Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Ҳүрметли пуқаралар ҳәм мәкеме, кәрхана шөлкем басшылары!

⚡️Ҳаўа райының кескин дәрежеде суўытыўы алдынан жылытыў қазанлары ҳәм печь морыларын тазалатың.

⚡️Морылардың тығылып қалыўы инсәнларды зәҳәрли газден зыянланыўына яки жыллылық тармақларында насазлықларды келтирип шығарыўына себепши болыўы мүмкин.

⚡️Жылытыў қазанлары ҳәм печьлерден ҳәр еки сааттан хабар алып турың.

⚡️Өзиңизди ҳәм жақынларыңызды қәўипке қоймаң!

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы

https://t.iss.one/QR_AJB
Кун ҳикмати Муваффақиятга, ҳеч қачон муаммолари бўлмайдиган инсонлар эмас,  нима бўлишидан қатъий назар ҳеч нима уни тўхтатолмайдиган одамлар эришади.
Оилада фарзанд дунёга келганида "Суюнчи пули"ни олиш учун Халқ банкка бормасдан, xazna иловаси орқали осон банк картасига тушириб олиш мумкинлигини биласизми?

Қуйидаги видео орқали буни қандай амалга оширилиши билан танишишингиз мумкин.

@bankmijoz
Жоқарғы Кеңес Баслығы республикамыздың қубла районларындағы исбилерменлер менен ушырасты

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында Беруний районында исбилерменлик жойбарларын қоллап-қуўатлаў ҳәм жаңа жойбарларды иске түсириўде ушырасып атырған машқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў бойынша республикамыздың қубла районларындағы исбилерменлер менен ушырасыў болып өтти.

Онда инвестициялық жойбарларды иске түсириў, локализацияластырыў бағдарламасына киргизилген ҳәм экспортёр кәрханаларға әмелий жәрдемлер көрсетиў, санаат өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалардың толық қуўатлылықта ислеўин тәмийинлеў мәселелери талқыланды.

Ушырасыўда Төрткүл, Беруний ҳәм Елликқала районларындағы 200ге жақын исбилерменлер, усы район ҳәкимлери ҳәм жуўапкер болған министрлик, мәкеме басшылары қатнасты.

Атап өтиў орынлы, ҳүрметли Президимиздиң басшылығында елимизде исбилерменликти және де раўажландырыў, олар ушын барлық қолайлы шараятларды жаратыў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген тарийхый пәрман ҳәм қарарлар бул бағдардағы иләжлар көлемин жаңа басқышқа көтермекте.

Бүгинги өткерилген ушырасыўда айырым тараў жуўапкерлериниң өз жумысына немқурайдылық пенен қараўы ҳәм басқа да себеплерге байланыслы ушырасып атырған машқалалар бойынша жақыннан пикирлесилди.

Ҳәр қандай инвестициялық, ислеп шығарыў ҳәм санаатты раўажландырыў бойынша жойбарлар Президентимиз тәрепинен барқулла қоллап-қуўатланатуғынлығы Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен айрықша тилге алынды.

Ушырасыў даўамында бүгинги күнде исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалалар тыңланды ҳәм билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилигине орнында шешимин табыў илажлары көрилди. Ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар қадағалаўға алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.

Ўзб

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
DIQQAT E’LON!

2024-yil 17-fevral kuni soat 10:00da To'rtko'l tumani hokimligining katta majlislar zalida Xalq deputatlari To'rtko'l tumani Kengashining navbatdаgi 74-sessiyasi bo'lib o'tadi.

Sessiya tuman hokimligining https://t.iss.one/turtkulhokim_uz telegram kanali hamda https://www.facebook.com/turtkultumani.hokimligi rasmiy sahifasi orqali onlayn efirga uzatiladi. To‘rtko‘l  tumani hokimligi Axborot xizmati   
WEB SAYT | IG | FB | TW|YT | TG
#QABUL
#Onlayn
Ochiq muloqot tarzida qabul bo‘lib o‘tmoqda

Bugun, tuman hokimligida fuqarolarning murojaatlarini qonuniy tartibda hal qilish maqsadida tuman hokimi R.Shamuratov ishtirokida ochiq muloqot tarzida qabuli bo‘lib o‘tmoqda.

Qabulda asosan fuqarolar tomonidan sog‘ligini tiklash, ishsizlik, uy-joyini ta’mirlash, subsidiya, moddiy yordam kabi masalalar bo‘yicha murojaatlar qilinmoqda.

Murojaatlarning tegishliligi bo‘yicha o‘z vaqtida yechilishini ta’minlash maqsadida tegishli tashkilot rahbarlari ham ishtirok qilmoqdalar.
To‘rtko‘l  tumani hokimligi Axborot xizmati   
WEB SAYT | IG | FB | TW|YT | TG
⚡️⚡️Күшли самал ўақтындағы қәўипсизлик илажлары

- Жасаў орынларында қапы-айналар ҳәм ҳаўа айланыў системаларын беккем бастырыў;
- Электр ҳәм газ қуралларын өшириў;
- көшелерде терек ҳәм электр үстинлери жанында турмаў;
- көп қабатлы имаратлар балконларында, әйнек алды ҳәм сырттағы буйымларды мүмкиншилиги барынша қәўипсиз жерге алып қойыў ямаса беккемлигин тексериў;
- самал күшейген ўақытта, беккем қурылған имаратлар, жер асты өтиў жоллары ҳәм басқа жасырыныў мүмкин болған орынларда қорғаныў;
- ашық майданда жүрген жағдайларда қәўипсиз жерлерде қорғаныў;
- бузылған имаратларға кириў, қәўипли үстинлер, реклама үстинлери ҳәм тереклер артына жасырыныў қадаған етиледи;
- күшли самалдан кейин электр ҳәм газ үскенелеринен олар тексерилгеннен кейин пайдаланыў талап етиледи.

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы Мәлимлеме хызмети

https://t.iss.one/QR_AJB
🖌Усы жылдың 9-февраль күни Президентимиз тәрепинен және бир тарийхый «Қарақалпақстан Республикасын комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўдиң қосымша ис-илажлары ҳаққында»ғы қарарға қол қойылды.

❗️Усы қарар менен тек ғана Қарақалпақстан ушын бир қатар имканиятлар берилген. Атап айтқанда:

🔹киши бизнести қоллап-қуўатлаў комплексли бағдарламасына 320 млрд. сумлық кредит қаржылары бағдарланады;

🔹«Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы» АЖ тǝрепинен исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў ушын 50 млрд. сум қаржы бағдарланады;

🔹Социаллық салық төлеп атырған өзин-өзи бǝнт еткен шахсларға «Бизнеске биринши қǝдем» банк пластик карталары арқалы 5 млн. сумға шекемги муғдарда бир жыл мүддетке микроқарызлар бериў ушын коммерциялық банклер тǝрепинен 60 млрд. сум қаржы бағдарланады;

🔹Ҳǝр жылы «Келешек кǝсиплери» жойбары шеңберинде 1 ярым мың жаслар санлы технологияларға ҳǝм шет тиллерине оқытылады. Бунда санлы технологияларды үйрениў ушын «Жаслар дәптери» фонды есабынан субсидия ажыратыў мүддети Қарақалпақстан Республикасы ушын бир жылға шекем узайтылады;

🔹2024-жылда киши санаат зоналары, жаслар, исбилерменлик ҳәм санаат зоналары инфраструктура объектлери ушын 5 млрд. сум қаржы ажыратылады.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Усы жыл 9-февраль күнги “Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳǝм халықтың бǝнтлигин тǝмийинлеўдиң қосымша ис-илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-66-санлы қарары тийкарында бир қатар жеңилликлер берилмекте.

❗️Усы қарар тийкарында:

🔹 2024-жылда пахта жетистириў ушын жеңилликли кредит муғдарының асырылыўы (топырақтыӊ бир бонитет баллына салыстырғанда норматив өнимдарлықты (центнер/гектар) 1,25 коэффицентке арттырыў арқалы);

🔹Шарўашылықта азықлық егинлерди жетистириў ушын 6 ай мүддетке қайтарыў шǝрти менен 150 млн. сумға шекем Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан аспаған ҳалда жеңиллетилген кредит ажыратыў;

🔹2024-2025-жылларда 112 мың гектар суўғарылатуғын жер майданларын лазерли тегислеў арқалы аўыл хожалығы өнимлери өнимдарлығын 5-10 процентке көтериў режелестирилген.

🔹Лазерли тегислеў жумысларына жумсалған барлық ГСМ (жанылғы май материаллы) қәрежетлери ушын 1 млн. сўмнан субсидия ажыратыў белгилениўи (Республика бюджетинен);

🔹Беруний, Əмиўдǝрья, Шымбай ҳǝм Қанлыкөл районларында аўыл хожалығы техникалары менен комплекс хызмет көрсетиўши техника-сервис орайларын мǝмлекетлик-жеке шериклик тийкарында шөлкемлестириў;

Бунда, «Өзагролизинг» жǝмийети тǝрепинен 160 дана аўыл хожалығы техникасы 10 жыл мүддетке 14 процент ставкада техника-сервис орайларына лизинг тийкарында берилиўи жолға қойылады;

🔹Аўыл хожалығы техникалары лизинг мүддетлери трактор ҳәм комбайнлар ушын 10 жылға шекем, агрегатларға 5 жылға шекем узайтылады;

🔹Аўыл хожалығы кǝрханалары ҳǝм исбилерменлик субъектлери тǝрепинен өз мүтǝжликлери ушын сырт елден алып келинетуғын сүрим тракторлары ҳǝм пахта териў машиналары бажыхана бажы төлемлеринен ҳǝм утилизация жыйымынан азат етилип, қосылған қун салығын 270 күнге шекем кешиктирип төлеўге рухсат берилмекте.

🔹Балықшылық хожалықлары жумысын еледе раўажландырыў мақсетинде «Қарақалпақбалық» бирлеспеси шөлкемлестирилиўи, барлық көллер усы бирлеспе балансына өткериў нǝзерде тутылған.

🔹Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳǝм агротехнологиялар институтына 2024-2025-оқыў жылынан баслап суў хожалығы ҳǝм мелиорация тǝлим бағдарына 100 қабыллаў квотасы ажыратылады.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM