде ата-анасының екеўинен де айырылған, балалары тәрбиясы менен болса басқа ағайинлери шуғылланып атырған шаңарақлар;

✔️ата-анасының биреўи ямаса екеўи де 1/2 топар майыплығы болған шахс болған;

✔️майыплығы болған баласы (балалары) болған шаңарақлар;

✔️14 жасқа шекемги болған еки ҳәм оннан артық балаларды тәрбиялап атырған басқа туўысқанларынан бөлек жасап атырған жесир ҳаяллар (жалғыз еркеклер);

✔️баланы (балаларды) толық болмаған шаңарақта тәрбиялап атырған аналар (әкелер);

✔️ата-анасының биреўи ямаса екеўи де жумыссыз болған ҳәм жумыс излеўши ретинде район (қала) бәнтликке көмеклесиў орайында дизимге алынған шаңарақлар.

Социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақларға нызамшылықта бир қатар жеңилликлер ҳәм кепилликлер белгиленген. Бул ҳаққында кейинги постларымызда мағлыўмат беремиз.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

Каналға ағза болың
👉 @Xaliq_ushin
Кимлер ата-аналық ҳуқықынан айырылыўы мүмкин?

❗️Шаңарақ кодексиниң 79-статьясына бола, ата-ана төмендеги жағдайларда ата-аналық ҳуқықынан айырылыўы мүмкин:

🔸ата-аналық миннетлемесин орынлаўдан, сондай-ақ алимент төлеўден бас тартқанда;

🔸кеширимсиз себеплерге көре өзиниң баласын туўыў үйинен ямаса басқа емлеўханадан, тәрбия, халықты социаллық қорғаў мәкемесинен ҳәм соған уқсас басқа мәкемелерден алыўдан бас тартса;

🔸ата-аналық ҳуқықынан нызамға қайшы түрде пайдаланса, балаларға мийримсиз қатнаста болса ҳәм күш ислетсе ямаса руўхый тәсир көрсетсе;

🔸турақлы түрде ишиўшилик ямаса нәшебентлик пенен шуғылланса;

🔸өзиниң балаларының өмири яки ден-саўлығына ямаса ҳаялының (ериниң) ден саўлығы яки өмирине қарсы қастан жынаят ислеген болса.

⚠️ Жоқарыда көрсетилген жағдайларда ата-ана өзлериниң балаларына болған ата-аналық ҳуқықынан суд қарарына тийкар айырылыўы мүмкин.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

Каналға ағза болың
👉 @Xaliq_ushin
⚡️Социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақтың балаларына қандай женилликлер бериледи?

Ҳүкиметтиң қарарына бола, ҳәр оқыў жылы басынан баслап социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлардың инталы балаларының төмендеги қәрежетлери мәмлекет тәрепинен қаплап бериледи:

🔹заманагөй мектеп формасы менен тәмийинлеў;

🔹тийкарғы түрдеги оқыў қураллары менен тәмийинлеў;

🔹әдебий китаплар менен тәмийинлеў;

🔹балалардың газета ҳәм журналларына жазылыў;

🔹лагерлерде дем алыўын шөлкемлестириў;

🔹республика бойлап саяхатқа барыў келиў қәрежетлери.

📝 Бул жеңилликлер Жаслар мәселелери бойынша Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәм район (қала) аймақлық мәкемелераралық кеңеслери тәрепинен Өзбекстан жаслар аўқамының билимлендириў мәкемелериндеги басланғыш шөлкемлери ҳәм пуқаралардың өзин өзи басқарыў уйымларының жазба усынысы тийкарында бериледи.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

Каналға ағза болың
👉 @Xaliq_ushin
⚡️Бүгиннен баслап автономерлер қымбатлайды

❗️Ишки ислер министриниң буйрығына бола 2023-жыл 1-ноябрьден баслап:

👉 автотранспорт қуралларына мәмлекетлик белги (номер) ушын - БЕМның 3,5 есеси муғдарында (ҳәзир 1,5 есеси);

👉 мототранспорт қураллары, мотороллерлер хәм тиркемелерге (прицеп) номер алыў ушын - БЕМның 1,75 есеси (ҳәзир 75%);

👉 жарамсыз болып қалған бир жуп номер орнына таза номерлер алыў ушын - БЕМның 3,5 есеси (ҳәзир 1 есеси);

👉 жарамсыз болып қалған бир номер орнына таза номер алыў ушын - БЕМның 1,75 есеси (ҳәзир 50%).

💡 Мағлыўмат ушын: Базалық есаплаў муғдары (БЕМ) - 330 мың сум.

👉 Постты жақынларыңызға тарқатың.

Каналға ағза болың
👉 @Xaliq_ushin
⚡️2024-жыл 1-январьдан баслап пенсия тайынлаў ушын арзаны мәмлекетлик хызметлер орайы ямаса my.gov.uz порталы арқалы бериўге болады.

Президенттиң жаңа қарарына бола, 2024-жыл 1-январьдан:

✔️ пуқараларға пенсия тайынлаў ушын қосымша түрде Мәмлекетлик хызметлер орайлары яки Бирден бир интерактив мәмлекетлик хызметлери порталы (my.gov.uz) арқалы да мүрәжат етиў имканы жаратылады;

✔️ пуқараларға пенсия тайынланғаннан соң мийнет искерлиги даўамында Халық банкинде жыйналған пенсия пулын Бирден бир интерактив мәмлекетлик хызметлери порталы яки банктың мобил қосымшасы арқалы алыў имканы жаратылады.

🔰2025-жыл 1-марттан баслап пенсия жасына толған пуқараларға сол күнниң өзинде нызамшылықта белгиленген тәртипте бирде бир ҳүжжет талап етилместен «автомат» түрде пенсия тайынланады.

☝️Яғный, пуқара 2025-жыл 1-марттан кейин пенсия алыў ҳуқықына ийе болғанда, ол пенсия қорына арза менен мүрәжат етип жүриўине зәрүрлик қалмайды.

🔄 Бунда пуқараға тийисли мағлыўматлардың барлығы Әдиллик министрлиги, Бәнтлик министрлиги хәм Салық комитетиниң электрон базаларынан алынады.

📨 Пенсия автомат түрде тайынланғанда оған мобил байланыс арқалы хабар бериледи.

🚫 Пенсия жасына толып және жумыс ислеў нийети болған ямаса тайынланған пенсия муғдарынан наразы болған пуқаралар «автомат» тайынланған пенсияны тоқтатып қойыўы мүмкин.

👉 Постты жақынларыңызға тарқатың.

Каналға ағза болың
👉 @Xaliq_ushin
❗️Турақ жай ушын субсидия алғанларға дәрамат салығынан жеңиллик бар

Салық кодексиниң 378-статьясына тийкар, турақ жай ушын субсидия алған пуқаралардың ипотека кредитлери ҳәм олардың процентлерин төлеў ушын бағдарланған ис ҳақы ҳәм басқа дәраматлары дәрамат салығына тартылмайды.

☝️Бул жеңиллик пуқараның дәраматының салық дәўири даўамында барлығы болып МҲТЕКМның 80 есесине (78 млн 400 мың сумға) шекемги болған бөлегине қолланылады.

👉 Постты жақынларыңызға тарқатың.

Каналға ағза болың
👉 @Xaliq_ushin
Қандай жағдайларда хызметкердиң айлығынан оның разылығысыз услап қалынады?

☑️ Төмендеги жағдайларда, хызметкердиң разылығысыз оның айлығынан услап қалыныўы мүмкин:

1️⃣ салықлар ҳәм жыйымларды өндириў ушын;

2️⃣ суд қарарларын ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин, соның менен бирге ўәкилликли органлардың нызамлы талапларын орынлаў ушын;

3️⃣ ис ҳақы есабынан берилген авансты, басқа жумыс орнына көшип өткенлиги мунасәбети менен хожалық зәрүрликлерине, хызмет сапарларына берилген, пайдаланылмаған ҳәм ўақытында қайтарылмаған авансты услап қалыў ушын ҳәм есап-китапдағы қәтелер ақибетинде артықша төленген суммаларды қайтарып алыў ушын;

4️⃣ хызметкер тәрепинен жумыс бериўшиге жеткизилген зиянның орнын қаплаў ушын, егер жеткизилген зиян муғдары хызметкердиң орташа айлық мийнет ҳақысынан аспаса;

5️⃣ интизамый жаза ретинде хызметкердиң орташа айлық мийнет ҳақысының 30 яки 50% нен көп болмаған муғдардағы жарийма жазасы қолланылғанында;

6️⃣ хызметкер қайсы жумыс жылы есабына мийнет дем алысын алып болған болса, сол жыл жуўмақланыўына шекем мийнет шәртнамасы бийкар етилгенинде мийнет демалысының ислеп берилмеген күнлери ушын.

Өзбекстан Республикасы Салық кодексине муўапық, салық салынбайтуғын төлемлерден услап қалыныўы мүмкин емес.

👉 Постты жақынларыңызға тарқатың.

Каналға ағза болың
👉 @Xaliq_ushin
Жәрийманы ертерек төлегенлерге 50% ке шекем шегирме бериледи

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 332-1-статьясына муўапық:

5️⃣0️⃣ Жәрийма тайынланғанлығы ҳаққындағы қарар берилген күннен баслап 15 күн ишинде жәрийманың ярымын төлеген пуқарағалар жәрийманың қалған бөлегин төлеўден азат етиледи.

3️⃣0️⃣ Ал 30 күн ишинде жәрийманың 70% бөлегин төлеген пуқара қалған 30% ин төлеўден азат етиледи.

Бирақ бул жеңиллик төмендеги жағдайларда қолланылмайды, яғный жеңиллик берилмейди:

🔻Кодекстиң 131 (транспортты мәс ҳалда басқарыў), 132 (кемелерди мәс ҳалда басқарыў), 136 (мәслик жағдайын тексериўден өтиўден бас тартыў) ҳәм 140-статьяларында (мәс адамға ямаса транспортты басқарыў ҳуқықы болмаған адамға транспортты басқарыўды бериў) нәзерде тутылған ҳуқықбузыўшылықлар исленгенде.

🔻Жәрийма салыў ҳаққындағы қарардың үстинен судқа шағым етилгенде яки протест билдирилгенде.

🔻Усындай ҳуқықбузыўшылық алдын жәрийма яки басқа жаза қолланылғанынан кейин 1 жылдың ишинде қайтадан исленген болса.

👉
Постты жақынларыңызға тарқатың.

Каналға ағза болың
👉 @Xaliq_ushin
⚡️2024-жыл 1-январдан пуқаралар ҳәм исбилерменлер ҳәкимшилик судларға арза бергенде олардан бажы төлеў талап етилмейди

Президенттиң 08.05.2023-жылдағы ПП–67-санлы Пәрманына бола, 2024-жыл 1-январдан баслап ҳәкимшилик судларға шағым етиўде пуқара ҳәм исбилерменлик субъектлеринен мәмлекетлик бажы өндирилмейди.

💰Бунда бажы суд исин қарап шығыў нәтийжесине қарап айыплы деп табылған тәрептен өндириледи.

☝️Яғный, пуқара ямаса исбилермен қандайда бир мәмлекетлик уйымның қарары үстинен ҳәкимшилик судқа шағым еткенде оннан алдын ала бажы төлеў талап етилмейди.

❗️Егер пуқараның ямаса исбилерменниң шағымы қанаатландырылмаса, бажы оннан өндириледи, ал егер қанаатландырылса айыплы мәмлекетлик уйымынан өндириледи.

☝️Бул жаңалық мәмлекетлик уйымлардың қарарлары ямаса лаўазымлы шахслардың ҳәрекетлеринен наразы болған пуқаралар ямаса исбилерменлер бажы пулы ҳаққында ойламастан судқа шағым етиў имканын береди.

📌Басқа тәрептен бул норманың енгизилиўи ҳәкимшилик судларда жумыс көлеминиң артыўына да алып келиўи мүмкин.

👉 Постты жақынларыңызға тарқатың.

Каналға ағза болың
👉 @Xaliq_ushin
⚡️Қарақалпақ тилинде әпиўайы ҳәм түсиникли етип жазылған ҳуқықый мағлыўматларды излеп жүрсиз бе?

✍️
Мийнет, шаңарақ, пенсия, напақа, жеңилликлер, субсидиялар, алимент, салық, "дәптерлер", педагоглардың ҳуқықлары, нызамшылықтағы жаңалықлар ҳәм басқа мәселелер бойынша турақлы түрде мағлыўмат алып барыўды қәлейсиз бе?

🫵🏻 Ондай болса,
ХАЛЫҚ УШЫН каналы СИЗ УШЫН!

⚖️ @XALIQ_USHINҚарақалпақстандағы биринши ҳуқықый канал!

📌 Ағза болыў ушын
силтеме 👉 https://t.iss.one/xaliq_ushin
⚡️2023-жыл 1-декабрден баслап ID картаны ҳәм автотранспорт номерин үйде отырып алыўға да болады

Министрлер Кабинетиниң 31.07.2023-жылдағы 321-санлы қарарына бола, 2023-жыл 1-декабрден баслап төмендеги мәмлекетлик хызметлери пуқараның үйине барып көрсетиледи:

🔸 Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў (ID карта алыў, алмастырыў, пропискаға қойыў ҳ.т.б.) бойынша;

🔸 Автомототранспорт қуралларын мәмлекетлик дизимнен өткериў (тех паспортты рәсмийлеситириў) ҳәм мәмлекетлик белгисин (номерин) бериў бойынша.

☝️Бул хызметлер пуқараның қәлеўине қарап пуллы тәртипте көрсетиледи.

❗️Сондай-ақ, 2023-жыл 1-октябрға шекем ID-карта ҳәм «загран паспорт»ты пуқаралардың жасаў мәнзилине почта арқалы жибериў жолға қойылады.

👉 Постты жақынларыңызға тарқатың.

Каналға ағза болың
👉 @Xaliq_ushin
❗️Жеке меншик кәрханада ислеўши ҳаялларға «декрет» пулын мәмлекет төлеп береди

Министрлер Кабинетиниң 20.09.2022-жылдағы 515-санлы қарарына муўапық, бюджет мәкемелеринен басқа барлық кәрхана, фирма, шөлкем ҳ.т.б. мийнет шәртнамасы тийкарында ислеўши ҳаялларға ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасы мәмлекет есабынан төленеди.

💰Бунда напақа минимал тутыныў қәрежетиниң 4 есеси муғдарында (бүгинги күнде 2 млн 272 мың сум) төленеди. Егер напақа алыўшы ислеп атырған жерде буннан көбирек муғдарда «декрет» пулы алатуғын болса, минимал тутыныў қәрежетиниң 4 есесинен артық бөлегин сол кәрхана төлейди.

Напақаны алыў ушын хызметкердиң үзликсиз жумыс стажы кеминде 6 ай болыўы керек.

Үзликсиз жумыс стажына төмендегилер кирмейди:
бюджет мәкемелеринде ислеген дәўир;
мийнетке ҳақы төлеў түриндеги дәраматы болмаған дәўир;
бала күтиминде болған дәўир.

🖥 Напақа тайынланыўы ушын мийнетке жарамсызлық бети таяр болғаннан кейин 5 жумыс күни ишинде жергиликли поликлиника ямаса туўыў үйи оны «Медицина» мәлимлеме системасына киргизиўи керек.

♻️ «Медицина» МСна келген мағлыўмат «Бирден бир реестр» МСна жибериледи. «Бирден бир реестр» МСда барлық мағлыўматлар тексерилип, напақаны тайынлаў ямаса тайынлаўдан бас тартыў ҳаққында қарар қабыл етиледи.

🔰 Напақа тайынланған жағдайда:

✔️төленетуғын айдың 4-сәнесине шекем напақа алыўшының телефон номерине төлеў формасы (пластик ямаса нақ) ҳәм төлениў ўақты ҳаққында СМС жибериледи;

✔️төленетуғын айдың 10-сәнесине шекем напақа Халық банкиниң бөлими тәрепинен напақа алыўшының пластик картасына өткерип бериледи;

✔️пластик картасы болмаса, төленетуғын айдың 27-сәнесине шекем напақа Халық банкиниң бөлими тәрепинен напақа алыўшыға нақ пулда бериледи.

☝️Бул напақа бюджет мәкемелеринде ислеп атырған ямаса бир ўақыттың өзинде бюджет ҳәм бюджет емес мәкемелерде (еки жерде) ислеп атырған ҳаялларға төленбейди.

👉
Постты жақынларыңызға тарқатың.

Каналға ағза болың
👉 @Xaliq_ushin
⚡️Кем тәмийинлен шаңараққа напақа тайынлаў ушын орташа дәрамат суммасы көтерилди

Министрлер Кабинетиниң 27.02.2023-жылдағы 80-санлы қарарына тийкар, Статистика агентлиги тәрепинен халықтың минимал тутыныў қәрежетлери қуны есаплап шығылды.

💰Оған муўапық, 2022-жылдың инфляция дәжересинен келип шығып, 2023-жыл ушын есапланған минимал тутыныў қәрежетлери қуны бир айда адам басына 568 мың сумды қурайды.

❗️Кем тәмийинленген шаңараққа балалар пулын ямаса материаллық жәрдемди тайынлаўда талаплардан бири бул – усы шаңарақтың ҳәр бир ағзасына туўры келетуғын орташа дәрамат минимал тутыныў қәрежетлери қунынан (498 мың сум) артық болмаўы керек еди.

☝️Демек, минимал тутыныў қәрежетлери қуны артыўы себепли ендигиден былай кем тәмийнленген шанарақларға бала пулы ҳәм материаллық жәрдемди тайынлаўда шаңарақтың ҳәр бир ағзасына туўры келетуғын орташа дәраматы 568 мың сумнан артық болмаўы тийис.

💡Мағлыўмат ушын. Кем тәмийинленген шаңараққа балалар напақасы ямаса материаллық жәрдемди тайынлаў тәртиби ҳәм тайынланбайтуғын жағдайлар менен усы силтемелер арқалы танысыўыңыз мүмкин.

👉 Постты жақынларыңызға тарқатың.

Каналға ағза болың
👉 @Xaliq_ushin
Алимент өндириў ҳаққындағы арза пуқаралық ислери бойынша суд тәрепинен неше күн ишинде қарап шығылады?

🔰 Пуқаралық процессуал кодексиниң 192, 202 ҳәм 207-статьяларына тийкар, алимент өндириў ҳаққындағы арза пуқаралық ислери бойынша судқа келип түскеннен баслап 40 күннен кешиктирместен қарап шығылады.

Бул мүддет төмендегилерди өз ишине алады:

1️⃣ арза келип түскен күннен баслап 10 күннен кешиктирмей оны қарап шығыў ушын қабыл етиў;

2️⃣ арза қабыл етилгеннен (пуқаралық иси қозғатылғаннан) кейин 10 күннен кешиктирмей қарап шығыўға таярлаў;

3️⃣ суд додалаўына таярланған исти 20 күннен кешиктирместен қарап шығыў.

👉 Постты жақынларыңызға тарқатың.

Каналға ағза болың
👉 @Xaliq_ushin
Қандай жағдайларда баланың бағшасына төленген пул кейинги айға өткериледи?

Төмендеги жағдайларда бала бағшаға избе-из 3 күннен артық бармаған ўақты ушын төленген пул кейинги айларда төлеўде есапқа алынады:

🔸баланың яки шаңарақ ағзаларының кеселлиги себепли;

🔸карантин жағдайы себепли;

🔸ата-аналардан бириниң жумыстан (оқыўдан) бос ўақты дәўиринде ямаса басқа себеплерге көре.

Бунда баланың келмеген күнлери саны бир күнлик төлем суммасына көбейтиў арқалы есапланып, усы сумма кейинги айдағы төлем суммасынан алып тасланады.

🔰 Баланың бағшаға бармаған күнлери ушын төлемди кейинги айға өткериў ушын төмендеги ҳүжжетлер тийкар болады:

✔️баланың яки шаңарақ ағзаларының кеселлиги ямаса карантин жағдайы себеп болса - тийисли медицина мәкемесиниң ямаса участка шыпакериниң мағлыўматнамасы;

✔️ата-аналардан бириниң жумыстан (оқыўдан) бос ўақты дәўиринде ямаса басқа себеплер болса - ата-анасынан бириниң бағша директоры атына алдын ала жазған арзасы.

🗓 Бала бир жылда көби менен 60 күннен артық болмаған мүддетке шекем бағшаға келмеўине руқсат бериледи.

❗️Басқа барлық жағдайларда баланың бағшаға бармаған күнлери ушын төлем өндириледи.

📑 Дерек: @huqiqiymalimleme

👉 Постты жақынларыңызға тарқатың.

Каналға ағза болың
👉 @Xaliq_ushin