Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Янги умидлар байрами.

Қадим тарихга эга Наврўзи олам – шарқона янги йил ўзининг янгиланиш, баҳор нафасини бошлаб келиши, халқимизнинг табиати, онгу тафаккури, қалбига чуқур сингиб кетгани, ҳар қайси оила, ҳар қайси хонадонга шоду ҳуррамлик олиб кириши билан бирчамиз учун қадрли миллий байрамдир.

Тўрткўл тумани марказидан 70 км узоқликда жойлашган «Кўкча» овулида ҳам бугун байрам тантаналари кўтаринки рухда ўтказилди.

Батафсил: https://t.iss.one/turtkulhokim_uz
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Пүткил елимиз бойлап жасарыў ҳәм жаңаланыў, жақсылық ҳәм кеңпейиллик әййямы – Наўрыз улыўма халықлық байрамы жоқары шөлкемлескенлик пенен белгиленбекте.
Бүгин улыстыӊ уллы күни пайтахтымыздағы И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейи алдында көтериңки руўхта өткерилмекте.
Музей алды Наўрыз байрамына сай етип, ояныў пасылы бәҳәр ҳәм миллийлигимизди сәўлелендириўши безеўлер менен безетилген.
Байрам илажына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов қатнасты.
Наўрыз улыўма халықлық байрамы мүнәсибети менен көркем өнер шеберлери менен бирге жас талант ийелери тәрепинен атқарылған театрластырылған байрам тамашасы, миллий қосық ҳәм ойынлар жыналғанларға байрам кейпиятын инам етпекте.
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Наўрыз улыўма халықлық байрамы мүнәсибети менен пайтахтымыздағы Жаслар орайы алдындағы майданда да байрам сейиллери өткерилмекте.
Байрам илажына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов қатнасты.
Халқымыз миллий тиклениў ҳәм миллий раўажланыўдың жаңа басқышына қәдем қойған ҳәзирги ўақытта барлық ийгиликли қәдириятларымыздың ҳәм дәстүрлеримиз қатары Наўрыз байрамының да турмысымыздағы орны ҳәм әҳмийети артып бармақта.
Әсиресе, өсип киятырған жас әўладты кәмил инсанлар етип тәрбиялаўда, олардың қәлбинде ўатансүйиўшилик, миллий қәдриятларымызға ҳүрмет, тәбиятты қәстерлеп-абайлаў сыяқлы сезимлерди оятыўда бул әййемги байрам үлкен әҳмийетке ийе.
Байрам сейиллеринде халқымызға инам етилген концерт бағдарламалары ҳәм сахналастырылған байрам тамашалары жыйналғанларға үлкен заўық бағышлады.
Елимиз бойлап байрам сейиллери даўам етпекте.
Наврўз – қадим қадриятлар таровати.

Янгиланиш, яшариш фаслидир.Шукуҳли бу кунларда эса юртимизда Наврўз умумхалқ байрами кенг нишонланмоқда.Тўрткўл туманидаги “Шодлик” маҳалласи аҳли бугун янги фаслни сумалак сайли ва шўх куй-қўшиқлар билан кутиб олмоқдалар. Маҳалладаги янгидан қурилиб фойдаланишга топширилган уйларда янги қўшнилар жамлашиб сумалак пиширдилар. Онахонлар етказганига шукроналик билдириб дуога қўл очдилар.
Туман ҳокимининг ўринбосари Х.Матназаров ва Республика Маънавият ва маърифат маркази туман бўлинмаси раҳбари Ж.Сеттиевлар маҳалла аҳлини миллий байрамимиз билан қутладилар. Маданият саройининг хушовоз хонандалари эса шўх куй-қўшиқлари билан даврага ўзгача шукуҳ бағишладилар.
Тўрткўл тумани ҳокимлиги Ахборот хизмати.

👉 https://turtkulhokim.uz
🌐Ⓜ️anba: https://t.iss.one/turtkulhokim_uz
https://www.facebook.com/turtkultumani.hokimligi