Shimbay.uz
9.96K subscribers
30.7K photos
5.27K videos
30 files
11.2K links
Download Telegram
Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң екинши сессиясы болып өтти

Толық мағлыӯмат :
https://shimbay.uz/9460.html

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў : 👉
https://t.iss.one/shimbayrk
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#BRIFING

Hududlar kesimida  murojaatlar e'tiborda O'zbekiston Respublikasi Prezidentining Chimboy tumanidagi Xalq qabulxonasining boshlig'i  A.Ajimuratov ishtirokida brıfıng.

Сhimboy tumani hokimligi Axborot xizmati

Telegram : 👉
https://t.iss.one/shimbayrk
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
ПРОКУРОР КУБОГЫ УШЫН БЕЛЛЕСИЎ ӨТКЕРИЛДИ

       Шымбай район прокуроры, 2-сектор баслығы Р.Халмуратов басламасы менен жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде ҳәр түрли спорт ҳәмде басқада мәдений илажлар өткерилип келинбекте.

       Сол тийкарда, бүгин сектор баслығы өзине аталыққа бириктирилген 6 шы тайпаға кириўши, яғный “Профессионал тәлим”де оқып атырған кәсип-өнер ҳәм лицей оқыўшы жаслары ортасында ер балалар ҳәм қыз балалар арасында спорттың шахмат түри бойынша жарыс өткерилди.

       Илажға, Шымбай районы ИИБ баслығы А.Машарипов қатнасып, оқыўшы жасларға әўметлер тиледи.
Жарыс жуўмағына көре, қызлар ҳәмде жигитлер категориясында ең мүнәсиплери жеңимпаз болып, район прокуратурасы тәрепинен естелик саўғалары тапсырылды. Жарыс жуўмағына көре:
 
       Ер балалар арасында сыйлы 1-орынды Қаржаўбаев Самир, 2-орынды Амангелдиев Асылбек ҳәмде 3-орынды Сарыбаев Алпамыс ийеледи.

       Қыз балалар арасында 1-орынды Бахтиярова Жансулыў, 2-орынды Нәдирбаева Қуралай ҳәмде 3-орынды Салимова Севара ийеледи.

       Бул бағдарда илажлар даўам етпекте.
СЕКТОР РАҲБАРИНИНГ НАВБАТДАГИ САЙЁР ҚАБУЛИ ЎТКАЗИЛДИ

       Бугун Чимбой туман прокурори, 2-сектор раҳбари Р.Т.Халмуратов томонидан аҳоли билан бевосита ва очиқ мулоқот қилиш, аҳоли кайфиятига салбий таъсир этадиган тизимли муаммоларни аниқлаш ҳамда уларни қисқа муддатларда қонуний ҳал этиш мақсадида «Темир жол гузары» МФЙда сайёр қабул ўтказилди.

       Қабулга, Ўзбекистон Республикаси Президентининг Чимбой туманидаги Халқ қабулхонаси мудири А.Ажимуратов қатнашди.

       Сайёр қабулда 16 нафар жисмоний ва юридик шахсларнинг вакиллари қабул қилинди.

       Қабулда фуқаролар томонидан электр таъминоти, йўл қурилиши, ичимлик сув таъминоти ҳамда аҳоли томорқа ерларига сув масаласи, шунингдек, бошқа ижтимоий-иқтисодий масалаларга доир жами 9 та мурожаатлари тингланди.

       Қайд этилган мурожаатларнинг 3 таси жойида ижобий ҳал қилиниб, 2 таси бўйича ҳуқуқий тушунтиришлар берилди.

       Ҳал этилиши, қўшимча ўрганиш ва вақт талаб этадиган мурожаатлар алоҳида назоратга олиниб, ижрога қаратилди.

       Бу борадаги ишлар давом этмоқда.
СПОРТТЫҢ «ФУТБОЛ» ТҮРИ БОЙЫНША «ПРОКУРОР КУБОГЫ» ӨТКЕРИЛДИ

       Шымбай район прокуроры Р.Т.Халмуратов өзине аталыққа бириктирилген 7 шы тайпаға кириўши, яғный «Жоқары оқыў орнын»да тәлим  алып атырған студент-жаслар менен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Шымбай филиалында ашық сәўбетлесиў өткерген еди.

       Ушырасыўда студент-жаслар тәрепинен сектор баслығына жаслардың бос ўақытларын мазмунли өткериў мақсетинде спорттың «Футбол» түри бойынша жарыс шөлкемлестирип бериўлерин айтып өз усынысларын билдирди.

       Жаслардың билдирген усынысларын унамлы шешиў мақсетинде бүгин Шымбай районы прокуроры, 2-сектор баслығы Р.Т.Халмуратов басламасы менен студент-жаслар арасында спорттың  «Футбол» түри бойынша жарыс өткерилди.

       Оған 9 команда қатнасып, жәми 60 тан аслам студент-жаслар белсендилик көрсетти ҳәм жарыс соңында жеңимпаз командаларға диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар тапсырылды.

       Иләжге, Шымбай районы ИИБ баслығы А.Машарипов қатнасты.

       Жарыс жуўмагына көре сыйлы 1-орынды «Дене мәденияты» қәнийгелиги 2-курс студентлери,  2-орынды «Дене мәденияты» 1-курс ҳәмде 3-орынды «Бухгалтерия» қәнийгелиги студент-жаслары ийеледи.

       Сондай-ақ, сол жерде тәлим алып атырған студент қызлардың бос ўақытларын мазмунли өткериў мақсетинде мәдений илажлар ҳәмде концерт бағдарламасы шөлкемлестирилип берилди.

       Бул бағдарда илажлар даўам етпекте.