Tariyx_Nukus
530 subscribers
2.31K photos
1.13K videos
255 files
1.8K links
Пән 📚 Ҳуқықтаныў, Тарийх, География
Телефон 📞 99 951-92-67, 88 355-89-87
Канал 👉 @tariyx_nukus, @huqiqtaniw_online
Топар 👉 @tariyx_online
Download Telegram
Жүретуғын китапхана, Лондон.

1930-жыл.

Каналымыз 👉 @tariyx_nukus
Төмендегилерди ислеў жаманлық алып келмейди:

▫️Сипсени тикейтип қойса, қублаға қаратса;
▫️Мийман кеткеннен кейин изинен сыпырылса;
▫️Бурыш, сипсе сыяқлы нәрселерди қолдан-қолға берсе;
▫️Алдынан қара пышық кесип өтсе;
▫️Босағада көрисилсе яки отырылса;
▫️Шеп қабақ тартса;
▫️Шеп алақан қышыса;
▫️Қораз биймәҳәл қышқырса;
▫️Бир күнде еки келин түсирген үйге еки келин бир ўақытта кирип барса;
▫️Байыўлы сайраса;
▫️Пәтия исленип атырғанда дастурқан үстинде бурыш яки пышақ турған болса;
▫️Сапар айында той берилсе;
▫️Сыпыраны жайған адамнан басқа адам жыйнастырса;
▫️Биреў тислеген нәрсени жесе;
▫️Кеседеги чай таўсылмастан үстине чай қуйылса;
▫️Адамның үстиндеги кийим тигилсе.

Бахыт яки бахытсызлық төмендегилерге байланыслы емес:

▫️Маңлайдың кеңлигине;
▫️Қолдың узынлығына;
▫️Дене ағзаларының көриниси ҳәм көлемине;
▫️Көздиң реңине;
▫️Билеттеги номерлердиң сәйкеслигине;
▫️Сынық айнаға қараўға;
▫️Дастурқан яки столдың мүйешине отырыўға;
▫️Сипсе яки оқлаўдың ушы менен түртиўге;

Дәрамат ҳәм берекетке төмендегилер тийкар болмайды:

▫️Чайдың үстиндеги көбикшелерин шашқа сүртиў;
▫️Оң алақан қышыўы;
▫️Биринши сатылған нәрсениң пулын барлық затларға тийгизип шығыў;
▫️Азанда ерте ҳешкимге, ҳәтте шаңарақ ағзаларына да пул бермеў.

Туўыўдың аўыр яки жеңил болыўы төмендегилерге байланыслы емес:

▫️Көрпе-төсеклерди астар тәрепи менен тақлағанына;
▫️Ҳәмиледарлық ўақтында тандырға пақалды тамыр тәрепи менен салынғанына;
▫️Емлеўханаға кетип баратырып, кийимлерди илгишлеринен шығарып яки кир жайыў ушын байланған жиплерди шешип ямаса шкаф сыяқлы буйымлардың есиклерин ашыўға;
▫️Суўда қайнатылған мәштиң тез ашылыўына.

Төмендегилер көз тийиўинен сақламайды:

▫️Дәрўазаның жоқарысына, үйдиң үстинлерине илдирилетуғын ҳайўанның гелле сүйеги, таға, әдираспан, бурыш сыяқлы нәрселер;
▫️Қолға, мойынға тағылған көзмоншақ, кийимге қадап қойылған илмешек.

Төмендегилерге исенсеңиз алжасасыз:

▫️Кешқурын (яки шийшемби, шемби ҳәм басқа күнлери) тырнақ алса, бир жаманлық келеди;
▫️Бөпени жума күни шомылдырыўға болмайды, саўабын көтере алмайды;
▫️Пәтия исленип атырғанда дастурқан үстинде пышақ турса, үйден берекет ушады;
▫️Қараңғы түскен соң сүт, қатық сатылса яки берилсе, сыйырдың сүти кемейеди;
▫️Азалы шаңарақ ағзалары марҳумның "қырқы шыққанша" мәйек жеўи гүна;
▫️Аўқатты алдын гөш пенен басласа, биринши перзенти ул болады;
▫️Аўқаттың қаспағын жеген яки қазан түбин жалаған қыздың тойында жамғыр жаўады;
▫️Еркек адам үйден шығар екен, жолын ҳаял адам кесип өтсе сол күни иси жүриспейди;
▫️Тири адамның бойын қарыслап яки бастан аяғына дейин метрлеп өлшеп болмайды, өлини өлшегендей болады;
▫️Жаңа туўылған нәрестени "қырқы шықпастан" жуўындырып, шаш ҳәм тырнақларын алып болмайды;
▫️Шемби күни қолдан пул кетсе, жарлылық келеди, керисинше пул келсе, байлық келеди;
▫️Сипсени қоңсыға бериўге болмайды, үйден берекет қашады;
▫️Қоңсыдан сипсе, ийне сораўға болмайды, жоқшылық келтиреди;
▫️Нанды дастурқанға тақ қойыўға болмайды, азалы жерде тақ қойылады;
▫️Сәршемби күни шаш-сақал алыўға болмайды, өйткени ол күни ҳәтте доңыз да түк тасламас екен;
▫️Тойғын көк реңли кийимди кийиўге болмайды, өйткени ол азадарлардың кийими есапланады.
▫️Кимниңдур өлими ушын жулдыз ақты десеңиз;
▫️Ыдыс-табақларды қазанның ишине салып жуўыў керек десеңиз;
▫️Нәрестени әйнектен узатыў, алыў керек десеңиз;
▫️Бесикти еки адам көтериўи керек десеңиз...

👆Әлбетте жақынларыңызға тарқатың!

© Sizler_ushın

📲 @tariyx_nukus

📲
@tariyx_online
🖼 Бердақ Қарғабай улы (1827-1900-жж)

© Барлықбай Айтмуратов

Каналымыз 👉 @tariyx_nukus
Нөкисте мектеп питкериўшилериниң Губкин атындағы университетке кириўи ушын бийпул таярлық курсы жолға қойылады

Толық 👉 https://kknews.uz/kk/92067.html

📲 @tariyx_nukus

📲
@tariyx_online
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
"Бу кунгача Овропа (Европа) халқи осмонга учар экан, бизда соч ва соқол низолари, овропаликлар денгиз остида сузар экан, бизда узун ва калта кийим жанжаллари. Овропа шаҳарлари бугун электр билан иситилур ва ёритилур экан, бизда мактабларда жўғрофия ва тиббиётни ўқитиш-ўқитмаслик ихтилофлари…"

Мунаввар Қори Абдурашидханов

Канал 👉 @tariyx_nukus
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Заковат

❗️Дыққат сораў...

📲 @tariyx_nukus

📲
@tariyx_online
1-декабрь – Қарақалпақ тилине Мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн

1989-жыл 1-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң сессиясында қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилди.

Қарақалпақстан Республикасының «Мәмлекетлик тил туўралы» Нызамының 1-статьясына муўапық: «Қарақалпақ тили – Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик тили болып табылады. Қарақалпақстан Республикасы өзиниң аймағында тилге байланыслы барлық мәселелерди шешиў ҳуқықына ийе».

Каналымыз 👉 @tariyx_nukus
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️1-декабрь — Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн!

Бир видео-роликте тарийх, миллийлик ҳәм поэзия.

Каналымыз 👉 @tariyx_nukus