SAWDA-SANAAT PALATASI QARAQALPAQSTAN RESPUBLIKASI BASQARMASI
517 subscribers
795 photos
78 videos
4 files
302 links
Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы

☎️+998(61) 222 15 02
☎️+998(61) 222 05 95
☎️+998(61) 222 00 58

Муражаат қылыў ушын:
Download Telegram
Қурбан ҳайыты 2023-жыл 28-июнь күни белгиленеди

Өзбекстан Мусылманлар мәкемеси Уламалар Кеңеси Ислам дини тәлийматлары ҳәм усы мағлыўматларға тийкарланған ҳалда диярымызда Қурбан ҳайытының биринши күни 2023-жыл 28-июнь күнине туўры келиўи ҳаққында қарар қабыл етти.

Дерек: @joqargikenes

🏢Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/+HxApGZXKzDcwMGNi
Forwarded from Бийбисара Худайназарова
Қарақалпақстан Республикасы бойынша 1156 исбилерменлик ушын жер участкалары мүлк ҳәм ижара ҳуқықы менен саўдаға шығарылды
e-auksion.uz
🔷Нөкис қаласы 5 (көриў)
🔷Әмиўдәрья районы 16 (
көриў)
🔷Беруний районы 69 (
көриў)
🔷Бозатаў районы 63 (
көриў)
🔷Қараөзек районы 113 (
көриў)
🔷Кегейли районы 117 (
көриў)
🔷Қоңырат районы 81 (
көриў)
🔷Қанлыкөл районы 58 (
көриў)
🔷Мойнақ районы 28
көриў)
🔷Нөкис районы 91 (
көриў)
🔷Тақыятас районы 48 (
көриў)
🔷Тахтакөпир районы 84 (
көриў)
🔷Төрткүл районы 125 (
көриў)
🔷Хожели районы 129 (
көриў)
🔷Шымбай районы 63 (
көриў)
🔷Шоманай районы 38 (
көриў)
🔷Елликқала районы 28 (
көриў)

🏢Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/+HxApGZXKzDcwMGNi
ЖОҚАРЫ НӘТИЙЖЕ КӨРСЕТКЕН БӨЛИМ ХЫЗМЕТКЕРЛЕРИ ХОШАМЕТЛЕНДИ.

🇺🇿 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен басқарманың жумысларын муўапықластырыў ҳәм усы жылдың май айында әмелге асырылған жумыслардың жуўмағы бойынша мәжилис өткерилди.

Мәжилисте Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы Х.Кайпназаров, басқарма баслығының орынбасарлары,бөлим баслықлары ҳәм олардың қәнийгелери, сондай-ақ,район (қала) бөлим баслықлары ҳәм қәнийгелери қатнасты.

Илажда дәслеп, Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы Х.Кайпназаров басқарманың қала ҳәм районлық бөлимлери тәрепинен май айында белгиленген ўазыйпалардың қанаатландырарлы түрде әмелге асырғанлығын ҳәм июль айында әмелге асырылыўы тийис болған бир қатар ис-илажлар ҳаққында айтып өтти.

Буннан соң, басқарма баслығыныӊ биринши орынбасары А.Сейтахов сөзге шығып, өз сөзинде барлық район (қала) бөлим баслықларына өз аймағында искерлигин алып барып атырған исбилерменлер ҳәм хызмет көрсетиўши коммерциялық банклер менен тығыз байланыс орнатыў арқалы оларға юридикалық хызметлер жолға қойыў ҳәм де турақлы түрде медиация өткерип барыў кереклигин айтып өтти.

Сондай-ақ, жыйналыста басқарма баслығыныӊ орынбасары М.Косназаров  2023-жыл июнь айында исбилерменлик субъектлерине хызмет көрсетиў сапасын ҳәм санын асырыў бойынша пикир ҳәм усынысларын билдирди.

Мәжилис даўамында басшылық етиўши көрсеткишлери жоқары болған Шоманай, Қанлыкөль ҳәм Қоңырат районлары басқармасының бөлимлери ушын қымбат баҳалы компютер ҳәм компютер техникалары салтанатлы түрде тапсырылды. Буннан тысқары, басқарманың барлық қала ҳәм район бөлими қәнийгелери Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен таярланған сертификатлар менен сыйлықланды.

Илаж соңында усындай иләжларды шөлкемлестириў бойынша ўазыйпалар белгиленип алынды.

🏢Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/sspchamberuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
ВЕЛОСИПЕД ҲӘМ ЖАСАЛМА ИНТЕЛЛЕКТ ЖАҢАЛЫҒЫ

🏢 "Acer" компаниясы жасалма интеллектке ийе велосипед ойлап тапты. Бул ақыллы велосипедтиң айырмашылығы сонда, оның ийеси узақласқанда автомат рәўиште қулыпланады ҳәм ийеси жақынласқан ўақытта өзинен-өзи қулыптан ашылады.

Егер де ол урлап кетилген жағдайда, ийеси оны аралықтан турып қулыплап таслап ҳәрекетин тоқтата алады. Сондай-ақ, ондағы орнатылған GPS локаторы жәрдеминде мәнзилин гүзетиў имкәнияты да бар.

♻️ Техникалық тәрептен велосипед сыпатлы дысклер, ҳаўасыз шиналар менен тәмийинленген.Ол бир мәрте қуўатланғаннан кейин 110 километрге шекем аралықты басып өте алады. Буннан тысқары велосипедтиң қуўаты арқалы жол-жөнекей мобил қурылмаларды да қуўатлап алыўға болады.

➡️ Максимал тезлиги 25 км/саат болған бул ақыллы қурылманың баҳасы еле белгили емес, сондай болса да оны қәнийгелер 1500-2500 АКШ долларына сатылыўын болжап атыр.

🏢 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/sspchamberuz
ҲҮРМЕТЛИ ИСБИЛЕРМЕНЛЕР!

🇺🇿Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы сизлерди усы жылдың 19-20-июль күнлери Будапешт қаласында болып өтетуғын Бизнес-форумына қатнасыўға мирәт етеди! Бул бизнес-форум Өзбекстан ҳәм Венгрия мәмлекетлери ортасындағы экономикалық шерикликти раўажландырыў мақсетинде шөлкемлестирилип атыр.

Усы мүнәсибет пенен түрли тараўларда экспорт-импорт шәртнамаларын дүзиўге ҳәм халық-аралық бирге ислесиўге қызығыўшылық билдирген жергиликли исбилерменлер усы жылдың 22-июнь сәнесине шекем Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасына келип хабарласыўы ямаса төмендеги байланыс телефонларына қоңыраў етип мағлыўмат алыўына болады:

📞 +998 (93) 920-77-78

☎️ +9989 (94) 212-55-77

➡️ Өз бизнесиңизди халық-аралық бирге ислесиў менен раўажландырың!

🏢Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети:

👉https://t.iss.one/sspchamberuz
МӘМЛЕКЕТИМИЗДЕГИ СЫРТҚЫ САЎДА АЙЛАНЫСЫ КӨРСЕТКИШЛЕРИ ҚАЙ ДӘРЕЖЕДЕ?

♻️ Өзбекстанның сыртқы саўда айланысы 2023-жылдың январ-май айларында 25,8 миллиард АҚШ долларын қурады.

📊 Статистика агентлиги мағлыўматларына қарағанда, 2022-жылға салыстырмалы усы жылы товар айланысы 5,2 миллиард АҚШ долларына (25,4% ке) асқан.

Өзбекстан сыртқы саўда айланысы шеңберинде бес айда экспорт 10,5 миллиард, импорт болса 15,3 миллиард АҚШ долларын қурады.

♻️ 2023-жылдың январ-май айларында Өзбекстан дүнияның 182 мәмлекети менен саўда экономикалық байланысларын беккемледи.
____

🔼Внешнеторговый оборот Узбекистана в январе-мае 2023 года составил 25,8 млрд долларов США.

По данным Агентства по статистике, товарооборот увеличился на 5,2 млрд долларов США (на 25,4%) по сравнению с аналогичным периодом 2022 года.

В объеме внешнеторгового оборота Узбекистана за пять месяцев экспорт составил 10,5 млрд, а импорт 15,3 млрд долларов США.

В январе-мае 2023 года Узбекистан вступал в торговые отношения со 182 странами мира.

🏢 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/sspchamberuz
ҲҮРМЕТЛИ ИСБИЛЕРМЕНЛЕР!

🇺🇿 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы сизлерди усы жылдың 24-25-июнь күнлери Сырдәрья ўәлаятының Гүлистан қаласында болып өтетуғын “Өзбекстан-Қытай” бизнес форумына белсене қатнасыўға мирәт етеди!

➡️ Бул бизнес-форум Өзбекстан ҳәм Қытай мәмлекетлери ортасындағы экономикалық шерикликти раўажландырыў мақсетинде шөлкемлестирилип атыр. Илажда Қытайдың 100 ден аслам компаниясы ўәкиллери қатнасыўы режелестирилген.

Усы мүнәсибет пенен халық-аралық бирге ислесиўге, Қытай менен саўда-шериклик қатнасықларын әмелге асырыўға қызығыўшылық билдирген ири бизнес субъектлери ўәкиллери усы жылдың 2023-жыл 22-июнь күни саат 17:00 ге шекем Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасына келип хабарласыўы ямаса төмендеги байланыс телефонларына қоңыраў етип мағлыўмат алыўына болады:

📞 +998 (93) 920-77-78

☎️ +9989 (94) 212-55-77

➡️ Өз бизнесиңизди халық-аралық бирге ислесиў менен раўажландырың!

🏢Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети:

👉https://t.iss.one/sspchamberuz
Forwarded from Бийбисара Худайназарова
e-auksion.uz платформасы арқалы 4564 дан артық көшпели саўда жерлерин ижараға алыӊ!

🟢
Нөкис қаласы 929 (қараңыз)
🟢 Әмиўдәрья районы 306 (қараңыз)
🟢 Беруний районы 199 (қараңыз)
🟢 Бозатаў районы 132 (қараңыз)
🟢 Қараөзек районы 212 (қараңыз)
🟢 Кегейли районы 192 (қараңыз)
🟢 Қоңырат районы 336 (қараңыз)
🟢 Қаңлыкөл районы 197 (қараңыз)
🟢 Мойнақ районы 194 (қараңыз)
🟢 Нөкис районы 193 (қараңыз)
🟢 Тақыятас районы 239 (қараңыз)
🟢 Тахтакөпир районы 193 (қараңыз)
🟢 Төрткүл районы 373 (қараңыз)
🟢 Хожели районы 252 (қараңыз)
🟢 Шымбай районы 339 (қараңыз)
🟢 Шоманай районы 193 (қараңыз)
🟢 Елликқала районы 62 (қараңыз)

 🏢 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/sspchamberuz
ОНЛАЙН ОҚЫЎ СЕМИНАРЫ БОЛЫП ӨТТИ.

🌱Ҳәзирги күнде пүткил дүнья жүзи бойлап тәбият ресурсларынан үнемли пайдаланыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, суў ресурсларын тежеў актуал мәселеге айланып үлгерди. Бул бағдарда Республикамызда нәтийжели жумыслар алып барылмақта.

🇺🇿Атап өтетуғын болсақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 2-декабрдеги «2030-жылға шекем Өзбекстан Республикасының «жасыл» экономикаға өтиўине тийкарланған жумыслардың нәтийжелилигин асырыў бойынша ис-илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-436-санлы қарарына муўапық усы жылдың 20-21-22-июнь күнлери «Жасыл экономикаға өтиўди режелестириў, оны әмелге асырыў нәтийжелилигин турақлы баҳалап барыў» бойынша онлайн семинар-тренинг болып өтти.

🏢 Семинарға Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының Сыртқы экономикалық искерлигине көмеклесиў бөлими баслығы А.Кутмамбетов, аймақтағы искерлик жүритип атырған исбилерменлик субьектлери қатнасты. Онлайн илажды шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет-«жасыл» экономикаға өтиў бойынша мәмлекетлик ҳәм жеке меншик шөлкем ўәкиллериниң билим ҳәм көнликпелерин жетилистириў, олардың  технологиялық раўажланыўын беккемлеўден ибәрат.

➡️ Шөлкемлестирилген 3 күнлик онлайн оқыў курсы даўамында қатнасыўшыларға “жасыл” экономика түсиниги ҳәм абзаллық тәреплери, ана тәбиятымыз ресурсларынан үнемли пайдаланыў, мәмлекетимизде қайта тикленетуғын энергия дереклерин әмелиятқа енгизиў, “жасыл” экономиканы каржыландырыў дереклери ҳәм инструментлери, жергиликли аймақларда “жасыл” инвестицияларды қоллап қуўатлаў негизинде ислеп шығарыўдың сапасын жақсылаў бағдарында тәжирийбели тренерлердиң докладлары тыңланды.

Семинар соңында қатнасыўшы исбилерменлик субьектлери өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды, сондай-ақ, тәбият ресурсларынан ақылға муўапық пайдаланыўға тийкарланган әмелиятты енгизиў бойынша пикир-усынысларын айтып өтти.

🏢 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/sspchamberuz