Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасы
934 subscribers
6.4K photos
1.25K videos
11 files
3.64K links
Facebook: facebook.com/turism.rk
Instagram: instagram.com/qr_turizm
Youtube: www.youtube.com/channel/UCuGjtyDO2d

Мүрәжат ушын:
E-mail: [email protected]
E-xat: [email protected]
[email protected]
☎️ 61-222-31-16

Мәнзил: Нөкис, Н.Сараев көшеси 1/2
Download Telegram
Өзбекстан ҳәм Уллы Британия туризм тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелерин додалады

Өзбекстан делегациясының Уллы Британияға болған сапары шеңберинде Мәденият, медиа ҳәм спорт ислери министрлигиниң Халық аралық бирге ислесиў департаментиниң директоры Иан Аскоф пенен ушырасыў өткерилди.

Сөйлесиўлер даўамында туризм тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў, бул жөнелистеги бирге ислесиўди еки тәреплеме норматив-ҳуқықый базасын жетилистириў, мәмлекетлер ортасында өз-ара туристлик ағымын көбейтиў ис-илажлары, соның менен бирге Өзбекстан ҳәм Уллы Британияда өткерилетуғын халық аралық илажларда қатнасыў мәселелери талқыланды.

Ушырасыў соңында қоспа жойбарларды әмелге асырыў бойынша турақлы байланысларды, солар қатарында, экспертлер дәрежесинде даўам етиў бойынша келисимлерге ерисилди.

👉 t.iss.one/turizm_kr

Web-site|Telegram|Facebook|Instagram|Twitter|YouTube
“Туризм, миймандослық ҳәм туризм тараўындағы кәсиплик стандартлар” топламының биринши басылымы таярланды

Туризмди раўажландырыў илимий-иззертлеў институты рус ҳәм өзбек тиллеринде “Туризм, миймандослық ҳәм туризм тараўындағы кәсиплик стандартлар” топламының биринши басылымын таярлады.

Топламға институт қәнигелери тәрепинен 2020-2023 жыллар даўамында ислеп шығылған, туризм тараўындағы 60 тан аслам лаўазым ҳәм кәсиплерди өз ишине алған профессионал стандартлар киритилген.

Топлам бәрше мүликшилик формасындағы туризм кәрханалары басшылары, кадрлар бөлиминиң хызметкерлери, туризм тараўында билимлендириў шөлкемлери, соның менен бирге, студентлер ҳәм келешекте туризм тараўында искерлик жүритиў нийетинде болғанлар ушын мөлшерленген.

Топламды усы силтемелер арқалы жүклеп алсаңыз болады 👉

https://drive.google.com/file/d/1l6PRVKB8zEbtQ4JzotvKKMNJb3UzCEs3/view?usp=sharing

👉
t.iss.one/turizm_kr

Web-site|Telegram|Facebook|Instagram|Twitter|YouTube
Ҳүрметли исбилерменлер!

🇺🇿🇨🇳 Усы жылдың 16-июнь күни Қытайдың Циянь қаласынан Самарқанд қаласына дәслепки авиақатнаўды жолға қойыў, оның шеңберинде Қытайдың туризм тараўындағы исбилерменлери ҳәм ҒХҚ ўәкиллери ушын рәсмий сапар режелестирилген.

Соның менен бирге, 18-июнь күни саат 15.00де Самарқанд туристлик орайы "Silk Road by Minyon" мийманханасында “Өзбекстан - Қытай” туризм тараўындағы исбилерменлериниң бизнес форумы өткериледи.

Форумда қатнасыў ушын төмендеги силтеме арқалы регистрациядан өтсеңиз болады 👉 https://forms.gle/zrb9aEfXAQ8YdhH39

t.iss.one/turizm_kr

Web-site|Telegram|Facebook|Instagram|Twitter|YouTube
🏛 Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейи “Қурбан хайыт” байрамы мүнасибети менен байрам күнлери музейге кириў ушын 10% шегирме жәриялайды.

👉
t.iss.one/turizm_kr

Web-site|Telegram|Facebook|Instagram|Twitter|YouTube
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Өзбекстан Республикасы Туризм комитети жанындағы Туризмди раўажландырыў илимий-иззертлеў институты тәрепинен Өзбекстан пәнлер академиясы Зоология институты, Уллы Британияның Oxford университети, Сайғақты сақлаў халық аралық альянсы менен биргеликте Уллы Британияның Дарвин басламасы қорының көмегинде усы жылдың 6-11 май күнлери “Возрождение атаўы: табиятты сақлаў ҳәм Аралбойы аймағын раўажландырыў” халық аралық жойбарының шеңберинде жергиликли туристлик кәрхана ўәкиллери, гид-экскурсоводлар ушын инфотур шөлкемлестирилди.

Илажды өткериўден мақсет Возрождение атаўы, Арал теңизиниң қурыған түби ҳәм соған тутас аймақлар ҳаққында жаңа мағлыўматлар жыйнаў ҳәм жаңа турпактелерди ислеп шығыўдан ибәрат.

👉 t.iss.one/turizm_kr

Web-site|Telegram|Facebook|Instagram|Twitter|YouTube
Қурбан хайыт байрамы мүнәсибети менен ишки саяхатларға шегирмелер жәрияланды

Туризм комитети тәрепинен Қурбан хайыт байрамы мүнәсибети менен 2024-жылдың 16-18 июнь күнлери пуқаралардың демалыс ўақтын мазмунлы өткериў ҳәмде ишки туризм жөнелисинде саяхатларға тартыў мақсетинде Өзбекстан бойлап шегирмелер еңгизилди.

Атап айтқанда, елимизде жайласқан мәмлекетлик театрлар, мийманханалар ҳәм аўқатланыў орынлары тәрепинен берилген (ықтыярый) шегирмелер менен танысаңңыз болады.

👉 t.iss.one/turizm_kr

Web-site|Telegram|Facebook|Instagram|Twitter|YouTube
⚡️ПРЕМЬЕРА!

14-15 июнь күнлери Бердақ атындағы академиялық музыкалы театрында “Әжинияз” операсының премьерасы өткериледи

Композитор: Ѳзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына хызмет көрсеткен кѳркем ѳнер ғайраткери Нажимаддин Мухаммеддинов
Либретто авторы: Ѳзбекстан қаҳарманы, Ѳзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсупов

Басланыў ўақты саат 17.00де

Билетлер театр кассасында сатылмақта

Каналға ағза болыў 👉 t.iss.one/kar_anons
Қарақалпақстанда жаңадан ашылған авиарейслер сырт ел аудиториясына үгит-нәсият етилмекте

Усы жылдың июнь айынан баслап Стамбул ҳәм Алмата қалаларына жолға қойылған туўрыдан-туўры авиарейслер елимизге келиўши сырт елли туристлер ағымын көбейтиўде үлкен имкәният жаратады.

Бул авиарейслерди ғалабаластырыў ҳәм Европа мәмлекетлерине үгит-нәсият етиў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасы Өзбекстан Республикасының Уллы Британиядағы туризм елшиси Софи Ибботсон менен биргеликте жумыс алып барып атыр.

Пресс релизде бүгинги күнде Нөкистен Ташкент, Стамбул, Алмата ҳәм Москва қалаларына турақлы авиарейслер, И.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейи, Арал теңизи, экотуризм объектлери, археологиялык естеликлер, Орайлық Азиядағы ең ири музыка фестивали “СТИХИЯ” ҳәм Шымбай өнерментлери хаккында сөз етилген.

Буннан тысқары, мақалада елимизге келген турист дәслеп Нөкис қаласына келиўи ҳәм усы жерден Өзбекстан бойлап саяхатын даўам етиў имкәнияты айрықша атап өтилген.

👉 t.iss.one/turizm_kr
Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфера резерваты халық аралық онлайн журналының нәзеринде

Атақлы халық аралық “Wanderlust” онлайн журналы Өзбекстанның туристлик потенциалын үгит-нәсият етиўге қаратылған мақала жәриялады. “Өзбекстан тәбиятының кәраматлары” атлы мақаласында Өзбекстанның 7 экотуризм объектлери атап өтилген. Солар қатарына Беруний районы аймағында жайласқан Қарақалпақстанның тийкарғы экотуризм объектлериниң бири болған Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфера резерваты да киритилген болып, мақалада оның экосистемасы, бай фауна ҳәм флорасы ҳаққында мағлыўматлар келтирилген.

Мағлыўмат орнында атап өтиў тийис, 2021-жылы Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфера резерваты ЮНЕСКОныӊ Дүньяжүзлик резерватлар тармағына киритилген.

👉 t.iss.one/turizm_kr

Web-site|Telegram|Facebook|Instagram|Twitter|YouTube
Байрам күнлери қай жерлерге саяхат етсек болады?

Қурбан ҳайыты байрамы мүнәсибети менен мәмлекетимизде 15-18 июнь дем алыс күнлери етип белгиленди. Усы дем алыс күнлерин мазмунлы өткериў ҳәм жергиликли турғынлардың елимиз бойлап саяхат етиўи мақсетинде елимизде өткерилетуғын мәдений ҳәм кеўилашар илажлар дизимин усыныс етемиз.

15-июнь күни саат 19.00де – Нөкис қаласындағы орайлық амфитеатрда эстрада қосықшысы Бобурбек Арапбаевтың шоу концерти
15-июнь күни саат 17.00де - Бердақ атындағы академиялық музыкалы театрында “Әжинияз” операсы
16-июнь күни саат 17.00де - Бердақ атындағы академиялық музыкалы театрында "Перзент тәшўиши" спектакли
17-июнь күни саат 11.00де - Жас тамашагөйлер театрында "Мәстан кемпирдиң ҳийлеси" театрластырылған тамашасы
18-июнь күни саат 17.00де - Бердақ атындағы академиялық музыкалы театрында "Перзент тәшўиши" спектакли
18-июнь күни саат 11.00де - Жас тамашагөйлер театрында "Еркебайдың қылықлары" спектакли
15-18 июнь күнлери даўамында – Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейинде атақлы художниклер Мурат ҳәм Ажинияз Худайбергеновлардын "Урпақ денгейи" атлы көргизбеси.

👉 t.iss.one/turizm_kr

Web-site|Telegram|Facebook|Instagram|Twitter|YouTube
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев Самарқанд шаҳрида “БМТ Туризм” (Бутунжаҳон туризм ташкилоти) бош котиби Зураб Пололикашвили билан учрашув ўтказди.

Президент Республики Узбекистан Шавкат Мирзиёев провел в городе Самарканде встречу с генеральным секретарем «ООН Туризм» (Всемирной туристской организации) Зурабом Пололикашвили.

#Mirziyoyev #qabul #BMTTurizm #hamkorlik

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Ўзбекистон халқига Қурбон ҳайити табриги

Поздравление народу Узбекистана с праздником Курбан хайит

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Әзиз ўатанласлар!

Инсаныйлық, сабыр ҳәм қанаат, шүкиршилик тымсалы болған мүбәрек Қурбан ҳайытын үлкен қуўаныш пенен күтип алып атырған сиз әзизлерди қутлы әййям менен шын жүректен қутлықлаймыз.

Бәршениң кеўли қуўаныш ҳәм жақсылық нурына толып турған усы қуўанышлы демлерде Қурбан ҳайытына мийнеткеш ҳәм кеңпейил халқымыз бенен бирге аманлықта жеткергени ушын жаратқан ийемизге шексиз шүкиршилик билдиремиз.

Бүгингидей тыныш турмысымыздың қәдирине жетиў, жәмийетимизде ҳүким сүрип атырған түрли миллет ҳәм диний конфессиялар арасындағы кеңпейилликти, бир-биреўге болған өз-ара ҳүрмет орталығын және де беккемлеў ҳәммемиздиң тийкарғы ўазыйпамыз.

Сиз әзизлерди Қурбан ҳайыты менен және бир мәрте қутлықлап, шаңарақ, дос ҳәм жақынлар менен бирге пайызлы ҳәм мазмунлы өткериўиңизди тилеймиз.

Иләйим елимиз тыныш, халқымыз аман болсын.


Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Өзбекстан ҳәм Россия ортасындағы байланысларды беккемлеў ҳәм туризмди раўажландырыў

Өзбекстан Президентиниң туризм инфраструктурасын жақсылаў ҳәм сырт елли туристлер ағымын көбейтиў ис-илажларына арналған видеоселектор мәжилисинде берилген ўазыйпалар ҳәмде Россия Федерациясы Президентиниң усы жылдың май айында елимизге болған мәмлекетлик сапары даўамында ерисилген келисимлер шеңберинде туризм тараўында бирге ислесиў бойынша биринши мәжилис болып өтти.

Толық оқыў: https://uzbektourism.uz/news/view?id=3329

👉 t.iss.one/turizm_kr

Web-site|Telegram|Facebook|Instagram|Twitter|YouTube