Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
15-may – xalqaro oila kuni munosabati bilan mamlakatimizda amalga oshiriladigan tadbirlar haqida Oila va xotin-qizlar qoʻmitasi axborot xizmati rahbari Saodat Boymirzayeva intervyusi.
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Янги таҳрирдаги Ўзбекистон Республикаси Конституциясини амалга ошириш бўйича биринчи навбатдаги чора-тадбирлар тўғрисида

Жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясын әмелге асырыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында

О первоочередных мерах по реализации Конституции Республики Узбекистан в новой редакции


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
❗️ Шаңарақлық бақшаларға 3 жасқа толмаған балаларды да қабыл етиўге рухсат берилген

📃 14.07.2022-жыл ПҚ–322-санлы «Мектепке шекемги билимлендириў тараўында мәмлекетлик-жеке шерикликти еле де раўажландырыў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилген.

Қарарға бола, 2022-жыл 1-сентябрден:

❗️ шаңарақлық мәмлекетлик емес бақшаларда:

🟢 қатнап атырған социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлар перзентлери ҳәм арнаўлы контингентлер саны тәрбияланыўшылар санының 70 процентинен кем болғанда, жетпеген бөлегине басқа шаңарақлардың балаларын қабыл етиўге рухсат етилди;

🟢 тәрбияшы ҳәм тәрбияшы-жәрдемши лаўазымлары ушын төрт ямаса беске шекем штат бирлигин ажыратыўға рухсат етилди;

🟢 тәрбияшы ҳәм тәрбияшы-жәрдемшилерине бюджеттен мийнет ҳақын қаплаў ушын субсидия туўрыдан-туўры усы хызметкерлердиң пластик картасына өткерип бериледи;

❗️ мәмлекетлик жеке-шериклик тийкарында жумыс алып барып атырған бақшаларда, шаңарақлық бақшаларда:

🟢 бюджеттен төленетуғын субсидия ҳәм компенсацияларды есаплаўда 3 жас ҳәм оннан жоқары жастағы, бирақ, 7 жыл 8 айдан үлкен болмаған жастағы тәрбияланыўшылар есапқа алынады;

🟢 ата-аналар төлеми муғдары бийғәрез түрде белгилеп 3 жасқа толмаған балаларды да қабыл етиўге рухсат бериледи.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығындағы делегация исбилерменликти раўажландырыў, киши бизнес субъектлерин қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумыслар менен танысыў мақсетинде Наманган ўәлаятына әмелий сапар менен барды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығындағы қала ҳәм район ҳәкимлери, исбилерменлик, инновациялар бойынша жуўапкерлерден ибарат делегация ағзалары тәжирийбе алмасыў, исбилерменликти раўажландырыў, киши бизнес пенен шуғылланыўшы исбилерменлик субъектлериниң жумысларын жолға қойыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде Наманган ўәлаятына барды.

Айтып өтиў орынлы, исбилерменлик субъектлери жумысларын нәтийжели жолға қойыў бойынша Наманган ўәлаяты алдынғы тәжирийбеге ийе аймақлардан есапланады. Сонлықтан, делегация ағзалары да Наманган тәжирийбелерин үйрениў мақсетинде усы аймақта әмелий сапарда болып турыпты.

Делегация ағзалары дәслеп Үйши районындағы Ёркатай киши санаат зонасы тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты.

Бул санаат зонасы улыўма 4,7 гектар майданда жайласқан болып, улыўма баҳасы 115 млрд. сумлық 26 жойбар әмелге асырылады. Усы жерде тийкарынан текстиль жөнелисиндеги кәрханалар жумыс алып барыўын жолға қойыў режелестирилген болып, 1730 жаңа жумыс орынлары жаратылады.

Буннан соң, Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығындағы делегация ағзалары ўәлаят ҳәкими Ш.Абдуразаков пенен бирге “Mega fayz teks” ЖШЖ тәрепинен жип ийириў арқалы материал гезлемелер өнимлерин ислеп шығарыў, “Agro sof zaxira” ЖШЖ тәрепинен тигиўшилик өнимлерин ислеп шығарыўды шөлкемлестириў, «Уйчи мед диагноз» ЖШЖниң носки өнимлерин ислеп шығарыў жойбарлары менен танысты.

Бул жерде усындай киши ислеп шығарыў кәрханаларының жумысларын жолға қойыў айрықша нәтийжели екенлиги атап өтилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
O‘quvchi yoshlarni nazorat qilish maqsadida...
To‘rtko‘l tumani Bolalar masalalari bo‘yicha komissiyasi ish-rejasiga muvofiq umumta’lim maktablari va kasb-hunar maktablari o‘quvchilarining majburiy ta’lim olishdan bosh tortib mashg‘ulotlarga uzrli sabablarsiz kelmayotgan, muntazam ravishda qatnashmayotgan o‘quvchilarni aniqlash va ularni ta’limga jalb qilish, voyaga yetmagan shaxsning tungi vaqtda ota-onasidan biri yoki ularning o‘rnini bosuvchi shaxslarning kuzatuvisiz ko‘ngil ochish (dam olish) joylarida bo‘lishiga yo‘l qo‘ymaslik maqsadida tumanda keng qamrovli “O‘quvchi”, “Davomat”, “Tig‘”, “Kunduzgi reyd”va “Tungi reyd” tadbilari o‘tkazilmoqda. To‘rtko‘l tumani hokimligi Axborot xizmati
WEB SAYT | IG | FB | TW|YT | TG