Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысына ҳүрмет көрсетилди

9-май Еслеў ҳәм қәдирлеў байрамы күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов ҳәм Арқа-батыс әскерий округ сәркардасы генерал-майор Ф.Шерматовлар усы жыл 99 жасты қарсылаған Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы Иван Галенконың шаңарағында болып, оның жағдайынан хабар алды.

Министрлер Кеңесиниң Баслығы Президентимиздиң қутлықлаўын оқып еситтирди ҳәмде қымбат баҳалы саўғаларын салтанатлы түрде тапсырды.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Қаҳарманлардың мәртлиги ҳеш қашан умытылмайды

9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни улыўмахалықлық байрамы, сондай-ақ, быйыл Екинши жәҳән урысында фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 78 жыллығы.

Қыян-кески өткен саўашлардағы жеңисте қаншама машақат, күш, аўызбиршилик, қуўаныш бар болса, соншама қайғы-ҳәсирет, қурбанлар да болған.

Мәрт жаўынгерлердиң ерлиги менен ерисилген жеңисте қарақалпақстанлы азаматлардың да үлеси бар.

Бүгин сәне мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев усындай мәрт жаўынгерлердиң бири болған Қараөзек районында жасаўшы, Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы Генжемурат ата Алланиязовтың шаңарағында болып, байрам саўғаларын тапсырды.

Жоқарғы Кеңес Баслығы ветеранды қутлықлады ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң байрам қутлықлаўын оқып еситтирди.

Сондай-ақ, Президентимиздиң усы жыл 2-майда қабыл етилген «Екинши жәҳән урысы қатнасыўшыларын хошаметлеў ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында Екинши жәҳән урысы қатнасыўшысы Генжемурат Алланиязовқа 18 миллион сум муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлық тапсырылды.

Соның менен бирге, урыс қатнасыўшысына мәмлекетимиз тәрепинен ажыратылған естелик саўғалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Министрлер Кеңеси, Арқа-батыс әскерий округи, Қараөзек районы ҳәкимлиги ҳәм бир қатар шөлкемлер атынан баҳалы саўғалар берилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
ИНСОН АЗИЗ, ХОТИРА МУҚАДДАС