Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Жоқарғы Кеңес Баслығы республикамыздағы экспортёр исбилерменлер менен оларды қыйнап киятырған машқалалар бойынша пикирлести

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев бүгинги күнде республикамыз аймағындағы экспорт пенен шуғылланыўшы исбилерменлер менен пикирлесиў, олардың өз жумысын алып барыўында ушырасып атырған машқалаларды анықлаў бойынша олар менен ушырасты.

Айтып өтиў керек, бүгинги күнде елимиздиң экономикасын беккемлеў ҳәм раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, экспортбап өнимлерди жетистириў ҳәм шет еллер менен саўда байланысларын орнатыўда экспортёр исбилерменлердиң тутқан орны айрықша. Оларды қоллап-қуўатлаў бағдарында бир қатар мүмкиншиликлер жаратылып, имканиятлар берилип атырған бир ўақытта айырым машқалалар да ушыраспақта.

Жоқарғы Кеңес Баслығы жақыннан сәўбетте исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалаларды тыңлады ҳәм ҳәр бир исбилермен қоллап-қуўатланатуғынлығы, олардың өз жумысын жолға қойыўында тосқынлық ететуғын ҳәр қандай басшыға тийисли жаза шарасы қолланылатуғынлығын, экспортёр исбилерменлердиң жумысын жетилистириў бойынша барлық илажлар көрилетуғынлығын атап өтти.

Ушырасыўда орынларда экспортбап өнимлерди жетистириў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, қоңсы ҳәм сырт мәмлекетлер менен саўда байланысларын күшейтиў, ислеп шығарылып атырған өнимлер экспортын кеңейтиў мәселелери сөз етилди.
Өз нәўбетинде исбилерменлер тәрепинен бир қатар әҳмийетли мәселелер көтерилди ҳәм ҳәр бир машқала Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынды.

Ушырасыў соңында ўазыйпалар белгилеп алынды ҳәм экспорт көлемин кеңейтиў илажларын көриў бойынша тапсырмалар берилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Янги Ўзбекистон ¬- миллатлараро тотувлик улуғланган мамлакатдир
«БИР-БИРИНИ ТУШУНИШ – БИР ХИЛ ТИЛДА СЎЗЛАШИШ ЭМАС,
БИР-БИРИНИ ТУШУНИШ – БИР ХИЛ ТУЙҒУНИ ҲИС ЭТИШДИР»
МАВЛОНО ЖАЛОЛИДДИН РУМИЙ.
Жаҳон ҳамжамиятидаги миллатларнинг бир-бирига аҳиллик ришталарини боғловчи ғоя бу - миллатлараро тотувлик ғояси яъни миллатпарварлик ғоясидир. Ҳозирги даврда миллатлараро тотувлик ғояси cайёрамизда яшаётган 1600 дан зиёд этник гуруҳларнинг тенг ҳуқуқлилик, ўзаро ҳурмат ва ҳамкорлик асосида тинч-тотув яшашлари учун ягона маърифий ғояларнинг биридир. Батафсил: https://telegra.ph/YAngi-Ўzbekiston---millatlararo-totuvlik-uluғlangan-mamlakatdir-07-31
Тўрткўл тумани "Тозабоғёп" овул фуқаролар йиғинида 30-июль - Халқлар дўстлиги куни кенг нишонланди