Shimbay.uz
6.78K subscribers
32.3K photos
5.69K videos
32 files
11.7K links
Download Telegram
Forwarded from SHÍMBAY JASLARÍ
#Саида Мирзиёева: «Аллаҳ таала бизлерге сынаў жиберип, өзимизди дүзетиўге үндеп атырғандай»

Миллий масс-медианы қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў жәмийетлик фонды Ўәсийлик кеңеси баслығының орынбасары Саида Мирзиёева пүткил дүнья бойлап тарқалған коронавирус пандемиясы дәўиринде де өзиниң хызмет ўазыйпасын орынлап атырған адамларға өзиниң миннетдаршылығын билдирди.

Пүткил дүньяда карантин. Бундай жағдай усы ўақытқа шекем болмаған, мен еслей алмайман. Бүгинги күнде турмысымызда болып атырған ўақыяларға басқа ракурстан қаралса, адамзат қайтадан тәрбияланып атырғанға қусайды. Тап оның жүзине айна тутылғандай.

Жақсы менен жаманды ажыратып алыў ўақты келгендей. Аллаҳ таала бизлерге сынаў жиберип, өзимизди дүзетиўге, көбирек жақсылық, қайырлы ислерди әмелге асырыўға үндеп атырғандай. Коронавирус адамлар өзиниң шаңарағы, жақынлары менен бирлесип, меҳир-ақибетти күшейтиў, инсап, диянатқа шақырыў ушын жиберилгенге уқсайды.

Усындай дәўирде ҳәммени үйде қалыўға шақырып, өзлери жумыс ислеўди даўам етип атырған сатыўшы, кассир, дәриханалар ҳәм ҳуқуқты қорғаў органларының хизметкерлери, армия, шыпакер, ушыўшылар, шофёрлар, нанбайшылар ҳәм ең әҳмийетлиси журналист ҳәм блогерлер – ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери ҳәм де елимиз ушын өзиниң ден-саўлығын, өмирин қәўипке қойған пидәйы инсанлар!

Сизлерден миннетдармыз. Сизлер де үйиңизде отырыўыңыз мүмкин еди. Бирақ, сизлер халық хызметин де болыўды сайладыңыз. Буның саўабы жүдә уллы болса керек.
Сизлер бар екенсизлер, бизлер қәўетер алмасақта болады. Аллаҳым бул сынаў дәўринен биргеликте аманлықта өтип алайық!

Саида Мирзиёева, Миллий масс-медианы қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў жәмийетлик фонды Ўәсийлик кеңеси баслығының орынбасары.

💎 @nursultannurniyazovblogi