To‘rtko‘l tumani O.Xudayshukurov nomli markaziy madaniyat markazi tomoshalar zalida yoshlarning bo‘sh vaqtlarini mazmunli tashkil etish hamda san‘atga bo‘lgan qiziqishini orttirish vatanimizning milliy madaniyat va san'atini yoshlar o'rtasida keng targ‘ib qilish qolaversa ularning har tomonlama iqtidori va qobiliyatini yuzaga chiqarish yosh talant sohiblarini izlab topish maqsadida "Nilufar" bolalar raqs jamoasining II-chorak yakuni bo‘yicha hisobot konsert dasturi bo‘lib o‘tdi. 🟢To‘rtko‘l tumani hokimligi Axborot xizmati WEB SAYT | IG | FB | TW
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма сегизинши сессиясы бүгин саат 11:00 де Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мәжилислер залында ашылады.

Сессия Жоқарғы Кеңестиң facebook каналы ҳәм «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы туўрыдан-туўры эфирде жарытып барылады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @joqargikenes


website |facebook | telegram
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма сегизинши сессиясы басланды.

Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты, Қарақалпақстан Республикасы ҳүкимети ағзалары, секторлардың ҳәм тараўлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қатнаспақта.

Сессия Жоқарғы Кеңестиң facebook каналы ҳәм «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы туўрыдан-туўры эфирде жарытып барылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @joqargikenes


website |facebook | telegram
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Сессия күн тәртибиндеги дәслепки мәселе бойынша яғный «Баспа жумысы ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты ҳәм жәмийетлик бирлеспелери мәселелери комитети баслығыныӊ орынбасары Т.Романов баянат жасады.
Нызам жойбары 7 бап, 34 статьядан ибарат. Яғный, ҳәрекеттеги Нызамға салыстырғанда 18 статья менен байытылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @joqargikenes


website |facebook | telegram
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Жаӊа редакциядағы Нызамға ҳәрекеттеги Нызамда болмаған тийкарғы түсиниклер ҳәм де оларды түсиндириўши тийисли статьялар киргизилмекте.
Атап айтқанда, таярланған нызам жойбарына “баспа жумысы”, “баспа”, “баспа өними”, “баспа өнимлерин ислеп шығарыўшы”, “басылымныӊ шығыўына байланыслы мағлыўматлар”, “баспа жумысы субъектлери” сыяқлы бир қатар түсиниклер киргизилмекте.
Усы атамалар ҳәрекеттеги нызамныӊ белгили бир қағыйдаларыныӊ орнын толтырып ғана қоймастан, ал, заманагөй нызамшылық техникасына, ҳәзирги әмелияттыӊ талапларына, сондай-ақ, баспа жумысын раўажландырыў тенденцияларына муўапық текстти баян етиўде бир қанша қолайлықлар жаратады.

Бул мәселе бойынша депутатлар тийисли қарар қабыл етти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @joqargikenes


website |facebook | telegram
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Сессия күн тәртибиндеги екинши мәселе қала ҳәм районларда «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларының орынланыўы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кенесиниң есабаты туўралы болды. Бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығыныӊ орынбасары Е.Аташовтың есабаты тыӊланды.
Атап өтилиўинше 2021-жылда ҳәр бир қала ҳәм районлардан 34 аўыл ҳәм мәҳәллелерде 245,6 млрд. сўмлық 775 объектте қурылыс, оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылған.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @joqargikenes


website |facebook | telegram
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Быйылғы жылда болса, бағдарлама шеңберинде 9 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде, 8 улыўма орта билим бериў мектебинде, 4 денсаўлықты сақлаў объектинде, 14 мәҳәлле имаратларында қурылыс жумысларын алып барыў, ишимлик суў тамийнаты ҳәм ақаба суў системасын жақсылаў мақсетинде 197 км жаңа тармақ қурыў ҳәм 41 км тармақларды реконструкциялаў ҳәм де 18 суў иншаатын қурыў ҳәм реконструкциялаў, 278,3 км ишки жолларды оңлаў, 159,5 км электр тармақларын тартыў ҳәм 51 трансформатор орнатыў, 9,4 км ирригация ҳәм мелиорация тармақларын оңлаў, 40,9 км газ тармақларын жақсылаў ҳәм 83 дана газ бөлистириў пунктлерин алмастырыў, 47,3 км пиядалар жолларын қурыў режелестирилген.

Бул мәселе бойынша депутатлар тийисли қарар қабыл етти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @joqargikenes


website |facebook | telegram
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Сессияныӊ күн тәртибиндеги кейинги мәселеде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатыныӊ 2021-жыл
28-майдағы “2030-жылға шекем Өзбекстан Республикасында гендер теӊликке ерисиў стратегиясын тастыйықлаў ҳаққында”ғы СҚ-297-IV-cанлы қарарында белгиленген ўазыйпалардыӊ 2021-2022-жылларда Қарақалпақстан Республикасында әмелге асырылыўы белгиленген илажлар режесиниӊ орынланыўы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығыныӊ мәлимлемеси тыӊланды.

Бул мәселе бойынша да депутатлар тәрепинен тийисли қарар қабыл етилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @joqargikenes


website |facebook | telegram
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Буннан соӊ сессияда Ҳуқықбузарлықтың алдын алыў ҳәм олардың профилактикасы жағдайы ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниӊ есабаты туўралы мәселе көрип шығылды.

Ишки ислер министри А.Орынбаев өз есабатында министрлик тәрепинен әмелге асырылған жумыслар менен бир қатарда, айырым аймақлар ҳәм мәҳәллелердеги аўыр криминоген жағдай – жынаятшылықты қадағалаўға алыў барысында елеге шекем кɵплеген шешимин таппаған мәселелер бар екенлигин атап өтти.
Атап айтқанда, ɵткен жылдың 12 айы даўамында Қарақалпақстан Республикасы аймағында жүз берген 3 мыңнан артық жынаятлардың 40 пайызын алды алыныўы мүмкин болған жынаятлар қураған.
Соннан, қастан адам ɵлтириў жынаятының 54,5 пайызы ҳəм дене жарақатын жеткизиў жынаятының 5,9 пайызы ɵз-ара жәнжеллер, шаңарақтағы келиспеўшиликлер ақыбетинде жүз берген.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @joqargikenes


website |facebook | telegram
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Шаңарақ шеңбериндеги қастан адам ɵлтириў жынаяты Нөкис қаласында 45,5 пайызға, Тақыятас, Қоңырат ҳəм Елликқала районларында 100 пайызға өсип кеткен.
Дене жарақатын жеткизиў жынаятлары Нөкис қаласында 80,3 пайызға, Əмиўдəрьяда 53,7 пайызға ҳәм Төрткүл районында 45,7 пайызға өсип кетиўине жол қойылған.
Сондай-ақ, ең кɵп дене жарақатын жеткизиў жынаятлары Тɵрткүл, Әмиўдәрья ҳәм Беруний районларында, ең кɵп урлық жынаятлары Қоңырат ҳәм Хожели районларында жүз берген.
Усы аймақларда жүз берген жынаятлардың себеплери үйренип шығылғанда шаңарақтағы келиспеўшилик ҳәм ɵз-ара жәнжеллер аўыр ҳәм ɵте аўыр түрдеги жынаятларының жүз бериўиниң тийкарғы себеплериниң бири болған.

Бул мәселе бойынша сораў жуўаплардан соӊ депутатлар тәрепинен тийисли қарар қабыл етилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @joqargikenes


website |facebook | telegram