Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасы
937 subscribers
6.37K photos
1.24K videos
11 files
3.62K links
Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасы

Beb-sayt: www.karakalpakstan.travel
Facebook: facebook.com/turism.rk
Youtube: www.youtube.com/channel/UCuGjtyDO2d


Мүрәжат ушын:
E-mail: [email protected]
E-xat: [email protected]
☎️ 61 222-31-16
Download Telegram
Ген план Нөкис қаласы.pdf
2 MB
Нөкис қаласының бас жобасы тастыйықланды

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 13-декабрьдеги №837 қарары тийкарында Нөкис қаласын комплексли раўажландырыў, қурылыс жумысларын жобаластырыў, олардың сапасы ҳәм дәрежесин арттырыў, қаланың архитектуралық-жобаластырыў келбетин, сондай-ақ, инфраструктурасын буннан былай да жақсылаў мақсетинде Нөкис қаласының бас жобасы тастыйықланды.

Нөкис қаласы бас жобасының жойбарында 2040-жылға шекемги дәўирде Нөкис қаласының Нөкис районы аймағына (876 гектар) кеңейиўи есапқа алынған.

Қарарға муўапық, Нөкис қаласының бас жобасы жойбарының тийкарғы шешимлери ҳәм техникалық-экономикалық көрсеткишлери тастыйықланды.

Нөкис қаласында 2040-жылдың соңына шекем:

Халықтың санының өсиўи – 312,4 мың адамнан 400,0 мың адамға көбейиўи прогноз етилген;
Қаланың аймағы – 12 507,0 гектардан 13 383,0 гектарға;
Елатлы пункттиң турақ жай аймағы – 5 030,2 гектардан 5 486,5 гектарға өзгериўи жобаластырылған.

Жаңа бас жобаға муўапық қалада еки административлик орай шөлкемлестириледи.

Биринши административлик орай – қаланың ҳәзирги ўақыттағы административлик орайы болып, Ислам Каримов, Әмир Темур ҳәм М.Жуманазаров көшелериниң кесилиспелери болып есапланады. Бул орай сақлап қалынады. Онда жайласқан Савицкий музейи, Еслеў майданы, мийманханалар, «IT-парк», демалыў бағы ҳәм басқа административлик ҳәм хожалық имаратларын қурыў ҳәм қайта оңлаў, ески имаратлар ҳәм объектлердиң орнына жаңа ҳәм заманагөй көп қабатлы имаратлар қурыў белгиленген.

Екинши административлик орай – қаланың қубла-батыс бөлиминдеги Нөкис районына шығатуғын көшелер ҳәм жойбардағы көшелериниң кесилиспесинде орналастырылады.

«Нукус Сити»диң бул орайлары киши ҳәм орта бизнести, банк филиаллары, турақ жай ҳәм жәмийетлик имаратлардың бизнести басқарыў менен байланыслы объектлерин бирлестиреди ҳәм 7 этаждан 16 этажға шекемги болған объектлер қурылады.

Нөкис қаласының жойбарлық шегарасы:

Арқада – Нөкис районы ҳәм «Дослық» каналының өзени бойлап;
Шығыста – киши айланба жолға шекем;
Батыста – Әмиўдәрьяға шекем;
Қубла тәрепте – санаат аймақларына шекем етип белгиленеди.

Шығыс ҳәм қубла бағдарлар қумлар менен оралғанлығы себепли жаңа турақ жай массивлери тийкарынан арқа-батыс тәрепте жайласады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Қысқы дем алыс дәўиринде жолаўшылардың темир жол транспорты қатнаўларына болған талабын қанаатландырыў мақсетинде 2024-жыл 15-декабрьден 2025-жыл 12-январьға шекем бир қатар жөнелислерде қосымша поезд қатнаўлары шөлкемлестириледи ҳәм вагонлар саны арттырылады:

✓ Қосымша қатнаўлар:

"Ташкент - Үргениш - Ташкент" жөнелисинде 2024-жыл 17-декабрьден баслап 18 қосымша қатнаў әмелге асырылады.

"Самарқанд - Ташкент - Самарқанд" жөнелисинде 2024-жыл 15-декабрьден баслап, "Афросиёб" тезжүрер электропоезды қосымша 30 қатнаўды әмелге асырады.

✓ Қосымша вагонлар:

"Ташкент - Қоңырат - Ташкент," "Ташкент - Термиз - Ташкент," "Ташкент - Үргениш - Ташкент" ҳәм "Ташкент - Сариосиё - Ташкент" жөнелислеринде 2024-жыл 20-декабрьден ҳәр күни 4 қосымша плацкарт вагонлары қосылады.

🚆Қишки таътил даврида йўловчиларнинг темир йўл транспорти қатновларига бўлган талабини қондириш мақсадида 2024 йил 15 декабрдан 2025 йил 12 январга қадар бир қатор йўналишларда қўшимча поезд қатновлари ташкил этилади ва вагонлар сони оширилади:

✓ Қўшимча қатновлар:

"Тошкент – Урганч – Тошкент" йўналишида 2024 йил 17 декабрдан бошлаб 18 та қўшимча қатнов амалга оширилади.

"Самарқанд – Тошкент – Самарқанд" йўналишида 2024 йил 15 декабрдан бошлаб, "Афросиёб" тезюрар электропоезди қўшимча 30 та қатновни амалга оширади.

✓ Қўшимча вагонлар:

"Тошкент–Қўнғирот–Тошкент", "Тошкент–Термиз–Тошкент", "Тошкент–Урганч–Тошкент" ва "Тошкент–Сариосиё–Тошкент" йўналишларида 2024 йил 20 декабрдан ҳар куни 4 та қўшимча плацкарт вагонлари қўшилади.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
🖼 20-декабрь күни Нөкис қаласындағы Көргизбе сарайында художник Василий Джапаровтың “Илхам” атлы жеке көргизбеси өткериледи

Басланыў ўақты саат 11.00де

📍Мәнзил: Нөкис қаласы, Бердақ (Төрткүл) гүзары 52а
Бағдар: “Президентская дача” қарама қарсысы

📞 99861-222-53-10

Көргизбеге кириў бийпул

Каналға ағза болыў 👉 t.iss.one/kar_anons
Дүньяның ең перспективалы туристлик мәнзиллери дизиминде Өзбекстан биринши орынды ийеледи

Wanderlust саяхат журналы ҳәр жылғы Reader Travel Awards сыйлығы ушын дүньядағы ең сүйикли мәңзиллерге даўыс бериў бойынша сораўнама өткереди. Бул жылы 168 мың саяхатшы 22 түрли тайыпада даўыс берди. Журнал аудиториясы өзлери унататуғын туризм жөнелислери ушын даўыс берген ҳәм нәтийжеде Өзбекстан ең перспективалы раўажланып атырған туризм жөнелиси деп тән алынды.

Журналда “Өзбекстан өзиниң тарийхый байлықларынан тысқары, Қызылқум сахрасының шексиз кеңликлеринен Арал теңизиниң жағаларына шекемги болған әжайип тәбийи көринислерине ийе екенлиги, бирақ бул гозаллық көбинесе итибардан шетте қалып қалыўы” атап өтилген.

Мағлыўмат орнында, Wanderlast саяхат журналы усы жылдың июнь айында Қарақалпақстанда жайласқан Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфера резерваты ҳаққында мақала жәрияланған.

👉 t.iss.one/turizm_kr

Web-site|Telegram|Facebook|Instagram|Twitter|YouTube
✈️«Нөкис – Мойнақ – Нөкис» жөнелиси бойынша  авиақатнаўлар 22-23-27-декабрь күнлери қайтадан жолға қойылады

Билетлерди +998938439291 байланыс номери ҳәм кассалар арқалы алсаңыз болады.

Дүйшемби, жума, екшемби:
Нөкис – Мойнақ: 🛫10:00 – 🛬10:35
Мойнақ – Нөкис: 🛫16:00 – 🛬16:35
_

✈️ «Нукус – Мўйноқ – Нукус» йўналиши бўйича авиақатновлар 22-23-27-декабрь кунлари яна йўлга қўйилмоқда

Билетларни +998938439291 алоқа рақами ва кассалар орқали ҳарид қиласиз.

Душанба, жума, якшанба:
Нукус – Мўйноқ: 🛫10:00 – 🛬10:35
Мўйноқ – Нукус: 🛫16:00 – 🛬16:35

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube
Жаңа жыл байрамы!

20-декабрьден баслап ҳәр күни кешки саат 19:00 де Нөкис қаласы орайындағы Жаңа жыл шыршасы жанында "Жаңа жыл" концерт бағдарламасы болып өтеди.

Онда елимиз сүйген қосықшылар ҳәм жас талант ийелери хызметиңизде болады.

Жаңа жыл байрамы тамашаларына бәршеңизди мирәт етемиз.

Жаңа жыл шыршасы жанында халқымызға жоқары кейпият инәм етиў ушын барлық мүмкиншиликлер жаратылған.

👉 t.iss.one/turizm_kr

Web-site|Telegram|Facebook|Instagram|Twitter|YouTube
Сўнгги йилларда иқтисодиётимизда пул кўпайгани, инвестиция лойиҳаларини барқарор молиялаштиришнинг мустаҳкам асоси яратилгани таъкидланди.

Жумладан, корхоналарнинг банклардаги маблағлари 20 триллион сўмга ошиб, 107 триллион сўмга етди. Аҳоли омонатлари ҳам 25 триллион сўмга кўпайиб, 105 триллион сўм бўлди.

Бу банкларимиз барқарор ривожланаётгани, уларга аҳоли ва тадбиркорларимиз ишончи ортиб бораётганидан далолат экани таъкидланди.

Йил якуни билан ажратилган жами кредитлар 275 триллион сўмни ташкил қилади. 2025 йилда бу 300 триллион сўмдан ошиши ҳисоб-китоб қилинган.

Айниқса, кичик бизнесга бериладиган кредитлар улуши ҳозирги 28 фоиздан 40 фоизга оширилиб, 120 триллион сўмга етказилади.

Тадбиркорлар эҳтиёжидан келиб чиқиб банкларимиз 2025 йилда четдан давлат кафолатисиз 6 миллиард доллар жалб қилиши режалаштирилган.

Соңғы жыллары экономикамызда пул көбейгени, инвестициялық жойбарларды турақлы қаржыландырыўдың беккем тийкары жаратылғаны атап өтилди.

Соның ишинде, кәрханалардың банклердеги қаржылары 20 триллион сумға артып, 107 триллион сумға жетти. Халықтың аманатлары да 25 триллион сумға көбейип, 105 триллион сумға жетти.

Бул банклеримиз турақлы раўажланып атырғаны, оларға пуқаралар ҳәм исбилерменлеримиздиң исеними артып атырғанынан дәрек екени атап өтилди.

Жыл жуўмағы менен ажыратылған жәми кредитлер 275 триллион сумды қурайды. 2025-жылы бул 300 триллион сумнан артыўы есап-китап етилген.

Әсиресе, киши бизнеске берилетуғын кредитлердиң үлеси ҳәзирги 28 проценттен 40 процентке арттырылып, 120 триллион сумға жеткериледи.

Исбилерменлердиң талабынан келип шығып банклеримиз 2025-жылы сырт елден мәмлекет кепиллигисиз 6 миллиард доллар тартыўы режелестирилген.

Facebook|Instagram|X
Туризм соҳасида ҳам катта ишлар қилинди. Тадбиркорларнинг 6,5 триллион сўм сармояси билан 24 минг ўринли меҳмонхоналар ишга тушди.

Келгуси йилда меҳмон ўринлари яна 30 мингга ошади. Тадбиркорлар бунга 10 триллион сўм инвестиция киритишга тайёр.

Бу йил ишга тушган 17 та йирик савдо ва туристик масканга қўшимча яна 25 та шундай мажмуа қўшилади.

Бўстонлиқда 10 миллиард долларлик “Sea Breeze” номли йирик марказ қурилишини бошлашга келишиб олинди. Шунингдек, мамлакатимизга дунёни нуфузли Swissôtel, Sheraton, Ritz-Carlton, Novotel, Pullman, Marriott, ibis, Mercure каби 23 та меҳмонхона брендлари кириб келаяпти.

Савдони ривожлантириш бўйича алоҳида компания очилиб, экспортни молиялаштириш учун 350 миллион доллар ажратилди. Натижада берилган ҳар 1 доллар ҳисобига тадбиркорлар 6 долларлик экспорт қилди.

Келгуси йилда бунга яна 300 миллион доллар берилиши белгиланди.

Туризм тараўында да үлкен жумыслар исленди. Исбилерменлердиң 6,5 триллион сум инвестициясы менен 24 мың орынлық мийманханалар иске түсти.

Келеси жылы мийман орынлары және 30 мыңға артады. Исбилерменлер оған 10 триллион сум инвестиция киргизиўге таяр.

Быйыл иске түскен 17 ири саўда ҳәм туристлик орынға қосымша түрде және 25 усындай комплекс қосылады.

Бостанлықта 10 миллиард долларлық "Sea Breeze" атамасындағы ири орай қурылысын баслаўға келисип алынды. Сондай-ақ, мәмлекетимизге дүняның абырайлы Swissôtel, Sheraton, Ritz-Carlton, Novotel, Pullman, Marriott, ibis, Mercure сыяқлы 23 мийманхана брендлери кирип келмекте.

Саўданы раўажландырыў бойынша өз алдына компания ашылып, экспортты қаржыландырыў ушын 350 миллион доллар ажыратылды. Нәтийжеде берилген ҳәр 1 доллар есабынан исбилерменлер 6 долларлық экспорт етти.

Келеси жылы буның ушын және 300 миллион доллар берилетуғыны белгиленди.

Facebook|Instagram|X
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Келгуси йилда туризм ва ташқи савдода тадбиркорлар учун имкониятлар янада кенгаяди

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X