"ҲАР КУНИНГ НАВРЎЗ БЎЛСИН, ЖОНАЖОН ЎЗБЕКИСТОНИМ"

Наврўз байрамини муносиб нишонлаш бўйича 2023 йил 1 март куни Ўзбекистон Республикаси Президентининг «2023 йилги Наврўз – умумхалқ байрамига тайёргарлик кўриш ва уни ўтказиш тўғрисида»ги Қарори қабул қилинди. Унга кўра, бу йилги Наврўз байрами мамлакатимизда «Ҳар кунинг Наврўз бўлсин, жонажон Ўзбекистоним!» деган шиор остида тумандаги 2-мактабда ҳам байрам тадбири ўтказилди. Байрам тадбирига мактабни битириб кетган собик ўқувчилар ҳам таклиф қилинди. Тадбирда ТЎРТКЎЛ _95 МЧЖ раҳбари Р. Ибрагимов ўзи таҳсил олган 2-мактаб ўқитувчи ва ўқувчиларига. байрам совғаларини топширди. Шунингдек, мактабга байрам совғаси сифатида спорт анжомларини топшириб ўқувчиларга катта қувонч улашди.
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#befarqemasmiz
Xalq deputatlari To'rtko'l tuman Kengashi deputati Shamshet Qutlimuratov
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#befarqemasmiz
Xalq deputatlari To'rtko'l tuman Kengashi deputati O'ringul Allaberganova
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Ҳүрметли пуқаралар, мекеме ҳәм кәрхана басшылары!

Егер қуўрап қалған от-шөплер ҳәмде тасланды шығындыларды өртеп, ҳаўа райының бузылыўына алып келсе, Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 88-статьясы 3-бөлими менен ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылып, пуқараларға ең кем ис-ҳақының 3 есесинен 5 есесине шекем, ал лаўазымлы шахсларға ең кем ис-ҳақының 5 есесинен 10 есесине шекем жәрийма салыўға себеп болады.

Егер буның ақыбетинде өрт келип шықса Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 211-статьясы 3-бөлими менен пуқараларға ең кем ис-ҳақының 3 есесинен 5 есесине шекем, ал лаўазымлы шахсларға ең кем ис-ҳақының 7 есесинен 10 есесине шекем жәрийма қолланылады.

Абаданластырыў жумыслары ўактында жыйналған қуўрақ от-шөплерди ҳәмде тасланды шығындыларды өртемеўиңизди, қала ҳәм район аймағында орнатылған тийисли тасланды таслаў орынларына шығарып таслаўынынзды сораймыз.

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы

https://t.iss.one/QR_AJB
«Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни» мүнәсибети менен салтанатлы байрам кешеси болып өтти

Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни» мүнәсибети менен салтанатлы байрам кешеси болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды қутлықлады.

Соңғы жыллары елимизде Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында халықтың турмыс тәризин жақсылаў, кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, орынлардағы машқалаларды унамлы шешиў, мәҳәлле институтын жетилистириў, оның системалы жумыс алып барыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Өткен қысқа дәўир ишинде тараўға байланыслы бир қатар Нызам, Пәрман ҳәм Қарарлардың қабыл етилгени бул бағдардағы илажлар көлемин жаңа басқышларға көтериўге тийкар болмақта. Бул өз гезегинде мәҳәллени шын мәнисинде адамлардың аўырын жеңил ететуғын структураға айландырыўда әҳмийетли орын тутпақта.

Ҳақыйқатында да, бүгинги күнде мәҳәлле институтының жәмийетимизде атқаратуғын роли артып бармақта. Шын мәнисинде халқымыз бенен тығыз ислесетуғын жәмийеттиң бир буўыны сыпатында тараў хызметкерлери оғада машақатлы, соның менен бирге мақтанышлы ўазыйпаны атқарып келмекте.

Өткерилген салтанатлы илаж даўамында бүгинги байрам мүнəсибети менен өзлериниң жоқары нəтийжелери ҳəм табыслары менен ажыралып киятырған бир қатар тараў пидайылары ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы Пəрманы тийкарында орден ҳəм медальлар, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳəм Өзбекстан Республикасы Кəмбағаллықты қысқартыў ҳəм бəнтлик министрлиги тəрепинен көкирек белгилери ҳəм Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter