Shimbay.uz
8.91K subscribers
28.9K photos
4.76K videos
29 files
10.7K links
Download Telegram
Кеўил билдириў

Усы жылдың 22-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген санаат хызметкери, белгили мәмлекетлик ғайраткер Худайберген Айманов 68 жасында дүньядан өтти.

Худайберген Айманов 1956-жылы Нөкис қаласында туўылған. 1973-1974-жылларда Нөкис авиаотрядының жанылғы-майлаў материаллары бөлиминде қоймашы лаўазымында мийнет жолын баслаған болып, 1976-1979-жылларда Нөкис авиаотрядының авиатехниги лаўазымында, буннан соңғы жылларда "Тақыятас нефть базаси" унитар кәрханасының үлкен диспетчери, бас инженери, директоры лаўазымларында жемисли мийнет етти.

Ғәрезсизлигимиздиң дәслепки жылларында Республикалық "Нефтөнимлери тәмийнаты" кәрханасы директорының орынбасары, 1995-2002-жылларда "Шымбай нефть базасы" унитар кәрханасының директоры, 2002-2003-жылларда "Қарақалпақнефтөнимлери" кәрханасының директоры лаўазымларын табыслы атқарды.

Худайберген Айманов 2003-2004 ҳәм 2006-2009-жылларда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Санаат, қурылыс, транспорт, саўда ҳәм байланыс мәселелери комитети баслығы сыпатында елимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысында, санаат, қурылыс ҳәм басқа да тараўлардың раўажланыўында, нызам дөретиўшилиги ҳәм орынланыўын тәмийинлеў бағдарында да нәтийжели жумыс алып барды.

Буннан соңғы жылларда "Ўзтрансгаз" акционерлик компаниясы "Шимолгазтаъминот" унитар кәрханасы директоры ўазыйпасын атқарыўшы лаўазымларында ҳәм өмириниң ақырына шекем "Ҳудудгазтаъминот" акционерлик жәмиети "Ҳудудгаз Қарақалпақстан" газ тәмийнаты филиалының директоры лаўазымларында өз ўазыйпасын жуўапкершилик пенен атқарды.

Худайберген Айманов қайсы лаўазымда ислеседе, өзин мийнетсүйгиш, терең билимли, истиң көзин билетуғын шебер шөлкемлестириўши басшы сыпатында таныта билди. Ол республикамыз санаатын раўажландырыўдай үлкен ўазыйпаны атқарыўда өзиниң салмақлы үлесин қосып, бир неше шәкиртлер таярлады. Оның мийнетлери өз ўақтында мүнәсип баҳаланып, «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген санаат хызметкери» атағы менен сыйлықланды.

Халқымыз ийгилиги ушын аянбай мийнет еткен қәдирли инсан, белгили санаат тараўы хызметкери, сиясий-жәмийетлик ғайраткер, үлгили устаз Худайберген Аймановтың жарқын естелиги халқымыздың ядында узақ сақланып қалады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси,
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ютуб (YouTube) каналы өз жумысын баслады

Сиз бул жерде Президентимиз басшылығында Қарақалпақстан Республикасында әмелге асырылып атырған реформалардың турмысымызда сәўлелениўи, халқымыз абаданлығын тәмийинлеў жолындағы ийгиликли ислерден хабардар боласыз.

Соның менен бирге Жоқарғы Кеңес, ҳүкимет ҳәм депутатлардың жумыслары жөнинде кеңнен мағлыўматлар берип барылады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
#Дыққат_вакансия

⚡️Президент жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлер менен биргеликте төмендеги вакант лаўазымларға ашық таңлаў жәриялайды.

🔷 Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги:


▫️ Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм ҳуқуқый қадағалаў секторы баслығы.

🔷 Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлиги:

▫️ Хожели районлық бөлими: санаатты раўажландырыў бойынша бас қәниге.

▫️ Тахтакөпир районлық бөлими: санаатты раўажландырыў бойынша бас қәниге.

▫️ Шымбай районлық бөлими: санаатты раўажландырыў бойынша бас қәниге.

▫️ Бозатаў районлық бөлими: санаатты раўажландырыў бойынша бас қәниге.

▫️ Әмиўдәрья районлық бөлими: санаатты раўажландырыў бойынша бас қәниге.

▫️ Беруний районлық бөлими: санаатты раўажландырыў бойынша бас қәниге.

▫️ Қараөзек районлық бөлими: санаатты раўажландырыў бойынша бас қәниге.

▫️ Елликқала районлық бөлими: санаатты раўажландырыў бойынша бас қәниге.

▫️ Тақыятас районлық бөлими: санаатты раўажландырыў бойынша бас қәниге.

❗️Aрзалар 24.09.2024-жыл саат 23:59 ға шекем қабыл етиледи.

Ҳүжжетлерди жибериў бойынша видеоқолланба.

@ARGOS_QR
Қарақалпақстан Республикасы бойынша 2886 исбилерменлик ушын жер участкалары мүлк ҳәм ижара ҳуқықы менен саўдаға шығарылды !!!
e-auksion.uz
🔷Нөкис қаласы 35 (көриў)
🔷Әмиўдәрья районы 11 (
көриў)
🔷Беруний районы 292 (
көриў)
🔷Бозатаў районы 186 (
көриў)
🔷Қараөзек районы 247 (
көриў)
🔷Кегейли районы 154 (
көриў)
🔷Қоңырат районы 202 (
көриў)
🔷Қанлыкөл районы 145 (
көриў)
🔷Мойнақ районы 266
көриў)
🔷Нөкис районы 226 (
көриў)
🔷Тақыятас районы 99 (
көриў)
🔷Тахтакөпир районы 176 (
көриў)
🔷Төрткүл районы 310 (
көриў)
🔷Хожели районы 166 (
көриў)
🔷Шымбай районы 114 (
көриў)
🔷Шоманай районы 149 (
көриў)
🔷Елликқала районы 108 (
көриў)

социаллық
тармақларда:
Telegram | Facebook | Instagram | Youtube
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
22 сентябрь – Бутунжаҳон автомобилсиз кун

Халқаро акциядан кўзланган мақсад мегаполислар аҳолисининг эътиборини автомобилларнинг ҳаддан ташқари кўплиги ва уларнинг атроф-муҳитга салбий таъсирига қаратишдан иборат.

Транспорт вазирлиги БМТ Тараққиёт дастурининг Ўзбекистондаги Ваколатхонаси билан ҳамкорликда “TAILEV” лойиҳаси доирасида барчани кам углеродли жамоат транспортидан мунтазам фойдаланишга чорлайди.

Telegram | Facebook | Instagram | Медиабанк
Қарақалпақ миллий көркем өнери Қубла Кореядағы дүньяжүзлик фестивальда кең үгит-нәсият етиледи

Усы жылдың 25-29-сентябрь күнлери Қубла Кореяның Чхонан (Cheonan) қаласында «Cheonan world dance festival 2024» дүньяжүзилик фестивалы өткериледи. Фестивальда дүңьяның көплеген халықларының миллий ҳәм заманагөй аяқ ойыншылары, соның менен бирге фольклор ҳәмде миллий эстрада қосықшылары қатнасады. Фестивальда «Айқулаш» қарақалпақ мәмлекетлик миллий ансамбли, фольклор атқарыўшылары ҳәмде миллий эстрада қосықшылары қатнасады.

Мағлыўмат орнында, «Cheonan world dance festival» 2003-жылдан берли өткерилип, 2020-жыл Қубла Кореяның абыройлы мәденият ҳәм туризм фестивалы сыпатында тан алынған. 2023-жылы бул фестивальда пүткил дүньядан 870 мың көркем өнер ўәкиллери қатнасқан.

Қорақалпоқ миллий санъати Жанубий Кореядаги бутунжаҳон фестивалида кенг тарғиб этилади

Жорий йилнинг 25-29 сентябрь кунлари Жанубий Кореянинг Чхонан (Cheonan) шаҳрида «Cheonan world dance festival 2024» бутунжаҳон фестивали ўтказилади. Фестивалда дунёнинг қатор халқларининг миллий ва замонавий раққослари, шунингдек, фольклор ва миллий эстрада хонандалари иштирок этишади. Шулар қаторида, ушбу фестивалда “Айқулаш” қорақалпоқ давлат миллий ансамбли, фольклор ижрочилари ҳамда миллий эстрада хонандалари қатнашади.

Маълумот ўрнида, «Cheonan world dance festival» 2003-йилдан буён ўтказилиб, 2020-йилда Жанубий Кореянинг нуфузли маданият ва туризм фестивали сифатида тан олинган. 2023-йилда ушбу фестивалда бутун дунёдан 870 минг санъат вакиллари иштирок этишган.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң алпыс тоғызыншы сессиясына шақырылады

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң алпыс тоғызыншы сессиясы 2024-жыл 24 – сентябрь күни саат 16:00 де Шымбай районы ҳәкимлигиниӊ мәжилислер залында болып өтеди.

Сессия Шымбай районы ҳәкимлигиниӊ facebook каналы арқалы туўрыдан-туўры алып көрсетиледи.

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў : 👉
https://t.iss.one/shimbayrk
Президент Шавкат Мирзиёев раислигида қурилиш индустрияси ва қурилиш материаллари тармоғини ривожлантириш чора-тадбирлари муҳокамаси бўйича видеоселектор йиғилиши ўтказилди.

Под председательством Президента Шавката Мирзиёева состоялось видеоселекторное совещание, посвященное обсуждению мер по развитию строительной индустрии и отрасли строительных материалов.

#Mirziyoyev #videoselektor #qurilish #materiallar

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Ҳафтанинг энг муҳим воқеалари шарҳи: Давлатимиз раҳбари "Марказий Осиё - Германия" иккинчи саммитида иштирок этди. Хорижий давлатларнинг янги тайинланган элчилари Ўзбекистон Президентига ишонч ёрлиқларини топширди.

Ҳәптениң ең әҳмийетли ўақыяларына шолыў: Мәмлекетимиз басшысы “Орайлық Азия - Германия” екинши саммитинде қатнасты. Сырт мәмлекетлериниң жаңа тайынланған елшилери Өзбекстан Президентине исеним жарлықларын тапсырды.

Обзор важнейших событий за неделю: Глава государства принял участие во втором саммите «Центральная Азия – Германия». Вновь назначенные послы иностранных государств вручили верительные грамоты Президенту Узбекистана.

Facebook|Instagram|X
Ҳүрметли ата-аналар!!!

Қарақалпақстан медицина институты Университет Клиникасында туўма нуқсан менен туўылған балаларға кең түрдеги диагностика, жоқары технологиялық операция арқалы жәрдем көрсетилмекте.

Кейинги 2 жыл ишинде мыңнан (1000) аслам жоқары технологиялық операциялар исленди, соның ишинде 87 туўма жүрек нуқсанлы балаларға Кардиохирургиалық операциялар әмелге асырылды. Барлық операциялар жүдә жақсы нәтийже берди. Бундай жоқары технолгиялық операцияларға Ташкент, Самарқанд, Россия, Австрия, Корея, Америкадан шыпакерлер келип жәрдем берди.

Клиникада тийкарынан төмендеги кеселликлер емленеди:

1. Туўма жүрек нуқсаны

2. Ишки органлар туўма нуқсан кеселлиги

3. Ортопедиялық (аяқ, қол буўынлары) туўма нуқсан

4. Балаларда дисплазия

5. Қулақ, мурын туўма нуқсан

6. Қан системасы онкологиялық кеселликлер

7. Балалар онкология кеселликлери


Жоқарыда келтирилген кеселлиги бар балалар район ҳәм қалалық емлеўханалар, поликлиникаларынан жоллама (направление) менен келиўи керек. Диагностика ҳәм емлеў – Клиникаға жатқан балаларға бийпул.

ҚМИ Клиникасы тәрепинен районларда консультациялар бериледи.
Анықланған кеселликлерди емлеў ушын Ташкент қаласынан қәнийгелер келип операция ислейди.

Бундай операцияларға жазылыў ушын:

• Клиникада 2-3 күн ишинде тексериўден өтип Диагноз анықланыўы керек;

• Тийисли кеселликлер Ташкент қаласындағы шыпакерлер менен консультация арқалы операцияға дизимге алынады ҳәм операцияға таярланады;

• Анықланған ҳәм таярланған наўқасларға операция исленеди.

Октябрь айында – Жүрек нуқсан кеселлиги, ишки органлар туўма нуқсан кеселликлер, қулақ туўма нуқсан, ортопедиялық (буўын) кеселликлер бойынша бир топар қәнийгелер Ташкенттен келип операциялар ислейди.

Операция ислениўге мүтәж балалар, ҚМИ Клиникасында дизимнен, Клиникада жатып тексериўден өтип, таярланыўы керек.

Мағлыўмат ушын телефон:
+998913955644

Ҳурматли ота-оналар!!!

Қорақалпоғистон тиббиёт институтининг Университет клиникасида туғма нуқсон билан туғилган болаларга кенг қамровли диагностика ва технологик жарроҳлик амалиётлари ўтказилади.

Кейинги 2 йил давомида мингдан (1000) ортиқ технологик операциялар амалга оширилди, шу жумладан, 87 нафар туғма юрак нуқсони бўлган болалар. Барча операциялар жуда яхши натижалар берди. Бундай технологик операцияларга Тошкент, Самарқанд, Россия, Австрия, Корея, Америка каби давлатлардан шифокорлар ёрдамга келишди.       

Клиникада қуйидаги касалликлар даволанади:

1. Юрак туғма нуқсони

2. Ички органларнинг туғма нуқсонлар касалликлари

3. Ортопедик (оёқ, бўғим) туғма нуқсони

4. Болалардаги дисплазия 

5. Қулоқ ва буруннинг туғма шикастланиши

6. Қон тизимининг онкологик касалликлари

7. Болалар онкологик муаммолари


Юқорида қайд этилган касалликларга чалинган болалар туман ва шаҳар шифохоналари, поликлиникаларидан йўллама билан келиши керак.

Диагностика ва даволаш – Клиникада даволанаётган болалар учун бепул. ҚТИ клиникаси томонидан туманларда маслаҳатлар берилади.

Аниқланган муаммоларни бартараф этиш мақсадида тошкентлик жарроҳлар томонидан операция қилинади.

Бундай операцияларга рўйхатдан ўтиш учун:

• 2-3 кун ичида клиникада текширувдан сўнг ташхис аниқланиши керак;

• Тегишли кассаликлар Тошкент шаҳридаги шифокорларнинг маслаҳати асосида операцияга рўйхатга олинади ва операцияга тайёрланади;

•Аниқланган ва тайёрланган беморларга жарроҳлик амалиёти ўтказилади.

Октябрь ойида Тошкентдан юрак нуқсонлари, ички органларнинг туғма нуқсонлари, туғма қулоқ нуқсонлари, ортопедик (бўғим) касалликлари бўйича операцияларни бажариш учун бир гуруҳ шифокорлар келади.

Жарроҳлик амалиётига муҳтож бўлган болалар ҚТИ клиникасида рўйхатдан, клиникада кўрикдан ўтиши ва тайёргарлик кўриши керак.

Маълумот учун телефон:
+998913955644


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube